Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Республика экономикасы ҳәм халқының энергия ресурсларына болған талабын толық қанаатландырыў, нефть-газ қәрханаларын финанслық жақтан жақсылаўды тәмийинлеў, сондай-ақ, улыўма тән алынған халықаралық стандартлар ҳәм ең жақсы сырт ел тәжирийбеси тийкарында тармақта саламат бәсеки орталығын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Рсепубликасы Энергетика министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) менен биргеликте 2020-жыл 1-сентябрьге шекем Жәҳән банки ҳәм Азия раўажланыў банкиниң экспертлерин тартқан ҳалда төмендегилерди:

Газ-транспорт системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасының бас режеси;

барлық қатнасыўшыларға теңдей кириў имканиятын тәмийинлеў ҳәм баҳаны қәлиплестириўдиң ашық-айдын механизмлерин нәзерде тутқан ҳалда электр энергиясы ҳәм табийғый газдиң биржа саўдалары тийкарындағы көтере базарын жаратыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Агентлик Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте:

а) халықаралық дәрежеде тан алынған консалтинг ҳәм аудиторлық компанияларын тартқан ҳалда:

2020-жыл  1-июльге шекем тийисли уйымлар менен биргеликте Нефть-газ тармағы кәрханаларының  операциялық нәтийжелилигин жақсылаў бойынша «Жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

2020-жыл 1-октябрьге шекем нефть-газ тармағындағы барлық кәрханаларда коррупцияға қарсы «комплаенс-қадағалаў» системасы енгизилиўин тәмийинлесин;

б) 2020-жыл 1-июньге шекем жоқары тәжирийбели сырт ел экспертлери ҳәм қәнигелери, соның ишинде, шет елдеги ўатанласларды нефть-газ тармағы кәрханаларына жумысқа жаллаў ҳаққындағы усынысларды, оларды таңлап алыў, қойылатуғын тәжирийбе талаплары, функционаллық миннетлемелер, тартыў мүддети ҳәм мийнетке ҳақы төлеў көлемлерин көрсеткен ҳалда Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Лицензиялар ҳәм руқсат беретуғын ҳүжжетлерди оптималластырыў бойынша уйымлараралық жумысшы топары (Р.Давлетов) «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нефть-газ тармағындағы жумыс түрлерин лецензиялаўды жетиллистириў ҳәм әпиўайыластырыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Агентликтиң төмендегилер ҳаққындағы усынысларына руқсат берилсин:

а) устав қорында мәмлекетлик үлесин арттырыў есабынан төмендегилерди капитализациялаў:

«Өзбекнефтьгаз» АЖға қосымшаға муўапық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў  ушын ең дәслеп ажыратылған Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының (кейинги орынларда – Қор) кредитлери бойынша 2020-жыл 1-апрель ҳалатына «Өзбекнефтьгаз» АЖның тийкарғы қарзы ҳәм есапланған процентлерди;

капитализацияланған қаржыларды кейин ала «Биринши резинотехника заводы» ЖШЖ устав  қорын арттырыўға бағдарланған ҳалда, «Биринши резинотехника заводы» ЖШЖ ға «Ангрен» ЕЭЗ аймағында конвейер ленталары, аўыл хожалығы ҳәм автомобиль  шиналарын ислеп шығыўды шөлкемлестириў» жойбарын әмелге асырыў ушын алдын ажыратылған Қор кредитлери бойынша 2020-жыл 1-апрель ҳалатына  «Өзхимиясанаат» АЖның тийкарғы қарызы ҳәм есапланған процентлерди;

б) 2017-2021-жылларда углеводород шийки затын қазып шығарыўды көбейтиў бағдарламасын қаржыландырыўды даўам еттириў мақсетинде Жипек жолы қоры (ҚХР) ҳәм сырт ел коммерциялық банклериниң 250 миллион АҚШ доллары муғдарындағы, сондай-ақ, экспорт-кредит агентликлери есабынан 400 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржыларын тартыў.

  1. Агентлик Қор, «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзхимиясанаат» АЖ менен биргеликте еки ай мүддетте қосымша акцияларды жайластырыў ҳәм кредит шәртнамаларына белгиленген тәртипте тийисли өзгерислерди киргизиў жолы менен «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзхимиясаннат» АЖ устав қорларында мәмлекетлик үлести арттырыў бойынша тийисли илажларды көрсин.

Капитал базарын раўажландырыў агентлиги усы қарарда нәзерде тутылған қосымша акцияларды шығарыўдың мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийнлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы қаржы министрине 2017-2021-жылларда углеводород шийки затын қазып шығарыўды көбейтиў бағдарламасын қаржыландырыў ушын тартылатуғын 250 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги кредитлер бойынша «Өзбекнефтьгаз» АЖның Жипек жолы қоры (ҚХР) ҳәм сырт ел коммерциялық банклери алдындағы миннетлемелери бойынша мәмлекетлик кепилликлерин белгиленген тәртипте бериў ўәкиллиги усыныс етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, «Өзбекнефтьгаз» АЖ менен биргеликте 2020-жыл 1-июньге шекем 2017-2021-жылларда углеводород шийки затын қазып шығарыўды көбейтиў бағдарламасын қаржыландырыў ушын Жипек жолы қоры (ҚХР) ҳәм сырт ел коммерциялық банклериниң кредитлери, сондай-ақ, экспорт-кредит агентликлериниң жәрдеми тартылыўын тәмийинлесин.
  3. 2020-жыл 1-майдан баслап:

Аи-80 маркалы автомобиль бензини ҳәм дизель жанар майы (соның ишинде, ЭКО маркалы дизель жанар майы)н усақлап сатыў баҳаларын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бийкар етилетуғыны;

нефтьти қайта ислеў заводлары тәрепинен Аи- 80 маркалы автомобиль бензини ҳәм дизель жанар майын (соның ишинде, ЭКО маркалы дизель жанар майын) сатыў тек биржа саўдалары арқалы әмелге асырылатуғыны;

бюджет шөлкемлери, пахта шийки заты ҳәм ғәлле жетистириўши фермер хожалықлары ҳәм пахта-тоқымашылық кластерлери, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Тошшаҳартрансхизмат» АЖ, турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў бойынша мәмлекетлик кәрханаларға дизель жанар майы (соның ишинде, ЭКО маркалы дизель жанар майы) өткен шеректеги биржа саўдалары нәтийжелерине бола қәлиплескен орташа биржа баҳалары бойынша тиккелей шәртнамалар тийкарында, сондай-ақ, оларға нефтьти қайта ислеў заводларынан нефть өнимлерин биржа саўдалары арқалы сатып алыў ҳуқықын берген ҳалда сатылатуғыны;

нефтьти қайта ислеў заводлары «Өзбекнефтьгаз» АЖ нефть базаларының буйыртпаларына бола усы бәнттиң төртинши абзацында көрсетип өтилген тутыныўшыларға сатылған дизель жанар майы (соның ишинде, ЭКО маркалы дизель жанар майы) көлеми ушын «Өзбекнефтьгаз» АЖ тәрепинен белгиленетуғын шегирмени усыныс ететуғынлығы белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Уйымлараралық тариф комиссиясы 2020-жыл 1-майдан баслап:

баҳаларды жәҳән биржаларындағы B43n5 нефьти котировкаларына байланыстырған ҳалда, «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Шортан ГКК» ЖШЖ тәрепинен сатылатуғын нефть ҳәм газ конденсаты ушын жаңа ишки тармақ баҳалары;

нефть өнимлерин ҳәм углеводородларды импорт етиў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине нефть өнимлерин ҳәм углеводородларды нефть базаларының бос сыйымлылықларында сақлаў бойынша хызметлер көрсетиў ушын тарифлер белгилениўин тәмийинлсеин.

10-11. Қупыя.

  1. Төмендегилер мағлыўмаат ушын қабыл етилсин:

юридикалық тәреплер, соның ишинде, «Өзбекнефтьгаз» АЖ нефть базалары тәрепинен нефть өнимлерин қайта сатыў ушын нефтьти қайта ислеў заводларынан биржа саўдалары арқалы сатып алыў жуўмақлаўшы тутыныўшыға сатылғанда төлениўи лазым болған акциз салығы есапқа алынбаған ҳалда әмелге асырылады. Онда, усы юридикалық тәреплердиң өз зәрүрликлери ушын пайдаланатуғын нефть өнимлери көлеми бөлегинде акциз салығы белгиленген тәртипте төленеди;

тәбийғый газ қазып алыўшы шөлкемлер тәрепинен газди қайта ислеў ҳәм оны утилизациялаў шөлкемлерине сатылатуғын тәбийғый газ көлеми жуўмақлаўшы тутыныўшыға реализацияланатуғын көлем сыпатында көрилмейди.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-январьдағы «Мәмлекет экономикасының тармақларын талабы жоқары болған өним ҳәм шийки зат түрлери менен турақлы тәмийнлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3479-санлы қарары 2-бәнти «б» киши бәнтиниң екинши ҳәм үшинши абзацлары шығарып таслансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқаровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы энергетика министри А.С.Султоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                      Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 4-апрель