Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-январьдағы Олий Мажлиске Мүрәжаты ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм турмыс сапасының турақлы жақсыланыўын тәмийинлеў және исбилерменлик жумысын жүргизиў ҳәм «санлы экономика»ны раўажландырыў ушын қолайлы орталық жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң «Санлы Ташкент» комплексли бағдарламасын (кейинги орынларда – Бағдарлама) әмелге асырыў бойынша усынысына келисим берилсин.
  2. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Санлы Ташкент» комплексли бағдарламасы:

2020-2021-жылларда енгизилетуғын мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлердиң дизими 1-қосымшаға муўапық;

«Санлы Ташкент» комплексли бағдарламасын әмелге асырыў бойынша илажлардың режеси 2-қосымшаға муўапық;

2020-жылы телекоммуникация инфраструктурасын кеңейтиў бойынша жойбарлардың дизими 3-қосымшаға муўапық;

2021-2023-жылларда перспективалы мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлердиң дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Бағдарламаның тийкарғы ўазыйпасы етип қала хызметлерин басқарыў, социаллық тараў объектлери, өндирис, жол транспорт ҳәм коммуналлық инфраструктураның интеграцияласқан мәлимлеме орталығын жаратыў ҳәм кейин ала табыслы тәжирийбени республиканың басқа да аймақларында енгизиў белгиленсин.

  1. Бағдарламаға тийкарланып 2020-жылы төмендегилер әмелге асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

1-майға шекем авиа, темир жол ҳәм басқа да транспорт хызметлерине электрон билетлерди онлайн сатып алыў бирден-бир мәлимлеме системасын енгизиў;

1-сентябрьге шекем барлық улыўма билим бериў мектеплеринде журнал ҳәм оқыўшылардың күнделиклерин қағаз түринде жүргизиўди бийкар етиў және оларды электрон тәризде жүргизиўге мөлшерленген бирден-бир мәлимлеме системасын иске қосыў;

1-ноябрьге шекем коммуналлық хызметлер (тәбийғый газ, электр энергиясы, ишимлик суў ҳәм ыссы суў) бойынша төлемлерди онлайн төлеў ҳәм коммуналлық хызмет көрсететуғын шөлкемлер менен электрон бирге ислесиўди тәмийинлеўши «Мениң үйим» бирден-бир мәлимлеме системасын енгизиў;

1-декабрьге шекем «Бирден-бир электрон медициналық карта» мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм «Электрон поликлиника» мәлимлеме системасына 62 шаңарақлық поликлиниканы жалғаў.

  1. Төмендегилер:

а) Ташкент қаласы ҳәкимлиги шөлкемлестириўшилигинде жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде Санлы раўажланыў департаменти (кейинги орынларда – Департамент) шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

қаланың географиялық мәлимлеме-таллаў системасын жаратыў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларын, мағлыўматлар базаларын ҳәм басқа да мәлимлеме дәреклерин бирден-бир программалық платформа арқалы Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң мәлимлеме системалары менен интеграциясын тәмийинлеў;

Бағдарламаның өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы, Ташкент қаласы ҳәкимлиги мәлимлеме системаларында мағлыўматлардың қорғалыўы ҳәм сақланыўын тәмийинлеў бойынша нәтийжели жумысларды шөлкемлестириў;

мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлерди коммерцияластырыў, халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң кредитлери менен грантлары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклерди тартыў;

б) Департаменттиң структурасында тармақ  Жойбарлаў офислери (кейинги орынларда – Жойбарлаў офислери) шөлкемлестирилсин ҳәм олардың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Бағдарлама шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлардың концепциялары, жойбар ҳәм техникалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў, тийисли бағдарлардағы мәлимлеме системалары, мағлыўматлар базалары ҳәм программалық өнимлерге хызмет көрсетиў;

қала хызметлериниң санлы мағлыўматларды бир түрге енгизиў және олардың Бағдарламаға интеграцияласыўы, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлеринде бирден-бир идентификатор ҳәм классификаторларды енгизиў және олардан пайдаланыў;

в) Департамент жанында «Санлы пайтахт» мәлимлеме-таллаў орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

қала хызметлеринде мәлимлеме системаларының уйымлараралық электрон бирге ислесиўи нәтийжесинде алынған мағлыўматларды таллаў ҳәм қайта ислеў;

қаланың қоршаған орталығын раўажландырыўда системалы машқалаларды анықлаў, қала хызметлериниң нәтийжелилигин арттырыў ҳәм улыўма етип айтқанда, қаланың орталығын жақсылаў бойынша усынысларды ислеп шығыў.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги бир ай мүддетте Департаменттиң жумысын шөлкемлестирсин, оны маман қәнигелер менен толықтырсын.

  1. Департаменттиң хызметкерлерине мәмлекетлик басқарыў уйымларының хызметкерлерине белгиленген мийнет ҳақысының муғдары ҳәм нызамшылықта белгиленген қосымша ҳәм үстемелер қолланылатуғыны белгиленсин.

Ташкент қаласының ҳәкимине Департаментке қәнигелерди бир жыллық мийнет шәртнамалары тийкарында мийнет ҳақыны еркин белгиленген ҳалда ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын таңлаў (тендер) саўдаларын өткермей, тиккелей шәртнама дүзиў арқалы бийғәрез консалтинг шөлкемлерди тартыў ҳуқықы берилсин.

Ташкент қаласы жергиликли бюджет қаржылары Департаменттиң ағымдағы қәрежетлерин қаржыландырыў дәреги етип белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги Департаменттиң ағымдағы қәрежетлерин қаржыландырыўды 2020-жылы Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң қосымша дәреклери есабынан, 2021-жылдан баслап Ташкент қаласы жергиликли бюджети параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.

  1. Усы жылдың 1-апрелинен баслап төмендеги жыйымлар ҳәм жәриймалар Ташкент қаласы жергиликли бюджетине өткерилсин:

а) толық муғдарда:

Ташкент қаласында сыртқы реклама объектлеринде (конструкцияларында) сыртқы рекламаны жайластырыў (тарқатыў) ҳуқықы ушын айлық жыйым, сыртқы реклама объектлери ушын реклама орынларының паспортларын бериўден түсетуғын қаржылар ҳәм сыртқы рекламалық объектлерди қурыў ҳуқықы ушын электрон аукцион жуўмақлары бойынша төленген қаржылар (аукцион саўдаларды өткергенлиги ушын саўда шөлкемлестириўшисине төленетуғын қаржы шегирип қалынған ҳалда);

Ташкент қаласында шөлкемлестирилген жолдың шетинде төлемли ўақтынша автомобиль тоқтап турыў орынларында тоқтап турыў қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәриймалар;

б) Ташкент қаласында арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеофиксация техникалық қураллары дизимге алынған жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәриймалардың 80 проценти, қалған 20 проценти болса – Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасының бюджеттен тысқары раўажландырыў қорына.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң Атқарыў аппаратының структурасына мәлимлеме технологияларын енгизиў бойынша ҳәким орынбасары – Департамент баслығы лаўазымы киргизилсин.

Министрликлер ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлар басшыларының мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў ушын жуўапкер болған орынбасарлары Департамент ҳәм Жойбарлаў офислери менен нәтийжели бирге ислесиў ушын жеке жуўапкер болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Бағдарлама шеңберинде:

Жойбаралды үйрениўлер, жойбарды әмелге асырыў бойынша концепция ҳәм техникалық тапсырмалар ислеп шығыў Жойбарлаў офислери тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Жойбарлаў-техникалық ҳүжжетлердиң экспертизасы тек ғана Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Киберқәўипсизлик орайы» МУК тәрепинен өткерилетуғыны;

Мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлерди ислеп шығарыўшыларды ҳәм интеграторларды тартыў, олар менен шәртнамалар дүзиў Департамент тәрепинен таңлаў арқалы әмелге асырылатуғыны;

Департамент мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлерди ислеп шығарыўшылар ҳәм интеграторлар менен 1 миллиард сумға шекем болған муғдарда жойбарлар бойынша Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технопаркиниң резидентлери арасында таңлаў өткериў жолы менен шәртнамаға қол қойыў ҳуқықына ийе екенлиги белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:

сийрек ушырасатуғын идентификаторлар, каталоглар ҳәм классификаторлардан пайдаланыўы бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базаларын толық хатлаўдан өткерилиўин;

уйымлараралық электрон бирге ислесиўдиң бирден-бир технологиялық талаплары, стандартлары ҳәм түрлерин, сондай-ақ, Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде классификатор ҳәм мағлыўматлар дизими тастыйықланыўын;

әмелдеги мағлыўматлар базалары ҳәм программалық өнимлердиң басқа да мәлимлеме системалары менен өз-ара интеграциясын әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерди интеграциялаў илажларының ислеп шығылыўын;

Департамент ҳәм Орайға Ташкент қаласының «Қәўипсиз қала» интеграцияласқан системасына кириў ҳуқықының берилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети негизинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери – Программа орынлаўшыларының санлы технологиялар ҳәм программалық өнимлерден нәтийжели пайдаланыў көнликпелерин басқышпа-басқыш әмелге асырыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
  2. «Өзстандарт» агентлиги Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-августқа шекем аппарат-программалық комплекслерди жаратыў бойынша бар мәмлекетлик стандартлар ҳәм техникалық талапларды қайта көрип шықсын.
  3. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

а) 2020-жыл 1-сентябрьден мәлимлеме системалары ҳәм программалық өнимлерди ислеп шығыўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер төмендегилерге мәжбүр болып есапланады:

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен тастыйықланған бирден-бир технологиялық шешимлер, классификаторлар ҳәм стандартлардан пайдаланыў;

программалық өнимлерди енгизиўде тийкарынан лицензиялаў шеклеўлеринен жырақ бирден-бир ашық форматтағы электрон ҳүжжетлерден пайдаланыўды тәмийинлеў;

тастыйықланған тийисли миллий стандартлар ҳәм техникалық талапларға муўапық аппарат-программалық системаларды орнатыў;

б) 2020-жыл 1-майдан мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларында мәлимлемени қәлиплестириў, сақлаў ҳәм қайта ислеў тек ғана төмендеги сийрек гезлесетуғын идентификаторлардан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады:

физикалық тәреплер – физикалық тәрептиң жеке идентификациялық номери (ФТШИС);

юридикалық тәреплер – салық төлеўшиниң индентификациялық номери (СТИН);

көшпес мүлк – кадастр саны;

мәнзиллер – географиялық код;

транспорт қураллары – транспорт қуралының индентификациялық номери.

Айрықша жағдайларда Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен тийисли бағдарларда арнаўлы өзине тән идентификаторлар белгилениўи мүмкин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги 2020-жыл 1-майға шекем қала инфраструктурасының жағдайы, мәмлекетлик хызметлердиң сапасы ҳәм халықты қызықтырған басқа да мәселелер бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў ушын «Халық қадағалаўы» порталы ҳәм мобиль қосымшасын иске қоссын.
  2. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекстан Миллий географиялық мәлимлеме системасының жумысы шеңберинде Ташкент қаласы ҳәкимлигине зәрүр картография материалларын бийғәрез усынсын, сондай-ақ, көшпес мүлк объектлерине географиялық жайласыўды есапқа алған ҳалда объекттиң фазалық мағлыўматларын усынсын.
  3. Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң Санлы Ташкент жағдайлар орайын Ташкент қаласы, Шайхантаҳур районы, И.Кәримов көшеси, 51-имаратта жайласқан Ташкент қаласы ҳәкимлиги аймағында қурыў усынысына келисим берилсин.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги жағдайлар орайының қурылысын қаржыландырыў ушын Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң қосымша дәраматлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан зәрүр қаржыларды ажыратсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги бир ай мүддетте «Өзбектелеком» АК Мәлимлемени қайта ислеў орайының технологиялық майданшасында Бағдарлама жойбарларын жайластырыў ушын зәрүр сервер имканиятларын белгиленген тәртипте ажыратыўды тәмийинлесин.
  2. Ташкент қаласы ҳәкимлиги бир ай мүддетте:

комплексли программалық жойбарлар әмелге асырылыўының жәмийетлик қадағалаўын шөлкемлестириў, жойбарлардың жағдайы, қатнасыўшылар, қаржыландырыў ҳәм зәрүр үскенелерди жеткерип бериўшилер ҳаққында толық мағлыўмат бериў ушын ашық мәлимлеме порталын иске қоссын;

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы қарардан келип шыққан ҳалда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Бағдарлама шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң өз-ара қатнасықларын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине киргизилетуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте комплексли бағдарламаның әмелге асырылыўын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  2. Усы қарардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын қадағалаў ушын төмендеги механизм енгизилсин:

Департамент – ҳәр ҳәптеде нәзерде тутылған жойбарлар ҳәм илажлардың орынланыўын қадағалайды, оларды әмелге асырыўда кешиктириў себеплерин анықлайды және оларды сапластырыў бойынша тийисли усынысларды ислеп шығады;

Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими – ҳәр айда Бағдарламаның орынланыўын сын көзқарастан көрип шығып, Министрлер Кабинетине тийисли усыныслар киргизеди;

Өзбекстан Республикасының Бас министри – ҳәр айда кеминде бир рет тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының Бағдарламаның орынланыўы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлайды және оның өз ўақтында толық орынланыўын тәмийинлеў илажларын көреди.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 17-март

 

ӨзA