Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ қарары
Түркмен халқының уллы перзенти Мақтымқулы Пырағый тек ғана түркий халықлар емес, соныӊ менен бирге дүнья әдебияты ҳәм мәденияты тарийхында өз алдына орын ийелеген белгили шайыр ҳәм ойшыл.
Даналық сөз шебериниӊ терең гуманизм менен суўғарылған дөретпелери мәрт ҳәм сабырлы, мийнеткеш түркмен халқының ийгиликли қәдириятлары ҳәм уллы пазыйлетлерин жырлаў, бәрқулла халық пенен дәртлес болыўға, түрли миллет ҳәм халықлар арасында өз-ара татыўлық ҳәм аўызбиршилик байланысларын беккемлеўге қаратылған мазмун-мәниси менен бәршемиз, әсиресе, жасларымыз ушын үлги болып табылады.
Быйыл абырайлы халықаралық шөлкем – ЮНЕСКО ныӊ басшылығында Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниң 300 жыллық қутлы юбилей сәнеси дүнья көлеминде кеңнен белгиленип атырғаны да шайырдың әдебий мийрасы дүнья сөз өнериниң ғәзийнесине айланып, адамзаттың руўхый дүньясын жоқарылатыўға хызмет етип киятырғанынан дәрек береди.
Өзбекстан дүньяда Мақтымқулы дөретпелери ең көп басып шығарылатуғын ҳәм оқылатуғын мәмлекетлерден бири ретинде тән алыныўы, әлбетте бийкарға емес. Мәмлекетимизде классикалық шайырдың қосықлары ҳәм олар тийкарында жаратылған қосықлар кирип бармаған бирде-бир шаңарақ, оның атын билмейтуғын бирде-бир өзбек табылмайды. Мақтымқулы әсирлер даўамында халқымыздың өз шайырына айланған. Оның қосықлары терең философиялық мәниси, халықшыллық руўхы, жоқары көркемлиги менен бақсы ҳәм қосықшыларымызға, шайырларымызға илҳам бағышлап, бәрқулла халық арасында жаңлап, ел-журтымыздың кеўлинде жасап келеди.
Мақтымқулы өз дәўиринде Хийўадағы белгили Шерғазыхан медресесинде билим алғаны, Әлийшер Наўайыдай уллы сөз шеберин өзине устаз деп билгени халқымыз арасындағы ҳақыйқый дослықтың әжайып үлгиси. Мақтымқулы Хийўада оғада көп устаз ҳәм кәсиплеслер, дос ҳәм ықласбентлер тапқан, бул жерде өткерген жылларын миннетдаршылық менен еслеп, гөззал қосықлар жазғанын өзбек китапқумарлары жақсы биледи.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықлары тарийхында жаңа дәўир басланған ҳәзирги ўақытта Мақтымқулы Пырағыйдың өлмес көркем мийрасы халықларымыз ушын және де әҳмийетке ийе болмақта. Еки туўысқан ел ушын бирдей ардақлы болған шайырдың жетик дөретпелери мәмлекетимизде турақлы түрде, ири тиражларда баспадан шығарылмақта. Ташкент ҳәм Хийўа қалаларында шайыр естелигине бағышлап қурылған естелик комплекслери теберик зыярат орынларына айланған.
Өзбек халқының Мақтымқулы Пырағый исми менен туўысқан Түркменстан халқына, оныӊ бай тарийхы ҳәм мәденияты, үрп-әдет ҳәм қәдириятларына ҳүрмет-итибардыӊ жарқын үлгиси ретинде ҳәм шайыр туўылған күниниӊ 300 жыллығы мүнәсип белгилеў мақсетинде:
- Мәденият министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Илимлер академиясы, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Көркем өнер академиясы, Мәденият министрлиги жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети, жәмийетшилик ўәкиллериниӊ уллы түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниӊ 300 жыллығын мәмлекетимизде кеӊнен белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниӊ 300 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов) еки ҳәпте мүддетте Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниӊ 300 жыллығын жоқары дәрежеде белгилеў бойынша илажлар бағдарламасын тастыйықласын.
Илажлар бағдарламасында:
Мақтымқулы Пырағыйдыӊ “Таӊламалы шығамалар”ы, оныӊ өмири ҳәм дөретиўшилик жумысына бағышланған илимий мақалалар топламын баспаға таярлаў ҳәм басып шығарыў;
мәмлекет буйыртпасы тийкарында Өзбекстан ҳәм Түркменстан кино шеберлери менен биргеликте Мақтымқулы Пырағыйға бағышланған көркем фильм жаратыў;
шайырдыӊ өмири ҳәм дөретиўшилик жумысы ҳаққында спектакль сахналастырыў;
жас шаӊарақлар арасында “Мақтымқулы қосықлары менен айтылған еӊ жақсы қосық атқарыўшысы” республикалық таӊлаўын өткериў;
Көркем өнер академиясыныӊ орайлық көргизбелер залында өзбек ҳәм түркмен халықларыныӊ дослық ҳәысқанлақ байланысларын жырлаўшы сүўретлеў өнери дөретпелери көргизбесин шөлкемлестириў;
Хийўа қаласында Илимлер академиясы, Жазыўшылар аўқамы, Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм басқа тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте “Мақтымқулы дөретиўшилигиниӊ өзбек әдебияты ҳәм көркем өнеринде тутқан орны” темасында халықаралық илимий конференция өткериў;
мәмлекетимиздеги жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер, улыўма орта билимлендириў шөлкемлери, әскерий бөлимлер, мийнет жәмәәтлери ҳәм мәҳәллелерде белгили шайыр ҳәм жазыўшылар, илимпазлардыӊ қатнасыўында ушырасыўлар, әдебий кешелер шөлкемлестириў;
2024-жыл октябрь айында Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында Мақтымқулы Пырағый естелигине бағышланған дөретиўшилик кешесин өткериў илажлары нәзерде тутылсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы, “Дунё” мәмлимлеме агентлиги ҳәм басқада ғалаба хабар қуралларына Мақтымқулы Пырағый туўылған күниниӊ 300 жыллығын белгилеў менен байланыслы илажлары кеӊнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў тийисли министрлик, уйым ҳәм шөлкемлерге ажыратылған бюджет қаржылары, олардыӊ бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылыўы белгиленсин.
- Усы қарардыӊ орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 19-февраль