Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мектепке шекемги билимлендириў системасын бир пүтин үзликсиз билимлендириў системасының әҳмийетли буўыны сыпатында буннан былай да жетилистириў, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағын кеңейтиў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды қәнигели педагог кадрлар менен беккемлеў, балаларды ҳәр тәреплеме интеллектуал, мәнаўий-эстетикалық ҳәм физикалық раўажландыратуғын заманагөй билимлендириў бағдарламалары менен технологияларын тәлим-тәрбия процесине енгизиў, олардың мектепке таярлық дәрежесин түп-тийкарынан арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлигиниң Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик деп аталады) негизинде төмендегилерди шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин:
а) Информациялық ҳәм педагогикалық технологиялар инновациялық орайын (кейинги орынларда – Орай) мәмлекетлик мәкемеси түринде шөлкемлестириў ҳәм оған төмендеги ўазыйпаларды жүклеў:
тәлим-тәрбия процесине алдынғы педагогикалық ҳәм информациялық технологияларды енгизиў, Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыў информаиця системасының енгизилиўин тәмийинлеў;
тәлим-тәрбия процесинде, мектепке шекемги тәрбия системасының педагог ҳәм басшы хызметкерлериниң қурамын оқытыў процесинде пайдаланыў ҳәм түрли телекоммуникация каналлары арқалы тарқатыў ушын медиа-контент таярлаў ҳәм ислеп шығарыў;
мектепке шекемги жастағы балаларды ерте раўажландырыў бойынша илимий-изертлеўлер өткериў;
мектепке шекемги билимлендириўди басқарыўдың заманагөй стандартларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
мектепке шекемги билимлендириў системасына енгизилип атырған билимлендириў методларын ҳәм бағдарламаларын таллаў және нәтийжелилигин баҳалаў;
б) Қәнигелестирилген жойбарлаў – изертлеў институтын (кейинги орынларда – Институт) мәмлекетлик унитар кәрханасы түриде шөлкемлестириў ҳәм Институты мектепке шекемги билимлендириў системасы буйыртпашылары менен дүзилген шәртнамаларға муўапық инвестициялық жойбарлары бойынша, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары бойынша жойбаралды ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыўда бас жойбарлаў шөлкеми сыпатында белгилеў;
в) Инфраструктураны раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясын (кейинги орынларда – Инжиниринг компаниясы) мәмлекетлик унитар кәрханасы түринде шөлкемлестириў ҳәм Инжиниринг компаниясына мектепке шекемги билимлендириў системасының объектлерин қурыў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша буйыртпашы функцияларын жүклеў және компания хызметлери менен байланыслы қәрежетлерди мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкмелерин қурыў, капитал оңлаў ҳәм реконструкциялаў қунына киргизиў;
г) юридикалық шахс шөлкемлестирместен Мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў қорын (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў.
Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин;
Республикалық бюджет қаржылары, соның ишинде, 2018-2019-жылларға мөлшерленген, ҳәр шеректе ажыратылып, ҳәр жылы бюджет қағыйдаларына муўапық индексацияланатуғын жәми 100 миллиард сум муғдарында;
мәмлекетлик мектепке шекемги билилмендириў мәкемелериниң пайдаланылмай атырған көшпес мүлкин сатыўдан түскен қаржылар – 100 процент муғдарында;
Министрлик структурасына кирген шөлкемлер ҳәм мәкемелердиң жумысын тексериў нәтийжелери бойынша Министрлик ишки аудит хызметлери тәрепинен анықланған және Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети, мақсетли қорлары ҳәм бюджеттен тысқары қорларының дәраматына өндирилген бюджет қаржыларының нызамсыз қәрежетлери, урлық, кемис шығыў суммаларының 50 проценти;
Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын жайластырыўдан алынған дәраматлар;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы резидент емеслериниң қайырқомлық қаржылары;
халықаралық қаржы шөлкемлери, сырт еллер ҳәм басқа да донорлардың кредитлери (қарызы), грантлары менен техникалық көмеклесиў қаржылары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
а) Қордың қаржылары:
мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин белгиленген тәртипте мақсетли қурылыслар дизимине киргизип, олардың тармағын кеңейтиўге;
мектепке шекемги билимлендириў системасы хызметкерлерин материаллық хошаметлеўге;
жоқары маман қәнигелерди, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин, сондай-ақ, сырт елде жумыс ислеп атырған ўатанласларымызды пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында Министрликке ислеў ушын тартыўға;
Министрликке жүкленген ўазыйпалар менен функцияларды орынлаў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жойбарлаў институтлары, илимий ҳәм жоқары билимендириў мәкемелери, жетекши халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң қәнигелерин, сондай-ақ, экспертлерди мәсләҳәтшилер сыпатында тартатуғыны;
Министрлик хызметкерлерин, соның ишинде, сырт елде оқытыў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириўге;
Министрлик Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, ўәлаятлық мектепке шекемги билимлендириў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық мектепке шекемги билимлендириў бас басқармасы, мектепке шекемги билимлендириў районлық (қалалық) бөлимлери ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң имаратларын үскенелеўге ҳәм оңлатыўға;
тәлим-тәрбия процесине алдынғы педагогикалық ҳәм информациялық технологияларды енгизиўге, сондай-ақ, Министрликтиң жумысын жетилистириўге бағдарланған басқа да илажларға жумсалатуғыны;
б) Министрлик Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен келискен ҳалда Қор тәрепинен сырт еллерден ҳәм ҳүкиметлерден халықаралық ҳәм сырт ел ҳүкиметлик ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлерден, сырт ел пуқараларынан бийғәрез жәрдем алынатуғыны ҳаққында қарарлар қабыл ететуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги орайлық аппаратының жаңаланған структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик системасы басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 2 324, соның ишинде, Министрликтиң орайлық аппарат хызметкерлери 138, сондай-ақ, методистлер 471 етип белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министрине:
Министрлик орайлық аппаратының тастыйықланған структурасына басқарыў хызметкерлериниң белгиленген улыўма саны шегарасында өзгерислер киргизиў;
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, ўәлаятлық мектепке шекемги билимлендириў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық мектепке шекемги билимлендириў бас басқармасы, мектепке шекемги билимлендириў районлық (қалалық) бөлимлери, басқа да уйымларға тийисли шөлкемлердиң режелерин ҳәм структураларын, сондай-ақ, олардың басқарыў хызметкерлериниң шекленген санын тастыйықлаў ҳуқықлары берилсин.
- а) Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў Министрлиги, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық мектепке шекемги билимлендириў басқармалары, мектепке шекемги билимлендириў районлық (қалалық) бөлимлериниң басшылары Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри тәрепинен орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен келискен ҳалда лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны;
б) 2019-жыл 1-январьдан:
мектепке шекемги билимлендириў системасының пенсия жасындағы хызметкерлерине, олардың мектепке шекемги билимлендириў системасы мәкемелериндеги жумысы тийкарғы жумыс орны болған жағдайда пенсия толық муғдарда төленетуғыны;
мектепке шекемги билимлендириў менен байланыслы бағдар бойынша жумысқа лицензия бериў ушын мәжбүрий лицензиялық талап мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, оның тәрбияланыўшылары, педагоглары ҳәм тәлим-тәрбия процеси ҳаққындағы исенимли мәлимлемени Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыўдың мәлимлеме системасына киргизетуғыны;
мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң лицензиясын тоқтатыў ямаса бийкар етиў ушын Мектепке шекемги билимлендириўди басқарыўдың мәлимлеме системасында мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, оның тәрбияланыўшылары, педагоглары ҳәм тәлим-тәрбия процеси ҳаққындағы исенимли мәлимлемениң жоқ екенлиги тийкар болатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2018-2019-жыллары мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўдиң қосымша илажлары бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлик ҳәм уйымлардың басшылары усы Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги көрсетилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорынан Орайға бийғәрезлик тийкарында басқышпа-басқыш 10 миллион АҚШ доллары эквивалентинде, соның ишинде, 2018-жылы Орайды жайластырыў, үскенелеў ҳәм сақлаўға байланыслы шөлкемлестириўшилик – әмелий илажларды қаржыландырыў ушын 2 миллион АҚШ доллары эквивалентинде қаржы ажыратсын:
Министрлик пенен белгиленген тәртипте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры қаржыларының есабынан кең полосалы интернет тармағынан пайдаланыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилер:
сырт елли шериклер менен биргеликте әмелге асырылатуғын жойбарлар шеңберинде алдынғы педагогикалық технологиялар ҳәм инновациялық оқытыў методларын енгизиў және мектепке шекемги билимлендириў мәкмелериниң жумысын шөлкемлестириў, соның ишинде, билимлендириў тараўында кәрханаларды шөлкемлестириў ушын алып кирилетуғын товарлар;
Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын, Орай, Инжиниринг компаниясы ҳәм Институт тәрепинен алып кирилетуғын арнаўлы техника, үскенелер, соның ишинде, әсбаплар, аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклер, техникалық ҳүжжетлер менен программалық өнимлер белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша 2022-жылдың 1-январына шекем бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
Жоқарыда көрсетилген товарлардан мақсетсиз пайдаланылған жағдайда бажыхана жеңилликлериниң берилиўи мүнәсибети менен төленбеген бажыхана төлемлериниң суммасы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет пайдасына өндирилетуғыны ҳәм нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған тәртипте финанслық санкциялардың қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги:
2019-жыл 1-январьдан Ташкент қаласының үш районында жан басына нормативлик қаржыландырыўдың сынақ режиминде енгизилиўин;
2019-жыл 15-июльге шекемги мүддетте сынақ түриндеги жан басына нормативлик қаржыландырыў нәтийжелериниң толық талланыўын;
2019-жыл 1-августқа шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине өткерилген таллаў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда мектепке шекемги билимлендириў системасында қаржыландырыў механизмин жетилистириў бойынша усыныслардың киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Министрлик ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар менен Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2018-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте аўыллық жерлерде бир неше көп қабатлы турақ жайлар ямаса үйлер топарларынан ибарат жаңа комплекслерди жойбарластырыў нормативлерин ҳәм тәртибин ислеп шықсын және көп қабатлы турақ жайлардың биринши қабатларында ямаса айрықша имарат көринисинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң болыўын нәзерде тутсын.
- Аўыллық жерлерде бир неше көп қабатлы турақ жайлар ямаса үйлер топарларынан ибарат жаңадан қурылып атырған комплекслердеги мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң ең аз қуўатлылығы 50 орыннан аз болмаўы керек екенлиги;
қурылған мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң имаратлары ямаса бөлмелери мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында, турақ жай мүлк ийелериниң қарарына муўапық шөлкемлестириў ушын пайдаланыў мүмкин екенлиги;
мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў, сапластырыў, оларға тийисли жер участкаларын ҳәм көшпес мүлкти алып қойыў тек Министрлик пенен келискен ҳалда әмелге асырылатуғыны;
мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкмелерин қайта шөлкемлестириў ямаса тамамлаў, оларға тийисли жер участкаларын ҳәм көшпес мүлкти алып қойыў ҳаққында Министрлик пенен келиспеген ҳалда қарар қабыл еткен лаўазымлы шахслар нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершиликке тартылатуғыны бегиленсин.
- Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм Министрлик Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ менен биргеликте 2019-жыл 1-мартқа шекемги мүддетте 2025-жылға шекем мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин ишимлик суўы, жылытыў системасы, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен тәмийинлеўди түп-тийкарынан жақсылаў бағдарламасының жойбарын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- «UZINFOCOM» мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор» ЖШЖ ҳәм Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекем:
баланы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметтен пайдаланғанда;
мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған балалар ушын физикалық шахс жеке идентификация санын бериў бойынша хызметти енгизсин.
- Министрлик:
а) он күнлик мүддетте Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң Қәўендерлик кеңеслерин сапластырсын ҳәм Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң Бақлаў кеңеслерин дүзсин;
б) бир айлық мүддетте:
мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери тәрепинен дем алыс күнлеринде ҳәм жумыс күни тамамланғаннан кейин белгиленген бағдарламадан тысқары жумыс қәнигелиги бойынша қосымша ақшалай хызметлер көрсетиў (балаларды тәрбиялаў. қарап турыў, оқытыў бойынша ҳәм басқалар) тәртибин тастыйықласын;
Мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң бақлаў кеңеси ҳаққындағы режени тастыйықласын ҳәм онда, соның ишинде, Бақлаў кеңесине Министрликтиң аймақлық бөлимлери тәрепинен усыныс етилген талабанлар қурамынан мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң басшысын сайлаў ҳуқықының берилетуғыны нәзерде тутылсын.
- а) Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң Бюджет шөлкемин раўажландырыў қорларының қаржылары, товарларды, жумысларды, хызметлерди ислеп шығарыў ҳәм реализациялаў бойынша улыўмалық қәрежетлер (қайырқомлық. бийғәрез жәрдем суммаларынан тысқары) қапланғаннан кейин материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм хызметкерлерди социаллық қорғаў және материаллық хошаметлеў бойынша илажлар ушын пайдаланылатуғыны;
б) мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң есап бетине қосымша ақшалай хызметлер көрсетиўден түскен қаржылар қосымша ақшалай хызметлер көрсетиў бойынша улыўмалық қәрежетлер қапланғаннан кейин:
80 проценти – мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң материаллық-техникалық базасын жақсылаўға (оңлаў, инвентарь менен үскенелер, оқыў-методикалық материаллар сатып алыў ҳәм басқалар);
10 проценти – Қорға;
5 проценти – тийисли районлық (қалалық) мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң Бюджет шөлкемин раўажландырыў қорына;
5 проценти – Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, ўәлаятлық мектепке шекемги билимлендириў басқармалары ҳәм Ташкент қалалық мектепке шекемги билимлендириў бас басқармасының бюджет шөлкемин раўажландырыў қорына бағдарланатуғыны белгиленсин.
- 14. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң тармағын кеңейтиўди биргеликте қаржыландырыў, мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин үскенелеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў, сондай-ақ, усы қарар менен тастыйықланатуғын 2018-2019-жыллары мектепке шекемги билимлендириў системасын және де жетилистириўдиң қосымша илажлары бағдарламасын биргеликте қаржыландырыў ушын донор мәмлекетлер ҳәм халықаралық қаржы институтларының қаржыларын (кредитлер, қарызлар, грантлар) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тартыўды тәмийинлесин.
- 15. Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Бас прокуратура, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысын тексериў тәртибин белгилейтуғын Ҳүкимет қарарын, бундай ўәкилликлер берилген уйымлардың қатаң дизимин, тексериўлерди тайынлаўдың ҳәм өткериўдиң ҳуқықый тийкарларын көрсеткен ҳалда ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 16. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысын нызамсыз тексериўлерге жол қоймаўы үстинен қадағалаўды күшейтсин ҳәм айыпкер шахсларға нызам ҳүжжетлерине муўапық қатаң жуўапкершилик илажларын қоллансын.
Қадағалаўшы уйымлар орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте мектепке шекемги билимлендириў мәкмелериниң жумысын тексериў ўақтында анықланған қағыйда бузарлықлардың сапластырылыўы ҳәм кейин ала жол қойылмаўына ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетсин.
- 17. Қаржы министрлиги усы қарарадың әмелге асырылыўы ушын зәрүр қаржыларды 2018-жылда «Билимлендириў» тармағы бойынша Мәмлекетлик бюджет параметрлери шегарасында ажыратсын, 2019-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде ҳәр жылы нәзерде тутсын.
- 18. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:
Орай, Институт ҳәм Инжиниринг компаниясының жумысын шөлкемлестириў бойынша, соның ишинде, оларды қаржыландырыў дәреклерин нәзерде тутқан ҳалда;
Қордың жумысын шөлкемлестириў бойынша қарар қабыл етсин ҳәм Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министрин Қордың қаржыларын бөлистириўши етип белгилеўди нәзерде тутсын.
- 19. Орай, Институт ҳәм Инжиниринг компаниясын Ташкент қаласы, Яшнобод районы, Ақдәрья көшеси, 122-жайда жайласқан Яшнобод компьютер технологиялары кәсип-өнер колледжиниң имаратларында жайластырсын.
- 2 Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 4-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
21 Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- 22. Министрлик басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 23. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувохитовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў министри А.В.Шинге жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 30-сентябрь