Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў ҳәм корпоратив басқарыў тараўындағы реформаларды және де тереңлестириў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги «Капитал базарын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6207-санлы пәрманы ҳәм 2021-жыл 3-апрельдеги «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының структурасын оптималластырыў ҳәм штат бирликлери санын қысқартыў ҳаққында»ғы ПҚ-5053-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 2021-жыл 1-майдан баслап:
Капитал базарын раўажландырыў агентлиги сапластырылсын;
сапластырылып атырған Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң баҳалы қағазлар базарын, соның ишинде, баҳалы қағазлар саўдасының шөлкемлестириўшилери ҳәм Баҳалы қағазлар орайлық депозитарийсин тәртипке салыў, сондай-ақ, корпоратив басқарыўды раўажландырыў ҳәм лотореяларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпа, функция ҳәм ўәкилликлери Қаржы министрлигине өткерилсин.
- Қаржы министрлигине капитал базарын раўажландырыў тараўында төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
баҳалы қағазлар базарын қәлиплестириў, раўажландырыў, тәртипке салыў, қадағалаў ҳәм корпоратив басқарыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;
баҳалы қағазлар әмелияты менен шуғылланатуғын инвесторлар және баҳалы қағазлар ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў;
баҳалы қағазлар базары, акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин қадағалаў;
жергиликли капитал базарының раўажланыў жағдайы ҳәм оның профессионал қатнасыўшылары ҳаққында инвесторлар ҳәм жәмийетшиликти хабардар етиў;
баҳалы қағазлар саўдасының шөлкемлестириўшилери ҳәм баҳалы қағазлар базарындағы профессионал қатнасыўшылардың жумысын, сондай-ақ, букмекерлик ҳәм лотореяларды шөлкемлестириў жумысын тәртипке салыў;
баҳалы қағазлар базарын тәртипке салыў тараўында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығыў, профессионал қатнасыўшылардың қәнигелерин аттестациядан өткериў ҳәм қәнигелик гүўалықларын бериў;
баҳалы қағазларды шығарыў ҳәм дизимнен өткериў, олар бойынша есабат бериў және баҳалы қағазлар ийелериниң реестрлерин ҳәм баҳалы қағазларға байланыслы келисимлерди есапқа алыў реестрин жүргизиў талапларын белгилеў;
өз қаржылары жетерли дәрежеде болыўына байланыслы мәжбүрий нормативлерди ҳәм баҳалы қағазларға байланыслы операциялар бойынша тәўекелшиликлерди шеклейтуғын көрсеткишлерди орнатыў;
баҳалы қағазлар базарының жағдайы ҳәм оның қатнасыўшылары ҳаққында, сондай-ақ, нызамшылықта нәзерде тутылған мағлыўматлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў арқалы жәмийетшиликти хабардар етиў;
капитал базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў мәселелери бойынша сырт ел ҳәм халықаралық институтлар менен нәтийжели бирге ислесиў.
- Сапластырылып атырған Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң жәми 110 штат бирлиги (соннан, 90 басқарыў хызметкери) есабынан Қаржы министрлигиниң орайлық аппараты структурасында басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 54 тен (соннан, 16 аймақларда жумыс көрсетиўши орайлық аппарат хызметкерлери) ибарат Капитал базарын раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилсин.
- Капитал базарын раўажландырыў департаментиниң өз жумысын тиккелей аймақларда алып баратуғын хызметкерлери мийнетке ҳақы төлеў шәртлери бойынша Қаржы министрлиги орайлық аппаратының хызметкерлерине теңлестирилетуғыны ҳәм бул хызметкерлердиң аймақлардағы жумысы менен байланыслы қәрежетлер Қаржы министрлиги тәрепинен қаржыландырылатуғыны;
Қаржы министрлиги Капитал базарын раўажландырыў агентлигиниң барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны;
Капитал базарын раўажландырыў агентлиги тәрепинен бурын берилген ҳүжжетлер ҳәм алдын қабыл етилген қарарлар өз күшин сақлап қалатуғыны ҳәм бул уйымды сапластырыў мүнәсибети менен оларды бийкарлаў ямаса өзгертиў талап етилмейтуғыны;
Капитал базарын раўажландырыў агентлиги ҳәм оның аймақлық басқармаларында көрип шығыў процесинде болған ҳүжжетлер (тийисли жумысты лицензиялаў, баҳалы қағазлар шығарыўды дизимге алыў, мүрәжатлар ҳәм басқа да ҳүжжетлер) 2021-жыл 1-майдан баслап Қаржы министрлигине өткерилетуғыны ҳәм көрип шығыў нәтийжелери Қаржы министрлиги тәрепинен рәсмийлестирилетуғыны;
Капитал базарын раўажландырыў департаментиниң штатлары биринши гезекте сапластырылып атырған Капитал базарын раўажландырыў агентлиги системасының хызметкерлери есабынан толықтырылатуғыны белгиленсин.
- 2021-жыл 1-майдан баслап төмендеги қаржылар Қаржы министрлигиниң бюджеттен тысқары қорына қаратылсын:
фонд биржасында баҳалы қағазлар саўдасын әмелге асырыўда сатыўшы тәрепинен төленетуғын жыйым;
эмиссиялық баҳалы қағазлардың дәслепки шығарылыўын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын төленетуғын жыйым;
эмиссиялық баҳалы қағазларды ирилендириў процесинде олардың номинал қуны арттырылғанда эмитент тәрепинен төленетуғын жыйым;
баҳалы қағазлардың шығарылыўын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм (ямаса) бурын дизимнен өткен баҳалы қағазлардың шығарылыўына өзгерислер бойынша ҳүжжетлер көрип шығылғанлығы ушын төленетуғын жыйым;
лотереяларды шөлкемлестириў жумысын тәртипке салыў менен байланыслы жыйымлар;
баҳалы қағазлар базарында операцияларды өткериў ҳуқықын беретуғын қәнигелик аттестатын алыўға талабанларды (физикалық тәреплерди) аттестациядан (қайта аттестациядан) өткериў ушын өндирилетуғын жыйым;
баҳалы қағазлар саўдасының шөлкемлестириўшилери ҳәм баҳалы қағазлар базарындағы профессионал қатнасыўшылардың жумысын әмелге асырыў ушын лицензия алыўы ҳаққындағы арзаларды көрип шығыў ушын өндирилетуғын жыйым;
белгиленген тәртипте Қаржы министрлиги тәрепинен өндирилетуғын басқа да жыйымлар.
- Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров, Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) 2021-жыл 1-майға шекем:
Капитал базарын раўажландырыў агентлиги жанындағы Капитал базарын раўажландырыўға жәрдемлесиў қорының және раўажландырыў қорының қалдық қаржылары Қаржы министрлигиниң бюджеттен тысқары қорына өткерилиўин;
Капитал базарын раўажландырыў агентлиги мүлкиниң Қаржы министрлигине тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Қаржы министрлигиниң Капитал базарын раўажландырыў департаменти Ташкент қаласы, Мустақиллик проспекти, 107-жай мәнзилине жайластырылсын ҳәм бул имарат биринши қабатының шеп тәрепи ҳәм тийисли жертөле бөлеги Қаржы министрлигине оператив пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бириктирилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қаржы министрлиги Капитал базарын раўажландырыў департаментиниң аймақлық секторлары хызметкерлери Капитал базарын раўажландырыў агентлиги аймақлық басқармаларының ҳәзирги жайласыўы бойынша имаратларда (ханаларда) жайластырылыўын тәмийинлесин.
- Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте:
Өзбекстан Республикасының «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызамына усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын;
нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 13-апрель