Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзиниң көп қырлы ислери ҳәм шексиз илимий-ағартыўшылық мийрасы менен ислам идеологиясы ҳәм мәдениятын раўажландырыў, муқаддес динимиздиң уллы инсаныйлық идеяларын халқымызға жеткериў, белгили уламаларымыздың бийбаҳа шығармаларын терең изертлеў, түрли мәмлекет ҳәм үлкелерде кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, халықаралық көлемде динлераралық қарым-қатнасты жолға қойыў, миллет ҳәм халықлар арасында аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлеў, жәмийетлик турмыста социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеўге қосқан үлкен үлеси, диний ҳәм дүньялық билимлерин пуқта ийлеген жетик қәнигелерди таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы айрықша хызметлери ушын Орта Азия ҳәм Қазақстан мусылманлары диний басқармасының бурынғы баслығы, муфтий, марҳум шайх Муҳаммед Садық Муҳаммед Юсуф «Олий Даражали Имом Бухорий» ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.Мирзиёев,
Ташкент қаласы,
2023-жыл 27-июнь