Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тармағының бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға қаратылған реформаларды жаңа басқышқа алып шығыў, ишки базарда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў, ғәллениң керекли болған көлеминен тысқары мәмлекетлик сатып алыўлардан толық ўаз кешиў есабынан инвестициялық тартымлылықты арттырыў, бийдай дәнин биржа саўдаларында шеклеўлерсиз сатыўға имканият жаратыў мақсетинде:
- Аўыл хожалығы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң ғәлле жетистириў ҳәм сатыўдағы инвестициялық тартымлылықты арттырыўға қаратылған төмендеги усынысларына келисим берилсин:
ишки базарды ғәлле дәни менен кепилликли тәмийинлеў мақсетинде 2022-жылдан баслап республика аймағында егиўге усыныс етилген бийдай сортларын хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен жер-суў шараятларынан келип шыққан ҳалда еркин жайластырыў;
2022-2024-жылларда ғәллешилик кластерлери ҳәм фермер хожалықлары жетистирген зүрәәттиң ғәлле егилген ҳәр гектар суўғарылатуғын майдан есабынан республика бойынша орташа 2,5 тоннада бийдайди еркин биржа саўдалары арқалы, қалған бөлегин тиккелей шәртнамалар тийкарында еркин сатыў;
Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) кредит ресурслары есабынан ғәлле жетистириў қәрежетлерин қаплаў ушын жеңиллетилген кредитлерди ғәлле жетистириўши фермер хожалықлары, Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықлары ҳәм ғәллешилик кластерлерине ажыратыў;
ғәлле жетистириўши фермер хожалықлары, Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамындағы элита туқымгершилик хожалықлары ҳәм ғәллешилик кластерлерине кредит қаржыларынан еркин пайдаланыў, минерал төгинлер, өсимликлерди қорғаў қураллары, жанылғы-майлаў өнимлери ҳәм аўыл хожалығы техникаларын тиккелей сатып алыў ҳуқықын бериў.
- Аўыл хожалығы министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги. Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен келискен ҳалда календарьлық жылдың 1-августына шекем бийдайдың келеси жылғы зүрәәти ушын күтилип атырған индикативлик баҳасы ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланыўын тәмийинлесин.
- Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы 2022-жыл 1-январьға шекем Қор тәрепинен ишки базарда баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ушын биржа саўдаларынан бийдай сатып алыў ҳәм оны биржада сатыў тәртибин ислеп шығыў, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда:
Қордың атынан биржа саўдаларында бийдай сатып алыўшы коммерциялық ўәкилин белгилеў ҳәм сайлап алыўдың анық ҳәм ашық-айдын нормалары;
коммерциялық ўәкил таңлаўында «Ўздонмаҳсулот» АК системасының кәрханалары менен бир қатарда аймақларда дәнди қайта ислеў жумысы менен шуғылланып атырған басқа да исбилерменлик субъектлерине тең шараят жаратылыўы;
коммерциялық ўәкил Қордың атынан сатып алынған бийдай ушын өзиниң пүткил мүлки менен жуўапкер екени;
коммерциялық ўәкил Қордың тапсырмасына тийкарланып Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигиниң Миллий географиялық мәлимлеме системасында жер участкаларына болған ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткен ғәллешилик кластерлери ҳәм фермерлеринен биржа арқалы бийдай сатып алыўы;
коммерциялық ўәкилдиң бийдайды сатып алыў, сақлаў, тәбийғый азайыў, арттырыў, тасыў ҳәм мәмлекетлик резервин жаңалаў бойынша қәрежетлерди қаплап бериў;
ишки базарда дән баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў ушын сатып алынған бийдайдың Қор тәрепинен биржа саўдаларына шығарылыўы;
баҳаларды сақлап турыў мақсетинде бийдайды сатыўдан алынған унамлы ҳәм унамсыз парықларды қаплаў тәртиби нәзерде тутылсын.
- Аўыл хожалығы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы календарлық жылдың:
1-апрелине шекем еркин биржа саўдаларына қойылатуғын бийдайдың фермерлер, кластерлер ҳәм районлар кесиминдеги бөлистирилиўин ҳәм бийдайды сақлаў сәйкес жабық сыйымларға ийе дән қабыл етиўши хожалық жүргизиўши субъектлердиң дизимин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
1-августына шекем жетистирилген бийдайдың муғдары ҳәм ишки базарда бийдайға болған талаптан келип шығып, зәрүр жағдайларда тендер саўдалары арқалы қосымша бийдай сатып алыў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниев аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлериниң календарь жылдың май-август айларында мүлкшилик түрине қарамастан, суўғарылатуғын майданларда ғәлле жетистириўши барлық субъектлер тәрепинен ғәлле егилген ҳәр гектар майдан есабынан республика бойынша орташа 2,5 тоннадар ғәллениң биржа саўдаларына шығарылыўын тәмийинлеў ушын жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик басқарыў уйымлары, соның ишинде, барлық дәрежедеги жергиликли ҳәкимликлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының:
а) масақлы дән жетистириўде агротехникалық илажларды өткериў, материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеўге;
ажыратылған жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў бағдарларына;
бийдайды сатыў процесслерине, соның ишинде, шәртнамалар дүзиўге, хожалықларды дән таярлаў ҳәм қайта ислеў менен шуғылланыўшы белгили кәрханаларға бириктириў, республика аймақлары арасындағы ишки тасыўларға;
б) ғәллешилик кластерлериниң жумысына шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм басқа да бағдарларды қосыў қатаң қадаған етиледи.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:
2021-2022-жылларда «Ўздонмаҳсулот» АК системасындағы дән кәрханаларын ғәллешилик кластерин шөлкемлестириў усынысын билдирген исбилерменлик субъектлерине сатыў ушын баҳалаў ҳәм жумыс бағдарын өзгертпеў шәртинде ашық саўдаларға қойыў;
«Ўздонмаҳсулот» АК системасындағы дән кәрханаларына тийисли 20 туқымгершилик дән таярлаў цехларын усы кәрханалардың салық ҳәм Қор алдындағы қарыздарлығын (олар бойынша есапланған пенялар, сондай-ақ, объектти өткериў нәтийжесинде жүзеге келетуғын салықларды да есапқа алған ҳалда) объекттиң баҳаланған баҳасы муғдарына азайтыў есабынан Туқымгершиликти раўажландырыў орайына бериў ҳәм толық модернизациялаў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Онда, қарыздарлық болмаған жағдайларда объектлер «Ўздонмаҳсулот» АКдеги мәмлекетлик үлеси ҳәм «Ўздонмаҳсулот» АКниң дән кәрханаларындағы үлесин тийислисинше азайтыў есабынан бериледи.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги «Ўздонмаҳсулот» АК системасындағы кәрханалар исбилерменлик субъектлерине сатылғаннан кейин, «Ўздонмаҳсулот» АКни белгиленген тәртипте сапластырыў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм Мәлимлеме технологиялар ҳәм коммуникацияларн раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-мартқа шекем барлық районлар орайлық дийқан базарларындағы бийдай ҳәм басқа да тийкарғы аўыл хожалығы өнимлериниң баҳаларын «on-line» тәризде бақлаў имканиятын беретуғын электрон платформаны иске қоссын.
- Аўыл хожалығы министрлиги еки ай мүддетте:
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте аўыл хожалығы өнимлери жетистирилетуғын жерлерди, соның ишинде, масақлы дәнниң егилиўи, оның раўажланыўын ушыўшысыз ушыў аппаратлары (дронлар) жәрдеминде бақлаў ҳәм мониторингин жүргизиў имканиятын бериўши электрон платформаны иске қоссын;
«Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институты ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен аўыл хожалығы жерлери ҳәм егинлериниң вегетативлик жағдайын ушыўшысыз ушыў аппаратлары жәрдеминде бақланыўын жолға қойсын;
«Ўздаверлойиҳа» мәмлекетлик илимий-жойбарлаў институтының «Жер мәлимлеме системасы» порталында аўыл хожалығы егинлериниң ажыратылыўы, соның ишинде, тәкирар ҳәм тоқсанбасты усылында жетистирилип атырған егинлер ҳаққында мағлыўмат бериўши электрон базаны қәлиплестирсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги менен биргеликте масақлы дән жетистирилетуғын майданларда зыянкеслер ҳәм кеселликлер тарқалыўының алдын алыў мақсетинде системалы бақлаўды шөлкемлестирсин, хожалықлар тәрепинен егинлерди қорғаў жумыслары өз ўақтында орынланыўын қадағалаўға алсын.
Айрықша жағдайларда усы мақсетлер ушын нәзерде тутылған қаржылар есабынан егинлерди қорғаў тәмийинленсин.
- Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери егинлерди жайластырыў бойынша белгиленген көрсеткишлердиң хожалықлар тәрепинен орынланыўы бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги еки ҳәпте мүддетте ғәлле жетистириў ҳәм сатыўда базар принциплерин енгизиў процесинде әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша «Жол картасы»н Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Масақлы дән жетистириў, сатыў ҳәм бийдай баҳасының қәлиплесиўи бойынша усы қарар менен орнатылған тәртипти Министрлер Кабинети, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлардың ҳүжжетлери менен ўақтынша тоқтатып турыў ямаса қайта көрип шығыў қатаң қадаған етилсин.
- Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, қаржы министри Т.А.Ишметов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 15-ноябрь