Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жәмийеттеги орны ҳәм ролин күшейтиў, олардың халықтың күнделикли машқалалары менен ислесиў ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдағы орнын беккемлеў, сондай-ақ, пуқаралар жыйыны хызметкерлерин социаллық қоллап-қуўатлаў арқалы системаның нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:

  1. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2021-жыл 1-ноябрьден баслап:

а) аймағында шаңарақлардың саны мың ҳәм оннан көп болған пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң айлық лаўазымлық мийнет ҳақыларын 35 процентке арттырыў;

б) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын сақлаўға байланыслы қәрежетлерди тийисли жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў;

в) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў, оларға бухгалтериялық хызмет көрсетиў ўазыйпасын район (қала) ҳәкимликлеринен район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине өткериў;

г) район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў қорын (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жыллық мийнетке ҳақы төлеў қорының (материаллық хошаметлеў арнаўлы қорының қаржыларын есапқа алмаған ҳалда) 10 процент муғдарындағы бюджет қаржылары;

халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң қарарларына тийкарланып ажыратылатуғын жергиликли бюджетлер қосымша дәреклериниң 3 проценти муғдарындағы ажыратпа:

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының мүлкин белгиленген тәртипте ижараға бериўден алынған қаржылар;

қәўендерлик қаржылары;

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў қоры ҳаққындағы режени Министрлер Кабинетине киргизсин:

Қордың қаржыларын қәлиплестириў тәртиби ҳәм олардан пайдаланыў бағдарларын белгилеў;

Қордың қаржылары есабынан жеке ҳәм хошаметлеўши үстемелер бериў, сыйлықлаў ҳәм социаллық қорғаў.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармалары:

Қор қаржыларының қәлиплестирилиўи бойынша турақлы қадағалаў алып барсын;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен өзлери жумыс алып барып атырған имарат ҳәм объектлердиң хатлаўдан өткерилиўин ҳәм басқа мүлклери өзлеринде қалдырылыўын тәмийинлесин;

район (қала) ҳәкимликлерине тийисли болған пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен пайдаланып келинген имарат ҳәм объектлер район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилиўин тәмийинлесин.

  1. Қаржы министрлиги:

2021-жылы барлық мәҳәлле пуқаралар жыйынларына зәрүр канцелярия товарларын сатып алыў ушын 9,2 миллиард сум қаржы ажыратылыўын ҳәм 2022-жылдан баслап усы мақсетлер ушын зәрүр қаржылар Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын;

пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң айлық лаўазым мийнет ҳаққысы муғдарының арттырылыўына байланыслы қосымша қәрежетлер 2021-жылы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларындағы вакант орынлар есабынан босап қалған қаржылар ҳәм Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша қаржылары есабынан қапланыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Т.Маматов ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын қадағалаў, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 18-октябрь