Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республикамыздың туризм потенциалынан толық ҳәм нәтийжели пайдаланыў, биринши гезекте транспорт-логистика ҳәм туризм инфраструктурасындағы машқалаларды жедел шешиў, сондай-ақ, ҳәзирги ресурслар ҳәм имканиятлардан ҳәр тәреплеме пайдаланыў есабынан туризм тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери ушын қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
2023-жылы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында туризмди раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын;
2023-жыл бәҳәр-жаз мәўсиминде ҳаўа ҳәм темир жоллар арқалы жолаўшылар тасыўдың мақсетли көрсеткишлери 2а ҳәм 2б-қосымшаларға муўапық;
2023-жылы республикамыз аймағындағы туризм ҳәм мәдений мийрас объектлерине алып барыўшы автомобиль жолларын оңлаў жумысларының мәнзилли дизими 3-қосымшаға муўапық;
2023-жыл туризм тараўындағы ресурслар менен имканиятлардан ҳәр тәреплеме пайдаланыў ҳәм машқалаларды жеделлик пенен шешиў бойынша «жол картасы» 4а-қосымшаға муўапық;
2023-жылы туризм тараўында өткерилетуғын мәдений-кеўил ашар илажлар бойынша «жол картасы» 4б-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында туризмди раўажландырыў бойынша 2023-жылы әмелге асырылатуғын илажлар режелери 5а-5б-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- Мәмлекеттиң туризм тараўын раўажландырыў бойынша республикалық жумысшы топар (кейинги орынларда – Республикалық жумысшы топар) 6-қосымшаға муўапық қурамда ҳәм аймақлық жумысшы топарлар (кейинги орынларда – Аймақлық жумысшы топарлар) 7-қосымшаға муўапық үлгидеги қурамда шөлкемлестирилсин.
- Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Мәденият ҳәм туризм министрлиги, Транспорт министрлиги, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы сондай-ақ, республикамыздағы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң аймақлардың туризм потенциалын арттырыўға жәрдемлесиў мақсетинде жоқары билимлендириў шөлкемлерине тийисли аймақларды бириктириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Жоқары билимлендириў шөлкемлерине бириктирилген аймақлар дизими 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм бул жоқары билимлендириў шөлкемлерине аймақтың туризм потенциалын арттырыў бойынша төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
аймақтың туризм потенциалын үйрениў, аймақ ҳәм оның тарийхы, туристлик объектлери ҳәм өзине тән өзгешеликлери ҳаққында ҳәр қыйлы тиллерде контентлер жаратыў, оларды үгит-нәсиятлаў сондай-ақ, турпакетлер жаратыўда жәрдем көрсетиў;
теориялық билим ҳәм әмелияттың сәйкеслигин тәмийинлеген ҳалда профессор ҳәм оқытыўшылардың изленислери, студентлердиң туризм тараўындағы теориялық билимлерин әмелиятта қолланыў имканиятларын кеңейтиў;
аймақлардағы халық тәрепинен туризм хызметлерин көрсетиў сапасын жақсылаў ҳәм кадрлардың маманлығын арттырыўда жәрдемлесиў.
- Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханалары тәрепинен 2023-жылы сырт ел туристлерин Өзбекстанға тартыў бойынша реже-кесте 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Төмендегилерге:
а) Республикалық жумысшы топар (А.Арипов, А.Абдухакимов)ға:
усы қарар ҳәм оған қосымшаларда белгиленген мақсетли көрсеткишлер ҳәм илажлардың орынланыўын қадағалаў сондай-ақ, бул бағдардағы жумысларды ҳәр айда кеминде бир мәрте додалап барыў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, тийисли министрлик ҳәм уйымлар басшыларының туризм тараўында әмелге асырылған жумыслар бойынша есабатларын тыңлаў;
туризм тараўында пайда болып атырған машқалаларды оператив сапластырыў ҳәм келешекте олардың алдын алыў, Мәденият ҳәм туризм министрлиги сондай-ақ, басқа да министрлик ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў;
ҳәр шеректе мәмлекеттиң туризм потенциалын арттырыў бойынша есабатты Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизип барыў;
б) Аймақлық жумысшы топарларға:
Мәденият ҳәм туризм министрлиги аймақлық бөлимлериниң орынларда туризм тараўында жаратылған шараятлар, жергиликли ҳәм сырт ел туристлерин тартыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша еки ҳәптеде бир мәрте мәлимлемесин тыңлаў;
орынларда туризм тараўындағы машқалаларды избе-из додалап барыў, туристлик потенциалды арттырыў бойынша жуўапкерлерди белгиленген ҳалда илажларды тастыйықлаў ҳәм олардың орынланыўын өз ўақтында ҳәм сапалы тәмийинлеў;
аймақтың туристлик потенциалын арттырыў, жергиликли ҳәм сырт ел туристлериниң санын көбейтиў бойынша усыныслар таярлаў;
в) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – усы қарарға 1-қосымшада белгиленген туризмди раўажландырыў бойынша мақсетли көрсеткишлерге ерисиў;
г) транспорт министри И.Р.Махкамовқа – усы қарарға 2а ҳәм 2б-қосымшаларда белгиленген жолаўшылар тасыўдың мақсетли көрсеткишлерине ерисиў;
д) мәденият ҳәм туризм министриниң биринши орынбасары У.А.Азамов ҳәм жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың басшыларына – усы қарарға 4а ҳәм 4б-қосымшаларда белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў ўазыйпалары жүкленсин.
- Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети Мәденият ҳәм туризм министрлиги менен биргеликте 2023-жыл Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде автомобиль жолларын қурыў-оңлаў жумыслары ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде усы қарарға 3-қосымшаға муўапық тастыйықланған туризм ҳәм мәдений мийрас объектлерине алып барыўшы автомобиль жолларын оңлаў жумысларының әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Экономика ҳәм қаржы министрлиги Транспорт министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте 2023-жыл ушын Мәмлекетлик бюджеттен жергиликли авиақатнаў жөнелислерин субсидиялаў ушын қосымша 30 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратыўды нәзерде тутыўшы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
Транспорт министрлиги Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда рейслерди олардың бәнтлигинен келип шығып субсидиялаў механизмлерин анықлайтуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2023-жыл 1-майдан баслапҮ
2024-жыл 1-июльге шекем тәжирийбе түринде туроператор хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлерине олар тәрепинен 5 ҳәм оннан артық резидент емеслерге хызметлер көрсетиўди нәзерде тутыўшы турпакетлер (жайластырыў, автомобиль ямаса темир жол транспорты, экскурсия ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер қамтып алынған) бойынша сырт елли шериклерге берилген есап бет-фактурада көрсетилген қосымша қун салығының 20 процент муғдарындағы қаржылар республикалық бюджеттен субсидия сыпатында азайтылады;
2026-жыл 1-майға шекем жергиликли туроператорлар, туризм тараўында жайластырыў хызметлерин көрсетиўши ямаса автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерине өз жумысында жолаўшыларды тасыў менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерине өз жумысында жолаўшыларды тасыўда пайдаланылатуғын ҳәм айдаўшы менен бирге он ҳәм оннан артық орынлыққа ийе болған сондай-ақ, ислеп шығарылғанына 5 жылдан артық болмаған транспорт қуралларын (ТИФ ТН кодлары 8702 10, 8702 40, 8702 90) Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде қосымша қун салығын процентлер есапланбаған ҳәм олардың төлениўин тәмийинлеў талап етилмеген ҳалда 12 ай мүддетке бөлип-бөлип төлеў ҳуқықы бериледи.
- Өзбекстан Республикасының туризм өнимин сырт ел туризм базарларында үгит-нәсиятлаўға 2023-жылы 50 миллиард сум ажыратылғанлығы муғлыўмат ушын қабыл етилсин.
Мәденият ҳәм туризм министрлиги:
а) бир ай мүддетте:
мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте музей ҳәм театрлардың дем алыс ҳәм байрам күнлеринде, сондай-ақ, келиўшилер ушын қолайлы ўақытларда ислеўин тәмийинлесин;
министрликтиң бирден-бир Call-орайында көрсетилип атырған хызметлер түрлерин кеңейтиў илажаларын көрсин;
б) 2023-жыл 1-июньға шекем Өзбекстан Республикасының миллий туризм өнимлери ҳәм хызметлерин халықаралық абырайлы туристлик ҳәм маркетинг платформаларында реклама етиў қәрежетлерин қаплап бериў тәртибин тастыйықласын.
Ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджеттен Туризмди қоллап-қуўатлаў қорына Өзбекстан Республикасының туризм өнимин сырт ел туризм базарларында үгит-нәсиятлаў ушын ажыратылатуғын қаржылар Мәденият ҳәм туризм министрлиги жанындағы «Миллий PR-орайы» МУКға белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын өткерип берилетуғыны белгиленсин.
- Транспорт министрлиги:
а) бир ҳәпте мүддетте «Самарқанд» халықаралық аэропортында енгизилген «Ашық аспан» режими шеңберинде сырт ел авиакомпаниялары ушын рейслер ҳәм жөнилислерге болған шеклеўлерди алып тасласын ҳәм «бесинши ҳаўа еркинлиги»н қоллансын, сондай-ақ, сырт еллердиң авиация ҳәкимшиликлери, сырт ел авиатасыўшыларын бул ҳаққында белгиленген тәртипте хабардар етсин:
б) 2023-жыл 1-майдан « Uzbekistan Airports » АЖ менен биргеликте:
Ферғана, Наманган ямаса Әндижаннан Бухара, Самарқанд, Термиз, Үргеншке, сондай-ақ, Термиз-Нөкис, Самарқанд-Үргенш , Бухара-Үргенш, Ферғана-Үргенш сыяқлы жөнелислер бойынша турақлы авиарейслерди жолға қойсын;
Ташкенттен Нөкис, Үргенш, Бухара, Қаршы ҳәм Самарқандқа авиақатнаўларды жолға қойып, әмелдегиден еки есеге шекем арзан тарифлерди енгизсин;
в) жаңадан шөлкемлестирилген резидент авиакомпанияларға сырт ел жөнелислеринде пәрўазларды әмелге асырыў ушын квоталардың ажыратылыўын тәмийинлесин;
г) бир ай мүддетте Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте усы қарардан келип шығып, халықаралық шәртнамаларға жаңадан шөлкемлестирилген резидент авиакомпанияларға сырт ел ҳәм халықаралық жөнелислерде пәрўазларды әмелге асырыў ушын квоталар ажыратыў бойынша өзгерислер киргизиў ҳәм пәрўазларды әмелге асырыўға руқсат бериў илажларын көрсин;
д) 2023-жыл 1-октябрьге шекем ^ргенш ҳәм Бухара аэропортларының ҳәр бири бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында модернизациялаў ҳәм басқарыўға бериў бойынша айрықша таңлаўлар жәрияласын;
е) 2023-жылдың ақырына шекем Наманган аэропортын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында модернизациялаў ҳәм басқарыўға бериў бойынша жойбар концепциясын ҳәм техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шықсын.
- Мәденият ҳәм туризм министрлиги Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалық министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-сентябрьге шекем ЮНВТО қәўендерлигинде Халықаралық туризм академиясының Самарқанд кампусын жаратыў мақсетинде «Жипек жолы» туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетине қараслы Самарқанд қаласы, Бабур Мырза көшеси, 3а-үй мәнзилинде жайласқан имарат ҳәм объектлердиң капитал реконструкцияланыўы ҳәм толық үскенелениўин сондай-ақ, оған тутас аймақтың абаданластырылыўын тәмийинлесин.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги бир ай мүддетте усы бәнттиң биринши абзацында белгиленген жумысларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Транспорт министрлиги басқа да мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте 2023-жыл 1-майдан баслап жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел еткен ҳалда:
Қамшық өткели арқалы жолаўшыларды тасыўда пайдаланылатуғын ҳәм айдаўшыдан тысқары он төртке шекемги орынлыққа ийе болған М2 категориядағы транспорт қуралларына;
Жиззақ ўәлаятындағы өткеллер ҳәм Бостанлық районының таўлы аймақларында тийисли категориядағы жоллар арқалы туристлик автобус ҳәм микроавтобусларға турақлы қатнаўларды әмелге асырыўға руқсат берилиўин тәмийинлесин.
Онда, тек ғана 1-апрельден 1-ноябрьге шекемги дәўирде күндиз, ислеп шығарылғанына 3 жылдан аспаған ҳәм газ баллон үскенелери орнатылмаған, таў тормозы бар болған ҳәм ҳәрекетти бақлаў навигация қурылмасы ҳәм тахограф орнатылған транспорт қуралларында кеминде 7 жыл стажы бар айдаўшыларға автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў жумысы ушын лицензия болған жағдайда қатнаўды әмелге асырыўға руқсат бериледи.
- Орайлық банк Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Мәденият ҳәм туризм министрлиги Транспорт министрлиги менен биргеликте:
2023-жылы Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде ажыратылып атырған қаржылар есабынан жолаўшыларды тасыўда пайдаланылатуғын ҳәм айдаўшыдан тысқары сегиз ҳәм оннан артық орынлыққа ийе болған транспорт қуралларын сатып алыў ушын 300 миллион сумға шекемги муғдардағы жойбарларды қаржыландырыўға қаратылыўын тәмийинлесин;
туризм тараўының субъектлерине айланыс қаржылар ҳәм инвестицияны көбейтиў ушын қосымша 300 миллиард сумлық кредит линияларын ашыўды тәмийинлесин;
қаржылар жайластырылған коммерциялық банклер ҳаққындағы мағлыўматларды ғалаба хабар қуралларында жәриялап барсын.
Онда, Экономика ҳәм қаржы министрлиги еки ҳәпте мүддетте усы бәнттиң үшинши абзацында көрсетилген кредитлер бойынша процентлердиң бир бөлегин Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан қаплап бериў тәртибин енгизиўди тәмийинлесин.
- Мәденият ҳәм туризм министрлигиниң майыплығы болған шахслар ушын республикамыз бойлап саяхатлар шөлкемлестириў мақсетинде «Саяхат ҳәмме ушын!» жойбарын әмелге асырыў бойынша усынысы мақуллансын.
Мәденият ҳәм туризм министрлиги усы жойбар шеңберинде 500 майыплығы болған пуқаралардың саяхатын шөлкемлестирсин ҳәм дәслепки басқышта Хорезм, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларында 100 сурдо-гидлерди таярлаў бойынша бағдарламаны ислеп шықсын.
Онда, усы жойбарға байланыслы қәрежетлер Мәденият ҳәм туризм министрлиги жанындағы Туризмди қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қапланады.
- Мәденият ҳәм туризм министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Ходжаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 26-апрель