USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 25 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

«ОЛИЙ ДАРАЖАЛИ ДЎСТЛИК» ОРДЕНИН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасының нызамы

Нызамшылық палатасы тәрепинен 2019-жыл 30-сентябрьде қабыл етилген

Сенат тәрепинен 2019-жыл 11-октябрьде мақулланған

1-статья. «Олий Даражали Дўстлик» ордени шөлкемлестирилсин.

2-статья. «Олий Даражали Дўстлик» ордени ҳаққындағы реже тастыйықлансын (қосымша етиледи).

  • 3-статья. «Олий Даражали Дўстлик» ордениниң сыпатламасы тастыйықлансын (қосымша етиледи).

4-статья. Өзбекстан Республикасының 1995-жыл 22-декабрьде қабыл етилген «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы 176-8-санлы Нызамына (Өзбекстан Республикасының 2018-жыл 11-апрельде қабыл етилген ӨРН-473-санлы Нызамы редакциясында) (Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының Хабарнамасы, 2018-жыл, Қ 4, 221-статья; 2019-жыл, Қ 9, 589-статья) төмендеги қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин:

1) 8-статья төмендеги мазмундағы екинши бөлим менен толықтырылсын:

«Өзбекстан Республикасының орденлери қурамына «Олий Даражали Дўстлик» ордени де киреди»;

2) 15-статья төмендеги мазмундағы сегизинши бөлим менен толтырылсын:

«Олий Даражали Дўстлик» ордени көкиректиң оң тәрепине ямаса орден шынжырында тағылады»;

сегизинши – он төртинши бөлимлери тийислисинше тоғызыншы – он бесинши бөлимлер деп есаплансын;

он екинши бөлими төмендеги редакцияда билдирилсин:

«Планкалардағы ленталарды тағып жүриў қағыйдалары жоқары сыйлық белгиси – «Олтин Юлдуз» медалына, «Мустақиллик», «Амир Темур», «Жалолиддин Мангуберди», «Олий Даражали Дўстлик» орденлерине, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының ҳүрметли атақларына байланыслы көкирек белгилерине қолланылмайды».

5-статья. Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

 

Өзбекстан Республикасының

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 11-март

*   *   *

Өзбекстан Республикасының

2020-жыл 11-марттағы ӨРН-609-санлы Нызамы менен

ТАСТЫЙЫҚЛАНҒАН

«Олий Даражали Дўстлик» ордени ҳаққында

РЕЖЕ

  1. «Олий Даражали Дўстлик» ордени менен Өзбекстан Республикасы халқының шексиз ҳүрмет ҳәм иззет нышаны сыпатында Өзбекстан Республикасы менен өз-ара дослық, ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын турақлы раўажландырыўда, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди шешиўде жоқары сиясий ерк-ықрар көрсеткен, белсенди басламаларды алға қойған ҳәм көп қырлы бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыўға жаңаша руўх, терең ҳәм әмелий мазмун бағышлаған ҳәм Өзбекстан Республикасы алдындағы айрықша тән алынған жоқары хызметлери ушын:

сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлердиң басшылары;

сырт мәмлекетлердиң парламентлери ўәкиллери;

халықаралық шөлкемлер. дипломатиялық ўәкилханалар, консуллық мәкемелер ҳәм оларға теңлестирилген басқа да шөлкемлердиң басшылары ҳәм ўәкиллери;

белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, илим, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәнаўият, мәденият ҳәм спорт тараўларының көзге көринген үлкен ғайраткерлери, инсаныйлық руўхындағы ийгиликли ислери менен атаққа ерискен меценатлар, бизнес жәмийетшилигиниң белгили ўәкиллери сыйлықланады.

  1. «Олий Даражали Дўстлик» ордени менен:

Өзбекстан Республикасы менен сырт мәмлекетлер арасында ҳәр тәреплеме пайдалы шериклик қатнасықларын раўажландырыў, өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимди күшейтиўдеги жеке үлеси;

сырт мәмлекетлердиң халықлары менен дослық, аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеў бағдарында көрсеткен айрықша хызметлери;

улыўма инсаныйлық ҳәм миллий руўхый қәдириятларды, тарийхый мийрасымызды қәстерлеп сақлаў, үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, түрли халықлардың мәденияты ҳәм көркем өнерин және де байытыўдағы белсене қатнасы;

сыртқы экономикалық жумысты кеңейтиў, ири социаллық-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, инновациялық идеялар менен технологияларды жаратыў ҳәм ҳәр қыйлы тараўларға енгизиўде ерискен салмақлы нәтийжелери;

илим ҳәм мәрипат, мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт тараўларын, сондай-ақ, инсан капиталын раўажландырыў бағдарындағы үлкен жетискенликлери;

инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды қоллап-қуўатлаў, шаңарақ институтын беккемлеўдеги көп жыллық ҳәм пидәкерлик мийнети;

күшли ҳәм әдил пуқаралық жәмийетти қурыў, пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетимизди демократиялық жаңалаўдағы ролин ҳәм әҳмийетин арттырыў, жәмийет ҳәм мәмлекет арасындағы системалы және нәтийжели қарым-қатнасты жолға қойыў ҳәм беккемлеўдеги үлкен хызметлери;

экологиялық машқалаларды шешиў, планетамыз ҳәм мәмлекетимизде қолайлы қоршаған орталықты тәмийинлеў, инсан генофондын сақлаў, биокөптүрлилик ҳәм тәбийғый байлықларды қәстерлеп сақлаў, ҳәзирги ҳәм келешек әўладтың экологиялық қәўипсизлигине ғамқорлық етиўге қаратылған көп жыллық нәтийжели жумысы;

халықаралық көлемдеги үлкен жәмийетшилик, гуманитарлық ҳәм қайырқомлық жумысы ушын сыйлықланады.

  1. «Олий Даражали Дўстлик» ордени менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар сыйлықланыўы мүмкин. Онда «Олий Даражали Дўстлик» ордени сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ушын Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы есапланады.
  2. «Олий Даражали Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен әмелге асырылады. Орден менен сыйлықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.
  3. «Олий Даражали Дўстлик» орденин ҳәм сыйлықлаў ҳаққындағы тийисли ҳүжетти тапсырыў Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен ямаса оның тапсырмасына бола басқа да жуўапкер басшылар тәрепинен салтанатлы жағдайда әмелге асырылады.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентин «Олий Даражали Дўстлик» ордени менен сыйлықлаў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының басламасы менен әмелге асырылады.
  5. «Олий Даражали Дўстлик» ордени менен сыйлықланған шахслар базалық есаплаў муғдарының еки жүз есеси муғдарындағы бир мәртелик ақшалай сыйлық ямаса естелик саўғаларын алады, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жеңилликлерден пайдаланады.
  6. «Олий Даражали Дўстлик» ордени тийисли избе-изликке әмел еткен ҳалда көкиректиң оң тәрепине ямаса орден шынжырында тағып жүриледи.

*   *   *

Өзбекстан Республикасының

2020-жыл 11-марттағы ӨРН-609-санлы Нызамы менен

ТАСТЫЙЫҚЛАНҒАН

«Олий Даражали Дўстлик» ордениниң

СЫПАТЛАМАСЫ

«Олий Даражали Дўстлик» ордени 1 микрон қалынлықтағы 999 пробалы алтын менен қапланған 110 грамм салмақтағы 916 пробалы гүмистен таярланады ҳәм төрт қапламалы медальоннан ибарат болады.

Биринши ҳәм екинши медальонлар өз-ара үйлесикли түрде қуяш тымсалындағы он алты қырлы жулдызды сәўлелендиреди.

Диаметри 63,4 миллиметрли оксидленген гүмистен таярланған биринши сегиз қырлы жулдыз қырларының ҳәр бири үш нурдан қуралған.

Диаметри 70 миллиметрли екинши сегиз қырлы жулдыз ашық реңдеги гүмисте таярланған ҳәм алтын жалатылған жийекли дөңки нурларынан ибарат. Нурлардың үстиңги бөлегине узынлығы 7,8 миллиметрли алтын жалатылған фигуралы жапырақлар қойылған.

Үшинши медальонның диаметри 42,1 миллиметрли, алтын жалатылған, еки қырлы нурларға ийе болған сегиз қырлы жулдызды сәўлелендиреди және оның үстиңги бөлегине сырланған гүмистен ҳәм нағыслы таслардан таярланған диаметри 39,5 миллиметрли төрт қырлы нурларға ийе болған сегиз қырлы жулдыз жайластырылған.

Орденниң орайында жайласқан төртинши медальонның диаметри 24,6 миллиметрли, көк реңли эмаль менен қапланған, алтын жалатылған шеңбер менен оралған ҳәм төменги қапталлары 2,4 миллиметр өлшемдеги 0,96 каратлы 6 бриллиант пенен нағысланған шеңберди сәўлелендиреди. Медальонның жоқары бөлегинде алтын жалатылған «OLIY DARAJALI DO‘STLIK» жазыўы түсирилген. Ҳәриплердиң бийиклиги 2,3 миллиметр.

Медальонның орайында диаметри 17,2 миллиметрли алтын жалатылған шеңбер ишинде тынышлық ҳәм дослық белгиси болған ашық алақанлар ҳәм тумсығында зайтун бүртигин услап турған кептердиң алтын жалатылған дөңки сүўрети сәўлеленген.

Орден еки беккемлеўшиге ийе:

1) гайкаға бурап қатырылатуғын бурама беккемлеўши;

Орден еки беккемлеўшиге ийе:

2) орден шынжырына беккемленетуғын шешилетуғын қысқыш.

Орденниң артқы тәрепинен 2 миллиметрли өлшемдеги батыңқы шрифт пенен сыйлықтың саны түсириледи.

Узынлығы 700 миллиметрли орден шынжыры 916 пробалы, салмағы 170 грамм болған, 1 микрон қалыңлықтағы 999 пробалы алтын менен қапланған гүмистен таярланады. Шынжыр ири ҳәм майда шеңберлерге бөлинеди. Диаметри 45 миллиметр болған ири шеңберлер орденниң орайлық медальонының сүўретин сәўлелендиреди, киши шеңберлер 18 миллиметрли сегиз қырлы жулдызлардан ибарат. Шынжыр 22 шеңберлер, соның ишинде, илгектен ибарат.

Орден шынжырының орайлық шеңбери көк реңдеги эмаль менен қапланған шеңберге түсирилген еки өз-ара байланыслы сегизмүйешти қурайды. Көтерилип атырған қуяш фонында Хумай қусы сүўретленген.

 

ӨзА