Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Соңғы жыллары республикамызда жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын жетилистириў бағдарында олардың халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң әҳмийетли машқалаларын өз ўақтында ҳәм нәтийжели шешиўдеги еркинлиги менен жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған сезилерли жумыслар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, Ташкент қаласындағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайын үйрениў исбилерменлик жумысының өсиўине, экономика тармақларын раўажландырыўға ҳәм модернизациялаўға инвестицияларды тартыўға тосқынлық етип атырған системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенинен дәрек бермекте.
Ташкент қаласында инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 1—августтағы «Өзбекстан Республикасында инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5495-санлы Пәрманына муўапық:
а) 2018-жыл 1-октябрьден инвестициялық жумысты әмелге асырыў ушын жер участкаларын бериўдиң төмендеги жаңа механизмлери енгизилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкасын 50 жылға шекемги мүддетке, бирақ арзада көрсетилгенинен аз болмаған мүддетке инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын узақ мүддетли ижараға бериў;
көшпес мүлк объектлерин (мийманханалар, саўда объектлери, мәдений-дем алыў комплекслери, турмыслық хызмет көрсетиў объектлери, билимлендириў ҳәм медицина шөлкемлери, жол инфраструктурасы ҳәм басқалар) қурыў ушын жер участкаларына турақлы ийелик етиў ҳуқықын аукцион арқалы сатыў;
б) төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипте район (қала) ҳәкимлерине сырт ел инвестициясы қатнасыўындағы кәрханаларға аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкасын 50 жылға шекемги мүддетке, бирақ арзада көрсетилгенинен аз болмаған мүддетке инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын узақ мүддетли ижараға бериў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўәкилликлер шеңберинде ҳәм тәртипте 10 миллион АҚШ долларынан көп болмаған эквивалентте сырт ел инвестициясының үлеси болған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда сырт ел инвесторлары менен шәртнамаларын дүзиў;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслерине улыўма майданы 2000 квадрат метрден аслам, бирақ 5000 квадрат метрден көп болмаған пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин (Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-июньдеги «Мәмлекетлик мүлк объектлерин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3067-санлы қарарының 1 ҳәм 2-қосымшаларында көрсетилген объектлер буған кирмейди) инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын сатыў ҳаққында қарар қабыл етиў ҳуқықы берилди.
- Министрлер Кабинети ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң 2018-жыл 15-августтан 2019-жыл 15-августқа шекем Ташкент қаласында инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын эксперимент (кейинги орынларда эксперимент деп аталады) өткериў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин:
инвесторлар менен тиккелей сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша инвестициялық шәртнамаларды дүзиў арқалы Ташкент қаласы ҳәкиминиң қарары тийкарында әпиўайыластырылған тәртипте инвестициялық жумысты әмелге асырыў ушын турақлы ийелик етиў, турақлы пайдаланыў, мүддетли (ўақтынша) пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жер участкаларын усыныў имканияты;
инвесторлар менен тиккелей сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша инвестициялық келисим тийкарында Ташкент қаласы ҳәкиминиң қарары менен мәмлекетлик мүлк объектлерин, соның ишинде, пайдаланылмай атырған объектлерди олардың майданы көлемине қарамастан бериў, Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары менен мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти енгизиў нәзерде тутылған тараўлардағы объектлер буған кирмейди;
Ташкент қаласы ҳәкиминиң қарары менен киши санаат зоналарының дирекциясы функцияларын исенимли басқарыў шәртнамасы тийкарында жеке меншик басқарыўшы шөлкемлерге бериў;
Ташкент қаласы ҳәкиминиң қарары менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының базарлар ҳәм саўда комплекслериниң устав капиталы (қоры)ндағы үлеслерин олардың баланс қуны ҳәм хызметкерлериниң санына қарамастан, жеке исбилерменлик субъектлерине жумыс бағдарын сақлап қалыў, инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелер алыў шәрти менен бериў, сондай-ақ, базарлар менен саўда комплекслериниң атқарыўшы уйымының функцияларын шәртнама тийкарында жеке меншик басқарыўшы шөлкемлерге бизнести шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў ушын бериў. Онда ҳәр бир районда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымының үлеси болған бир жергиликли базардың сақлап қалынатуғыны нәзерде тутылсын;
Ташкент қаласы ҳәкиминиң қарары менен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде автомобиль жоллары бойлап төлемли автомобиль тоқтаў орынларын шөлкемлестириў бойынша жойбарларды әмелге асырыў, жеке меншик инвесторларды тартқан ҳалда көп қабатлы автомобиль сақлаў орынларын қурыў бағдарламаларын тастыйықлаў;
ең жоқары ижара төлемлерин ҳәм инвестициялық миннетлемелерди усынған, тийкарынан жол ҳәрекети тараўында инновациялық жойбарларды әмелге асырыўда тәжирийбеге ийе исбилерменлик субъектлерине жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарамағында болған, соның ишинде, базарлар менен саўда комплекслерине тутас аймақларда жайласқан автомобильлерди ўақытынша сақлаў орынларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде 10 жылға шекемги мүддетке ижараға бериў.
- Ташкент қаласында инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша эксперимент өткерилиўин муўапықластырыў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда-Жумысшы топар) қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
Жумысшы топар (А.Н Арипов)ға:
Ташкент қаласы ҳәкиминиң жер участкаларын ажыратыў, мәмлекетлик мүлк объектлерин реализациялаў ҳәм ижараға бериў бойынша қарарларын қабыл етиў ушын киши санаат зоналары дирекциясының функцияларын жеке меншик басқарыўшы шөлкемлерге бериў мәселесин, сондай-ақ, әмелге асырыў усыныс етилип атырған инвестициялық жойбарлардың көрсеткишлерин ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң тийкарғы шәртлерин тез келисиў ҳәм муўапықластырыў;
министрликлер, ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының экспериментти өткериў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы шөлкемлестириўшилик-техникалық мәселелерди шешиўге әмелий жәрдем бериў бойынша жумыстың анық муўапықластырылыўын тәмийинлеў, бюрократизм жағдайларына жол қоймаў бойынша оператив илажларды көриў;
экспериментти сапалы шөлкемлестириў, муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў, эксперимент шеңбериндеги барлық мәселелерди оператив көрип шығыў ҳәм олар бойынша келисилген қарарларды қабыл етиў жүкленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық эксперимент шеңберинде:
Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен ҳәр ҳәптеде инвестор күни өткерилип, оның шеңберинде, қағыйда түринде, Жумысшы топар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң, соның ишинде, сырт ел инвесторларының инвестиция шәртнамаларын дүзиў, оларға жер участкаларын ажыратыў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик мүлк объектлерин бериў бойынша инвестициялық усыныслары көрип шығылады ҳәм тийисли мағлыўматлар Ташкент қаласы ҳәкиминиң сайтына жайластырылады;
инвестциялық жумысты алып барыў ушын Ташкент қаласы ҳәкиминиң қарары менен жер участкаларын бериў инвесторға жер участкасын бир жылға шекемги мүддетке (жойбардың қурамалылығынан келип шығып созыў имканияты менен) дәслепки резервлеў шәрти менен әмелге асырылады, кейин ала инвестиция шәртнамасында көрсетилген шәртлер инвесторлар тәрепинен орынланғаннан соң жер учаскасына ийелик етиў ҳәм пайдаланыў ҳуқықы рәсмийлестириледи. Инвестор тәрепинен мойнына алынған миннетлемелер инвестициялық шәртнамада көрсетилген шәртлерге ҳәм мүддетлерге муўапық орынланбағанда жер участкасын резервлеў инвесторға компенсация бермей ҳәм зыянлар қапланбай бийкар етиледи;
пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин өз балансында сақлаўшылар тәрепинен Ташкент қаласы ҳәкимлиги сораў жиберген ўақыттан кейин бир ай мүддетте пайдаланылмай атырған объекттен нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, өндирис ямаса хызмет көрсетиў объектин шөлкемлестириў, объектти анық ижараға алыўшыларға бериў, анық инвестор (шерик)ды тартыў илажлары, сондай-ақ, пайдаланылмай атырған объект жумысын тиклеўдиң анық мүддетлери ҳәм қаржыландырыў дәреклери нәзерде тутылған усыныслардың берилмегени Ташкент қаласы ҳәкиминиң пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектин инвестициялық келисим тийкарында реализациялаў ямаса бериў ҳаққындағы қарарын қабыл етиў ушын тийкар болады;
кейин ала Ташкент қаласы ҳәкиминиң жер участкаларын бериў, пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин реализациялаў ямаса бериў мәселелери бойынша қарарын қабыл етиў ушын жүзеге шығарыў усыныс етилген инвестициялық жойбарлардың көрсеткишлерин Жумысшы топар тәрепинен келисиў ҳәм мақуллаў он жумыс күни даўамында әмелге асырылады;
жер участкаларын бериў бойынша материалларды жыйнаў, көрип шығыў, ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлер менен келисиў Ташкент қаласы ҳәкимлиги тәрепинен белгиленген тәртипте он жумыс күни даўамында, соның ишинде, электрон түрде әмелге асырылады;
Ташкент қаласындағы еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңесиниң ўәкилликлери Ташкент қаласы ҳәкимине өтеди, ол усы ўәкилликлерди киши санаат зоналарының дирекцияларына бир бөлегин ямаса толық бериўи мүмкин;
белгили бир инвестициялық жойбарлар шеңберинде өндирис майданшасынан тысқарыдағы зәрүр сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң жергиликли бюджети қаржылары ҳәм басқа да қаржыландырыў дәреклери есабынан әмелге асырылыўы мүмкин.
- 2018-жыл 1-октябрьден:
автомототранспорт қуралларын ўақытнша сақлаў хызметлерин көрсететуғын юридикалық шахслар тәрепинен қатаң белгиленген салық төлеў тәртиби бийкар етилетуғыны, олар Өзбекстан Республикасы Салық кодексинде белгиленген тәртипте бирден-бир салық төлеми ямаса басқа да улыўма белгиленген салықларды төлеўге өткерилетуғыны;
автомототранспорт қуралларын ўақытша сақлаў хызметлери, жайласыўына қарамастан, юридикалық шахслар тәрепинен автомототранспорт қуралларын ўақтыншалық сақлаў орынлары салық уйымлары менен өз-ара бирге ислесиў имканиятын беретуғын видеобақлаў ҳәм автомототранспорт қуралларының кириў ҳәм шығыў ўақтын дизимге алыў системасы менен үскенеленгенде әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети автомототранспорт қуралларын ўақтыншалық сақлаў хызметлерин көрсететуғын юридикалық шахсларға түсимлердиң толықлығы үстинен системалы қадағалаўды орнатсын.
- Ташкент қаласы ҳәкимине сырт ел инвесторы тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленгенинен қосымша салық ҳәм бажыхана жеңилликлери менен преференцияларын бериў талабы қойылмаған жағдайда 10 миллион АҚШ долларынан аслам эквивалентте сырт ел инвестициясының үлеси болған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда сырт ел инвесторлары менен инвестициялық шәртнамаларды дүзиў ҳуқықы берилсин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК «САР» авиакомпаниясының Ташкент қаласы, Сергели районы, Райхан көшесинде жайласқан имаратларын, қурылмалары ҳәм басқа да инфраструктурасын оларға тутас 101,64 гектар майдан менен биргеликте кейин ала тапсырылып атырған объектлер негизинде «Индустриал парк» киши санаат зонасын шөлкемлестириў шәрти менен қабыл етиў ҳәм тапсырыў актлери тийкарында Ташкент қаласы ҳәкимлигине еркин бериў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги:
а) бизнес жүргизиў ушын ең мақул шараятларды ҳәм қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, районлар кесиминде Ташкент қаласының инвестициялық тартымлылығын арттырыў, сондай-ақ, экономикалық өсимди ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўды тәмийинлеў ушын зәрүр шөлкемлестириўшилик илажларды әмелге асырыў мақсетинде районлардың ҳәкимлери менен биргеликте еки ай мүддетте:
тийисли аймақларда бар имканиятларды ҳәм шараятларды сәўлелендириўди нәзерде тутатуғын Ташкент қаласы ҳәм районлардың инвестициялық паспортларын;
инвестициялық процесслерди басқарыўдың тийкарғы мақсетлерин, тийкарғы тармақларды раўажландырыў илажларын, мәдений ҳәм социаллық объектлер ҳәм қоршаған орталықтың қолайлы экологиялық жағдайын сақлаўға байланыслы шеклеўлерди белгилейтуғын Ташкент қаласында аймақлар кесиминде инвестициялық орталықты раўажландырыў концепциясын, сондай-ақ, концепцияның өнимдарлығын сыпатлайтуғын көрсеткишлерди;
жуўапкер шахсларды ҳәм қаржыландырыў дәреклерин белгилеген ҳалда инвесторларды аэропортларда, вокзалларда, келиў объектлеринде күтип алыў, шығарып салыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў, оларды зәрүр транспорт ҳәм техеника қураллары менен тәмийинлеў тәртибин ислеп шықсын;
б) Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласында киши санаат зоналарының жумысын жеделлестириў, бос турған жер участкаларынан мақул тәризде пайдаланыў, олар тийкарында киши санаат зоналарын шөлкемлестириў бойынша, зәрүр жағдайларда Ташкент ўәлаятының Ташкент қаласы Алмазар, Юнусабад, Чиланзар ҳәм Сергели районларына тутас аймақларында Ташкент қаласының жаңа киши санаат зоналарын шөлкемлестириў ушын ҳәр бириниң майданы 20 гектардан аз болмаған жер участкаларын ажыратыўды нәзерде тутқан ҳалда Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;
в) бир ай мүддетте Ташкент қаласы ҳәм районлары ҳәкимлериниң, сондай-ақ, олардың орынбасарларының потенциаллы инвесторларды тартыў, сырт елли шериклерге инвестиция потенциалы ҳәм бизнес жүргизиў шәртлери ҳаққындағы мағлыўматларды жеткериў ушын ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер, соның ишинде, сырт еллерге сапарлардың календарь режесин ислеп шықсын.
- Ташкент қаласы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы Ж.А.Артиқхожаевқа:
инвестициялық жойбарлардың интакерлери тәрепинен қала қурылысы регламентлериниң ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапасы бойынша талапларға әмел етилиўи;
жүкленген ўазыйпа менен функцияларды сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў, инвестициялық жойбарларды нәтийжели әмелге асырыў, исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын шешиў, онда инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслардың өнимдарлығына өз жумысында айрықша итибар қаратыў, әдиллик ҳәм ашық-айдынлық принциплерине әмел етиў, сондай-ақ, Ташкент қаласы халқының мәплерин есапқа алыў;
эксперимент шеңберинде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде жүзеге келип атырған мәмлекетлик миннетлемелерди қаржыландырыў дәреклери менен тәмийинлеў;
усы Пәрманның 8-бәнтине муўапық әмелге асырылып атырған илажлардың өнимдарлығы;
Ташкент қаласының ески қала бөлими, мәдений мийрас объектлеринде ҳәм қоршаған орталықта қолай экологиялық жағдайдың сақланыўы, халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, саяманлы тереклер менен гүллер еккен ҳалда жасыл аймақларды пайда етиў, тереклер ҳәм өсимликлердиң нызамсыз кесилиўинен қорғаў;
социаллық тармақларда жайластырылған ҳәм түрли нызам бузыўшылықлар (тереклердиң нызамсыз кесилиўи, мәдений мийрас объектлерине зыян жеткериў ҳәм басқалар) менен байланыслы пуқаралардың мүрәжатлери ҳәм шағым хатлары бойынша оператив илажлар көриў бойынша жуўапкершилик жүкленсин.
- Жумысшы топар (А.Н.Арипов, С.Р.Холмурадов) Жумысшы топардың күн тәртибине киргизилип атырған мәселелердиң оператив көрип шығылыўын, сондай-ақ, жүкленген ўазыйпалар менен функциялардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлесин.
- Министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырған исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, жүзеге келип атырған машқалаларды шешиў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте еки ай мүддетте турақ жай зонасында жайласқан объектлерди қайта қәнигелестириўге рухсат бериў тәртибин жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин, онда турақ жай ҳәм мийманхана хожалығы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў объектлерин, балалар мәкемелери ҳәм басқа да социаллық инфрастурктура объектлерин қурыўдың өзине тән өзгешеликлери ҳәм зәрүрлиги есапқа алынсын.
- Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Реформаларды ҳуқықый тәмийинлеў ҳәм ҳуқық қорғаў жумысын муўапықластырыў хызмети:
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен биргеликте эксперименттиң әмелге асырылыўы үстинен тәсиршең қадағалаў ҳәм мониторинг орнатсын;
Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте эксперимент нәтийжелери бойынша усы Пәрманның әмел етилиўин республикамыздың басқа да аймақларына енгизиў бойынша усыныслар киргизсин.
Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәр айда усы Пәрманға муўапық әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти аппараты ҳәм Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына Ташкент қаласы ҳәм районлық халық депутатларының Кеңеслерине Ташкент қаласы ҳәм районларындағы атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды шөлкемлестириўге ҳәм әмелге асырыўға жәрдемлесиў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары усы Пәрманның қағыйдалары, бар имканиятлар, инвестициялық келисимлерди әмелге асырыў нәтийжелери ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң абзаллықлары кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
16.Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Ташкент қаласы ҳәкиминиң ўазыйпасын атқарыўшы Ж.А.Артиқходжаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 15-август