Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Кейинги жылларда аўыл хожалығын реформалаў ҳәм тараўға базар механизмлерин енгизиў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде республикамызда жетистирилип атырған 80 түрден аслам аўыл хожалығы өнимлери дүнья жүзиниң 66 мәмлекетине экспорт етилмекте. Онда мийўе-овощ ҳәм собықлы өнимлердиң экспорт көлеми 2016-жылдан 2021-жылға шекем дерлик 2 есеге артқан.

Соның менен бирге, пахта ҳәм ғәлледен қысқартылып атырған жер майданларында бағшылық, жүзим жетистириў, палыз ҳәм мийўе-овощ жетистириў, собықлы ҳәм майлы егинлерди жетистириў тараўында экспортқа жарамлы аўыл хожалығы егинлерин егиўди көбейтиў, сондай-ақ, халықтың кең қатламларын тартыў арқалы бул жерлерден нәтийжели пайдаланыў системасын жаратыў есесине тармақта қосымша өсиўге ерисиўде илимге тийкарланған қатнас ҳәм үйрениўлерди есапқа алыўды талап етпекте.

Соның ишинде, есап-санақларға бола 1 гектар майданда жетистирилген пахта шийки затына салыстырғанда жүзимнен 7 есе, шийеден 6 есе, ғозадан 5 есе көп дәрамат алыў ҳәм усы жерлерде шаңарақлық исбилерменлик шеңберинде киши интенсив бағшылық, жүзим жетистириў, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў ҳәм овощ жетистириў жойбарларын қоллап-қуўатлаў арқалы «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери»нде дизимде турған мүтәж шаңарақлардың дәраматлы мийнет пенен бәнтлигин тәмийинлеў бойынша үлкен имканият бар.

Халықтың дәрамат табыўға қаратылған исбилерменлик басламаларын финанслық қоллап-қуўатлаў, халыққа аграр тармақта өз бизнесин шөлкемлестириўге жәрдемлесиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў ҳәм аўыл хожалығын диверсификациялаў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Министрлер Кабинети, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда фермер хожалықлары ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы қунарсыз пахта ҳәм ғәлледен қысқартылған 200 мың гектар егислик майданларын 2022-2025-жылларда 1-1.13-қосымшаларға муўапық басқышпа-басқыш резервке қайтарыў;

резервке қайтарылған жер майданларын дийқан хожалығы шөлкемлестирилген ҳалда овощ жетистириў, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў сыяқлы жойбарларды әмелге асырыў ушын пуқараларға 0,10 гектардан 1 гектарға шекем болған өлшемлерде ашық электрон таңлаў арқалы 10 жылға ижараға бериў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.

  1. аўыл хожалығының мақсетлери, соның ишинде, дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын ижараға бериў бойынша материалларды жыйнаў, көрип шығыў, оларды ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлер менен келисиў «E-IJARA» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылатуғыны;

аўыл хожалығы мақсетлери, соның ишинде, дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын «E-AUKSION» электрон саўда платформасында ашық электрон таңлаў өткериў арқалы ижараға берилетуғыны, оннан Жер кодексине муўапық жер участкаларын Министрлер Кабинети тәрепинен ижараға бериў жағдайлары буған кирмейтуғыны;

дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын ашық электрон таңлаў арқалы ижараға бериўде өзиниң қыйтақ жеринде мийўе-овощ жетистириў, палыз өнимлерин жетистириў ҳәм жүзимгершиликте жақсы нәтийжелерге ерискен,  усы тараўлардың биринде таяныш қәнигеликке ийе болған пуқараларға, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турған мүтәж шаңарақларға өз алдына үстинлик берилетуғыны белгиленсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлери Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) ҳәм Кадастр агентлиги (Ф.К.Умаров) менен биргеликте:

2021-жыл 31-декабрьге шекем районлар (қалалар)дың есабындағы бос турған ҳәм резервтеги аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының мәмлекетлик мүлки сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;

усы қарарға 1–1.13-қосымшаларда көрсетилген жер майданлары тийисли жылдағы өним жыйнап алынғаннан кейин район (қала) ҳәкимликлериниң резервине белгиленген тәртипте қайтарылыўы ҳәм мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;

резервке алынған жер участкаларын мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткериў жумыслары район (қала)лық ҳәкимликлериниң буйыртпасына тийкарланып әмелге асырылыўын ҳәм район (қала)лық жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылыўын;

мәмлекетлик мүлк сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилген жер майданларының 0,10 гектардан 1,0 гектарға шекем болған көлемлерде лотларға ажыратылып, бир ай ишинде ашық электрон таңлаўға қойылыўын;

жер ҳаққындағы нызамшылық ҳәм ижара шәртнамасының талаплары орынланбағанда, соның ишинде, ижараға берилген жер участкасынан ақылға уғрас пайдаланылмағанда жерге болған ҳуқық Жер кодекси ҳәм «Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Нызамға тийкарланып бийкар етилиўи ҳаққында дийқан хожалықлары арасында түсиндириў жумысларының алып барылыўын тәмийинлесин.

Бул тапсырманың орынланыўын өз ўақтында тәмийинлемеген район (қала) ҳәкимлери нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылыўы ҳаққында ескертилсин.

  1. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте:

Дийқан хожалығын жүргизиў ушын жер участкаларын ижараға бериўдиң ҳәкимшилик регламенти;

Юридикалық тәреплерге аўыл хожалығы мақсетлери ушын жер участкаларын ижараға бериўдиң ҳәкимшилик регламенти;

Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын екилемши ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрилиги (Ш.Ҳ.Шерматов) менен биргеликте бир ай мүддетте «E-IJARA» мәлимлеме системасын иске қоссын.

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов) «E-AUKSION» электрон саўда платформасында ашық электрон таңлаўларды шөлкемлестириў ушын зәрүр техникалық имканиятларды жаратсын.

  1. «E-IJARA» мәлимлеме системасына интеграциялаў арқалы уйымлараралық электрон мағлыўматлар алмасыўы жолға қойылатуғын министрликлер ҳәм уйымлардың дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте усы қарарға 2-қосымшада көрсетилген министрликлер ҳәм уйымлар арасында тийисли мағлыўматларды алмасыў бойынша илажлар режесин тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниев, аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлери:

жер участкалары ажыратылған дийқан хожалықлары тәрепинен бағ ҳәм егинлердиң өз мүддетинде егилиўи ҳәм тәрбияланыўына жәрдемлесиў бойынша жумысларды мәнзилли шөлкемлестирсин;

ажыратылған жер майданларының топырақ шараяты, жер балл бонитети, суў менен тәмийинленгенлик дәрежеси, аймақ халқының тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда «Бир аймақ – бир өним» принципи тийкарында өним жетистириўге тийкарғы итибар қаратсын;

жер майданларында зәрүр агротехникалық илажларды орынлаў, төгин ҳәм суў менен тәмийинлеў, инфраструктуралық объектлерди қурыў ушын зәрүр шараятларды жаратсын;

Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги (И.К.Эргашев) менен биргеликте жер майданларында зыянкеслер ҳәм кеселликлер тарқалыўының алдын алыў мақсетинде системалы бақлаўларды шөлкемлестирип, дийқан хожалықларына бағ ҳәм егинлерди қорғаў жумысларын өз ўақтында орынлаўда әмелий жәрдем көрсетсин;

дийқан хожалықлары менен агросанаат кластерлери, таярлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиўши кәрханалар (кейинги орынларда – исбилерменлик субъектлери) арасында кооперация байланысларын шөлкемлестириўге өз алдына итибар қаратсын;

дийқан хожалықлары ҳәм олар менен кооперация тийкарында жумыс шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлери  арасында туқымгершилик, нәл, минерал төгин ҳәм химиялық қураллар жеткерип бериў, зәрүр агротехникалық хызметлер көрсетиў жумысларын шөлкемлестириўде шәртнамалық қатнасықларды раўажландырыўға жәрдемлессин;

аўыл хожалығы өнимлерин жыйнаў, тасыў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм сатыўдың барлық басқышларын қамтып алған киши агрологистика орайларының жумысын жолға қойыў илажларын көрсин.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте Халықаралық финанс институтларынан тартылған қарыздың 100 миллион АҚШ доллар эквиваленти муғдарындағы қаржыларды коммерциялық банклерге миллий валютада 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен 10 жыл мүддетке жыллық 10 процент ставкада жайластырсын.

Коммерциялық банклерге жайластырылған қаржылар усы қарарға тийкарланып ажыратылатуғын кредитлер бойынша гиреў тәмийнаты сыпатында қабыл етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Кредит қаржылары «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасының шәртлери тийкарында коммерциялық банклер тәрепинен дийқан ҳәм фермер хожалықлары, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши басқа да кәрханаларға жер майданында киши интенсив бағшылық, жүзим жетистириў, овощ жетистириўди раўажландырыў, палыз, собықлы, майлы егинлер ҳәм картошка жетистириў ушын төмендеги шәртлерде усынылатуғыны белгиленсин;

ҳәр бир жойбар миллий валютада 100 миллион сумнан артпаған муғдарда жыллық 14 процент ставкада қаржыландырылатуғыны;

кредитлер киши интенсив бағшылық ҳәм жүзим жетистириўге 3 жылға шекем жеңиллетилген дәўир менен 7 жылдан көп болмаған мүддетке, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў ҳәм овощ жетистириўге 6 айға шекем жеңиллетилген дәўир менен 2 жылға шекемги мүддетке ажыратылады;

кредит тәмийинаты сыпатында кредиттиң қайтпаў қәтеринен қамсызландырыў усынылады;

кредитлер дийқан хожалықларына жаңадан енгизилип атырған ҳәким жәрдемшилериниң жазба усынысына тийкарланып ажыратылады.

  1. Усы қарарға тийкарланып ажыратылған кредит қаржылары оның белгиленген улыўма муғдары (100 миллион сум) шеңберинде кредит алыўшылар тәрепинен өз бизнес-режелери тийкарында, соның ишинде:

ижараға алынған ямаса өз ийелигинде болған жер майданында усы қарар менен белгиленген бағдардағы жойбарларды әмелге асырыў ҳаққында Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы «Агросервис оператор» МУК ямаса басқа да потенциаллы қәнигелескен шөлкем менен дүзилген шәртнамаларға муўапық «таяр ҳалда» тапсырыў принцпипи тийкарында орынланған жумысларға ҳақы төлеў ушын;

киши интенсив бағшылық, жүзимгершилик, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў ҳәм овощ жетистириўде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, сапалы нәллер, туқымлар, минерал төгинлер, химиялық ҳәм биологиялық препаратлар, аўыл хожалығы техникалары (егиў сеялкалары, қайта ислеў ҳәм жыйнап алыў агрегатлары)н сатып алыў ушын;

алынған кредиттиң қайтпаў қәтеринен қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў сыйлығы төлемин әмелге асырыў ушын пайдаланыўы мүмкин екенлиги белгиленсин.

  1. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов) коммерциялық банклерге «E-AUKSION» мәлимлеме системасы арқалы ижараға берилген жер майданы, таңлаў жеңимпазының жойбар бойынша алған миннетлемелери ҳаққындағы мағлыўматларды тексериў ушын техникалық имканиятлардың жаратылыўын тәмийинлесин.
  2. Дийқан хожалықлары ушын қысқа мүддетли интенсив оқыў курсларын шөлкемлестириў бойынша республикалық жумысшы топар (кейинги орынларда – Республикалық жумысшы топар) дүзилсин ҳәм оның қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Киши интенсив бағшылық, жүзим жетистириў, палыз, собықлы, майлы егинлер, картошка жетистириў ҳәм овощ жетистириў бағдарларында, сондай-ақ, ашық электрон таңлаўда қатнасыў бойынша қәниге тренер-консультантларды таярлап, олардың жәрдеминде дийқан хожалықлары ушын қысқа мүддетли интенсив оқыў курсларын шөлкемлестириў Республикалық жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпасы есаплансын.

Республикалық жумысшы топар (Ж.А.Ходжаев) Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан:

жигирма күн мүддетте ҳәр бир аймақ ушын кеминде 10 қәниге тренер-консультантларды таярлаў бойынша бағдарлама ҳәм оларды таңлап алыўға байланыслы талапларды ислеп шықсын;

бир ай мүддетте дийқан хожалықлары ушын қысқа мүддетли интенсив оқыў курсларын шөлкемлестириў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм ҳәр бир районда реже-график тийкарында усы оқыў курсларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин;

аўыл хожалығындағы жаңа илимий қатнаслар, халықаралық тәжирийбе ҳәм дийқан хожалықларының жумысын үйрениў нәтийжесинде анықланып атырған мәселелерди есапқа алған ҳалда, оларға жақыннан, соның ишинде, Интернет тармағы арқалы турақлы түрде мәсләҳәт берип барыў системасын жолға қойсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 28-июльдағы «Жүзим жетистириўди раўажландырыўда кластер системасын енгизиў, тараўға алдынғы технологияларды тартыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5200-санлы қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда шөлкемлестирилген жүзимгершиликти раўажландырыў бойынша жойбарлаў офислери Интенсив бағшылық, жүзим жетистириў ҳәм овощ жетистириўди раўажландырыў бойынша турақлы жойбарлаў офислери (кейинги орынларда – жойбарлаў офислери) деп қайта аталсын.

жойбарлаў офислериниң бағшылық ҳәм овощ жетистириўди раўажландырыў бойынша жумысы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги тәрепинен басқарылатуғыны;

ҳәр бир жойбарлаў офислериниң Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорының есабынан бағшылық ҳәм овощ жетистириў раўажланған мәмлекетлерден маман қәнигелер тартылатуғыны белгиленсин.

Жойбарлаў офислерине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүклетилсин:

интенсив усылда, соның ишинде, кластер ҳәм кооперация усылында бағлар ҳәм овощ жетистириў майданларын шөлкемлестириў;

ажыратылып атырған жер майданларында интакерлер тәрепинен интенсив бағлар, овощ жетистириў майданларының жаратылыўын мониторинг етиў ҳәм нәллерде егиў бойынша усыныслар бериў;

интенсив бағлар жаратыўға жарамлы жер участкаларын таңлаў, олардың ашық электрон таңлаўға шығарылыўын шөлкемлестириў;

интенсив бағлар ҳәм овощ жетистириў майданларына нәллер, минерал төгинлер жеткерип бериў, агрохызметлер көрсетиў, өнимди сатыўды шөлкемлестириўге жәрдемлесиў.

Аўыл хожалығы министрлиги бир ай мүддетте штатлар шеңберинде Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң аймақлық бөлимлерин ашыў бойынша қарар жойбарын киргизсин.

  1. Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов) жаңадан енгизилип атырған ҳәким жәрдемшилери менен бирге усы қарар шеңберинде ажыратылған жер участкалары, кредит ресурслары есабынан турақлы дәрамат дәрегине ийе болған пуқараларға нызамшылықта белгиленген тәртипте өзин өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтиўде жәрдемлессин.
  2. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) қамсызландырыў компаниялары ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте еки ай мүддетте:

аўыл хожалығы тараўында халықаралық қамсызландырыў әмелиятынан келип шығып, қамсызландырыў шөлкеми тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша кредит қайтпаў қәтерин келтирип шығаратуғын барлық экономикалық тенденциялар, басқарыў ҳәм тәбият тәсирине байланыслы факторлардың қамтып алыныўы, бул факторларды толық мониторинг етиў ҳәм бул кредитлер бойынша қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергенде коммерциялық банклериниң биринши талабына муўапық қарыздарлық (соның ишинде, өним алынбаған дәўир ушын мәўсимлик қарыздарлық)тың төлеп берилиўин нәзерде тутатуғын әпиўайыластырылған тәртипти;

усы қарар менен белгиленген бағдарларда ажыратылған кредитлер бойынша қамсызландырыў қапламалары (компенсациялары)ның төлениўи нәтийжесинде олардың улыўма муғдары қамсызландырыў компаниясы өз капиталының белгили муғдарынан артқан тәғдирде, қамсызландырыў қомпаниясының зыянын Қаржы министрлиги тәрепинен Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық пенен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаплап бериў механизмин енгизиў бойынша ҳүкимет қарары жойбарын киргизсин.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Х.Кўлдошев) менен биргеликте аймақларға шыққан ҳалда дийқан хожалықларына ажыратылып атырған жерлерге тәбийғый ҳәм техноген апатшылықлардың итималлы тәсирлерин анықлаў ҳәм усы тәсирлерди жумсартыў бойынша айрықша ҳәрекетлер режесин тастыйықласын ҳәм айрықша жағдайларда егинлерди қорғаў илажларын көрсин.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Л.Ш.Кудратов), Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев):

ишки ҳәм сыртқы базарларды турақлы тәризде үйренип барған ҳалда турақлы талапқа ийе болған өнимлердиң дизими ҳәм көлеми бойынша мағлыўматлар базасын қәлиплестириў, ҳәр айда жаңалап барыў ҳәм усы мағлыўматларды ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет тармағынан кеңнен пайдаланған ҳалда халыққа турақлы тәризде жеткерип барыў;

аймақларда дийқан хожалықлары тәрепинен өзи жетистирген өнимди қайта ислеў тилегинде болған шаңарақларға өтимли өнимлер ислеп шығарыў ушын заманагөй мини-технология ҳәм басқа да үскенелердиң презентацияларын өткериў ҳәм сатып алыўға жәрдемлесиў бойынша анық илажларды әмелге асырсын.

  1. Мәмлекетлик статистика комитети (Б.А.Бегалов) 2020-жылдан баслап «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде дизимде турған мүтәж шаңарақларға ашық электрон таңлаў тийкарында ижараға берилген жер участкаларында жетистирилген өнимлер ҳаққындағы мағлыўматлардың рәсмий статистика есабатларында толық сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  2. Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) еки ай мүддетте:

ашық электрон таңлаў тийкарында ажыратылған жерлерде әмелге асырылатуғын жойбарларды комплексли мониторинг етиў, соның ишинде, ажыратылған жер майданының жағдайы, зәрүр агротехникалық илажлар, егинлерди қорғаў ҳәм төгин төгиў жумысларының өткерилиўи, жергиликли ҳәкимлик тәрепинен зәрүр ифраструктура менен тәмийинленгени, жер балл бонитети, егилетуғын өнимниң өнип шығыўы, өнимдарлық, тәбият факторларының тәсири ҳәм басқа да индикаторларға тийкарланып ижарашыларды классификациялаў («жақсы», «орта», «жаман») тәртипти нәзерде тутқан ҳалда аўыл хожалығы егинлери мониторингин жүргизиў тәртиби ҳаққындағы қарар жойбарын;

нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, қаржы министри Т.А.Ишметов, экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары И.И.Норқулов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасарлары Ш.М.Ғаниевке ҳәм Ж.А.ҚҚўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 23-ноябрь