Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде миллий қәдириятларымызды, соның ишинде, миллий аския ҳәм қызықшылық көркем өнерин қәстерлеп сақлаў, кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм келешек әўлад ушын мәтериаллық емес мәдений мийрас сыпатында жеткериў мақсетинде:

  1. Марғылан қаласында Мәденият ҳәм туризм министрлиги системасында мәмлекетлик мәкеме түринде Юсуфжан қызық Шакаржанов атындағы республикалық аския ҳәм қызықшылық көркем өнери орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

аския ҳәм қызықшылық атқарыўшылығы бағдарында «устаз-шәкирт» дәстүрлерин раўажландырыў, қәбилетли жасларды тәрбиялаў, олардың дөретиўшилик потенциалын қоллап-қуўатлаў, мәденият ҳәм билимлендириў мәкемелеринде аския ҳәм қызықшылық көркем өнери дөгереклерин шөлкемлестириў;

өзбек халық аўыз-еки дөретиўшилигиниң аския ҳәм қызықшылық көркем өнерин сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша илимий изертлеўлер алып барыў, бул бағдарда, дөретиўшилер, фольклортаныўшы илимпазлар, муғаллим ҳәм қәнигелердиң дөретиўшилик ҳәм илимий жумысын қоллап-қуўатлаў;

аския ҳәм қызықшылық пенен шуғылланыўшы дөретиўшилерге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, ғалабалық байрамлар ҳәм мәдений илажларда олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў, мәмлекетимизде ҳәм сырт еллерде гастроль жумысын әмелге асырыў, фестиваль, таңлаў, дөретиўшилик кешелер, аския ҳәм қызықшылық тамашаларын шөлкемлестириў;

аския ҳәм қызықшылық көркем өнериниң пайров, қофия, баҳри-байт, әпсана, радиф, айтысыў, раббия сыяқлы теңсиз түрлерин сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў, сахналық сюжетлерин раўажландырыў ҳәм қәбилетли сөз шеберлериниң дөретиўшилик фондын ҳәм арнаўлы әдебиятларды жаратыў.

  1. Төмендегилер:

ҳәр жылы сөз шеберлери ҳәм қызықшылар арасында «Хош кейпият» республикалық таңлаў ҳәм аския кешелери;

аския ҳәм миллий қызықшылық көркем өнеримизди дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў мақсетинде ҳәр еки жылда бир мәрте «Табассум» халықаралық күлки фестивалы;

ҳәр жылы аския ҳәм қызықшылар жәмәәтлериниң жергиликли гастроль сапарлары;

республикамыздағы мәденият орайлары, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы билимлендириў шөлкемлеринде аския ҳәм қызықшылық көркем өнери дөгереклери ҳәм дөретиўшилик жәмәәтлери сондай-ақ, олардың жәмийетшилик ушын ҳәр жылы есап бериў концертлери шөлкемлестирилсин.

  1. Аския ҳәм қызықшылық көркем өнери менен шуғылланыўшы дөретиўшилик жәмәәтлер ҳәм жазыўшы драматурглер тәрепинен биргеликте жаратылған комедиялық шығармаларды сахналастырыў, бул бағдарда илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм халыққа көтериңки кейпият бағышлаўға қаратылған концерт-тамаша илажларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

ҳәр жылы кеминде 3 илимий-изертлеў жумысларына мәмлекетлик буйыртпаны таңлаўлар тийкарында қәлиплестириў;

ҳәр жылы кеминде 5 сахнада көрсетиўге мөлшерленген комедиялық шығарма ушын мәмлекетлик буйыртпаны бериў;

дөретиўшилик таңлаў тийкарында еркин дөретиўши ҳәм жәмәәтлер тәрепинен ҳәр жылы кеминде 10 концерт-тамаша илажы ҳәм аския кешелерине таярлық көриў ҳәм оларды өткериў менен байланыслы қәрежетлерди қаплап бериў;

ҳәр жылы кеминде 25 жоқары көркем дәрежедеги Интернет ҳәм социаллық тармақлар ушын мөлшерленген аудивизуал шығармалар жаратыў ушын мәмлекетлик буйыртпаны бериў, онда ең кең түрде тарқалған 5 аудиовизуал шығарма дөретиўшилерин Мәденият ҳәм туризм министрлиги коллегиясының қарары менен базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықлаў белгиленсин.

Усы бәнттиң екинши абзацында белгиленген илажларды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлер мәмлекетлик илимий бағдарламалар шеңберинде ажыратылған қаржылар есабынан, үшинши-бесинши абзацларында белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Мәденият ҳәм туризм министрлигине ажыратылған Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланады.

  1. Төмендегилер:

Юсуфжан қызық Шакаржанов атындағы республикалық аския ҳәм қызықшылық көркем өнери орайының Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;

Аския ҳәм қызықшылық көркем өнери тараўындағы белгили дөретиўшилер тәрепинен шөлкемлестирилип атырған шеберлик мектеплериниң дизими 2-қосымшаға муўапық;

Аския ҳәм қызықшылар жәмәәтлериниң 2023-2024-жылларға мөлшерленген жергиликли гастроль сапарларының режеси 3-қосымшаға муўапық;

Аския ҳәм қызықшылар жәмәәтлериниң 2023-2024-жылларға мөлшерленген кәрхана ҳәм шөлкемлерге гастроль сапарларын шөлкемлестириў режеси 4-қосымшаға муўапық;

Республикамызда аския ҳәм қызықшылық көркем өнерин раўажландырыў ҳәм илимий үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўды қоллап-қуўатлаў бойынша 2023-2024-жылларға мөлшерленген «жол картасы» 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер ҳәм кәрханалар ҳәр шеректе кеминде бир мәрте бюджеттен тысқары қаржылар ҳәм кәсиплик аўқамларының қаржылары есабынан өз хызметкерлериниң мәдений-эстетикалық дем алыўы ушын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, концерт, цирк ҳәм театрларға, аския, қызықшылық ҳәм сөз көркем өнери тамашаларына кириў ушын билет ҳәм абонементлерди сатып алыў әмелиятын жолға қойсын.

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ортиқов), хожалық жәмийетлери шөлкемлестириўшиси болған басқа да мәмлекетлик уйымлар бир ай мүддетте устав фондында (капиталында) мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жәмийетлери сондай-ақ, мәмлекетлик кәрханалардың басқарыў уйымларының мәжилислеринде усы шөлкемлердиң буйыртпасы тийкарында хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларын өткериў ўазыйпасын бизнес-режеге киргизиў бойынша баслама менен шықсын.

Мәденият ҳәм туризм министрлиги (О.Назарбеков) ҳәр айдың 25-сәнесине шекем ендиги айда шөлкемлестирилетуғын ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша, соның ишинде, аския ҳәм қызықшылық тамашалары ҳаққында мәмлекетлик басқарыў уйымлары, мәкемелери, кәрханалары ҳәм хожалық жәмийетлерин хабардар етип барсын.

  1. Аския ҳәм қызықшылық көркем өнери тараўында белгили дөретиўшилердиң шеберлик мектеплериниң жумысқа қойылатуғыны;

усы қарарда белгиленген тәртипте өзиниң шеберлик мектебин жаратқан дөретиўшилер Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жумыс орны арқалы ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 5 есеси муғдарында қосымша хошаметленип барылатуғыны;

шеберлик мектеплерине олар жумыс алып баратуғын мәкемениң объектлеринен бийпул пайдаланыў ҳуқықы берилип, оларға мәкеме тәрепинен айрықша хана ажыратылатуғыны ҳәм басқа да зәрүр шараятлар жаратылатуғыны белгиленсин.

  1. Орайдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм дөретиўшилериниң социаллық шараятын жақсылаў мақсетинде:

Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен Орайды сақлаў ҳәм оның жумысын қоллап-қуўатлаў ушын жергиликли бюджеттен 2023-жылы 2,3 миллиард сум, 2024-жылдан баслап болса Орайдың талапнамасы тийкарында зәрүр қаржылар ажыратылады;

«Өзбектелеком» АКның турақлы түрде қайырқомлық жәрдемин көрсетиўди нәзерде тутыўшы «Дослар клубы»н шөлкемлестириў ҳәм 2023-жыл ушын 5 миллиард сум қәўендерлик қайырқомлығы ҳәм келеси жыллары да қәўендирлик қайырқомлықларын ажыратып барыў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.

Орай Ферғана ўәлаяты, Марғылан қаласы, Мустақиллиқ көшеси 470а-жай мәнзилинде жайласқан Марғылан мәденият орайының имаратына бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.

  1. Мәденият ҳәм туризм министрлиги (О.Назарбеков):

а) еки ай мүддетте:

Орай уставы ҳәм структурасын тастыйықласын, сондай-ақ, оның нәтийжели жумыс алып барыўын жолға қойсын, сондай-ақ, мәмлекетлик мәденият шөлкемлери штат бирликлериниң санын оптималластырыў есабынан Орайға 12 штат бирлиги ажыратылыўын тәмийинлесин;

дөретиўшилик жәмәәтлер ҳәм жазыўшы-драматурглер тәрепинен биргеликте жаратылған комедиялық шығармаларды сахналастырыў ушын мәмлекетлик буйырпаларды бериў ҳәм усы қарардың 6-бәнтинде нәзерде тутылған шеберлик мектеплери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў тәртиплерин тастыйықласын;

б) Илимлер академиясы (Б.Юлдашев), Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов), Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы (М.Хожиматов), Жазыўшылар аўқамы (С.Саидов) ҳәм басқа да министрлик, уйымлар менен биргеликте усы қарардың 2-бәнтинде нәзерде тутылған илажларды жоқары дәрежеде өткерип барсын.

Онда, усы қарардың 2-бәнтинде нәзерде тутылған илажларды шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлер Мәденият ҳәм туризм министрлигине ажыратылған Мәмлекетлик бюджет ҳәм тийисли жергиликли бюджет қаржылары есабынан тең үлесте қапланады;

в) Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (Ҳ.Умарова) ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдурахмонов) менен биргеликте:

2024-2025-оқыў жылынан баслап Карим Зарипов атындағы Республикалық эстрада ҳәм цирк колледжи сондай-ақ, Ферғана қәнигелестирилген көркем өнер мектебинде «аския ҳәм қызықшылық көркем өнери» бағдарының ашылыўын шөлкемлестирсин, сондай-ақ, оларды бул бағдарлар бойынша жоқары тәжирийбели педагог кадрлар менен толтырыўды тәмийинлесин;

«аския ҳәм қызықшылық көркем өнери» бағдары бойынша оқыў бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын;

г) Өзбекстан Миллий телерадикомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте аския ҳәм қызықшылық көркем өнерине байланыслы илажларды ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў жумыслары өз алдына ислеп шығылған медиа-реже тийкарында турақлы шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәденият ҳәм туризм министри О.А.Назарбеков белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.Қ.Абдурахмановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 11-июль