Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мийўе-овощ тараўында өним ислеп шығарыў, қайта ислеў, сақлаў, хызмет көрсетиў ҳәм сатыў (экcпорт етиў) процесслерин өз-ара интеграциялаў, кластерлер (кооперация)диң жумысын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм экспорт көлемин арттырыў мақсетинде:
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2022-жыл 1-январьдан баслап Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан коммерциялық банклер арқалы төмендегилерге:
а) фермер, дийқан хожалықлары ҳәм басқа да өним жетистириўшилерге – мийўе, жүзим, овощ, картошка, палыз егинлери, көк шөплер ҳәм дәрилик өсимликлер, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў ушын өним баҳасының 50 процентине шекем жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке кредитлер ажыратылады;
б) мийўе-овощларды қайта ислейтуғын, сақлаўшы ҳәм экспорт етиўшилерге – жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин сатып алыўға талап етилетуғын айланыс қаржыларды толтырыў ушын жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада 12 айлық «револьвер» кредит ажыратылады. Онда, бул кредит есабынан кластер ҳәм кооепарциялардың коммерциялық банклерден алынған басқа да кредитлерин сөндириўге жол қойылмайды.
- Усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў ушын Қаржы министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен Қорға 2 триллион сум бюджет ссудасы ажыратылады.
Қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлигиниң тийкарланған есап-санақларына тийкарланған келеси жыллар зүрәәтин қаржыландырыў ушын талап етилетуғын қаржылардың Қорға ажыратып барылыўын тәмийинлесин.
- 2022-жыл 1-марттан баслап:
а) мийўе-овощ жетистириў кластерлери (кооперациялар) ҳәм фермер хожалықларына – экспорт шәртнамасы болып, мийўе-овощ зүрәәтин қәўип-қәтерден қамсызландырыў хызметинен пайдаланғанда төленген қамсызландырыў сыйлығының 50 проценти, бирақ қамсызландырыў пулының 1 проценттен артық болмаған бөлеги есаплап берилетуғыны. Онда, қамсызландырыў пулы қәўип-қәтерден қамсызландырылып атырған зүрәәт баҳасының 70 процентинен аз болыўы мүмкин емеслиги;
б) мийўе-овощ жетистириў кластерлерине (кооперацияларға) – сырт елден маман агроном, энтомолог, лаборатория қәнигелерин тартыў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ бир айға 1 қәниге ушын 1 мың АҚШ доллары эквивалентинен аспаған бөлеги Аўыл хожалығы министрлигиниң районлық бөлимлери арқалы компенсацияланатуғыны. Онда, мийўе-овощ кластерлерине өзине бириктирилген өним жетистириўшилер ушын бағ ҳәм жүзим атызларын жаратыў, овощ, картошка, палыз, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў бойынша семинар тренинглер өткериў усыныс етилетуғыны;
в) усы бәнтте нәзерде тутылған компенсация қәрежетлери Аўыл хожалығы министрлигиниң буйыртпасы тийкарында Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
- Усы қарардың 1- ҳәм 3-бәнтлеринде нәзерде тутылған преференция ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши, оларды сатып алыўшы шөлкем ҳәм коммерциялық банк арасында дүзилген шәртнамаларға ийе болған, сондай-ақ, бул шәртнамаларды Бирден-бир электрон шәртнамалар мәлимлеме порталында дизимнен өткерген исбилерменлик субъектлерине қолланылады.
Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев) усы бәнтте нәзерде тутылған шәртнамаларды Бирден-бир электрон шәртнамалар мәлимлеме порталында дизимнен өткериў ушын 2022-жыл 1-февральға шекем техникалық имканиятларды жаратсын.
- Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда Жәҳән банкиниң «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары шеңберинде тартылған 65 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар есабынан киши агрологистика орайларын қурыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Аўыл хожалығы министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте жеке меншик секторды тартқан ҳалда киши агрологистика орайларын қурыў тәртибин ислеп шығып, белгиленген тәртипте тастыйықласын.
- Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.А.Вафаев), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норкулов), Энергетика министрлиги (А.С.Султонов), Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги (Ш.С.Хидоятов), Транспорт министрлиги (И.Р.Махкамов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте:
еки ай мүддетте мийўе-овощ жетистириў кластерлери (кооперациялар), қайта ислеў кәрханалары ҳәм агрологистика орайлары ушын зәрүр болған сыртқы инженерлик (электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, автомобиль жоллары) тармақларын оңлаў ҳәм қурыў бойынша мәнзилли дизимди қәлиплестирип, белгиленген тәртипте тастыйықласын;
сыртқы инженерлик тармақларын қурыў ҳәм барын оңлаў ушын Азия раўажланыў банкинен 100 миллион АҚШ долларына шекемги қарыз қаржыларын 2022-жылдың ақырына шекем тартыў илажларын көрсин.
- Төмендегилер:
Мийўе-овощ жетистириў кластерлерин шөлкемлестириўдиң және кластерлер тәрепинен 2022-жылы әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың айлар бойынша бөлистирилиўи прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
2022-жылы әмелге асырылатуғын суўытқышлы сыйымлар шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарлардың дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Аўыл хожалығы министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң (кейинги орынларда – Агентлик):
Агентликке овощ, картошка, гүл, палыз егинлери, көк шөплер ҳәм дәрилик өсимликлер, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў, оларды сақлаў, қайта ислеў менен шуғылланатуғын, сондай-ақ, «атыздан – сатыў орнына шекем» принципи тийкарында қосымша қун шынжырын жарататуғын мийўе-овощ жетистириў кластерлери (кооперациялар) жумысына жәрдемлесиў ўазыйпаларын жүклеў;
Агентликтиң юридикалық тәреп статусына ийе болмаған, хызметкерлердиң улыўма шекленген саны 4-6 штат бирлигинен ибарат Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы бөлимлерин және хызметкерлердиң улыўма шекленген саны 2-3 штат бирлигинен ибарат районлардың (Қувасай қаласы) мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў бойынша жойбарлаў офислерин (кейинги орынларда – жойбарлаў офислери) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығының раўажландырыў агентлигиниң хызметкерлери улыўма шекленген саны 32 штат бирлигинен ибарат структурасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бөлимлери менен жойбарлаў офислерине:
экономикалық жақтан нәтийжесиз ҳәм аз зүрәәт беретуғын бағларды (жүзим атызларын) анықлаў, олардың орнына интенсив бағлар (жүзим атызлары) жаратыў ямаса оларды сүрилетуғын жерлер категориясына өткериў бойынша усыныслар таярлаў;
интенсив бағ ҳәм жүзим атызларын қурыўға жарамлы жер участкаларын таңлаў ҳәм ашық таңлаўға шығарыўға әмелий жақтан жәрдемлесиў;
ажыратылып атырған кредитлер шеңберинде коммериялық банклер менен биргеликте мийўе-овощ жетистириў бағдарындағы жойбарларды ислеп шығыў;
мийўе, жүзим, овощ, картошка, палыз егинлери, гүл, көк шөплер ҳәм дәрилик өсимликлер, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў, оларды сақлаў, сортлаў, қайта ислеў ҳәм экспортын шөлкемлестириўге жәрдемлесиў ўазыйпалары жүкленсин.
Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бөлимлери менен жойбарлаў офислерине аўыл хожалығы тараўы бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге шәртнама тийкарында мийнет ҳақы есабынан хызмет көрсетиў ҳуқықы берилсин.
- Агентликтиң орайлық аппараты ушын талап етилетуғын қосымша штат бирликлери, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бөлимлери менен жойбарлаў офислериниң штат бирликлери Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм оның аймақлық басқармаларындағы бар штат бирликлерин қысқартыў есабынан шөлкемлестирилетуғыны;
Агентлик, оның аймақлық бөлимлери менен жойбарлаў офислериниң хызметкерлерине тийислисинше Аўыл хожалығы министрлиги орайлық аппараты, аймақлық бөлимлери хызметкерлери ушын белгиленген мийнет ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў шәртлери қолланылатуғыны белгиленсин.
Агентлик директорына Агентликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлерине шәртнама тийкарында қәнигелерди тартыў ҳуқықы берилсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы менен биргеликте еки ай мүддетте аўыл хожалығында инновациялық биоөнимлерди сынақтан өткериў хызметлери структурасын енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Қарақалпастан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте үш ай мүддетте:
мийўе-овощ жетистириўши районларды қайта көрип шығып, ҳәр бир аймақтың тәбийғый-климат шараяты ҳәм қәнигелисиўин есапқа алған ҳалда, мийўе-овощ жетистириў кластерлери (кооперация)ниң жумысын турақлы раўажландырыў бойынша илажларды;
ислеп шығарыўшы – кластер – таярлаўшы кәрхана – қайта ислеўши ҳәм экспортёрды избе-из байланыстырыўшы системаны енгизиў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Агентлик (Ҳ.М.Каримов), Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў және вино жетистириўди раўажландырыў агентлиги (Р.М.Бобоев) үш ай мүддетте:
халықаралық финанс институтлары, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры ҳәм Вино жетистириўди раўажландырыў қорының қаржылары есабынан Академик Маҳмуд Мирзаев атындағы бағшылық, жүзим жетистириў ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты системасында Республикалық бағманлар мектебиниң жумысын раўажландырсын;
халықаралық финанс институтлары және Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтының жанында Овощ, картошка, палыз, собықлы егинлер, гүл ҳәм дәрилик өсимликлерди интенсив усылда жетистириў мектебин шөлкемлестирсин.
- Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) еки ай мүддетте мийўе-овощ зүрәәтин қәўип-қәтерден қамсызландырыў хызметинен пайдаланғанда қамсызландырыў сыйлығы ушын төлемниң және сырт елден маман агроном, энтомолог, лаборатория қәнигесин тартыў қәрежетлериниң 50 процентин қаплап бериў тәртибин ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Б.Воитов)не:
үш ай мүддетте республикамызда мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм оны экспорт етиўге мөлшерленген логистика орайларын сырт ел тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестириў бойынша 2022-2026-жылларға мөлшерленген инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәнзилли бағдарламасын қәлиплестириў;
мийўе-овощ өнимлерин экспортқа жибериўде зәрүр руқсатнама, сертификатлар ҳәм бажыхана ҳүжжетлериниң рәсмийлестирилиўине әмелий жәрдем көрсетиў ўазыйпасы жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги:
еки ҳәпте мүддетте Аўыл хожалығы министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлери, агентлик ҳәм оның аймақлық бөлимлери (жойбарлаў офислери)ниң тийислилиги бойынша штат кестелерин тастыйықлап (өзгертип), орнатылған тәртипте қаржы уйымларында дизимге қойылыўын тәмийинлесин;
еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев және Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң директоры Х.М.Каримов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ш.М.Ғаниевке ҳәм Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 15-декабрь