Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Социаллық тараў объектлериндеги ысытыў системаларының гүз-қыс мәўсиминде турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў, бул объектлерге ыссылық энергиясын үзликсиз жеткерип бериў ҳәм энергия ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, тараўға жеке меншик инвестицияларды кеңнен тартыў мақсетинде:
- Әндижан ўәлаятының Бостан районындағы 69 социаллық тараў объектин ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери 2023-2026-жылларда республика аймақларында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик социаллық тараў объектлерин көмир жанылғысына өткериў арқалы гүз-қыс мәўсиминде ыссылық энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў, қазанханаларды модернизациялаў ҳәм мәкемелердиң ыссылық системасын оңлаў ҳәм белгиленген нормаларда жумыс ислеўин тәмийинлеўди мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жеке меншик сектор қатнасыўында басқышпа-басқыш енгизиў илажларын көрсин. Онда:
биринши басқышта Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларындағы 5 722 мәмлекетлик социаллық тараў объектиниң ыссылық тәмийнаты системаларын жеке меншик сектор қатнасыўында модернизациялаў ҳәм басқарыў системасы енгизилсин;
мәмлекетлик социаллық тараў объектлеринде ысытыў системаларының ағымдағы жағдайынан келип шығып, 2023-жылы Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья ҳәм Сырдәрья ўәлаятларының барлық район (қала)ларда ҳәм басқа да ўәлаятлардың 2-қосымшаға муўапық район (қала)ларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў жумыслары баслансын.
- Төмендегилер:
Социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў ҳәм басқарыў системасын енгизиў бойынша «жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы мәмлекетлик социаллық тараў объектлери бойынша 2023-жылы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлерге қол қойыў режеси 2-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда мәмлекетлик социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын 2023-жылы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў жумысларын шөлкемлестириў бойынша республикалық жумысшы топар (кейинги орынларда – Республикалық жумысшы топар) қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилер Республикалық жумысшы топарының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
мәмлекетлик социаллық тараў объектлериниң ысытыў системалары ушын талап етилетуғын көмир ҳәм басқа да жанылғы өнимлер менен тәмийинлеўге жәрдемлесиў;
ҳәр шеректе район (қала)лық ҳәкимликлер ҳәм тартылған жеке меншик шериклер тәрепинен орынланған жумыслардың нәтийжелилигин үйрениў ҳәм турақлы мониторинг етип барыў;
мәмлекетлик социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаўда жүзеге келетуғын машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў илажларын көриў;
район (қала)лық ҳәкимликлердиң жойбарлардың орынланыўы бойынша мәлимлемелерди қабыл етиў ҳәм нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине аналитикалық материалларды киргизип барыў;
усы қарарда көрсетилген тапсырмалардың белгиленген мүддетлерде орынланыўын қадағалап барыў.
- Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги (Б.Закиров), Энергетика министрлиги (Ж.Мирзамаҳмудов), Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги (Ш.Абдурахмонов), Наманган ўәлаяты ҳәкимлиги (Ш.Абдуразаков) ҳәм Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги (Х.Бозаров):
бир ай мүддетте район (қала)лардағы мәмлекетлик социаллық тараў объектлери бойынша ыссылық тәмийнаты системаларының жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын таңлаў тийкарында жойбарлаў институтларын тартсын ҳәм ыссылық тәмийнаты системаларын хатлаўдан өткерген ҳалда нуқсанлар ҳаққындағы актлерди рәсмийлестирсин;
усы жылы 1-июньға шекем тартылған жойбарлаў институтлары жәрдеминде район (қала)лардағы социаллық тараў объектлериниң ыссылық тәмийнаты системасын модернизациялаў жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығып, мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин. Онда, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығып ҳәм мәмлекетлик экспертизадан өткериў қәрежетлери аймақлар жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады;
усы жылы 1-июльға шекем район (қала)ларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында социаллық тараў объектлериниң ыссылық тәмийнаты системасын модернизациялаў ҳәм басқарыў жойбарларының (кейинги орынларда – Жойбарлар) концепцияларын тастыйықласын;
усы жылы 1-августтан жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылған ҳәм жойбар концепциялары тастыйықланған район (қала)лардағы социаллық тараў объектлериниң ыссылық системаларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында басқышпа-басқыш модернизациялаў жумысларын басласын.
- Жойбарларды әмелге асырыўда:
мәмлекет шериги етип – район (қала) ҳәкимликлери белгиленсин;
жеке меншик шериклер – Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы нызамды талапларына муўапық тендер өткериў ҳәм (ямаса) Халық депутатлары район (қала)лық кеңеслериниң қарарлары тийкарында ең оптимал усынысларды таңлап алыў арқалы анықлансын.
- Жойбарларды әмелге асырыўда төмендеги ўазыйпа ҳәм миннетлемелердиң орынланыўы тәмийинленетуғыны:
а) мәмлектелик шериклер тәрепинен:
мәмлекетлик социаллық тараў объектлериниң ысытыў системаларын хатлаўдан өткериў, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм мәмлекетлик экспертизадан өткериўди тәмийинлеў;
жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўда көмир жанылғысында жумыс ислейтуғын энергия үнемлейтуғын қазанларды орнатыў ҳәм объектлердеги ишки ыссылық тармақларын модернизациялаўды нәзерде тутыў;
Жойбарлар бойынша концепцияларды тастыйықлаў;
Жойбарларды әмелге асырыў ушын тендерлерди шөлкемлестириў ҳәм жеке меншик шериклерди ашық-айдын шәртлерде таңлаў;
тартылған жеке меншик шериклер ушын зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм оларға ысытыў объектлери ҳәм системаларын мәмлекетлик жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде белгиленген мүддетте ўақтынша бийпул пайдаланыўға бериў;
Мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылатуғын қаржылардың мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде белгиленген мүддетлерде ҳәм муғдарларда қаратып барылыўын тәмийинлеў;
жеке меншик шериклер тәрепинен орынланатуғын жумыслар ҳәм хызметлердиң сапасын турақлы қадағалап барыў, нәтийжеси бойынша ҳәр шеректе Республикалық жумысшы топарға мәлимлеме бериў;
жеке меншик шериклер тәрепинен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде белгиленген шәртлер орынланбаған жағдайда келисимди бир тәреплеме бийкар етиў;
б) жеке меншик шериклер тәрепинен:
санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиена нормативлерине муўапық социаллық тараў объектлериниң ишки бөлимлерде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимниң әмел етиў мүддети даўамында ыссылық температурасын керекли дәрежеде тәмийинлеў. Онда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер шеңберинде социаллық тараў объектлеринде ыссылық қуўатлылығы есабын жүргизиўдиң онлайн системаларын енгизиў бойынша талап қойылыўы мүмкин;
ысытыў ушын норма бойынша талап етилетуғын көмир ҳәм электр энергиясы қәрежетлерин кеминде 20 процентке ҳәм ыссылық энергиясы жоғалтыўларын 30 процентке азайтыў;
социаллық тараў объектлеринде Өзбекстан Республикасында кеминде бир жыл сынақтан табыслы өткен ҳәм хызмет етиў кепиллиги кеминде 15 жылды қурайтуғын қазанларды орнатыў;
орнатылатуғын ысытыў қазанларының сапасын кепиллеў ҳәм мүддетинен алдын жарамсыз жағдайға келген ысытыў қазанларын өз қаржылары есабынан жаңалаў. Бундай жағдайларда Мәмлекетлик бюджеттен қосымша қаржы ажыратылмайтуғыны;
социаллық тараў объектлерин ысытыўға байланыслы барлық мәселелерди өз мойнына алатуғыны белгилеп қойылсын.
- Жойбарларды әмелге асырыўда модернизациялаў ҳәм оңлаў қәрежетлери ушын талап етилетуғын инвестиция қаржылары жеке меншик шериклер ҳәм Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ажыратылатуғыны;
жеке меншик шериклердиң үлеси кеминде 50 процент ҳәм объектлерди эксплуатациялаў мүддети 10 жылды қурайтуғыны;
Жойбарларды басқарыў ҳәм эксплуатациялаў дәўири даўамында жеке меншик шериклер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер 2023-жылы жергиликли бюджет параметрлеринде бул мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржылар, сондай-ақ, штат бирликлерин қысқартыў ҳәм энергия ресурсларын үнемлеў есабынан жумсалатуғын қаржылар есабынан қаржыландырылатуғыны;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер шеңберинде социаллық тараў объектлеринде ыссылық энергиясы жоғалтыўларын кемейтиў ҳәм объекттиң энергия нәтийжелилигин арттырыў илажлары нәзерде тутылыўы мүмкин екени;
район (қала) ҳәкимлери социаллық тараў объектлериниң ысытыў системалары толық түрде жумыс алып барыўы ушын жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер есапланатуғыны белгиленсин.
район (қала) ҳәкимлери мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер шеңберинде жеке меншик шерикке өз миннетлемелерин орынлаўға ҳәр тәреплеме, соның ишинде, көмир жанылғысын мүддетинен алдын топлап қойыўда әмелий жәрдем көрсетсин.
- Халық депутатлары район (қала)лық кеңеслерине жеке меншик шериклердиң ең оптимал усынысларды таңлап алыўда төмендеги талапларға итибар қаратыў усыныс етилсин:
жеке меншик шериклер қаржылардың үлеси кеминде 50 процент ҳәм оннан жоқары болыўы;
жеке меншик шериклер тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер ушын қәрежетлер муғдары жергиликли бюджет параметрлеринде бул мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржыларға салыстырғанда аз болыўы;
жеке меншик шериклердиң салық төлеўши сыпатында исенимли болыўы ҳәм кейинги жылда товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алған жәми дәраматы 3 миллиард сумнан аз болмаўы.
- Жойбарлар ҳәр бир социаллық тараў объекти бойынша өз алдына лотқа ажыратқан ҳалда әмелге асырылатуғыны;
район (қала)лардағы социаллық тараў объектлериниң санынан, мәкемелердиң алыс аймақларда жайласыўынан ҳәм интакер жеке меншик исбилерменлик субъектлериниң усынысларынан келип шығып, Республикалық жумысшы топар менен келисимге бола еки ҳәм оннан аслам жойбарларды бирлестирген жағдайда лотларға ажыратыўға келисим берилетуғыны белгиленсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) 2023-жылы республика бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында мәмлекетлик социаллық тараў объектлериниң ыссылық тәмийнаты системасын модернизациялаў ушын жәми 500 миллиард сум, соннан Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятлары ушын 250 миллиард сум, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Қашқадәрья ўәлаятына 50 миллиард сумнан қаржы ажыратсын.
Бунда, бул қәрежетлер 2023-жылы Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасында нәзерде тутылған қаржыларды қайта бөлистириў ҳәм республикалық бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан қаплансын.
- Ысытыў қазанларын ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде, белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша сырт елден алып келинетуғын (импорт етилетуғын), республикада ислеп шығарылмайтуғын товарлар 2025-жылдың 1-январына шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.
Энергетика министрлиги (Ж.Мирзамаҳмудов), «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы (М.Юнусов) ысытыў қазанларын ислеп шығарыўшылар менен биргеликте алып келинетуғын (импорт етилетуғын) товарлар дизимин қәлиплестирсин ҳәм белгиленген тәртипте комплексли экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин.
- Электротехника санаатын раўажландырыўға жәрдемлесиў бойынша жумысшы топар (Д.Султанов) жергиликли электротехника өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалар менен бирге:
бир ай мүддетте еки қыйлы, соның ишинде, қатты жанылғыда жумыс ислейтуғын ысытыў қазанларын ислеп шығарыўды локализациялаў дәрежесин арттырыў бойынша илажлар ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
үш ай мүддетте тараўдағы кәрханалар базасында энергия үнемлейтуғын ҳәм қәўипсизлик дәрежеси жоқары болған ысытыў қазанлары (ҳәр қыйлы жанылғыда ислейтуғын) өндиристи кеңейтиў бойынша жойбарлар дизимин қәлиплестирсин.
- Республикалық жумысшы топар (Ш.Кудбиев):
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен район ҳәм қала ҳәкимликлери менен биргеликте өз қарамағындағы социаллық тараў объектлериниң ыссылық тәмийнаты системасы модернизацияланғаннан кейин шешип алынатуғын ҳәм пайдаланыўға жарамлы болған ысытыў қазанларына мүтәжлик болған бюджет шөлкемлерине бийғәрез өткерип барылыўын шөлкемлестирсин.
үш ай мүддетте Энергетика министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер шеңберинде социаллық тараў объектлеринде энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша мәнзилли илажлар режесин ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясы Жойбарларды әмелге асырыў ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылатуғын қаржылардан мақсетли пайдаланыўы үстинен финанслық қадағалаў илажлары ҳәр жылы өткерилиўин тәмийинлесин.
Бунда, мәмлекет шериги ҳәм жеке меншик шерик Жойбарлар ушын ажыратылатуғын Мәмлекетлик бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўы ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимге муўапық жуўапкер есапланады.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) Жойбарлар бойынша тастыйықланған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлерде белгиленген нәтийжелилик көрсеткишлери орынланыўы ҳәм келисим шәртлерине әмел етилиўи бойынша турақлы мониторингин әмелге асырып барсын.
Бунда, мониторинг нәтийжесинде биринши рет анықланған кемшиликлер ушын жыллық төлем муғдарын 10 процентке, екинши рет анықланған кемшиликлер ушын 20 процентке азайтыў және үшинши рет анықланған кемшиликлер ушын келисимди бийкарлаў сыяқлы жаза илажларын қолланыў механизми енгизилсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев), Саўда-санаат палатасы (Д.Ваҳобов) тийисли район (қала) ҳәкимликлери менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәнисин исбилерменлик субъектлерине жеткериў мақсетинде түрли ушырасыўлар, тематикалық дөгерек сәўбетлери шөлкемлестирсин және оларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирсин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев):
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы үлги келисим жойбарын ислеп шығып, барлық район (қала) ҳәкимликлерине усынсын;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип экономика ҳәм қаржы министри Ш.Д.Кудбиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 10-апрель