Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Елимизде диний кеңпейиллик ҳәм ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўге, сондай-ақ, жасларды террористлик, экстремистлик ҳәм басқа да бузғыншы идеялардың тәсиринен нәтийжели қорғаўға қаратылған жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты жақсылаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Соның нәтийжесинде бир ғана 2017-жылы 18 мыңнан аслам ислеген қылмысына пушайман болған ҳәм тыныш турмыс тәризине қайтқан пуқаралар террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкемлер менен топарлар жумысында қатнасыўға бейим болған шахслар дизиминен шығарылды. Олардың 10 мыңнан зыятына жумыс пенен тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменлик жумысын жолға қойыўда әмелий жәрдем көрсетилди.

Террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкемлер менен топарлар қурамына адасып кирип қалған, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы аймағынан тысқарыда болған, өз қылмысының ҳуқыққа қарсы екенлигин түсинип жеткен ҳәм дурыс жолға қайтқан пуқараларға Ўатанына, шаңарағының қушағына, тыныш турмысқа қайтыў имканиятын бериў мақсетинде, сондай-ақ, адамгершилик принциплерине тийкарланған ҳалда:

  1. Террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкемлер менен топарлар қурамына адасып кирип қалған Өзбекстан Республикасы пуқараларының мүрәжатларын көрип шығыў бойынша Республикалық уйымлараралық комиссия (кейинги орынларда Комиссия деп аталады) қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
  2. 2018-жыл 1-ноябрьден сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкемлер менен топарлар (кейинги орынларда-қадаған етилген топарлар) қурамына адасып кирип қалған Өзбекстан Республикасының пуқаралары Комиссия жуўмағына тийкарланып жынайый жуўапкершиликтен азат етиледи;

Комиссия тәрепинен унамсыз жуўмақ шығарылған жағдайда барлық жағдайлар нызам ҳүжжетлеринде орнатылған тәртипте көрип шығылады.

  1. Өзбекстан Республикасы пуқаралары төмендеги жағдайларда, усы Пәрманға муўапық, жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын:

айыбын мойнына алыў ҳаққында жеке өзи арыз етип келсе, қылмысынан шын кеўилден пушайман болса ҳәм дурыс жолға өткен болса;

жынайый ҳәрекет ҳәм басқа да ҳуқыққа қарсы қылмысларды ашыўда белсене жәрдем берген болса;

қадаған етилген шөлкемлер қатарына алдаў жолы менен тартылған болса;

қадаған етилген шөлкемлердиң идеялық ямаса мәнаўий басшысы болмаған болса;

жаўынгерлик ҳәрекетлерде ҳәм бузғыншылық ҳәрекетлерди ислеўде қатнаспаған болса;

терроршылық ҳәрекетти әмелге асырыў мақсетинде қадаған етилген шөлкемлерге оқыў, арнаўлы ямаса әскерий таярлықтан өтпеген болса;

терроршылық ҳәрекетти әмелге асырыў мақсетинде шығыўды ямаса ҳәрекет етиўди әмелге асырмаған болса;

халықаралық терроризмди қаржыландырыўда қатнаспаған болса;

террористлик, экстремистлик ҳәм басқа да бузғыншы идеялар бар болған материалларды адасып ямаса мәлимлеме-коммуникация қуралларында тарқатыўды мақсет етпеген ҳәм бундай мақсетти гөзлемеген ҳалда сақлаған болса.

  1. Комиссияға (Муродов О) төмендеги ўәкилликлер жүкленсин:

қадаған етилген шөлкемлер қурамына адасып кирип қалған пуқаралардың жынайый жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққындағы мүрәжатларын көрип шығыў;

мүрәжат еткен пуқаралардың шахсын, соның ишинде, олардың жүз берген жынаятларға байланыслылығын ҳәр тәрепмлеме тексериў арқалы үйрениў;

мүрәжатларды көрип шығыў нәтийжелери бойынша қабыл етилген жуўмақларды дәслепки тергеў уйымларына орнатылған тәртипте усыныў;

ислеген қылмысына пушайман болған ҳәм айыбын мойнына алыў ҳаққында шағым етип мүрәжат еткен пуқараларға байланыслы қадаған етилген шөлкемлердиң ағзалары тәрепинен унамсыз тәсир етилиўдиң алдын алыў бойынша тийисли илажларды көриў ушын ўәкилликли уйымларға тапсырмалар жибериў;

жынайый жуўапкершиликтен азат етилген шахсларға социаллық-ҳуқықый жәрдем көрсетилиўинде, соның ишинде, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жәрдемлесиў ҳәм мониторингин алып барыў;

жынайый жуўапкершиликтен азат етилген шахслар менен профилактикалық-түсиник жумысларын алып барыў бойынша ўәкилликли уйымлар  менен шөлкемлерге тапсырмаларды жибериў.

  1. Бул Пәрман пуқаралардың Өзбекстан Республикасы аймағына кириўин ҳуқықый жақтан рәсмийлестириў ушын тийкар болып есапланатуғыны;

қадаған етилген шөлкемлер қурамына адасып кирип қалған пуқаралардың қылмысына пушайманлығы ҳәм айыбын мойнына алыўы ҳаққындағы арзасы сырт елде олардың жасаў орны бойынша Өзбекстан Республикасы дипломатиялық ўәкилликли уйымларына ямаса Өзбекстан Республикасының ҳуқық қорғаў уйымларына берилетуғыны;

бул Пәрман менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилип, қадаған етилген шөлкемлер жумысында қатнасыў менен байланыслы жынаятты ислеген шахстың тәкирарый мүрәжаты көрип шығылмайтуғыны;

Комиссия тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен орынланыўы мәжбүрий екенлиги;

Комиссияның жумысшы уйымы Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. 6. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Олий суд пенен биргеликте бир ай мүддетте қадаған етилген шөлкемлер қурамына адасып кирип қалған пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў ҳәм жынайый жуўапкершиликтен азат етиў механизмлерин нәзерде тутатуғын Режени ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын.
  2. 7. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәлимлеме-таллаў мультимедиа орайы усы Пәрманның мазмун-мәнисин, сондай-ақ, оның орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумысларды турақлы түрде халық арасында кеңнен жарытып барылыўын тәмийинлесин.
  3. 8. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2000-жыл 6-сентябрьдеги «Терроршы топарлар қурамына адасып кирип қалған Өзбекстан пуқараларын жынайый жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққында»ғы ПП-2712-санлы Пәрманы өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  4. 9. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 19-сентябрь