Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Сурхандәрья ўәлаятының топырақ-климат шараятында аўыл хожалығы егинлеринен, соның ишинде, мийўели ҳәм ғоза мийўели, овощ, палыз, дән-собықлы егинлерден жоқары өним алыў, олардың кеселликлери менен зыянкеслерине қарсы гүресиў, алдынғы, интенсин агротехнологияларды енгизиў, аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, қайта ислеў, суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын буннан былай да жақсылаў ушын заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе жоқары мағлыўматлы қәниге кадрларға болған талапты қанаатландырыў мақсетинде:
- Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Термиз филиалы негизинде Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институтын (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Институттың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин: топырақ-климат шараятынан келип шығып аймақларды қәнигелестириў, экспортқа жарамлы ҳәм дәраматқа қолайлы аўыл хожалығы егинлерин жетистириўди шөлкемлестириў, аўыл хожалығында инновациялық ресурсты үнемлейтуғын технологияларды ҳәм санластырылған агротехнологияларды енгизиў бойынша заманагөй билимлерге ийе болған кадрлар таярлаў;
оқыў сабақларын, маманлық әмелиятларды өтеўде студентлерди инновациялық ҳәм жаңаша пикирлеўге бағдарланған жаңа оқытыў технологиялары ҳәм олардың еркин излениўин тәмийинлеўши механизмлерди кеңнен енгизиў;
Сурхандәрья ўәлаятының топырақ-климат шараятында аўыл хожалығы егинлерин, соның ишинде, мийўели ҳәм ғоза мийўели, овощ, палыз, дән-собықлы, субтропикалық ҳәм тропикалық егинлерди тәрбиялаўдың био-, нано- ҳәм ресурсты үнемлейтуғын ҳәм интенсив технологияларды ислеп шығыў;
Институт жер майданларында ишки ҳәм сыртқы базар талапларынан келип шыққан ҳалда, аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлы, шор ҳәм қурғақшылыққа, кеселлик ҳәм зыянкеслерге шыдамлы, өнимниң сапасы жоқары болған сорт ҳәм гибридлер селекциясын ҳәм туқымгершиликти жолға қойыў;
илимий хызметкерлердиң алдынғы инновациялық технологияларды жаратыў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың новаторлық идеяларын өндириске енгизиўге жәрдемлесиў;
кластерлер, кооперациялар, фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын көргизбели жер майданларын шөлкемлестириў ҳәм усыныслар ислеп шығыў;
раўажланған сырт ел илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелеринде профессор-оқытыўшылар, илимий хызметкерлер ҳәм магистрлердиң маманлығын арттырыў.
- Институтта 2021/2022-оқыў жылынан баслап:
бакалавриат тәлим бағдарларында билимлендириўдиң кредит-модуль системасы басқышпа-басқыш енгизилетуғыны. Онда студентлер ушын ҳәптениң шемби күни еркин өзлестириў күни деп белгиленетуғыны;
сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларының оқыў режелери ҳәм пән бағдарламалары сырт елли бирге ислесиўшилер менен келисилген ҳалда еркин тастыйықланатуғыны.
Институттың жумысы Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен муўапықластырылатуғыны белгиленсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги:
2022-жылдың ақырына шекем Институтта Жәҳән банкиниң қаржылары есабынан студентлер, магистрлер ҳәм илимий излениўшилер ҳәм жас профессор-оқытыўшылардың илимий қолланбалары тийкарында жойбарлардың стартапларын жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў менен шуғалланатуғын 85-инкубатор илимий инновациялық орайды шөлкемлестирсин;
Институтта тийисли жер майданларында халықаралық грант қаржылары есабынан әнар, қурма, лимон, қара қәрели, жүзим ҳәм басқа да мийўе-овощлардың жоқары өнимдарлы, жылына 2-3 мәрте өним алыўға имканият беретуғын сортларын жаратыў бойынша көргизбели жер майданларын қурсын;
әнар, қурма, лимон, қара қәрели ҳәм жүзим жетистириўдиң жаңа нәтийжели агротехнологияларын жаратыў бойынша орынланатуғын жыллық мақсетли илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде қаржыландырыў ушын Инновациялық раўажланыў министрлигине усынсын. Онда, Инновациялық раўажланыў министрлиги тийисли илимий-техникалық кеңеслердиң тийкарланған жуўмақлары тийкарында белгиленген тәртипте грант қаржыларын ажыратыў илажларын көрсин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен келискен ҳалда келеси жыллар ушын мөлшерленген социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде Институт аймағында имарат ҳәм объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумысларын жоқары билимлендириў тараўына ажыратылған лимитлер шеңберинде әмелге асырыў бойынша Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине усыныслар киргизсин.
- Төмендегилер:
Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институтының жумысын шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
Илим, билимлендириў ҳәм өндиристиң тығыз интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институтындағы бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерине бириктирилип атырған илимий-изертлеў институтлары, шөлкемлер ҳәм ири хожалық субъектлериниң дизими 2-қосымшаға муўапық;
Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институтының бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерине әмелият өтеў ушын бириктирилип атырған илимий-изертлеў институтлары, шөлкемлер ҳәм ири хожалық субъектлериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Институт Ташкент мәмлекетлик университети Термиз филиалының барлық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;
Институтта қабыллаў параметрлери белгиленген тәртипте ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпасы параметрлеринен келип шыққан ҳалда анықланатуғыны белгиленсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте:
мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, қәнигелик талаплары, оқыў режелери ҳәм илим бағдарламаларын ресурсты үнемлейтуғын технологиялар, раўажланған сырт мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбелери ҳәм талапларынан келип шығып қайта ислеп шықсын ҳәм оқыў процесине енгизсин;
аймақтың кадрларға болған талабын итибарға алып, Институтта бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша кешки (сменалы) билимлендириўди шөлкемлестириў, 2022-жылдан баслап илимий потенциалды арттырыў ушын жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў (докторантура)ге аўыл хожалығы қәнигеликлери бойынша қабыллаўды шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Институттың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;
төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;
хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;
халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Институтты бюджет қаржылары есабынан сақлаў қәрежетлери 2021-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Аўыл хожалығы министрлигине ажыратылған қаржылар шеңберинде әмелге асырылатуғыны, 2022-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги халықаралық финанс институтларының қаржылары есабынан:
Институттың «Әнар жетистириў» бағдарындағы профессор-оқытыўшыларын ҳәм билим алып атырған жас илимпазларды әнар жетистириў тәжирийбесин үйрениў ушын алдынғы сырт мәмлекетлерге маманлық арттырыў курсларына ҳәм стажировкаларға жиберилиўин;
сырт мәмлекетлердиң жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларының оқыў режелерин сырт елли экспертлердиң қатнасыўында белгиленген тәртипте ислеп шығылыўын;
Институттың профессор-оқытыўшыларын, илимий ҳәм техник-инженер хызметкерлерди ҳәр жылы Өзбекстан ҳәм сырт мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў мәкемелеринде, илимий-изертлеў орайларында, агрокластерлерде, кооперацияларда ҳәм ири өндирислик шөлкемлеринде стажировка өтеўи бойынша бағдарламалардың ислеп шығылыўын ҳәм оның әмелге асырылыўын;
еки ай мүддетте Институттың структурасы ҳәм уставының тастыйықланыўын ҳәм белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;
Институтқа таңлаў тийкарында, соның ишинде, республикалық жоқары билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған әмелий тәжирийбеге ийе болған жоқары маман профессор-оқытыўшылардың тартылыўын;
Институттың мәлимлеме-ресурс орайының жергиликли ҳәм сырт елли оқыў ҳәм көркем әдебиятлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин.
- Республикалық жоқары билимлендириў системасындағы статусы, илимий потенциалы, узақ жыллар даўамында қәлиплескен дәстүрлерин есапқа алған ҳалда Ташкент мәмлекетлик аграр университетине төмендеги бағдарларда Институтқа жәрдем берип барыў жүкленсин:
потенциаллы кадрларды тартқан ҳалда билимлендириў ҳәм илимий потенциалды шөлкемлестириў, тәлим-тәрбия, илимий ҳәм оқыў процесслерин нәтийжели басқарыў;
билимлендириў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, сабақлық, оқыў қолланбалары, оқыў-методикалық материаллар ҳәм мәлимлеме ресурслары менен тәмийинлеў;
профессор-оқытыўшылардың маманлығын арттырыў ҳәм қәбилетли жаслар селекциясын әмелге асырыў, илимий-изертлеў жумыслары ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәм «устаз-шәкирт» системасы тийкарында илимий мектеплерди раўажландырыў.
- Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкимлиги:
Институтқа сырт елден ҳәм республиканың басқа да аймақларынан жумысқа мирәт етилген қәнигелерди турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде Термиз қаласында қурылып атырған арзан турақ жайлардан жеңиллетилген шәртлер тийкарында мүтәжликлеринен келип шыққан ҳалда квартиралардың ажыратылыўын;
Аўыл хожалығы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2021-жылдың ақырына шекем студентлер контингентиниң артып барыўын есапқа алып, 2022/2023-оқыў жылынан Институтқа жақын болған аймақтан қосымша имарат ажыратыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизилиўин тәмийинлесин.
- Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң:
Институтқа Ташкент мәмлекетлик аграр университети Термиз филиалының Сурхандәрья ўәлаяты, Термиз районы, «Янгиобод» аўыл пуқаралар жыйыны, Лимонзор аўылы аймағында жайласқан имарат ҳәм объектлерди тийисли аймағы менен биргеликте оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бериў, оның оқыў ҳәм лаборатория үскенелери, транспорт қураллары, аўыл хожалығы техникалары, компьютер техникалары, оқыў әдебиятлары ҳәм басқа да мүлкин тапсырыў;
Ташкент мәмлекетлик аграр университети Термиз филиалының барлық талапларын Институттың сәйкес тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлерине өткериў ҳәм 2021-2022-оқыў жылынан баслап питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте Институт дипломын бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 10-июльдағы «Ташкент мәмлекетлик аграр университети Термиз филиалының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 479-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзегерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 15. Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Т.А.Боболов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 28-октябрь