Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жыллары мәденият ҳәм көркем өнер тараўын түп-тийкарынан реформалаў ҳәм жетилистириў, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели системасын жаратыў мақсетинде системалы жумыслар алып барылмақта.
Соның менен бирге, өткерилген таллаўлар соны көрсетпекте, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң имаратларын қурыў ҳәм оңлаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, аймақларын абаданластырыў, халықтың мәдений талапларын қанаатландырыў бағдарындағы жумыслар талап дәрежесинде емес.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын буннан былай да раўажландырыў, усы тараўдағы мәкемелер тармағын кеңейтиў ҳәм олардың материаллық-техникалық жағдайын беккемлеў, халыққа сапалы хызметлер көрсетиўди шөлкемлестириў және мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Қаржы министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң төмендеги түрлерин енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин:
мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы мәмлекетлик емес мәкемелердиң имратларын қурыў ушын бийпул тийкарда турақлы пайдаланыўға жер участкаларын ажыратыў;
бар мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң имаратларын реконструкциялаў ҳәм үскенелеў, кейин ала болса оларды қәўендерликке алыў шәрти менен мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы мәмлекетлик емес мәкемелердиң объектлерин қурыў ушын бийпул тийкарда жер участкаларын усыныў;
концессия тийкарында қурылыс ушын жер участкасы ямаса реконструкциялаў ҳәм үскенелеў ушын имарат ажыратыў;
бос турған мәмлекетлик мүлк объектлерин, соның ишинде, жумыс ислемей атырған мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң имаратларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте «ноль»лик сатып алыў баҳасында сатыў;
мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң пайдаланылмай атырған имаратларын (ямаса олардың бир бөлимин) ижара ҳақын «ноль»лик ставкада мақсетли пайдаланыў ушын жеке меншик шериклерге бериў;
жеке меншик шериктиң мүлки негизинде шөлкемлестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелерин материаллық-техникалық, финанслық ҳәм методикалық тәмийинлеў;
қәўендерлик түриндеги қайырқомлық жумысын алып барыў.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын басқа түрлерде де әмелге асырылыўы мүмкин екенлиги белгиленсин.
- Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик түрине қарап жеке меншик шерикке төмендеги инвестициялық миннетлемелердиң жүклениўи мүмкин екенлиги белгилеп қойылсын:
мәдений хызмет көрсетиўде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына жеңилликлер бериў;
мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин қурыў, реконструкциялаў, толық оңлаў ҳәм үскенелеў бағдарындағы жумысларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде нәзерде тутылатуғын басқа да миннетлемелерди орынлаў.
- Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим:
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм «Өзбеккино» Миллий агентлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаў нәтийжелери бойынша дүзилетуғыны. Онда усы қарардың 1-бәнтиниң жетинши ҳәм сегизинши абзацларында нәзерде тутылған жағдайларда таңлаў өткерилмейтуғыны;
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ямаса «Өзбеккино» Миллий агентлиги тийисли түрде өз системаларында мәмлекет тәрепинен жеке меншик шерик пенен келисим дүзетуғыны ҳәм келисим шәртлерин жеке меншик шериктиң қандай орынлап атырғаны бойынша мониторинг алып баратуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң:
мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелерин раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти хошаметлеў илажларын қаржыландырыўға бағдарланатуғын қаржыларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын қаржыландырыў қорында ашылатуғын айрықша есап бетте (кейинги орынларда арнаўлы есап бет деп аталады) топлаў ҳаққындағы;
мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелери қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында шөлкемлестирилген бундай мәкемелерге мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемесиниң жыллық дәраматлары ҳәм қәрежетлеринен келип шығып Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен субсидиялар ажыратыў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.
- Төмендегилер арнаўлы есап бетти қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен ажыратылатуғын эквиваленти 100,0 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредитлер;
мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери негизинде мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелерин шөлкемлестириў мақсетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында коммерциялық банклерден ажыратылатуғын кредитлер бойынша процент төлемлериниң 7 проценттен артқан бөлегин қаплап бериў ушын ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң мақсетли қаржылары;
халықаралық қаржы институтлары, сырт ел ҳүкимет шөлкемлери ҳәм басқа да донорлардың қайырқомлықлары, кредитлери (қарызлары) ҳәм грантлары;
арнаўлы есап беттиң ўақтынша бос қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Арнаўлы есап беттеги қаржылар районлық ҳәм шетки аўыллық жерлердеги театрлар, кинотеатрлар, мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайлары, мәденият ҳәм дем алыў бағлары, концерт заллары, ҳайўанат бағлары ҳәм басқа да мәдений объектлери негизинде мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелерин шөлкемлестириў мақсетинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим объектлерин қурыўға, реконструкциялаўға ҳәм оңлаўға процентсиз тийкарда жеңилликли кредит бериў ушын коммерциялық банклерге усынылатуғыны;
арнаўлы есап бет қаржыларынан жеңилликли кредитлер коммерциялық банклер тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жумыс ислеп атырған исбилерменлик субъектлерине 10 жыл мүддетке, соның ишинде, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен жыллық 7 процент ставка бойынша ажыратып берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер әмел етиўиниң төмендеги мүддетлери белгиленсин:
мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы мәмлекетлик емес мәкемелердиң имаратларын қурыў ушын бийпул тийкарда турақлы пайдаланыўға жер участкаларын ажыратыў келисими – кеминде 30 жыл;
бар мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң имаратларын реконструкциялаў ҳәм үскенелеў, кейин ала болса оларды қәўендерликке алыў шәрти менен мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы мәмлекетлик емес мәкемелердиң объектлерин қурыў ушын бийпул тийкарда жер участкаларын усыныў келисими – кеминде 30 жыл;
бос турған мәмлекетлик мүлк объектлерин, соның ишинде, жумыс ислемей атырған мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң имаратларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте «ноль»лик сатып алыў баҳасында сатыў келисими – кеминде 30 жыл;
мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң пайдаланылмай атырған имратларын (ямаса олардың бир бөлимин) ижара ҳақының «ноль»лик ставкада мақсетли пайдаланыў ушын жеке меншик шериклерге бериў келисими – 30 жылға шекем;
концессия тийкарында қурылыс ушын жер участкасы ямаса реконструкциялаў ҳәм үскенелеў ушын имарат ажыратыў келисими – 15 жылға шекем;
жеке меншик шериктиң мүлки негизинде шөлкемлестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелерин материаллық-техникалық, финанслық ҳәм методикалық тәмийинлеў келисими – кеминде 10 жыл;
қәўендерлик түриндеги қайырқомлық жумысын алып барыў келисими – кеминде 1 жыл.
Алынған жеңиллетилген кредит тийкарында ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде исбилерменлик субъектлерине тапсырылған объектлерде мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемесиниң жумысы шөлкемлестирилген күннен баслап мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер әмел етиўиниң мүддетлери даўамында оны қайта қәнигелестириў қадаған етиледи.
- Мәмлекетлик-жеке меншик шәртлеринде шөлкемлестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелери:
тийкарғы жумысы бойынша барлық түрдеги салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларды төлеўден;
өзлериниң талаплары ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып келинетуғын техникалық қураллары ҳәм басқа да үскенелер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим дүзилген күннен баслап 3 жыл мүддетке бажыхана төлемлерин (бажыхана рәсмийлестирилиўи жыйымларынан тысқары) төлеўден азат етилсин.
Усы бәнтте көрсетилген салық ҳәм бажыхана жеңилликлери мәденият ҳәм көркем өнер тараўында көрсетилип атырған хызметлерден алынатуғын сап түсимниң үлеси улыўма реализация көлеминде есабат (салық) дәўири жуўмақларына бола кеминде 80 процентти қурайтуғын мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелерине қарата қолланылатуғыны белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәденият министрлиги ҳәм «Өзбеккино» Миллий агентлиги менен биргеликте бир ай мүддетте бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери, сондай-ақ, реконструкцияланыўы ҳәм толық оңланыўы зәрүр болған мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң пайдаланылмай атырған имарат ҳәм қурылмаларын хатлаўдан өткерип, олардың дизимин дүзсин;
ҳәр жылы 1-февральға шекем мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелериниң имаратларын қурыў ушын бийаул тийкарда турақлы пайдаланыўға ажыратылыўы мүмкин болған жер участкаларын анықлап, олардың тастыйықланған дизимлерин Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигине ҳәм «Өзбеккино» Миллий агентлигине киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте қысқа мүддетлерде мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекелик емес мәкемесин шөлкемлестириў ушын жер участкасы ажыратылыўын, сондай-ақ, жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;
мәденият ҳәм көркем өнер мәмлекетлик емес мәкемелерин қурыўда оларды жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан жойбарлаў қәрежетлери ҳәм барлық зәрүр сыртқы инженерлик-коммуникация структурасы (электрэнергиясы, газ тәмийнаты, суў тәмийнаты, канализация, автомобиль жоллары ҳәм басқалар) менен тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте:
мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы режени тастыйықласын;
мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында берилетуғын мәмлекетлик мүлк объектлериниң дизимин тастыйықласын ҳәм оның ҳәр жылы жаңаланып барылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәденият министрлиги, «Өзбеккино» Миллий агентлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте ҳүкимет қарарының жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин, онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
арнаўлы есап бет қаржыларынан пайдаланыў тәртиби;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында жумыс ислеп атырған мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларынан субсидиялар ажыратыў тәртиби.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң орайлық аппараты структурасында:
3 штат бирлигинен ибарат болған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў басқармасы;
2 штат бирлигинен ибарат болған мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларының мониторинги бөлими;
3 штат бирлигинен ибарат ЮНЕСКО менен ислесиў басқармасы шөлкемлестирилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм «Өзбеккино» Миллий агентлиги:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылған илажлар бойынша мониторинг алып барылыўын тәмийинлесин ҳәм орынланған жумыслар ҳаққында ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Инвестциялар бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте мәденият ҳәм көркем өнер тараўына сырт ел инвестицияларын тартыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимин әмелге асырыў шеңберинде белгиленген тәртипте жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң мәмлекетлик экспертизадан өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы ҳәм қала қурылысы нормаларына ҳәм қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен системалы қадағалаўды орнатсын.
- Өзбекстан Республикасы мәденият министри, «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң бас директоры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлердиң өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўы ҳәм жеке меншик шериклери тәрепинен өз мойынларына алынған миннетлемелерге әмел етиў ушын жеке өзи жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы усы қарарда нәзерде тутылған жеңилликлер ҳәм преференциялар, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери ҳаққында исбилерменлик субъектлери арасында кең көлемли түсиник жумысларын әмелге асырсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары усы қарардың мазмуны ҳәм әҳмийети кеңнен жарытылыўын және халыққа жеткерилиўин шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 15-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-2778-санлы қарарына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Мәденият министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.М.Султоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 1-август