Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде ғалаба хабар қураллары, сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин тәмийинлеў, пуқаралардың мәлимлеме алыўға болған конституциялық ҳуқықларын кепиллеў бағдарында жетерли дәрежеде нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, тараўдың беккем ҳуқықый базасы жаратылды.

Соның менен бирге, баспасөз, ғалаба хабар қураллары, мәлимлеме тарқатыў, халықты қалыс ҳәм оператив мәлимлеме менен тәмийинлеў, елимизде болып атырған жаңалықларды сырт мәмлекетлерге, сырт мәмлекетлердеги ўақыя-ҳәдийселерди мәмлекетимиздиң халқына жедел түрде жеткериў бойынша әмелдеги система бүгинги күнниң талапларына жуўап бермей атыр.

Өзбекстанда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардың негизги мазмуны ҳәм мәниси ҳаққында қалыс хабарларды халықтың барлық қатламларына және дүнья жәмийетшилигине оператив түрде ҳәм сапалы жеткериў, миллий мәлимлеме мәканын раўажландырыў, глобал мәлимлеме майданында республиканың орнын және де беккемлеў, сондай-ақ, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң жумысын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (кейинги орынларда – ӨзА) республика турмысына байланыслы жәмийетлик-сиясий мәлимлемелерди тарқатыўшы рәсмий мәлимлеме агентлиги екенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. ӨзАның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумысының негизги бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысына байланыслы рәсмий мағлыўматларды излеў, алыў, қайта ислеў және мәлимлеме, мәлимлеме-таллаў, талланған-сын көзқарастағы материалларды таярлаў ҳәм тарқатыў;

Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарлары, рәсмий билдириўлери ҳәм баянатларын, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәм Ҳүкиметиниң қарарлары ҳәм олардың жумысына байланыслы мәлимлемелерди турақлы жарытып барыў;

республиканың ишки ҳәм сыртқы сиясатын, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, жәмийетимизде жүз берип атырған жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық өзгерислер менен жаңаланыўларды жедел жарытыў;

жәмийетшиликтиң үлкен қызығыўшылығын оятып атырған ўақыялардың мәниси бойынша пуқараларда қалыс пикирди қәлиплестириў және мағлыўматлардан бузғыншы ҳәм басқа да нызамға қайшы мақсетлерде пайдаланыў имканиятын сапластырыў ушын халықты бундай ҳәдийселер ҳаққында өз ўақтында хабар етип барыў;

мәлимлеме қәўиплери ҳәм идеологиялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға қаратылған илажларды әмелге асырыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың мәлимлеме хызметлери менен тығыз бирге ислесиў және олардан системалы түрде статистикалық, аналитикалық ҳәм басқа да түрдеги мағлыўматларды алыў;

басқа ғалаба хабар қураллары, физикалық ҳәм юридикалық шахслар пайдаланыўы ушын елимиздиң социаллық, экономикалық, сиясий, тарийхый ҳәм мәдений раўажланыўына байланыслы мағлыўматлар (мәлимлеме, фото ҳәм видео материаллар) базасын қәлиплестириў;

оқыўшылар ушын қолайлы ҳәм қызықлы түрде Өзбекстан халқының өзине тән мәденияты, үрп-әдетлери, миллий қәдириятлары, мәмлекеттиң көп жыллық тарийхы ҳәм илимниң раўажланыўына қосқан үлесин көрсетиўге қаратылған жәмийетлик жойбарларды әмелге асырыў;

елимизде жүз берип атырған өзгерислерди дүньяға кеңнен тарқатыў, дүньяда жүз берип атырған ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында мәмлекетимиздиң халқына оператив мәлимлеме жеткерип бериў, сырт елдеги мәлимлеме агентликлери ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары, медиа-структуралар менен бирге ислесиўди раўажландырыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, ӨзА ҳәм Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының республиканың жәмийетлик-сиясий турмысына байланыслы жаңалықлар бойынша пуқараларда қалыс пикирди қәлиплестириў, оларға мәлимлеме-таллаў, соның ишинде, аудио ҳәм видео мәлимлемелер жеткериў имканиятларын және де кеңейтиў мақсетинде ӨзА қурамында Медиа орай шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Төмендегилер Медиа орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәлимлеме-таллаў ҳәм мультимедиа материаллар, еситтириўлер ҳәм көрсетиўлер, ўақыя орнынан онлайн репортажлар таярлаў, аудио ҳәм видео материалларды қайта ислеў, оларды ӨзАның веб-сайтына жайластырыў ҳәм ғалаба хабар қуралларына белгиленген тәртипте жеткерип бериў;

мәлимлемени қайта ислеў ҳәм тарқатыўдың заманагөй усылларынан, соның ишинде, инфографика, моушн-графика, социаллық ролик, 360 форматындағы видео ҳәм басқалардан кеңнен пайдаланыў;

мәмлекетлик уйымлардың қәнигелерин тартқан ҳалда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаңаланыўлар, қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў.

  1. ӨзА жанында оның жумысын системалы жолға қойыў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен нәтийжели бирге ислесиўди орнатыў бойынша Мәсләҳәт кеңеси (кейинги орынларда –Мәсләҳәт кеңеси) дүзилсин.

Төмендегилер Мәсләҳәт кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

ӨзА жумысы ҳаққында кең жәмийетшиликтиң пикирин таллаған ҳалда оның нәтийжелилигин және де арттырыў ҳәм агентликтиң мәлимлеме мәканындағы орнын ҳәм ролин күшейтиў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

ӨзА жумысының раўажланыў дәрежесин үйрениў, агентликке методикалық усыныслар бериў, соның ишинде, жүзеге келетуғын машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыўға жәрдемлесиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары менен өз-ара бирге ислесиў режелерин белгилеў, илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге әмелий жәрдем көрсетиў;

халықаралық ҳәм сырт ел мәлимлеме агентликлери, сырт мәмлекетлердиң ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў бағдарламаларының ислеп шығылыўына ҳәм әмелге асырылыўына жәрдемлесиў және олардың орынланыўын турақлы түрде додалап барыў.

  1. Мәсләҳәт кеңеси өз жумысын жәмийетшилик тийкарында алып баратуғын, турақлы жумыс ислейтуғын коллегиялық уйым есапланатуғыны;

Мәсләҳәт кеңесине ӨзАның бас директоры басшылық ететуғыны және оның қурамы ғалаба хабар қураллары тараўындағы шөлкемлердиң басшылары ҳәм қәнигелери, сондай-ақ, бийғәрез экспертлерден қәлиплестирилетуғыны;

Мәсләҳәт кеңеси қурамының үштен бир бөлеги ҳәр 2 жылда жаңаланып барылатуғыны белгилеп қойылсын.

ӨзАның бас директоры (А.Кўчимов) еки ҳәпте мүддетте Мәсләҳәт кеңесиниң қурамын тастыйықласын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 155, соның ишинде, басқарыў хызметкерлериниң саны 13 тен ибарат болған структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Қарақалпақстан хабар агентлиги (кейинги орынларда – Қарақалпақстан хабар агентлиги) хызметкерлериниң улыўма шекленген саны 13, соның ишинде, басқарыў хызметкерлериниң саны 2 ден ибарат болған структурасы 2-қосымшаға муўапық;

ӨзА тәрепинен 2022-жыл 31-декабрьге шекем шеттен алып келингенде бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилетуғын техника қуралларының дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. ӨзАның бас директоры ҳәм оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Президенти менен келисилген ҳалда Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

ӨзАның бас директоры статусы, мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў, медицина ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятларына бола министрге, оның биринши орынбасары ҳәм орынбасары болса тийислисинше министрдиң биринши орынбасары ҳәм министрдиң орынбасарына теңлестирилетуғыны;

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң директоры статусы, мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў, медицина ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятларына бола ӨзА бас директорының орынбасарына теңлестирилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер ӨзА ҳәм Қарақалпақстан хабар агентлигиниң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

ӨзА ҳәм Қарақалпақстан хабар агентлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. ӨзА бас директорына:

а) ӨзА ҳәм Қарақалпақстан хабар агентлиги структурасы штатлар санына хызметкерлердиң белгиленген улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерислер киргизиў;

б) ӨзАның бюджеттен тысқары қаржылары есабынан:

мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, илимий-изертлеў мәкемелери, жетекши халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел компанияларының жоқары маман хызметкерлерин, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин мәсләҳәтши сыпатында тартыў;

дөретиўшилик таңлаўлар өткериў, таңлаў қатнасыўшыларын ҳәм жеңимпазларын сыйлықлаў, сондай-ақ, ӨзАның хызметкери болмаған белсенди авторларды хошаметлеў;

ӨзАның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, агентлик хызметкерлерин материаллық хошаметлеў, соның ишинде, оларға үстемелер төлеў;

зәрүр жағдайларда, регионаллық хабаршылар пунктлеринде қосымша штат бирликлерин енгизиў ҳуқықы берилсин.

  1. ӨзА:

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен келискен ҳалда бир ай мүддетте ӨзА ҳәм Қарақалпақстан хабар агентлиги хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў бойынша разрядларын ҳәм штатлар кестесин тастыйықласын;

2020-жыл 1-майға шекемги  мүддетте пайдаланыўшылар ушын қолайлы, аудио ҳәм видео мәлимлемелерди тарқатыў, тарқатылып атырған мәлимлемелерди коммерциялық жол менен жүклеп алыў имканиятлары бар болған ӨзАның мәлимлеме порталын иске түсирсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери ӨзА менен биргеликте еки ай мүддетте тийислисинше:

Қарақалпақстан хабар агентлигин жайластырыў ушын имарат ажыратыў ҳәм оны Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қосымша дәреклери, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан оңлаў ҳәм үскенелеў;

ӨзАның ўәлаятлардағы регионаллық хабаршылар пунктлерин шөлкемлестириў ушын ўәлаятлардың орайларынан зәрүр шараятларға ийе имаратлардан бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында орын ажыратыў, оларды белгиленген тәртипте оңлаў ҳәм үскенелеў илажларын көрсин.

  1. ӨзА:

Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары және бийликлери, министрликлер ҳәм уйымлардың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери ҳәм рәсмий статистикалық топламлары, соның ишинде, олардың электрон түрлери, мәжбүрий түрде жиберилетуғын шөлкемлер дизимине;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшылары хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққында өтиниш хатын киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы, Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў орайы, «Жәмийетлик пикир» республикалық жәмийетшилик пикирин үйрениў орайы, «Раўажланныў стратегиясы» орайы ҳәм «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетине мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар процесиниң барысы ҳаққындағы изертлеў материалларын жәриялап барыў ушын ӨзАға турақлы түрде жеткерип барыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ӨзАға дүньядағы жетекши мәлимлеме агентликлери ҳәм халықаралық мәлимлеме агентликлери ассоциациялары менен мәлимлеме алмасыў бойынша бирге ислесиўди орнатыўда әмелий жәрдем көрсетсин.
  3. ӨзА Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте алдыңғы халықаралық тәжирийбени үйренген ҳалда ӨзАның дөретиўшилик ҳәм техникалық хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын базар принциплери тийкарында жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы қарарды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди 2019-жылда социаллық тараў бойынша тастыйықланған бюджет параметрлери шеңберинде ажыратсын, 2020-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутсын.
  5. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети усы қарардың мазмунынан келип шыққан ҳалда бир ай мүддетте ӨзА ҳаққындағы жаңаланған режени тастыйықласын.
  6. ӨзА мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  7. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығының орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Такшент қаласы,

2019-жыл 2-декабрь