Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-январьдағы «Республика атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын нәтийжели жолға қойыўға байланыслы биринши гезектеги шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы ПП-14-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги жумысының тийкарғы бағдарлары 1-қосымшаға муўапық;
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги системасындағы мәкемелерди қайта шөлкемлестириў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 3-қосымшаға муўапық;
Жаслар ислери агентлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 4-қосымшаға муўапық;
Жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында реформаларды тереңлестириў ҳәм системаның жумысын трансформациялаў бойынша «жол карта»сы 5-қосымшаға муўапық;
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң жеке меншик секторға өткерилетуғын функцияларының дизими 6-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жасларды қоллап-қуўатлаўды және де кеңейтиў мақсетинде төмендеги илажлардың режеси белгиленсин:
2023-2024-жыллар даўамында «Жаслар дәптери» системасы арқалы жасларға көрсетилетуғын социаллық-экономикалық хызмет түрлери 1,5 есеге арттырылады;
жасларға социаллық-экономикалық хызметлерди көрсетиўде олардың қәбилетинен үнемли пайдаланыўға қаратылған социаллық шәртнамалар әмелияты енгизиледи;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жасларды қоллап-қуўатлаў системасы «Жаслар балансы» тийкарында жаслардың социаллық жағдайы, қызығыўшылығы ҳәм машқалаларының өзгешелигинен келип шығып жолға қойылады;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жасларды қоллап-қуўатлаў системасын жолға қойыўға байланыслы зәрүр болған мағлыўматларды қәлиплестириў мақсетинде «Электрон ҳүкимет» системасында Уйымлараралық интеграцияласыў платформасының тийисли мәлимлеме ресурслары базалары Жаслар ислери агентлигиниң мәлимлеме системаларына интеграцияланады;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәр жылы 1-февральға шекем өз системаларында жасларға байланыслы сиясат тараўында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға қаратылған жыллық «Жаслар бағдарлама»сын Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен келискен ҳалда тастыйықлайды;
Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў мәселелерин муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия ҳәр ярым жылда кеминде бир рет мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыс нәтийжелилиги ҳәм қабыл етилген «Жаслар бағдарламасы» орынланыўын сын көзқарастан додалап барады.
- 2024-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат тараўында өткерилетуғын жаслар фестивальлары, форумлар, жойбарлар, таңлаўлар ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажлар Жасларға байланыслы илажлардың жыллық календарь режеси тийкарында әмелге асырылыўы жолға қойылсын. Онда:
Жасларға байланыслы илажлардың жыллық календарь режеси ҳәр жылы декабрь айының ақырына шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң усыныслары тийкарында қәлиплестириледи;
илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў, сондай-ақ, қатнасыўшы жасларды хошаметлеў Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен белгиленген тәртип тийкарында әмелге асырылады;
Жасларға байланыслы илажлардың жыллық календарьлық режеси шеңберинде өткерилетуғын илажлар ҳаққындағы мағлыўматлар yoshlarportali.uz бирден-бир электрон платформасына жайластырылып барылады ҳәм илажларда қатнасатуғын жасларды платформа арқалы электрон дизимге алыў жолға қойылады;
2023-жыл 1-декабрьге шекем yoshlarportali.uz бирден-бир электрон платформасына мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаты тараўындағы мағлыўматлар базалары олар тәрепинен интеграцияланады.
- 2024-жыл 1-январьға шекем спорт тараўын санластырыў бойынша 24 бағдардағы мәлимлеме системаларын өз ишине алған «ERP Sport» бирден-бир электрон басқарыў системасы иске қосылсын ҳәм УзАСБО программасындағы мағлыўматлар менен интеграцияланыўы тәмийинленсин. Онда:
Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлеринен орайласқан тәртипте қаржы алатуғын барлық шөлкемлер усы системаға толық жалғанады ҳәм спорт тараўындағы қәрежетлер системасы ашық-айдын тәризде сәўлелендириледи;
орынларда Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң қаржылары есабынан қурылатуғын спорт объектлери ҳәм имаратлардың кеминде 30 проценти усы электрон система арқалы сол аймақта жасайтуғын халық тәрепинен даўыс бериў жолы менен анықланады.
- 2023-жыл 1-июльден баслап спортшы идентификация карталары ушын төлемлер муғдары үш есеге азайтылсын ҳәм олардан пайдаланыў мүддети 5 жыл етип белгиленсин.
а) 2024-жыл 1-марттан баслап спорт түрлери бойынша өткерилетуғын рәсмий жарыслар, Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубогинде қатнасыўы ушын спортшылардың шахсын және олардың маманлығын идентификация карталары (ID-карта) арқалы анықлаў тәртиби енгизилетуғыны;
б) 2024-жыл 1-июльден баслап:
спортшылар ҳәм оларға бириктирилген тренерлер ҳәм басқа да қәнигелердиң барлық мағлыўматлары «ERP Sport» бирден-бир электрон басқарыў системасында жүргизилетуғыны. Онда, тек ғана бул система арқалы алынған мағлыўматлар ҳақыйқый есапланатуғыны;
спортшылар ҳаққындағы мағлыўматларды тастыйықлаўшы (халықаралық спорт федерация/ассоциацияларының талаплары бойынша енгизилетуғын қәрежетлер буған кирмейди) басқа ҳәр қандай спортшы паспортын енгизиў қатаң қадаған етилетуғыны белгиленсин.
- Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Паразия ойынлары, олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери (жас категориялары) бойынша жәҳән чемпионатларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшылар, сондай-ақ, оларды таярлаған тренерлерди Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан хошаметлеў муғдарлары 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2024-жыл 1-январьдан баслап:
Мәмлекетлик бюджет параметрлерин тастыйықлаў бойынша ҳәр жылы қабыл етилетуғын нызам ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарларында спорт тараўын раўажландырыў бағдарламалары ушын нәзерде тутылған қаржылар Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигине ажыратылып, министрлик тәрепинен бийғәрез бөлистириледи;
жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўында белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў жағдайы бойынша аналитикалық материаллар ҳәм шөлкемлерге Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигинен ажыратылған қаржылар муғдары ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр шеректе ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да коммуникация дәреклери арқалы кең жәмийетшиликке жәриялап барылады.
- Төмендегилер жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўына ажыратылып атырған Мәмлекетлик бюджет қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм өзин-өзи қаржыландырыў системасына басқышпа-басқыш өтиўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
илажларды қаржыландырыў процесслерин толық санластырыў, ажыратылып атырған қаржылардың мәнзиллилиги ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша «қәўипти таллаў»ды жолға қойыў ҳәм онлайн қадағалаў системасын жаратыў;
спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажлары календарьлық режесин қәлиплестириў ҳәм спорт илажларын өткериўдиң алдынғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланған заманагөй механизмлерди енгизиў;
абырайлы халықаралық жарысларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшы жаслар және олардың тренерлерин хошаметлеўди системаластырыў;
системадағы имарат ҳәм объектлер және спорт объектлери ҳәм имаратларында энергия ҳәм ресурсларды үнемлейтуғын технологияларды басқышпа-басқыш енгизиў;
бюджеттен қаржыландырылатуғын спорт объектлери ҳәм имаратларының жумысын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жолға қойыў ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўында спортшыларды таярлаў системасын жетилистириў.
- а) тийислисинше Спортты қоллап-қуўатлаў қоры Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги және оның системасындағы бюджет шөлкемлери жанында, Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты қоллап-қуўатлаў қоры Жаслар ислери агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери, сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги ҳәм оның аймақлық бөлимлери, сондай-ақ, Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды таярлаў институты жанында қаржыларды қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыўдың әмелдеги тәртибин толық сақлап қалған ҳалда юридикалық тәреп статусына ийе болмаған бюджеттен тысқары қор сыпатында жумыс алып баратуғыны;
б) 2023-жыл 1-июльден баслап ҳәр жылы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги және оның бөлимлерине Мәмлекетлик бюджеттен спорт тараўын раўажландырыў бағдарламаларының қәрежетлери ушын ажыратылған қаржылар (сақлаў қәрежетлери ушын ажыратылған қаржылар буған кирмейди) тийислисинше министрликлер ҳәм аймақлық бөлимлердиң бюджеттен тысқары Спортты қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор)на өткерип барылатуғыны ҳәм қәрежетлерди қаржыландырыў Қор арқалы белгиленген тәртипте тастыйықланған ҳәм дизимнен өткерилген дәраматлар ҳәм қәрежетлер сметасына муўапық әмелге асырылатуғыны.
Онда, Қор қаржыларын қәлиплестириў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби Министрлер Кабинетиниң қарары менен белгиленетуғыны;
в) Қорға физикалық тәреплерден ажыратылған қәўендерлик ҳәм қайырқомлық қаржыларының 50 процентке шекемги бөлеги усы шахсларды абырайлы халықаралық спорт илажларына жибериў ушын қаратылатуғыны;
г) қәўендерлик көрсеткен физикалық тәреплер арасынан сырт елде шөлкемлестирилген халықаралық спорт илажларына жиберилетуғынларды анықлап алыў ушын «ERP Sport» бирден-бир электрон басқарыў системасы арқалы олардың арасында лотерея ойынларын өткерип барыў жолға қойылатуғыны;
д) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен жаслар ҳәм спорт тараўына байланыслы барлық сыртқы бийғәрез жәрдем жойбарларын әмелге асырыўда Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги жойбар шериги сыпатында тартылатуғыны;
е) жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм спорт тараўына тиккелей ямаса тиккелей емес тәсир ететуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қурылатуғын жасларға байланыслы инфраструктуралар, спорт объектлери ҳәм имаратлардың жойбар ҳүжжетлери Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги менен мәжбүрий түрде келисилетуғыны белгиленсин.
- Абырайлы халықаралық спорт жарысларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған, сондай-ақ, қәбилетли спортшы жасларды хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде:
а) 2023-жыл 1-июльден баслап «Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы» енгизилсин. Онда:
стипендия төлемлери ушын қаржылар спортшы лаўазымы ушын белгиленген мийнет ҳақы, сайланды командалар ҳәм олардың резерви, спортшылардың энергия жумсалыўын қаплаў ҳәм физикалық ресурсларды тиклеў ушын ажыратылатуғын мақсетли төлемлерди оптималластырыў есабынан ажыратылады және оның муғдары мийнетке ҳақы төлеў ең аз муғдарының 3 (үш) есеси етип белгиленеди;
«Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң стипендиясы» тайынланған спортшыларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 8-июньдағы «Исбилерменлик жумысы ҳәм өзин-өзи бәнт етиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4742-санлы қарарында белгиленген тәртипте өзин-өзи бәнт етиў ҳуқықы бериледи;
б) Олимпиада ҳәм Паралимпия ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеси болған спортшыларға Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Медицина бас басқармасына уйымлық бойсыныўдағы медицина мәкемелеринде белгиленген тәртипте өмири даўамында бийпул медициналық хызметтен пайдаланыў ҳуқықы берилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.И.Икрамов ҳәм Жаслар ислери агентлиги директоры А.З.Саъдуллаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.Қ.Абдурахмоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 7-апрель