Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Жергиликли кино санааты миллий мәдениятты ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға, жасларды садықлық ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға, жасы үлкен әўладқа ҳүрмет-иззет көрсетиўге бийбаҳа үлес қоспақта. Кино инсан билимин арттырыўда әҳмийетли роль атқарады, оның бай мазмуны болса халықтың билимданлық дәрежесине тиккелей тәсир етеди.
Соның менен бирге, усы тараўдағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайы кино санаатының жедел раўажланыўына, дүнья кино базарында бәсекиге шыдамлылықты арттырыўға, оны шет елде ен жайдырыўға тосқынлық ететуғын бир қатар шешилмеген машқалалардың барлығынан дәрек бермекте. Атап айтқанда:
бириншиден, ислеп шығылып атырған кино өнимлериниң идеологиялық-көркемлик дәрежесиниң төменлиги, сценаристлик, режиссёрлық ҳәм актёрлық шеберликлериниң жетерли дәрежеде сапалы емеслиги, жаслар ушын руўхый үлги болып хызмет ететуғын көркем образлардың көбинесе жоқ екенлиги миллий кинематографияның тийкарғы мақсетлери болған – жас әўладты мәртлик ҳәм жигерлилик руўхында тәрбиялаў, жат «ғалабалық мәденият»қа қарсы гүресиў сыяқлыларды әмелге асырыўға имканият бермейди;
екиншиден, кино өнимлерин ислеп шығарыў бойынша мәмлекетлик буйыртпаны бериў бойынша қәлиплескен әмелият талап етилетуғын тәртиплердиң ашық-айдынлығын, бюджет қаржыларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыўды, сондай-ақ, кинематография тараўында саламат бәсеки орталығының раўажланыўына тосқынлық етеди;
үшиншиден, кино санааты тараўына сырт ел инвестицияларын тартыў стратегиясы, ислеп шығылып атырған кино өнимлериниң өзин ақлаўы ҳәм дәрамат келтириўине қаратылған заманагөй маркетинг изертлеўлери ҳәм анық мақсетли кино ислеп шығарыў бағдарламаларының жоқлығы миллий кинематографияның жоқары зыян менен ислеўине алып келмекте;
төртиншиден, кинопрокат ҳәм республика бойлап кино өнимлерин жеткерип бериўде нәтийжесиз системалардың бар екенлиги, ислеп шығарылған кино өнимлериниң жетерли дәрежеде ен жайдырылмағанлығы ақыбетинде халықтың төмен хабардарлығы кинопрокатшылардың дәраматларына, кинокомпаниялардың дөретиўшилик ҳәм өндирис хызметкерлерин материаллық хошаметлеўге унамсыз тәсир етти, сондай- ақ, кинотеатрлар тармағы жумысының сапластырылыўына алып келди;
бесиншиден, мәмлекетлик буйыртпа бойынша ислеп шығарылатуғын кино өнимлерине ажыратылатуғын қаржылардың жетерли емеслиги, кино ислеп шығарыўшыларды салыққа тартыў системасының нәтийжесизлиги ҳәм жоқары салық жүги киносанааты тараўының рентабеллигин шеклейди ҳәм кинематографияның улыўма дүньялық раўажланыў тенденцияларына муўапық алдынғы инновациялық ҳәм санлы технологияларды енгизиўди хошаметлемейди;
алтыншыдан, кино тараўындағы кадрлар таярлаў системасы заман талапларына жуўап бермейди, қәнигелестирилген, соның ишинде, сырт еллердиң жоқары оқыў орынларында талап жоқары болған қәнигелерди таярлаў, кино көркем өнери ўәкиллерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў жумыслары шөлкемлестирилмеген;
жетиншиден, авторлық ҳуқықы объектлерин, соның ишинде, кино өнимлериниң нызамсыз тарқатылыўын анықлаў ҳәм сапластырыў, олардан рухсатсыз пайдаланыўдан исенимли қорғаў, қарақшылыққа қарсы гүресиў механизмлериниң жоқлығы кино өнимлери түп нусқаларының жоқары дәрежеде нызамсыз айланысына ҳәм елимиздеги кинокомпаниялар менен кинотеатрларға сезилерли зыян жеткерилиўине алып келеди;
сегизиншиден, жергиликли киноленталарды дүньяға белгили халықаралық кинофестивальларға усыныў, соның ишинде, оларда қатнасыў бойынша системалы жумыслар алып барылмай атыр, мәдений өз-ара алмасыў дәрежесиниң төменлиги болса миллий кинематографияны сырт елде белсене ен жайдырылыўына ҳәм оның дүнья кино майданына қосылыўына имканият бермей атыр.
Елимизде киносанаатын буннан былай да раўажландырыў, кинокомпаниялар таңлаўының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, кинематография тараўында маман қәнигелерди таярлаў, заманагөй технологиялардан пайдаланған халда ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасын арттырыў, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде:
- «Өзбеккино» Миллий агентлиги (кейинги орынларда «Өзбеккино» МА деп аталады), Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Әдиллик министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және «Өзбекфильм» АЖ акционерлериниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
«Өзбекфильм» акционерлик жәмийетин жәмийет қурамынан шығып кететуғын акционерлер менен есап-санақты әмелге асырған ҳалда «Өзбекфильм» мәмлекетлик унитар кәрханасын қайта шөлкемлестириў;
«Ҳүжжетли фильмлер киностудиясы» мәмлекетлик унитар кәрханасын елимиздиң мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысындла әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслардың ең әҳмийетли бағдарларында ерисилген жетискенликлерди сүўретке алыў ҳәм оларды кейин ала архивлестириў бойынша ўазыйпаларды жүклеген ҳалда «Ҳүжжетли ҳәм хроникал фильмлер киностудиясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы сыпатында қайта атаў;
«Өзбеккино» МАның аймақлық бөлимлери негизинде олардың штатлар саны, имарат ҳәм басқа да материаллық-техникалық базасы, сондай-ақ, 2020-жылдың 1-январына шекемги мүддетте әмелдеги қаржыландырыў дәреклерин сақлай отырып, «Республикалық кинопрокат орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасының филаиалларын шөлкемлестириў;
«Өзбекстан кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамы» мәмлекетлик мәкемесиниң оның балансындағы болған мүлк ҳәм басқа да материаллық-техникалық қымбат баҳалы затларды (көшпес мүлкти бийпул пайдаланыўға) тапсырыў арқалы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем сыпатында қайта шөлкемлестириў.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте жаңа шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемниң мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин, оның устав уйымларын қәлиплестириўде зәрүрий әмелий жәрдем көрсетсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:
2019-жылдың 1-январынан баслап, «Өзбеккино» МА Көркемлик кеңеси тәрепинен мәмлекетлик буйыртпа тийкарында сүўретке алынатуғын кино өнимлериниң жыллық тематикалық режеси жүзеге келетуғын жағдай, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар, сондай-ақ, халықтың мазмунлы кинофильмлерге болған реал талабынан келип шығып қәлиплестириледи;
ислеп шығарылатуғын көркем фильмлерди мәмлекетлик буйыртпа бойынша ислеп шығарылатуғын көркем фильмлердиң жыллық көлемине салыстырмалы процентте жанрлар бойынша квоталаў системасы енгизиледи;
2019-жыл 1-январьдан баслап, мүлкшилик түрине қарамастан, елимиздеги барлық кинотеатрларда көрсетилетуғын жергиликли көркем фильмлердиң көрсетиў көлемлерин – суткада екеўден аз болмаған сол сыяқлы толық метражлы фильмлер менен, 2021-жыл 1-январьдан болса айлық экран ўақтының 25 процентинен аз болмаған, байрам күнлери 40 проценттен аз болмаған муғдарда квоталаў системасы енгизиледи;
мәмлекетлик буйыртпа бойынша ислеп шығарылатуғын көркем фильмлердиң смета қәрежетлеринде көрсетилген қаржының 10 проценти тек ғана олардың рекламасы ҳәм телевидение, радио ҳәм Интернет тармақларындағы пиар-компаниясына, сондай-ақ, сыртқы рекламасын жайластырыў ушын пайдаланылады;
мәмлекетлик буйыртпа бойынша кино өнимлерин Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы системасындағы телерадиоканалларда реклама етиўде, миллий телерадиокомпания телеканалларында көрсетиўде «Өзбеккино» МАның жеке кино өнимлери ушын авторлық ҳәм мүлклик ҳуқықларына әмел еткен ҳалда, жеңиллетилген шәртлерде әмелге асырылады;
кинокомпаниялардың, мүлклик түрине қарамастан, мәмлекетлик буйыртпа бойынша кино өнимлерин ислеп шығарыўдағы қатнасы тек ғана «Өзбеккино» МА тәрепинен нызам ҳүжжетлерине тийкарланып шөлкемлестирилетуғын таңлаў тийкарында әмелге асырылады;
«Өзбеккино» МА Көркемлик кеңесиниң қурамы продюссерлер, жазыўшылар, тарийхшылар, кинооператорлар, режиссёрлар, кинопрокатшылар, кинокритиклер, психологлар, кинематография тараўындағы мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм басқа да қәнигелерден қәлиплестириледи ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда «Өзбеккино» МА тәрепинен тастыйықланады;
«Өзбеккино» МА Көркемлик кеңеси қурамына, кеңес тәрепинен қабыл ететуғын қарарларға тиккелей ямаса қосымша мәпдар болған шахслардың кириўине ҳәм олардың таңлаўда қатнасыўына жол қойылмайды.
«Өзбеккино» МА Көркемлик кеңеси тәрепинен мәмлекетлик буйыртпа бойынша киноөнимди ислеп шығарыў бағдарында шәртнамада белгиленген киноөнимлер ислеп шығарыўдың ҳәр бир басқышының жуўмағында, таяр өним, режиссёрлық сценарийсине, қәрежетлер сметасының параметрлерине, сүўретке алыў процесиниң техникалық ҳәм технологиялық сай екенлигин ҳәм басқа да талапларға әмел етиўи бойынша баҳаланғаннан соң, усы киноөним (оның бөлимлери) қабыл етиледи.
«Өзбеккино» МА Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте 2018-жыл 1-октябрьге шекемги мүдетте мәмлекетлик буйыртпа бойынша ислеп шығарылатуғын кино өнимлери ушын конкурс шөлкемлестириў ҳәм оны өткериў тәртиби, соның ишинде, конкурста қатнасатуғын кинокомпаниялар ушын талапларды нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-августтағы ПҚ-3176-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Миллий кинематографияны буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның:
2019/2020-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының қәбилетли питкериўшилерин және институтта «Атқарыўшы продюссер» ҳәм «Кинорежиссура ҳәм кинодрамтургия» бағдарлары бойынша дәслепки таңлап алыўдан өткен бакалавр дәрежесине ийе миллий кенематография тараўының қәнигелерин С.А.Герасимов атындағы Пүткилроссия кинематография мәмлекетлик институты (кейинги орынларда – ПКМИ) жанындағы «Кино ҳәм телевидение»ниң жоқары курсларына оқыўға жибериў;
2019/2020 оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты бакалавриатының қәнигелескен бағдарларының қәбилетли питкериўшилери ушын ПКМИ ассистентура – стажировакасында «Атқарыўшы продюссер», «Драматургия» ҳәм «Аудиовизуал көркем өнер режиссурасы» қәнигеликлери бойынша оқыўларды шөлкемлестириў;
2020/2021 оқыў жылынан баслап Ташкент қаласында кинематография тараўының қәнигели кадрлар таярлаў бойынша ПКМИ филиалын (биргеликтеги факультетин) ашыў, оқытыўшылық жумысына ПКМИдиң жоқары курсларында ҳәм ассистентура-стажировкасында бурын таярлықтан өткен қәнигелерди, сондай-ақ, мастер-класслар өткериў ушын институт профессор-оқытыўшыларын тартыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- «Өзбеккино» Миллий агентлиги Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2018-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте ПКМИдиң жоқары курсларында ҳәм ассистентура-стажировкасында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының питкериўшилери және республика қәнигелериниң оқыўын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Ташкент қаласында институттың филиалын (биргеликтеги факультетин) ашыў бойынша ПКМИ басқарыўы менен сөйлесиўлер өткерсин.
ПКМИдиң жоқары курсларында ҳәм ассистентура-стажировкасында оқыўға жиберилетуғын шахслар саны «Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте тийисли тараў қәнигелерине болған талаптан келип шыққан ҳалда белгиленетуғыны ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны;
ПКМИдиң жоқары курсларында ҳәм ассистентура-стажировкасында оқыўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң Қәнегелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен сөйлесиў орайы тәрепинен орайға усы мақсетлер ушын ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде қаржыландырылатуғыны;
ПКМИдиң жоқары курсларында ҳәм ассистентура-стажировкасында оқыў ушын таңлаўдан табыслы өткен талабанлар менен шәртнамалар дүзилетуғыны. Шәртнамаларда талабанлардың Өзбекстан Республикасы аймағында, соның ишинде, Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтында ҳәм ПКМИдиң Ташкент қаласында шөлкемлестирилетуғын филиалында (бирликтеги факультетинде) кеминде үш жыл мүддетте жумыс ислеўин әмелге асырыў миннетлемеси белгилеп қойылатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленген «Өзбеккино» Миллий агентлиги жанында киноиндустрия тараўы хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестирилсин:
киноиндустрия тараўының, мүлкшилик түрине қарамастан компаниялардың дөретиўшилик-өндирислик, техник ҳәм басқа да хызметкерлерин шәртнама тийкарында режиссура, продюссерлик, актёрлық шеберлиги, кинооператорлық, анимация ҳәм басқа да бағдарлар бойынша қайта таярлаў және олардың қәнигелигин арттырыў;
теориялық таярлаўды әмелий жумыслар менен интеграциялаў, киноиндустрия тараўында тәжирийбеге ийе маман оқытыўшыларды ҳәм қәнигелерди, сондай-ақ, сырт ел экспертлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў процесслерине тартыў;
методикалық ҳәм мәлимлеме базасын жаратыў. жақсылаў, турақлы жаңалап барыў, киноиндустрия тараўы хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша зәрүр оқыў қолланбаларын ҳәм усынысларды ислеп шығыў;
киноиндустрия тараўының хызметкерлерин сырт ел кинокомпанияларында қайта таярланыўын ҳәм қәнигелигин арттырылыўын шөлкемлестириў, сырт елли шериклер менен жақын байланысларды жолға қойыў.
Орай мәмлекетлик унитар кәрханасы түринде шөлкемлестирилетуғыны;
Орай киноиндустрия тараўының, мүлкшилик түрине қарамастан кинокомпаниялардың дөретиўишилик-өндирис, техник ҳәм басқа да хызметкерлерин оқытыў ушын алынатуғын қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;
Орайға «Өзбеккино» Миллий агентлиги бас директоры тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм ийелеп турған лаўазымынан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
«Өзбеккино» Миллий агентлиги жанындағы Киноиндустрия тараўының хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў орайының структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасында киноиндустрияны буннан былай да жетилистириў «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;
«Үш қала», «101» ҳәм «Қаҳарманлар» жойбарларын әмелге асырыў «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
«Үш қала» жойбарын әмелге асырыў шеңберинде комплексли шөлкемлестириў-техникалық ҳәм ҳуқықый мәселелердиң сапалы және өз ўақтында шешилиўи ушын:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродов – «Халық дипломатиясы қаласы» комплекси бөлими бойынша;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимов – «Этноқала» комплекси бөлими бойынша;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – «Өзбекнефтьгаз» АЖ басқармасының баслығы А.С.Султонов – «Киноқала» комплекси бөлими бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- «Өзбеккино» миллий агентлиги Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан кинематографиясын раўажландырыў орайы, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Мәденият министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте ҳәр жылы ең жақсы жергиликли кино өнимлерин Канн, Берлин, Венеция, Роттердам, Пусан, Москва ҳәм басқа да белгили халықаралық кинофестивальларда, сондай-ақ, дүньяның ири абырайлы кинобазарларында көрсетилиўин тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша халықаралық кинофестивальларда ҳәм кинобазарларда жергиликли кино өнимлерин көрсетиўге байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў ушын «Өзбеккино» Миллий агентлиги жанындағы Миллий кинематографияны раўажландырыў қорының қаржыларын есапқа ала отырып, бюджет қаржыларын ажыратсын.
- 2018-жыл 1-августтан баслап «Өзбеккино» Миллий агентлиги орайлық аппаратының хызметкерлерине олардың мийнетине ҳақы төлеў айлық қорының 100 проценти муғдарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан төленетуғын жеке үстеме белгиленсин.
- 2020-жыл 1-январьға шекемги мүддетке:
кино өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм олардың прокаты менен шуғылланатуғын шөлкемлер барлық түрдеги салықлар ҳәм мәжбүрий ажыратпалар төлеўден, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорына ажыратпалар буған кирмейди, сондай-ақ, орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша алып кирилетуғын кино ислеп шығарыў ҳәм кино көрсетиў үскенелери ушын бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымынан тасқары);
«Өзбеккино» миллий агентлиги орнатылған тәртипте қәлиплестирлетуғын дизим бойынша «Өзбекфильм», «Ҳүжжетли ҳәм хроникалық фильмлер киностудиясы», «Республикалық кинофонды», «Республикалық кинопрокат орайы», «Мультификациялық фильмлер студиясы» мәмлекетлик унитар кәрханаларын қайта қурыў ҳәм үскенелеў шеңберинде алып кирилетуғын кино ислеп шығарыў және кино көрсетиў үскенелери ушын бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымынан тысқары) азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети усы қарардың талапларын, сондай-ақ, киноиндустрия тараўындағы басқа да тийкарғы ўазыйпаларды есапқа ала отырып, Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратына:
а) 2018-жыл 1-августқа шекем кинематография тараўында талап жоқары болған кадрларды (кинодрматург, кинорежиссёр, кинопродюсер ҳәм басқалар) таярлайтуғын жаңа фаультет ашыўды нәзерде тутқан ҳалда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын;
б) 2018-жыл 1-ноябрьге шекем:
«Кинематография ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы жойбарын;
Өзбекстан Республикасы аймағында сырт ел компаниялары тәрепинен көркем фильмлерди киноға, видеоға түсириўдеги тәртип-қағыйдаларды ҳәм талапларды буннан былай да әпиўайыластырыўға байланыслы усынысларды киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларында ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 6-апрельдеги 272-санлы қарарының 4-бәнтинде көрсетилген бирден-бир кинопрокат электрон тармағын ислеп шығыў, кинотеатрларды оптикалық талшықлы байланыс линиясы арқалы кинопрокат тармағына басқышпа-басқыш жалғаў, кинотеатрларда электрон кино билетлердиң тез есабын жүргизиў автоматластырылған системасын енгизиў бойынша жумысларды қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин.
- «Өзбеккино» Миллий агентлиги Ташкент қаласы, Чиланзар районы, Чиланзар көшеси, 1-а үй мәнзилине жайластырылсын.
- «Өзбеккино» Миллий агентлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.М.Султоновқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 24-июль