Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Кейинги жылларда аўыл хожалығын реформалаў ҳәм тараўға базар механизмлерин енгизиў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, аўыл хожалығында өндиристиң кластер усылы жолға қойылды, кластерлерге ажыратылған аўыл хожалығы майданларының көлеми егин түрлери бойынша пахта-тоқымашылықта – 67 процентти, шарўашылықта – 8 процентти, мийўе-овощ жетистириўде – 7,5 процентти қурамақта.
Кластер усылында жетистирилген шийки затты қайта ислеў оны таяр өним көринисинде тутыныўшыға жеткерип бериў имканиятын бермекте.
Бүгинги күнде республикамызда жетистирилип атырған 80 түрден аслам аўыл хожалығы өнимлери дүньяның 66 мәмлекетине экспорт етилмекте. 2010-жылы экспорттың 11,3 проценти пахта талшығы үлесине туўра келген болса, 2018-жылға келип бул көрсеткиш 1,6 процентке шекем азайды.
Соның менен бирге, тараўда әсиресе мийўе-овощ жетистириўде ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыўда нәтийжели базар механизмлери системалы жолға қойылмағаны, илимий көзқараслардың жетерли емеслиги тармақтың бар имканиятларынан толық пайдалана алмаўына алып келмекте.
Есап-санақларға бола, 1 гектар жерде жетистирилген пахта шийки затына салыстырғанда жүзимнен 7 есе, черешнядан 6 есе, ғозадан 5 есе көп дәрамат алыў имканияты бар.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 23-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-5853-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, мийўе-овощ ҳәм жүзимгершилик тараўында жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў, экпсорт көлемин арттырыў, пайдаланыўдан шыққан ҳәм суўғарылатуғын жерлерди өзлестириў, пахта, бийдайдан қысқартылып атырған жерлерге экспортқа жарамлы аўыл хожалығы егинлерин егиўди көбейтиў, сондай-ақ, бағ, жүзим атызлары ҳәм ыссыханалардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-марттағы «Мийўе-овощ жетистириў тараўында аўыл хожалығы кооперациясын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4239-санлы қарарына тийкарланып:
Жиззақ, Самарқанд, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларының 8 районында жәми 41 мийўе-овощ жетистириў бағдарындағы аўыл хожалығы бирлеспелери шөлкемлестирилгени;
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартқан ҳалда 2020-жылы Ферғана, Әндижан ҳәм Наманган ўәлаятларының 22 районында 31, 2021-жылы республика бойынша 100 аўыл хожалығы бирлеспелери шөлкемлестирилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиўде кластер ҳәм кооперация системасын раўажландырыўдың жаңа механизмлерин енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық:
мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў бойынша кластерлерди (кейинги орынларда – мийўе-овощ кластери) шөлкемлестириў интакер, тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги арасында дүзилетуғын үш тәреплеме келисим (кейинги орынларда – үш тәреплеме келисим) тийкарында әмелге асырылады;
мийўе-овощ кластерин шөлкемлестириў бойынша интакерлер, қағыйда тәризинде, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши шөлкемлер арасынан, олардың тәжирийбеси ҳәм имканиятларынан келип шығып сайлап алынады, онда биринши гезекте өнимлерди сақлаў ҳәм қайта ислеў бойынша толық жумсалмай атырған қуўатлылықларды иске қосыў нәзерде тутылады;
мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлерин жетистириўшилерди мийўе-овощ кластерлерине бириктириў олар менен қайта ислейтуғын ҳәм экспорт етиўши шөлкемлер ҳәм район ҳәкимлиги арасында ықтыярлылық тийкарында дүзилетуғын өним жеткерип бериў шәртнамалары арқалы әмелге асырылады;
мийўе-овощ кластериниң қатнасыўшылары – өним жетистиретуғын, қайта ислейтуғын ҳәм экспорт ететуғын шөлкемлер арасында қатнасықлар өним жеткерип бериў шәртнамалары арқалы тәртипке салынады;
өним жеткерип бериў шәртнамалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен қайта ислейтуғын ҳәм экспорт ететуғын шөлкемлердиң усыныслары тийкарында қабыл етилетуғын мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлерин жайластырыў ҳаққындағы қарарлар ҳәм үш тәреплеме келисим шәртлери тийкарында дүзиледи ҳәм районлық аўыл хожалығы бөлими тәрепинен дизимнен өткериледи;
өним жеткерип бериў шәртнамалары пуқаралық нызам ҳүжжетлериниң талаплары тийкарында дүзиледи, оларда соның ишинде өнимниң өзине түсер баҳасын ҳақыйқый қәрежеттен келип шығып анықлаў, сатып алынатуғын өним ушын алдыннан ажыратылатуғын аванс қаржылары есабынан өним жетистириўшилерди туқым, нәл, минерал төгинлер, жанылғы-майлаў материаллары ҳәм басқа да ресурслар менен тәмийинлеў, агротехникалық ҳәм агрохимиялық хызметлер көрсетиў, жаңа инновациялық технологияларды қолланыў бойынша усыныслар бериў, мәлимлеме-мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў нәзерде тутылады.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери:
бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен 55 районның ҳәммесиндеги бар бағ ҳәм жүзимгершиликлерди толық хатлаўдан өткерсин;
өткерилген хатлаў нәтийжелерине бола нәтийжесиз бағ ҳәм жүзимгершиликлерди жаңалаў бойынша ҳәр бир район кесиминде мәнзилли дизимлерди қәлиплестирсин ҳәм тастыйықласын, онда 2020-жыл даўамында жарамсыз бағ ҳәм жүзимгершиликлерди, 2021-2025-жылларда болса зүрәәтсиз, гөнерген ҳәм нәтийжесиз бағ және жүзимгершиликлерди жаңалаў нәзерде тутылсын;
жаңа бағ ҳәм жүзимгершиликлерди шөлкемлестириўде олар алдыннан анық мийўе-овощ кластерине ямаса аўыл хожалығы бирлеспесине бириктирилиўи, экономикалық жақтан нәтийжелилигин нәзерде тутқан ҳалда әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги, Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси аўыл хожалығында пайдаланылмай атырған ашық жер майданлары, зүрәәтлилиги төмен болған пахта ҳәм бийдайдан босаған жерлер, сондай-ақ, жарамсыз деп табылған бағ ҳәм жүзимгершиликлер жайласқан жерлерде интенсив бағ ҳәм жүзимгершиликлер шөлкемлестириў, ыссыханалар қурыў және оларды халыққа лизинг ҳәм кредит шәртлери тийкарында, соның ишинде, коммерциялық банклер ҳәм лизинг компаниялары арқалы бериў, кейин ала олардың негизинде аўыл хожалығы бирлеспелери ҳәм мийўе-овощ кластерлерин дүзиў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Аўыл хожалығы бирлеспелериниң ағзалары ҳәм мийўе-овощ кластерлериниң ағзалары арасында кооперация байланысларын хошаметлеў оларды финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў арқалы әмелге асырылатуғыны, онда өним жетистириўшилерди үш тәреплеме келисим қатнасыўшысы болған қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши шөлкемлер арқалы айланыс қаржылар менен тәмийинлеў, жаңа бағ, жүзимгершилик ҳәм ыссыханалар қурыў, өнимлерди сақлаў ҳәм қайта ислеў объектлерин жаратыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатуғын 20 миллиард сумға шекемги муғдардағы кредитлер бойынша Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры есабынан процент ставкасының Өзбекстан Республикасы Орайлық банки қайта қаржыландырыў ставкасынан артатуғын, лекин 8 процент пунктинен көп болмаған бөлегине компенсация ямаса кредит суммасының 50 проценти муғдарында кепиллик усынылатуғыны белгиленсин.
- Интенсив бағ ҳәм жүзимгершиликлер шөлкемлестириў жойбарларын қаржыландырыўда қатнасатуғын коммерциялық банклерге усы жойбарлар ушын кредитлер ажыратыўда бағ ҳәм жүзимгершиликлер өним бергенге шекем (түрине қарап) тийкарғы қарыз бойынша жеңиллетилген дәўир белгилеў тәртибин енгизиў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги коммерциялық банклер менен биргеликте:
мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў системасын финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын халықаралық финанс институтларының қаржылары кеңнен тартылыўын;
халықаралық финанс институтларының тартылған қаржыларын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар кесиминде өним жетистириўшилер, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши шөлкемлерге мәнзилли жетип барыўын тәмийинлесин.
- 8. Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры ҳәм Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигиниң Жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў қоры есабынан – аўыл хожалығы бирлеспелериниң ағзалары ҳәм мийўе-овощ кластерлериниң қатнасыўшыларына жергиликли шараятта жетистирилген интенсив нәллер (келте ҳәм ярым келте) ҳәм сабылған нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидиялар ажыратыўға;
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигиниң Жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў қорының есабынан – жүзимгершилик бағдарындағы инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатуғын кредитлер бойынша кепиллик усыныўға;
Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры есабынан- кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилетуғын аўыл хожалығы бирлеспелериниң ағзаларына субсидиялар ажыратыўға рухсат берилсин.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған финаслық жәрдем түрлерин ажыратыўдың анық механизмин белгилеў мақсетинде усы қорлардың жумысын тәртипке салыўшы ҳүкимет қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 9. Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң 2020-2021-жылларда тоғай фондының өзлестирилмеген жер участкаларында жанадан қурылған ҳәм ижараға берилген ғоза мийўели бағлар (писте, бадам, ғоза) ийелеген жерлерге бес жыл даўамында ижара төлеминиң «ноль»лик ставкасын қолланыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети жаңа ғоза мийўели бағларды шөлкемлестириў ҳәм оларда писте, бадам, ғоза өнимлерин жетистириў бойынша инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў, қаржыландырыў ҳәм әмелге асырыў бойынша интакерлерди анықлаў, нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жеңилликлер ҳәм финанслық жәрдем түрлеринен пайдаланыўда оларға жәрдемлесиў илажларын көрсин.
- 1 Усы қарарда нәзерде тутылған финанслық қоллап-қуўатлаў механизимлериниң қолланылғаны өним жетистириўшилер, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши шөлкемлерге нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте басқа да дәреклер, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети, министрликлер ҳәм уйымлардың жанындағы қорлар ҳәм шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарламалары есабынан финанслық жәрдем берилиўин бийкар етпейтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 11. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министирлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Транспорт министрлиги, «Өзстандарт» агентлиги, Министрлиер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы, «Өзагрохимияқорғаў» АЖ, «Өзхимиясанаат» АЖҮ
а) бир ай мүддетте мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлериниң экспорт географиясын кеңейтиў, экспорттағы тариф ҳәм тариф емес барьерлерди азайтыў бойынша «жол карта»сын ислеп шығып, тастыйықласын. Онда төмендегилер нәзерде тутылсынҮ
мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлериниң түрлери бойынша дәстүрий емес базарлар, атап айтқанда, Қытай, Корея, Ҳиндстан, Европа Аўқамы мәмлекетлерине экспортты көбейтиў;
сырт мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары менен импорт бажылары ҳәм акциз салығының ставкаларын қолланыўда жеңиллик ҳәм шегирмелер бериў ҳаққында сөйлесиўлер өткериў;
темир жол, автомобиль ҳәм ҳаўа транспортында жүклерди тасыўда өндирилетуғын төлемлерди азайтыў;
халықаралық дәрежеде тән алынған стандартлардың талапларына сәйкес өним жетистириўди көбейтиў, мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлерин усы стандартлардың талаплары тийкарында қайта ислеўши ҳәм эспорт етиўши шөлкемлердиң қамтып алыўын кеңейтиў, экспортқа жарамлы өнимлерди халықаралық талаплар тийкарында сертификатластырыў жумысларын жеделлестириў;
«саламатлық» сертификаты болмаған туқым ҳәм нәллерди импорт етиў және егиўди тоқтатыў;
мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген районларда минерал төгинлер сатыў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў бойынша нәтийжели система шөлкемлестириў, олардың жумысында экологиялық қәўипсизлик талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў;
б) әмелге асырылған жумыслар ҳаққында 2020-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин.
- 12. 2020-жыл 1-январьдан баслап тәжирийбе түринде:
тийисли аймақта мийўе-овощ ҳәм жүзим түрлерин жайластырыўда жетистирилетуғын өнимниң көлеми бағлар ҳәм жүзимгершиликлердеги топырақлардың бир бонитет балына салыстырғанда есапланған нормативлик өнимдарлығы (кейинги орынларда – нормативлик өнимдарлық) тийкарында анықланатуғыны;
өним жетистириўшилер тәрепинен нормативлик өнимдарлық талапларына әмел етиўи олардың қатнасыўында дүзилген шәртнамалар, мәмлекетлик статистикалық есабатлар ҳәм ўәкилликли уйымлардың мәлимлеме системаларындағы мағлыўматлар жәрдеминде аймақлық аўыл хожалығы уйымлары тәрепинен мониторинг етилетуғыны;
өткерилген мониторинг нәтийжелери ҳәр жылы кеминде бир рет халық депутатлары районлық Кеңеслеринде додаланатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси:
усы бәнтке тийкарланып өткерилген мониторинг нәтийжелерин халық депутатлары районлық Кеңеслеринде додалаў жумысларын нәтийжели шөлкемлестириўге жәрдемлессин;
өткерилген мониторинг нәтийжелерин улыўмаластырыў тийкарында 2021-жыл 1-мартқа шекем Министрлер Кабинетине жер участкаларынан нәтийжесиз пайдаланып атырған жер участкаларының ийелерине халық депутатлары районлық Кеңеслериниң қарарларына тийкарланып тәсиршең илажлар көриў механизмин енгизиў ҳаққында усыныслар киргизсин.
- 13. Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеиниң баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери менен биргеликте – мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилген 55 районды айрықша өним түрине қәнигелестириў, оларда жумыс алып барып атырған мийўе-овощ жетистириў бағдарындағы аўыл хожалығы бирлеспелери ҳәм мийўе-овощ кластерлери жумысының нәтийжели шөлкемлестирилиўи ҳәм 2020-жылда 26 мың гектар өнимдарсыз ҳәм жарамсыз бағлардың орнына интенсив усылда 7 мың гектарында черешня, 8 мың гектарында ғоза ҳәм шабдал, 8,5 мың гектарында ерик ҳәм гранат және 2,5 мың гектарында қәрели бағларының шөлкемлестирилиўи ушын;
Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Хусанов ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.А.Хаитов – кем тәмийинленген шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилетуғын аўыл хожалығы бирлеспелери жумысының нәтийжели жолға қойылыўы, мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлерин жетистириўде халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланылыўын тәмийинлеў ушын;
Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Ў.Умурзоқов – мийўе-овощ ҳәм жүзим өнимлерин жетистириў, қайта ислеў және экспорт етиў системасын қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтларының қаржыларын мақсетли тартыў, экспорт етиўши ҳәм оларға хызмет көрсетиўши шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын нәтийжели шөлкемлестириў ушын;
Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң баслығы Н.Ж.Бакиров – ғоза мийўели бағлар шөлкемлестириў, оларда ғоза сыяқлы өнимлер жетистириў ҳәм экспорт етиў көлемин кеңейтиў ушын;
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигиниң директоры Н.Э.Нажимов ҳәм Жүзимгершилик ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигиниң директоры О.С.Мустафоев – жарамсыз бағ, ыссыхана ҳәм жүзимгершиликлер жайласқан жерлерде жаңадан интенцив бағ ҳәм жүзимгершиликлер шөлкемлестириў, ыссыханалар қурыў, кейин ала бир аймақта ижараға алынған егислик майданлардың негизинде аўыл хожалығы бирлеспелери ҳәм мийўе-овощ кластерлерин шөлкемлестириў ушын;
Өзбекстан Республикасы Қаржы министириниң орынбасары А.Э.Эргашев – усы қарарда нәзерде тутылған финанслық жәрдем түрлерин өз ўақтында ҳәм мәнзилли усыныўда Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорын зәрүр финанслық ресурслар менен тәмийинлеў ушын;
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министириниң орынбасары С.С.Ходжаев – тоқсанбасты усылында жетилистирилетуғын ҳәм тез писетуғын егинлердиң өз ўақтында егилиў, оларда белгиленген түрдеги ҳәм көлемдеги өнимлердиң толық жетистирилиўи ушын жеке жуўапкер болатуғыны белгиленсин.
- 14. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте:
2020-жылы шөлкемлестирилетуғын мийўе-овощ кластерлериниң жумысын мәнзилли қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққындағы;
Интенсив бағ ҳәм жүзимгершиликлер шөлкемлестириў, ыссыханалар қурыў және оларды халыққа лизинг ҳәм кредит шәртлери тийкарында бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққындағы;
Экономикалық жақтан нәтийжесиз, аз зүрәәт беретуғын бағ ҳәм жүзимгершиликлерди жарамсыз деп табыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққындағы ҳүкимет қарарларын қабыл етсин.
- 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- 16. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министирлиги:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери менен биргеликте усы қарардың орынланыўын, палыз өнимлери, бағшылық, жүзимгершилик ҳәм ыссыхана хожалықларының ийелерине, қайта ислеўши ҳәм экспорт етиўши шөлкемлерге жеткерилиўин ҳәм мазмун-мәнисин халық арасында түсиндирилиўин тәмийинлесин;
мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен районларда усы қарар талапларының әмелге асырылыўын турақлы мониторинг етип барсын;
еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 17. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 11-декабрь