Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ қарары

Жоқары билимлендириў тараўында жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелериниӊ алдынғы тәжирийбесин енгизиў жумысларын және де кеӊейтиў, олар менен бирге ислесиўди раўажландырыў, билимлендириў тараўына сырт ел инвестицияларын тартыў, сондай-ақ, регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги, Аризона мәмлекетлик университети (АҚШ) ҳәм “Cintana Education” компаниясы (АҚШ) арасында 2023-жыл сентябрь айында Ташкент қаласында Америка технологиялар университетин шөлкемлестириў ҳаққында келисим меморандумына қол қойылғаны;

Ташкент қаласында Америка технологиялар университетиниӊ билимлендириў процесин шөлкемлестириўде Америка Қурама Штатлары “Cintana Education” компаниясы бирге ислесиўши етип белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм “Cintana Education” компаниясыныӊ (АҚШ) Ташкент қаласында Америка технологиялар университетин (кейинги орынларда – Университет) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Төмендегилер Университеттиӊ тийкарғы жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

инженерлик, денсаўлықта сақлаў, мәлимлеме технологиялары, архитектура ҳәм дизайн, экономика ҳәм қаржы, халықаралық қатнасықлар тараўлары ушын жоқары мағлыўматлы кадрларды халықаралық стандартлар дәрежесинде таярлаў;

оқыў-тәрбия процесин алдынғы педагогикалық ҳәм заманагөй мәлимлеме технологияларын қолланған ҳалда дүньяныӊ жетекши университетлеринде енгизилген билимлендириў технологиялары ҳәм усыллары тийкарында шөлкемлестириў;

студентлердиӊ интеллектуаллық қәбилетин раўажландырыў, билимин әмелий тәжирийбелер арқалы беккемлеўге, оқыў материалларын нәтийжели ҳәм пуқта өзлестириўге хызмет ететуғын ҳәр тәреплеме қолайлы билимлендириў орталығын қәлиплестириў;

билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў бағдарларында жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери менен бирге ислесиўди беккемлеў, студентлердиӊ академиялық мобиллигин жолға қойыў;

илимий-педагогикалық потенциалды арттырып барыў, сондай-ақ, профессор-оқытыўшылардыӊ стажировкасы ҳәм маманлығын арттырыўын абырайлы сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәи илимий-изертлеў орайларында шөлкемлестириў;

тәлим-тәрбия процесин студентлерде жоқары руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди раўажландырыў, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, халық мәплери ушын хызмет етиў сезими менен жасайтуғын бәркамал әўлад сыпатында тәрбиялаўға қаратқан ҳалда шөлкемлестириў.

4.Университет мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкеми болып есапланатуғыны ҳәм өз жумысын 2024-2025-оқыў жылынан баслап Өзбекстан Республикасыныӊ билимлендириў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлери талаплары тийкарында әмелге асыратуғыны;

Университетте студентлерди оқытыў төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылатуғыны ҳәм қабыллаў параметрлери ҳәм студентлерди оқытыў ушын төлемли-контракт суммасы Университет тәрепинен белгиленетуғыны;

Университетке абитуриентлерди қабыллаў ҳәм питкериўшилердиӊ аттестациясы Университет тәрепинен белгиленген талап ҳәм тәртипке муўапық әмелге асырылатуғыны;

Университет толық академиялық, қаржылай ҳәм шөлкемлестириў жағынан еркин жоқары билимлендириў шөлкеми есапланатуғыны;

Университет питкериўшилерине Аризона мәмлекетлик университетиниӊ яки Америка Қурама Штатларында тән алынатуғын бирге ислесиўши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкеминиӊ дипломы берилетуғыны. Онда, питкериўшилерге берилген диплом Өзбекстан Республикасында тән алынатуғыны;

Университетте биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларыныӊ сырт ел университетинде оқыў бөлегин бакалавриатда “3+1”, магистратурада “1+1” ҳәм басқа түрде, атап айтқанда, аралықтан түринде әмелге асырыў имканияты жаратылатуғыны;

Университет жумысы шөлкемлестириўшилердиӊ қаржылары, төлемли-контракт тийкарында студентлерди оқытыўдан түскен қаржылар, қәўендерлик қайырқомлықлары, грантлар ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. “Cintana Education” компаниясы (АҚШ) төмендегилерди тәмийинлеў миннетлемелерин өзине алатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

Университетти шөлкемлестириў ҳәм оныӊ жумысын жолға қойыў ушын 2024-2030-жыллары 30 миллион АҚШ доллары, 2030-2035-жыллары 20 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў ҳәм инвестициялардыӊ кеминде 50 процентин Университеттиӊ материаллық-техникалық базасын қәлиплестириўге жумсаў;

Университетке Aризона мәмлекетлик университетин бирге ислесиўши сыпатында тартыў ҳәм Университетте билимлендириў процесин бирге ислесиўши университеттиӊ үлгиси, оқыў-методикалық ҳәм технологиялық қоллап-қуўатлаўы тийкарында шөлкемлестириў;

Университеттиӊ китапхана фондын қәлиплестириў, оны заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий-техникалық әдебиятлар менен толықтырыў ҳәм студентлер ушын Аризона мәмлекетлик университетиниӊ китапхана фондынан пайдаланыў имканиятын жаратыў;

Университетте Aризона мәмлекетлик университети ҳәм абырайлы рейтинг шөлкемлериниӊ жоқары 200 лик дизимине кирген сырт ел билимлендириў шөлкемлериниӊ билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаў ҳәм сырт ел билимлендириў шөлкемлериниӊ дипломын бериўди нәзерде тутатуғын биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын енгизиў.

  1. Ташкент қаласы, Бешёғоч көшеси, 1-жай мәнзилинде жайласқан имарат-объектлер оған бириктирилген аймақ пенен биргеликте “Cintana Education” компаниясына (АҚШ) Университетти шөлкемлестириў ушын 49 жыл мүддетке ижараға берилсин.
  2. Ташкент қаласындағы Америка технологиялар университетиниӊ жумысын жолға қойыў ҳәм муўапықластырыў бойынша басқарыў кеӊеси (кейинги орынларда – Басқарыў кеӊеси) шөлкемлестирилсин ҳәм оныӊ қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Басқарыў кеӊесине төмендеги ўәкилликлер берилсин:

Университетти раўажландырыў бағдарламасы, мақсетли көрсеткишлер жойбарын көрип шығыў ҳәм келисиў;

Университеттиӊ алдына қойылған ўазыйпалардыӊ орынланыўы, мақсетли көрсеткишлерине ерисиў жағдайын қадағалап барыў ҳәм жыллық есабатларды қабыл етиў;

шөлкемлестириўшилердиӊ инвестициялық ҳәм басқа миннетлемелериниӊ орынланыўы бойынша мониторинг алып барыў;

Университет ректоры ҳәм проректорлары лаўазымларына усыныс етилип атырған талабанларды көрип шығыў ҳәм жуўмақ бериў;

Университеттиӊ өз билимлендириў бағдарламалары тийкарында кадрлар таярлаўға рухсат бериў бойынша қарар қабыл етиў.

  1. Басқарыў кеӊеси (О.Абдурахманов):

еки ҳәпте мүдетте Университеттиӊ Ташкент қаласы, Бешёғоч көшеси, 1-жай мәнзили бойынша жайластырылыўын;

2024-жыл 1-августқа шекем Университет тәрепинен сырт елден тартылған профессор-оқытыўшыларды жайластырыў ушын ижара турақ жайлары таярланыўын;

2025-жыл 1-сентябрьге шекем Университет кампусын қурыў ушын Ташкент қаласы аймағынан зәрүрли жер майданыныӊ белгиленген тәртипте ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Сыртқы ислер министрлиги Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниӊ виза талапнамаларына муўапық Университетке тартылған сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм ҳәкимшилик хызметкерлери ҳәм олардыӊ шаӊарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық жыйымлар ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиӊ орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирместен белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  2. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниӊ буйыртпасына бола Университетти шөлкемлестириў ҳәм оныӊ жумыс алып барыўында қатнасатуғын сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеўин әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын тастыйықнамалар берилиўин (мүддети созылыўын) тәмийинлесин.
  3. Усы қарардыӊ орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри К.А.Шарипов белгиленсин.

Қарардыӊ орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти басшысы О.К.Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл 17-июль