Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Ташкент ўәлаятында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм жаратылып атырған имканиятлардан халықтың хабардарлық дәрежесин кеңейтиў, сондай-ақ, аймақтың тарийхы, үрп-әдети менен дәстүрлери, бай тәбияты ҳәм туризм потенциалын кеңнен енгизиў және регионда тәсиршең медиа мәкан жаратыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы системасында Ташкент ўәлаяты телерадиоканалы – «Nurafshon TV» (кейинги орынларда – Ташкент ўәлаяты телерадиоканалы) шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Ташкент ўәлаяты телерадиоканалының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

Ташкент ўәлаятының жәмийетлик-сиясий,  социаллық-экономикалық ҳәм мәдений-ағартыўшылық турмысында жүз берип атырған реформалар, абаданшылық, раўажланыў ҳәм қурылыс жолында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар және  жаратылған имканиятлар ҳаққында халықты турақлы хабардар етип барыў;

Орынларда реформаларды әмелге асырыўға  тосқынлық болып атырған факторларды кең жәмийетшиликтиң додаланыўына алып шығыў, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары және басқа да шөлкемлердиң жумысы бойынша  нәтийжели ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўын орнатыў;

халықтың сиясий ҳәм жәмийетлик  белсендилигин арттырыў,  оларда исенимли пуқаралық позициясын қәлиплестириў, сапалы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелерин теле- ҳәм  радиобағдарламалар арқалы сәўлелендириў;

аймақтың  тарийхы, мәденияты, көркем өнери, әдебияты ҳәм үрп-әдетлери, бай тәбияты, гөззал орынлары ҳәм  туризм потенциалын  көрсетиўши, оларды үйрениў, қәстерлеп-сақлаў ҳәм  кеңнен енгизиўге бағдарланған көрсетиў ҳәм еситтириўлер таярлаў;

халықтың интеллектуал ҳәм мәдений дәрежесин арттырыў, пуқаралардың санасында  демократиялық қәдириятларды беккемлеў,  жаслар ҳәм өсип киятырған әўладты  ўатансүйиўшилик, улыўмаинсанийлық қәдириятларды  ҳүрмет етиў  ҳәм миллетлераралық татыўлық руўҳында тәрбиялаўды үгит-нәсиятлаў;

мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телерадиокомпаниялар, мәлимлеме агентликлери, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер менен мәлимлеме алмасыў бойынша нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў.

  1. Ташкент ўәлаяты телерадиоканалы мәмлекетлик мәкемеси түриндеги юридикалық тәреп есапланатуғыны;

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалы өз теле- ҳәм радиобағдарламалары менен күни-түни үзликсиз түрде эфирге шығатуғыны;

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалы хызметкерлериниң шекленген штатларының саны 69, соның ишинде, басқарыў хызметкерлериниң саны  4 ден ибарат болатуғыны;

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалының шөлкемлестириў структурасы Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы системасындағы тийисли шөлкемлердиң структурасын оптималластырыў ҳәм бар штатларды қысқартыў есабынан шөлкемлестирилетуғыны;

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалы шөлкемлестриў структурасы Өзбекстан миллий  телерадиокомпаниясының баслығы тәрепинен тастыйықланатуғыны;

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалының хызметкерлерине Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы системасында жумыс ислеп атырған телерадиоканаллардың хызметкерлери ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шараятлары енгизилетуғыны белгиленсин.

  1. Ташкент ўәлаяты ҳәкимшилик орайы – Нурафшан қаласында Ташкент ўәлаяты телерадоканалы ушын комплексли имарат (кейинги орынларда – Объект) қурыўға 1,3 гектар жер майданы ажыратылғанлығы және қурылыс бойынша жойбарлаў-излеў жумыслары әмелге асырылып, жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Ташкент ўәлаятының ҳәкимлиги (З.Т.Мирзаев) Объектте қурылыс-монтажлаў ҳәм оның аймағында абаданластырыў жумысларының сапалы орынланыўын тәмийинлесин. Онда, оптикалық талшықлы байланыс линиясын қурыўда  «Өзбектелеком» АК техникалық штатлар инабатқа алынсын.
  3. Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров) Объект бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин мәмлекетлик экспертизадан өткерсин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен мәмлекетлик қадағалаў орнатсын.
  4. Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (З.Т.Мирзаев) менен биргеликте объект қурылысын шөлкемлестириў ҳәм жеделлестириў, заманагөй студия комплекси ҳәм көшпели телевизиялық станция ушын талап етилетуғын қаржылар 2022-2023-жыллар социаллық ҳәм өндирислик структурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизилиўин тәмийинлесин.
  5. Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Ташкент ўәлаяты телерадиоканалын технолгиялық үскенелеў ушын белгиленген тәртипте тасыйықланған дизимлерге муўапық алып киргизилетуғын, республикада ислеп шығарылмайтуғын импорт товарлар- мультимедиа, радиотелевизиялық үскенелер, материаллар, программалық тәмийнат ҳәм зәрүр бөлеклерди 2024-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.
  6. Объект пайдаланыўға тапсырылғанға шекем:

а) Ташкент ўәлаятының ҳәкимлиги (З.Т.Мирзаев) ўәлаятта жүз беретуғын күнделикли ўақыя-ҳәдийселерди оператив сәўлелендириўши ҳәм аймақта ислейтуғын телерадиоканалдың көркем өнер хызметкерлерине шараят жаратсын ҳәм оларға ўақтынша пайдаланыў ушын бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жетерли ханалар ажыратсын;

б) Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев):

Ташкент ўәлаятының телерадиоканалын Өзбекстан миллий телерадиокомпанмясына тийисли имаратларға ўақтынша бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырсын, зәрүр болған басланғыш қураллар менен үскенелесин ҳәм дөретиўшилик-техникалық хызметкерлердиң жумыс ислеўи ушын жетерли шараят жаратсын;

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалының жумысы «Toshkent» телерадиоканалының эфири менен параллель түрде алып барылыўын шөлкемлестирсин;

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалының имиджи, лейбли, видео үзиндилери сыяқлы тийкарғы айрықша белгилерди ислеп шықсын;

доретиўшилик-техникалық топар дүзген ҳалда  Ташкент ўәлаяты телерадиоканалының эфиринде Ташкент ўәлаятының жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық турмысына байланыслы болған ўақыя-ҳәдийселерди сәўлелендирип  баратуғын тийкарғы күнделикли информациялық бағдарламаны таярлап барсын;

Өзбекстан миллий телерадиокомпанмясы системасындағы радиоканаллардың биринде Ташкент ўәлаяты менен байланыслы болған ўақыя ҳәм ҳәдийселерди сәўлелендирип барыў ушын айпықша эфир ўақтын ажыратсын.

Ташкент ўәлаятының телерадиоканалын тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў,  зәрүрликке қарап, басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев) менен биргеликте 2022-2023-жыллар даўамында:

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалы эфир сигналын санлы телевидениениң улыўма пайдаланылатуғын социаллық пакетинде Ташкент ўәлаяты аймағына толық жеткерсин;

Ташкент ўәлаяты телерадиоканалының радио бағдары ушын айрықша частота ажыратыў ҳәм радио жумысын алып барыў ушын техникалық шараят жаратсын.

  1. Қаржы минитсрлиги (Т.А.Ишметов) 2022-жылдан баслап, Ташкент ўәлаяты телерадиоканалының жумысын және телевидение ҳәм радиоеситтириў бағдарламаларының сигналларын узатыў ҳәм тарқатыў хызметлерин қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы, Жаслар аўқамы, Аўыл хожалығы министрилигиниң:

«Yoshlar», «Navo» ҳәм «Kinoteatr» телеканаллары қәнигелестрилген реклама белгисине ийе болған  канал сыпатында жумыс жумыс көрсетиўге руқсат бериў;

«Ўзбекистон» телерадиоканалында «Аўыл хожалығы» редакциясын  шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Бунда:

«Yoshlar», «Navo» ҳәм «Kinoteatr» телеканаллары тәрепинен улыўма тән алынған әдеп-икрамлылық нормаларға әмел етиў, миллий үрп-әдетлер, тарийхы ҳәм мәнаўий мийрасти қәдирлеў, пуқаралардың санасында демократиялық  қәдириятларды қәлиплестириў, жас әўладты ўатансүйишилик, Ўатанға муҳаббат ҳәм улыўмаинсаний қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қаратылған телевизиялық бағдарламалар таярлаўға итибар қаратылсын;

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети (Б.Т.Норқобилов), Жипекшилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитети (Б.Қ.Шарипов), Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев), аграр ҳәм азық-аўқат  тараўының басқа да шөлкемлери аўыл хожалығындағы реформалар, егин егиў ҳәм өсириў агротехникасы, жер ҳәм суўдан ақылға урғас  пайдаланыў, шарўашылық, ветеринария, балықшылық, пиллешилик, қусшылық, пал ҳәрресин жетистириў, бағшылық, овощ жетистириў ҳәм ыссыхана хожалығы сыяқлы мәселелер бойынша «Аўыл хожалығы» редауциясы тәрепинен телерадиоөнимлердиң таярланыўына ҳәм эфирге узатылыўына жәрдем берсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясының баслығы А.Ж.Хаджаев ҳәмде Ташкент ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы З.Т.Мирзаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа  жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 18-ноябрь