Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаў системасының үйлесимлигин тәмийинлеў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң бар ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, техникалық базасын беккемлеў арқалы Сурхандарья ўәлаяты  экономикалық тармақларының, соның ишинде, өндирислик, инженерлик, аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар тараўлары бойынша заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе жоқары мағлыўматлы қәнигелерге болған талабын қанаатландырыў мақсетинде:

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң Термиз инженерлик-технология институты ҳәм Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институтын қосып жибериў арқалы олардың негизинде Термиз мәмлекетлик инженерлик ҳәм агротехнологиялар университетин (кейинги орынларда- Университет) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Университет мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги системасында жумыс алып баратуғынлығы  белгиленсин.

  1. Төмендегилер Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

инженерлик, аўыл хожалығы, өндирислик ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында ҳәм аймақтың жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабына муўапық жоқары мағлыўматлы қәнигелер ҳәм илимий-педагог кадрлар таярлаў;

билимлендириў процесине алдыңғы педагогикалық технологияларды, илим ҳәм техниканың соңғы жетискенликлерин ҳәм жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлериниң тәжирийбеси тийкарында ислеп шығылған билимлендириў бағдарламаларын енгизиў;

қәнигелик тараўлары бойынша билимлендириў, илим, өндирис арасында интеграцияны күшейтиў ҳәм билимлендириў бағдарламаларының өндирис процесслери менен тығыз байланыслығын тәмийинлеў;

тараў шөлкемлеринде студентлердиң өндирислик әмелиятын  ҳәм профессор –оқытыўшылардың стажировкасын шөлкемлестириў, сондай-ақ, қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў;

әмелий ҳәм фундаментал илимий-изертлеў жумыслары ҳәм инновациялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм изертлеў нәтийжелерин коммерцияластырыў;

Студентлерде жоқары руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди раўажландырыў, Ўатанға муҳаббат, оның тәғдирине жуўапкершилик, кәсипке садықлық сезимин беккемлеў, тәлим-тәрбия процесин ҳәм  руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги:

а) 2024-2025- оқыў жылынан баслап Университетте Алдыңғы инженерлик мектебиниң жумысын шөлкемлестирсин.

Онда:

Алдыңғы инженерлик мектеби юридикалық тәреп статусысыз шөлкемлестириледи ҳәм онда билим алыў ушын академиялық көрсеткишлери жоқары болған студентлер таңлаў тийкарында сайланады ҳәм әмелиятқа жиберилген арнаўлы билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқытылады;

Алдыңғы инженерлик мектеби бағдарына сай санаатта бирге ислесиўшилер белгиленип, олардың технологиялық раўажланыўын тәмийинлеў ушын заманагөй лабораториялар шөлкемлестириледи;

Алдыңғы инженерлик мектебинде санаатта бирге ислесиўшилер тәрепинен көрсетилген машқалалар портфели тийкарында илимий изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларын алып барыў жолға қойылады;

Алдыңғы инженерлик мектебинде әмелге асырылып атырған әмелий ҳәм инновациялық жойбарларды санаатта бирге ислесиўшилер ҳәм Инновациялық раўажланыў агентлиги қаржылары есабынан биргеликте қаржыландырыў системасы енгизиледи.

Алдыңғы инженерлик мектебиниң жумысы Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылады;

б) Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Сурхандарья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте:

ири өндирислик кәрханаларды Университеттиң Алдыңғы инженерлик мектебине санаатта бирге ислесиўши сыпатында бириктириў ҳәм нәтийжели жумысын системалы даўам еттириў;

жетекши сырт ел билимлендириў ҳәм илимий- изертлеў шөлкемлеринде жумыс ислеўши сырт елли ҳәм (яки) сырт елде жасаўшы ўатанлас қәнигелерди шәртнама тийкарында Алдыңғы инженерлик мектеби жумысына кеңнен тартыў илажларын көрсин.

  1. төмендегилер

2024-2027-жылларда Термиз мәмлекетлик инженерлик ҳәм агротехнологиялар университетиниң жумысын шөлкемлестириў ҳәм оның техникалық базасын беккемлеў бойынша “жол картасы” 1- қосымшаға муўапық;

Термиз мәмлекетлик инженерлик ҳәм агротехнологиялар университети ҳәм Термиз мәмлекетлик педагогикалық институтына оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилетуғын объектлер  дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықласын.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги:

а)2024-2025 оқыў жылына шекем:

Университеттиң басқарыў кадрлары лаўазымларына жетекши сырт ел билимлендириў шөлкемлеринде жумыс тәжирийбесине ийе болған қәнигелердиң енгизилиўин;

Университеттиң танлаў тийкарында өндирис шөлкемлери, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине үлкен илимий ҳәм (яки) әмелий тәжирийбе арттырған қәнигелер, тийкарғы түрде, илимий дәрежеге ийе болған жоқары тәжирийбели кадрлар менен толықтырылыўын;

Университет студентлериниң пәнлерди өзлестириў көрсеткишин ҳәм профессор-оқытыўшылардың жумыс нәтийжесин халықаралық стандартлар тийкарында баҳалаў системасының енгизилиўин;

Университетте Билимлендириў хызметлери орайы шөлкемлестирилиўин ҳәм студентлерге оқыў даўамында жүзеге келетуғын шөлкемлестириў ҳәм ҳуқықый мәселелер бойынша барлық керекли хызметлердиң “бир айна” принципи тийкарында көрсетилиўи жолға қойылыўын тәмийинлесин;

б) Университет жанында техника ҳәм аўыл хожалығы қәнигеликлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин бериўши қәнигелескен илимий кеңеслер жумысын белгиленген тәртипте шөлкемлестириў илажын көрсин;

в) 2025-2027- оқыў жылынан баслап:

Университет профессор- оқытыўшылары ҳәм докторантларын сырт еллердиң жетекши жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлерине илимий стажировка ҳәм тәжирийбе арттырыўға жибериў;

Университеттиң бакалавриат ҳәм магистратура басқышларына оқыўға қабылланған  қәбилетли студентлер ушын шет тиллеринде оқылатуғын айрықша топарлар шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Университетке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Халықаралық шөлкемлердиң әмелдеги рейтингине  жоқары билимлендириў мәкемелери арасында биринши 300 лик дизимге кирген сырт ел жоқары билимлендириў шөлкеминиң бағдарламасы тийкарында өз билимлендириў бағдарламаларын қәлиплестириў;

Университет жумысы бағдарлары бойынша шәртнама тийкарында мәсләҳәт ҳәм эксперт-аналитикалық хызметлер көрсетиў ҳәм илимий-изертлеў ҳәм инновациялық хызмет көрсетиўши кәрханаларды шөлкемлестириў;

Билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процесине сырт ел қәнигелерин кеңнен тартыў ҳәм оларға мийнет базарының әмелдеги конъюнктурасын  есапқа алған ҳалда, Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан айлық мийнет ҳақы ҳәм басқа төлемлерди белгилеў ҳәм төлеў;

прфессор-оқытыўшыларды оқыў-методикалық, илимий-изертлеў жумыслары ҳәм  “устаз-шәкирт” системасы бойынша әмелге асырған жумысларының нәтийжеси ҳәм студентлердиң ерискен табыслары бойынша хошаметлеў.

  1. Термиз инженерлик –технология институты ҳәм Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институтында билим алып атырған барлық студентлер оқыўын Университетте даўам еттиретуғыны ҳәм 2024-2025-оқыў жылынан баслап питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте Университет дипломы берилетуғыны;

а) Университет Термиз инженерлик-технология институты ҳәм Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институтының ҳуқық ҳәм миннетлемелери  бойынша ҳуқықый мийрасқоры болып есапланатуғыны.

б) Университет жумысын қаржыландырыў:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары, төлемли –контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар, хожалық жумысы ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын  түсимлер, қәўендерлик қайырқомлықлары  ҳәм грантлар,  нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;

2024-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде тастыйықланған бюджет параметрлерине тийисли өзгерис киргизген ҳалда әмелге асырылады, 2025-жылдан баслап Мәмлекетлик  бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгиленсин.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.А Қосимов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти басшысы О. Қ Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 18-июль

-0-