Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Исбилерменлердиң машқала ҳәм мәселелерин тиккелей үйрениў ҳәм исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи шеңберинде билдирилген усынысларды инабатқа алған ҳалда, инсаплы салық төлеўшилерге салық миннетлемелерин орынлаўы ушын және де қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде:

  1. 2021-жыл 1-октябрьден баслап экспорт етилетуғын товарлар ушын қолланылған, ҳақыйқатында да алынған товарлар (хызметлер) бойынша төлениўи зәрүр болған (төленген) қосымша қун салығының суммасын салық төлеўшиниң Өзбекстан Республикасындағы банк есап бетиндегиге сырт ел валютасы түсими келип түсиўине қарамастан есапқа алыў тәртиби орнатылсын.
  2. Усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған имканият соңғы бир жыл даўамында валюта түсимлерин өз ўақтында тәмийинлеп киятырған ҳәм экспорт шәртнамалары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлығы болған – интизамлы салық төлеўшилерге қолланылыўы орнатылсын;

Товарлар «экспорт» бажыхана режими астында шығарылған күннен баслап 180 календарь күни ишинде валюта түсими ямаса оның бир бөлеги экспорт етиўшиниң Өзбекстан Республикасы коммерциялық банклердеги есап бетине келип түспеген жағдайда, қосымша қун салығының есапқа алынған суммасы ямаса оның тийисли бөлеги белгиленген тәртипте есаптан шығарылыўы орнатылсын.

  1. 2022-жыл 1-январьдан баслап:

қосымша қун салығының унамсыз суммасын қаплаў (қайтарыў) ушын салық уйымларына арза менен өз алдына мүрәжат етиў ҳаққындағы мәжбүрий талап бийкар етилетуғыны;

салық төлеўшиге тийисли салық дәўири ушын салық есабатын тапсырыўда, салық уйымларын хабардар еткен ҳалда қосымша қун салығының унамсыз суммасын қаплаў (қайтарыў) талабын билдириў ҳуқықының берилетуғыны белгиленсин.

Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев) үш ай мүддетте қосымша қун салығы бойынша салық есабаты түрлерине салық төлеўшилерге қосымша қун салығының унамсыз муғдарын қаплап бериў (қайтарыў) бойынша салық уйымларына мүрәжат етиўди сәўлелендириўши тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин.

  1. Қаржы мнистрлиги (Т.Ишметов) Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Кудбиев), Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Азимов), Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков) менен биргеликте 2021жылдың ақырына шекем товарларды импорт етиўде ҳәм товарларды (хызметлерди) реализациялаўда төленетуғын қосымша қун салығының суммаларын өз-ара есапқа алыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм бул тәртипти тәжирийбе түринде 2022-жыл 31-декабрьге шекем әмелиятқа енгизсин.
  2. Қаржы министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатыуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәнисин, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағы арқалы кеңнен түсиндирилиўин шөлкемлестирсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 24-август