Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, өз-ара ҳүрмет, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, ўатанласларымыздың ҳүждан еркинлиги бағдарындағы ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформаларымыз себепли жаратылған қолайлы имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, халқымыз мүбәрек Рамазан айын тынышлық-қәтержамлық пенен өткермекте.

Әсиресе, мәҳәлле, жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм нураныйлар жәмийетшилиги, диний уламаларымыз тәрепинен орынларда көплеген руўхый-ағартыўшылық жумыслар әмелге асырылып атырғаны, сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт илажлары шеңберинде кем тәмийинленген, жалғыз ҳәм майыплығы болған инсанлардың жағдайынан хабар алынып, оларға әмелий жәрдемлер көрсетилип атырғаны Рамазан айының әҳмийети ҳәм гөззалығын және де арттырмақта.

Мине, усындай ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында уллы әййям – Рамазан ҳайытын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў, оның мәнисинде жәмленген мийрим-шәпәәт, сақаўат, уллылық ҳәм кеңпейиллик пазыйлетлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, ел-халқымыздың жақсы нийетлери ҳәм арзыў-үмитлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

  1. Усы жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 21-апрель – жума күнине туўра келиўи ҳаққында Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Уламалар кеңеси тәрепинен қабыл етилген қарарды есапқа алып, мәмлекетимизде 2023-жыл 21-апрель күни Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.
  2. Халықтың Рамазан ҳайыты байрамын мүнәсип күтип алыўы ҳәм жоқары дәрежеде өткериўи ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 2023-жыл 24-апрель (дүйшемби) күни жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан барлық хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни сыпатында белгиленсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте Рамазан ҳайыты халқымыздың миллий дәстүр ҳәм қәдириятларына сәйкес түрде өткерилиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.

Мәденият ҳәм туризм министрлиги Транспорт министрлиги менен биргеликте ўатанласларымыз ушын мүбәрек Рамазан ҳайыты күнлеринде уллы зыярат орынлары ҳәм тарийхый орынларға зыяратларын шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараятлар менен имканиятлар жаратсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи М.М.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                    Ш.МИРЗИЁЕВ