Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6099-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, халық арасында велоспорт түрлериниң ғалаба ен жайыўын арттырыў, олар бойынша миллий сайланды командаларымыздың Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Паразия ойынларында, дүнья жүзи чемпионатларында ҳәм басқа ири жарысларда мүнәсип қатнасыўын ҳәм жоқары нәтийжелерге ерисиўин тәмийинлеў мақсетинде:
- Велоспорт түрлерин 2021-2022-жылларда раўажландырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басщылары ҳәр шеректе есабат ўақтынан кейинги айдың 5-сәнесине шекем Бағдарламаның орынланыўы бойынша мағлыўматларды Туризм ҳәм спорт министрлигине усынсын.
Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәр шеректе есабат шерегинен кейинги айдың 10-сәнесине шекем Бағдарлама ҳәм усы қарардың орынланыўы бойынша улыўмаластырылған мағлыўматлар ҳәм усыныслары Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Төмендегилер 2022-2023-оқыў жылынан баслап шөлкемлестирилсин:
Ташкент қаласы, Алмазар районы, Мухбир көшеси, 12-жай мәнзилинде Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Туризм ҳәм спорт министрлиги системасына киретуғын Республикалық велоспорт шеберлик мектеп-интернаты;
қосымша 25 балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде ҳәм спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетикаға қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде велоспорт түрлери бойынша бөлимлер;
Бухара, Қарши, Наўайы ҳәм Термиз олимпиада резервлери колледжлеринде велоспорт түрлери бойынша бөлимлер.
- Республикалық велоспорт шеберлик мектеп-интернаты оқыўшыларының улыўма контингенти 100 ди қурайтуғыны;
Республикалық велоспорт шеберлик мектеп-интернаты оқыўшыларына олимпиада резервлери колледжлериниң оқыўшылары ушын белгиленген суткалық азық-аўқат нормасы енгизилетуғыны;
Республикалық велоспорт шеберлик мектеп-интернатына велоспорт түрлери бойынша белгиленген сынақ имтиханларынан табыслы өткен оқыўшылар 2022-2023-оқыў жылынан баслап ҳәр жылы 5-классқа қабыл етилетуғыны;
Республикалық велоспорт шеберлик мектеп-интернатының баслығы, тренерлер, спортшылар ҳәм басқа да хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги 275-санлы ҳәм 276-санлы ҳәм 2010-жыл 23-сентябрьдеги 211-санлы қарарларына муўапық әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Өзбекстан велоспорт федерациясы менен биргеликте:
еки ай мүддетте Республикалық велоспорт шеберлик мектеп-интернатының жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарары жойбарын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин;
2022-2023-оқыў жылына шекем усы қарардың 2-бәнтине муўапық Республикалық велоспорт шеберлик мектеп-интернаты, балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде ҳәм олимпиада резервлери колледжлеринде велоспорт түрлери бойынша бөлимлер шөлкемлестирилиўи, олардың толық көлемде зәрүр спорт инвентарьлары, үскенелери, кийимлер ҳәм экипировкасы менен тәмийинлениўи илажларын көрсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан велоспорт федерациясының 2022-2023-оқыў жылынан баслап:
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети, барлық олимпиада резервлери колледжлеринде велоспорт түрлери бойынша әмелдеги оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин басқышпа-басқыш арттырып барыў;
Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис ҳәм Ферғана филиалларында велоспорт түрлери бойынша бакалавриат тәлим бағдарын ашыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2022-2023-оқыў жылында жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлерин қәлиплестириўде усы бәнтте белгиленген ўазыйпаларды есапқа алсын.
- Өзбекстан велоспорт федерациясы жанында Өзбекстан профессионал велосипедшилер спорт клубы (кейинги орынларда – Клуб) шөлкемлестирилсин.
а) төмендегилер Клубтың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары есапланатуғыны:
велоспорттың барлық түрлери бойынша абырайлы халықаралық жарысларда қатнасыў арқалы Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Паразия ойынларында қатнасыў ҳуқықын беретуғын лицензияларды қолға киргизиў;
республиканың барлық аймақларында велоспорт түрлерин жедел раўажландырыў бойынша барлық зәрүр илажларды көриў;
велоспорт түрлери бойынша жеке меншик клубларды халықаралық жарысларда қатнасыўға тартыў, оларға шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў;
халықаралық жарыслар ҳәм басқа да илажларда қатнасыў арқалы улыўма жәҳән «Nation Brands» халықаралық рейтингинде «Uzbekistan» миллий брендиниң рейтинг басқышларындағы орнын жоқары көтериўде қатнасыў;
б) төмендегилер Клуб жумысын қаржыландырыў дәреклери есапланатуғыны:
Мәмлекетлик бюджеттен денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў ушын ажыратылатуғын қаржылар;
Туризм ҳәм спортты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары;
хожалық жумысын әмелге асырыўдан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден келип түсетуғын қаржылар;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, соның ишинде, резидент емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есапланатуғыны;
в) Орайлық банктиң келисими менен Клубқа сырт елдеги ўәкилханалары ушын банк есап бетлерине ийе болыўына рухсат берилетуғыны;
г) Клубтың сырт елдеги ўәкилханалары банк есап бетлериниң жүргизилиўине байланыслы төмендегише тәртип белгиленетуғыны:
сырт елдеги ўәкилханалар менен есап-санақлар сырт мәмлекетлердиң миллий валютасында ҳәм еркин конвертацияланатуғын валютада әмелге асырылатуғыны;
хызмет көрсетиўши коммерциялық банк Клубтың талапнамасында көрсетилген муғдардағы еркин валюта қаржыларының оның сырт елдеги ўәкилханаларының есап бетлерине өткерилиўин тәмийинлейтуғыны;
Клубтың сырт елдеги ўәкилханалары тәрепинен әмелге асырылатуғын қәрежетлер Клуб тәрепинен тастыйықланған қәрежетлер сметасы тийкарында жүргизилетуғыны;
д) Әдиллик министрлиги Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Өзбекстан велоспорт федерациясының талабына муўапық, Европа, Азия мәмлекетлеринде ҳәм басқа да сырт мәмлекетлерде Клубтың өз алдына бөлимлерин ашыўға байланыслы, сондай-ақ, оны қайта дизимнен өткериў мәселелеринде Өзбекстан велоспорт федерациясына әмелий ҳәм шөлкемлестириўшилик жәрдем көрсететуғыны белгиленсин.
Туризм ҳәм спорт министрлиги Өзбекстан велоспорт федерациясы менен биргеликте Клубтың жумысын толық ҳәм нәтийжели жолға қойсын, велоспорт түрлери бойынша миллий сайланды команда ағзаларының халықаралық жарысларда қатнасыўын тәмийинлесин, Клубтың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын оны белгиленген тәртипте инвентарьлар, спорт кийимлери, азықлық ҳәм азықлық қосымшалары, витаминлер, үскенелер, материаллар, зәрүр медициналық қураллар менен тәмийинлесин.
- Велоспортты раўажландырыў бойынша республикалық кеңес (кейинги орынларда – Кеңес) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) және оларды профессионал велоспортшылар сыпатында таярлаў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў;
аймақларда велоспорт инфраструктурасын қурыў ҳәм кеңейтиў бойынша инвестиция ҳәм грант қаржыларын тартыў, басқа да зәрүр илажларды белгилеў және оларды әмелиятқа енгизиў;
велоспорт түрлерин билимлендириў мәкемелери, жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, ғалаба ен жайдырыў, халықтың усы спорт түрине қызығыўшылығын арттырыўға жәрдемлесиў;
велоспорт түрлери бойынша жарыслар ҳәм веломарафонларды өткериўге жәрдемлесиў, усы бағдарда халықаралық ҳәм сырт елли шөлкемлердиң грантлары, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, соның ишинде, резидент емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықларын тартыў;
велосипед ҳәрекетин раўажландырыў мақсетинде социаллық-экономикалық шараятларды жақсылаўға ҳәм жоқары спорт нәтийжелерине ерисиўди тәмийинлеўге қаратылған жаңа нызамшылық басламаларын алға қойыў ҳәм әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў.
- Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2018-жыл 12-апрель күни қабыл етилген арнаўлы резолюциясына муўапық 3-июнь Пүткил жер жүзилик велосипед күни етип жәрияланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық ҳәр жылы 3-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында халықтың түрли қатламларын тартыў арқалы узынлығы 15-20 километрден аз болмаған веломарафонлар шөлкемлестириледи.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Өзбекстан велоспорт федерациясы ҳәр жылы 1-майға шекем веломарафонларды шөлкемлестириў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша бағдарламаларды ислеп шықсын ҳәм оларда төмендегилерди нәзерде тутсын:
веломарафонларды өткериўдиң анық орынлары ҳәм маршрутларын белгилеў;
веломарафонларды өткериў орынларында велосипедлерди ижараға алыў (байкшеринг) имканиятларын жаратыў;
веломарафонлар өткериў орынлары ҳәм маршрутлары бойлап жол қәўипсизлигин тәмийинлеў;
пуқаралар, соның ишинде, транспорт қуралларының айдаўшыларын веломарафонлар өткериў орынлары менен маршрутлары ҳаққында алдыннан хабардар етиў, транспорт тығылысларының алдын алыў;
веломарафонлардың женимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықлаў;
веломарафонларда табыслы қатнасқан қатнасыўшыларды профессионал велоспортқа тартыў, оларды спорт-билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў;
ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда веломарафонларды кеңнен сәўлелендириў;
велосипедти әпиўайы, қымбат болмаған, исенимли, экологиялық таза ҳәм альтернатив транспорт түри сыпатында кеңнен үгит-нәсиятлаў;
3-июнь – Пүткил жер жүзилик велосипед күни ҳаққындағы мәлимлемени тарқатыўға жәрдемлесиў.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Өзбекстан велоспорт федерациясының 2022-жылдан баслап ҳәр жылы дәстүрий түрде:
велоспорттың шоссе (Road) ҳәм таў (MTB) түрлери бойынша Ташкент ўәлаятында «Oqtosh-Chorvoq-Mountain», Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Самарқанд ўәлаятында Save-Aral» көп күнлик халықаралық веложарысларды;
велоспорттың трек (Track) түри бойынша Ташкент қаласында «Silk-Road Tashkent», Наманган қаласында «Silk-Road Namangan» көп күнлик халықаралық веложарысларды;
велоспорттың мотокросс (BMX Racing) түри бойынша Жиззақ ўәлаятында «Zaamin-Cup» халықаралық веложарысларды;
велоспорттың фристайл (BMX Freestyle) түри бойынша Ташкент қаласында «Tashkent-Grand Prix» халықаралық жарысларды шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Өзбекстан велоспорт федерациясы;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Жиззақ, Наманган, Самарқанд, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген веложарыслар ҳәм халықаралық жарысқа пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша «жол карталары»н тастыйықласын. Онда, веложарыслар ҳәм халықаралық жарысты өткериўге байланыслы финанслық қәрежетлерди қаплаў дәреклери етип қәўендерлик, жергиликли бюджет ҳәм басқа да қаржылар белгиленеди;
веложарыслар ҳәм халықаралық жарыста жергиликли спортшылар менен биргеликте жоқары рейтингке ийе болған күшли халықаралық спортшы, тренер ҳәм төрешилердиң қатнасыўын тәмийинлесин;
2022-жыл 1-январьдан баслап республикалық, аймақлық ҳәм район (қала)лық спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерине велоспорт түрлери бойынша жарыслар ҳәм турнирлердиң киргизилиўин тәмийинлесин және оларды жоқары дәрежеде өткериў илажларын көрсин.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Ж.Қўчқоров) Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) ҳәм Өзбекстан велоспорт федерациясы менен биргеликте төмендегилердиң 2022-жыл ҳәм келеси жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизилиўин тәмийинлесин:
Ташкент ўәлаяты Бостанлық районы аймағында велоспорттың шоссе (Road) түри бойынша республикалық ҳәм халықаралық жарысларды өткериўге мөлшерленген велошоссе спорт комплексин қурыў. Онда, комплекс халықаралық стандартларға жуўап беретуғын 50 орынға ийе, асхана, тренажёр залы, медициналық пункт, велосипед оңлаў устаханасы, велосипедлерди сақлаў ханасы, кийиниў ҳәм жуўыныў ханалары ҳәм басқа да зәрүр инфраструктуралық объектлерден ибарат болады, олар зәрүр заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди;
Самарқанд ўәлаяты Самарқанд районы аймағында велоспорттың трек (Track) түри бойынша республикалық ҳәм халықаралық жарысларды өткериўге мөлшерленген жабық түрдеги велотрек спорт имаратын қурыў. Онда, имарат халықаралық стандартларға жуўап беретуғын 50 орынға ийе асхана, тренажёр залы, медициналық пункт, велосипед оңлаў устаханасы, велосипедлерди сақлаў ханасы, кийиниў ҳәм жуўыныў ханалары ҳәм басқа да зәрүр инфраструктуралық объектлерден ибарат болады, олар зәрүр заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди;
Ташкент қаласы, Алмазар районы, Мухбир көшеси, 12-жай мәнзилинде Республикалық велоспорт шеберлик меткеп-интернаты ҳәм Өзбекстан велоспорт федерациясы ҳәкимшилиги имаратын қурыў. Онда, мектеп-интернат халықаралық стандартларға жуўап беретуғын 100 орынға ийе жатақхана, 100 орынғы ийе асхана, 100 орынға ийе оқыў имаратынан ибарат болады.
Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасын қәлиплестириўде велоспорт бойынша абырайлы халықаралық профессионал ҳәм ҳәўескерлер арасында спорт жарысларын жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде тийисли мәнзил ҳәм участкадағы автомобиль жолларын оңлаў бойынша Өзбекстан велоспорт федерациясының сораўлары есапқа алынсын.
Қурылыс министрлиги (Б.Закиров) усы бәнтте көрсетилген спорт объектлерин инновациялық технологияларға тийкарланған, қымбат болмаған, энергияны үнемлейтуғын ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен турақлы мәмлекетлик архитектуралық-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (Д.Хидоятов) Өзбекстан велоспорт федерациясы менен биргеликте «Чорвоқ» еркин туристлик зонасының дирекциясы менен келискен ҳалда халықаралық жарысларды өткериўге мөлшерленген велошоссе спорт имаратын қурыў ушын Ташкент ўәлаяты Бостанлық районы аймағынан 0,5 га жер майданын турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратыў илажларын көрсин.
Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги (Э.Турдимов) Өзбекстан велоспорт федерациясы менен биргеликте усы жылдың ақырына шекем велоспорттың трек (Track) түри бойынша республикалық ҳәм халықаралық жарысларды өткериўге мөлшерленген жабық түрдеги велотрек спорт имаратын қурыў ушын Самарқанд ўәлаяты, Самарқанд районы аймағында тийисли жер майданын турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында ажыратыў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан велоспорт федерациясы менен биргеликте:
жергиликли бюджетлер дәраматларының арттырып орынланған бөлеги есабынан Өзбекстан велоспорт федерациясының аймақлық бөлимлери ушын ҳәр жылы 40 данадан велосипед ажыратсын, сондай-ақ, велосипедшилердиң ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2 ден «Дамас» маркалы автотранспорт қуралы менен тәмийинленсин;
Өзбекстан велоспорт федерациясының аймақлық бөлимлери толық түрде жумыс алып барыўы ушын зәрүр илажларды көрсин, соның ишинде, олардың финанслық ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге жәрдемлессин;
халықтың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм велоспортты ғалаба ен жайдырыў мақсетинде район (қала) ҳәм ўәлаят көлеминде ҳәўескерлер арасында веложарысларды турақлы шөлкемлестирсин ҳәм усы мақсетлер ушын тийисли жергиликли бюджетлерден қаржы қаратсын;
ҳәр бир аймақта ҳәўескер ҳәм профессионал спортшылардан ибарат болған велоспорт түрлери бойынша жеке меншик клубларды шөлкемлестирсин.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов):
а) усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды 2022-жылдан Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин;
б) 2021-жылдан баслап Өзбекстан велоспорт федерациясы тәрепинен усынылған тийкарланған есап-санақларға муўапық, дүзилген шәртнамалар бойынша алынған миннетлемелерди есапқа алған ҳалда Клубтың жумысын сақлаў, оның материаллық-техникалық базасын қәлиплестириўге байланыслы зәрүр қаржыларды ҳәр жылы Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Мәмлекетлик бюджеттен денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан:
2021-жыл 1-октябрьге шекем – 10 миллиард сум;
2022-жылдан баслап – ҳәр жылы зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Спорт-билимлендириў мәкемелери, жоқары билимлендириў мәкемелериниң велоспорт түрлери бойынша бөлимлер ҳәм Клубтың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша алып келинетуғын, республикамызда ислеп шығарылмайтуғын спорт инвентарьлары, үскенелер ҳәм материаллар, велосипедлерди тасыўға мөлшерленген жаңа ҳәм ислеп шығарылғанына жети жыл толмаған арнаўлы автотранспорт қураллары ҳәм тиркемелер 2024-жыл 1-сентябрьге шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «UzReport» мәлимлеме агентлиги усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы телебағдарламалар, спортшылардың профессионал жумысы ҳаққында арнаўлы көрсетиўлер, мақалалар ҳәм видеороликлер таярласын, өткерилетуғын брифинг ҳәм пресс-конференцияларды сәўлелендирип барсын.
Кинематография агентлиги жаслардың велоспортқа кирип келиўинен баслап олардың жоқары нәтийжелерге ерисиў жолы, абырайлы жарыслардағы қатнасыўы ҳәм бүгинги күндеги турмысы ҳаққында қысқа метражлы видеофильмлердиң таярланыўын тәмийинлесин.
- Миллий антидопинг агентлиги (Н.Турсунов) бир ай мүддетте велоспорт бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын бағдарламаны тастыйықласын ҳәм оны әмелге асырыў илажларын көрсин:
спортшылар ҳәм тренерлерди «таза спорт»қа үгит-нәсиятлаў;
саламатлықты қорғаў ҳәм спортта фармакалогиялық тәсирге ийе дәри-дәрмақлар ҳәм басқа да қураллардан дурыс пайдаланыў бойынша спортшылар, тренерлердиң мәденияты менен билимин арттырыў илажларын өткериў;
спортшыларды антидопинг темаларына байланыслы тийисли оқыў-мәлимлеме материаллары ҳәм ҳәр қыйлы көргизбели мағлыўматлар менен тәмийинлеў;
спортшылар тәрепинен антидопинг қағыйдаларына қатаң әмел етиўи үстинен нәтийжели антидопинг қадағалаўын әмелге асырыў.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги 2021-жыл 1-октябрьге шекем Өзбекстан велоспорт федерациясын Ташкент қаласы, Юнусабад районы, Абдулла Қадирий көшеси, 2-а жай мәнзилинде жайласқан имаратқа бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырыў илажларын көрсин.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары А.Қ.Каримов, Өзбекстан Миллий Олимпиада комитетиниң баслығы, Р.М.Шаабдурахманов, Өзбекстан велоспорт федерациясының баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр жылы 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 24-сентябрь