Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Аўыллық елатлы пунклердиң архитектуралық көринисин түп-тийкарынан жаңалаў, аймақларды комплексли раўажландырыў, жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлерин қурыў арқалы халықтың турмыс мәдениятын жоқарылатыў мақсетинде:
- Төмендегилер:
«Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын (кейинги орынларда – Жойбар) қаржыландырыў ушын Ислам раўажланыў банки (кейинги орынларда-ИРБ) тәрепинен 5 жыллық жеңиллетилген дәўирди өз ишине алатуғын 20 жыл мүддетке 200 миллион АҚШ доллары муғдарында қарыз ажыратылыўы ҳаққындағы қарар 2020-жыл 19-декабрьде Ислам раўажланыў банки Директорлар Кеңеси тәрепинен ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қоры (кейинги орынларда – ОПЕК) тәрепинен 5 жыллық жеңиллетилген дәўирди өз ишине алатуғын 20 жыл мүддетке 75 миллион АҚШ доллары муғдарында қарыз ажыратылыўы ҳаққындағы қарар 2020-жыл 16-декабрьде ОПЕК Директорлар Кеңеси тәрепинен мақулланғанлығы;
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасы (кейинги орынларда – БМШРБ)ның Өзбекстандағы ўәкилханасы Жойбарды әмелге асырыў дәўиринде жуўапкер атқарыўшы уйымның бирге ислесиўшиси сыпатында жумыс ислейтуғыны ҳәм ол тәрепинен Жойбар ушын 3,05 миллион АҚШ доллары муғдарында грант қаржысы ажыратылатуғыны;
Жойбарды әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасының үлеси 59,95 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылардан ибарат екенлиги;
Жойбар Қарақлапақстан Республикасы , Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятларының 20 районындағы 170 МПЖ (40 орайлық, 130 тутас турған мәҳәлле)ларда әмелге асырылатуғыны;
Жойбарды әмелге асырыў дәўири 5 жылды (2021-2025-жыллар) қурайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм муўапықластырыў, сондай-ақ, ИРБ ҳәм ОПЕК кредитлеринен мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер атқарыўшы уйым болып есапланатуғыны;
Жойбар шеңберинде субжойбарларды жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеў жумысларын әмелге асыратуғын шөлкемлерди сайлап алыў «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызам талаплары тийкарында ашық-айдын усылда әмелге асырылатуғыны;
Жойбарды әмелге асырыўда қатнасатуғын барлық шөлкемлер Жойбар бойынша қол қойылған қарыз (кредит) келисимлеринде көрсетилген механизмлердиң талапларына әмел ететуғыны;
Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде ИРБ ҳәм ОПЕКтиң кредитлерин қайтарыў, соның ишинде, қосымша ҳақы (үстеме) ҳәм процентлер, хызмет көрсеткени ушын ҳақы ҳәм басқа да төлемлерге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер:
«Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарының тийкарғы техникалық-экономикалық параметрлери 1- ҳәм 1а-қосымшаларға муўапық;
«Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбары шеңберинде ИРБ ҳәм ОПЕК кредитлериниң тийкарғы қарызын, оған есапланған процентлерди ҳәм басқа да төлемлерди қайтарыў прогноз кестеси 2- ҳәм 3-қосымшаларға муўапық;
«Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбары шеңберинде қарыжлардан пайдаланыў бойынша «жол картасы» 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексине тийкарланып Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары бойынша халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети қаржы шөлкемлери тәрепинен берилген қарызлар (кредитлер) есабынан юридикалық тәреплерден бажыхана аймағына алып кирилетуғын товарлар бажыхана бажысынан азат етилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Жойбарды әмелге асырыў шеңберинде:
пайда болатуғын қосымша қун салығы суммасы хожалық жүргизиўши субъектлердиң қаржылары есабынан төленетуғыны ямаса нызамшылықта белгиленген тәртипте республикалық бюджет қаржылары есабынан қаплап берилетуғыны;
алып кирилетуғын товарларды бажыхана бажысынан азат етиў ҳәм қосымша қун салығы суммасын республикалық бюджет қаржылары есабынан қаплап бериў Өзбекстан Республикасының Жойбарды әмелге асырыўдағы үлеси деп есапланатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы қаржы министри (Т.А.Ишметов)не Өзбекстан Республикасының атынан ИРБ ҳәм ОПЕК қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбары бойынша қарыз келисимлерине қол қойыў ўәкилллиги берилсин.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев):
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.Вафаев) менен биргеликте Жойбар шеңберинде субжойбарларды жойбарлаўшы ҳәм жумысты бөлип алып ислеў жумысларын әмелге асыратуғын шөлкемлерди «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызам талаплары тийкарында ашық-айдын усылда таңлап алыў;
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Р.Т.Маматов) менен биргеликте Жойбар шеңберинде халық арасында социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыўда турақлы өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.
- Жойбар шеңберинде:
сайлап алынған аўылларда зәрүр субжойбарлар анықланғаннан соң, ҳәр бир ўәлаят бойынша әмелге асырылыўы режелестирилген илажлар бойынша белгиленген тәртипте Жойбардың техникалық-экономикалық есап-санақлары ислеп шығылатуғыны ҳәм экспертиза уйымларында белгиленген тәртипте экспертизадан өткерилетуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятлары ҳәкимликлери жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниялары буйыртпашы болып есапланатуғыны;
Жойбарды әмелге асырыў топары менен «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниялары арасында бирге ислесиў келисимлерине қол қойылатуғыны белгиленсин.
- Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң буйыртпа хатлары бойынша Жойбарды әмелге асырыўда қатнасыўшы сырт ел қәнигелерине көп мәртелик визалар рәсмийлестирилиўин, берилиўин ҳәм мүддетиниң создырылыўын, сондай-ақ, олардың Өзбекстан Республикасында ўақтынша дизимге қойлыўын ҳәм мүддетиниң создырылыўын қысқа ўақыт ишинде тәмийинлесин.
- Есап палатасы (Б.Т.Турабов) Жойбар шеңбериндеги қаржылардың мақсетли ажыратылыўы ҳәм жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын және ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
- Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги (А.Э.Бурханов) Жойбар шеңберинде ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы процесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеў үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
- Усы қарарда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров:
бир ҳәпте мүддетте жуўапкер орынлаўшылардың қатнасыўында мәжилис өткерип олардың анық ўазыйпаларын белгилеп берсин;
еки ҳәпте мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятлары ҳәкимликлери менен биргеликте Жойбар шеңберинде қаржылардан пайдаланыў бойынша аймақлар кесиминде «жол карталары»н ислеп шықсын және олардың тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм районлық Кеңеслеринде тастыйықланыўын тәмийинлесин;
тийисли министрликлер ҳәм уйымлар және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте Жойбарды әмелге асырыўға жуўапкер болған қәнигелердиң маманлығын арттырыў ушын сырт ел консультантларын тартқан ҳалда оқыў-тренинглер шөлкемлестирсин;
әмелге асырылып атырған субжойбарлар ҳәм олардың сапалы орынланыўы үстинен мониторинг орнатсын және нәтийжеси бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Министрлер Кабинетине мағлыўмат киргизип барсын, бул мағлыўматларды бир ўақытта жәмийетшиликке жәриялаў арқалы жойбарлардың әмелге асырылыўы үстинен нәтийжели жәмийетлик қадағалаў орнатылыўын тәмийинлесин;
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Жәҳән банки ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банки қатнасыўындағы «Аўыл инфраструктурасын раўажландырыў» ҳәм ИРБ және ОПЕК қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарларын әмелге асырыў бойынша бирлестирилген топардың структурасын тастыйықласын ҳәм оның жумысын жолға қойсын;
«Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбары шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты ушын Үргенш қаласында, Бухара және Наўайы ўәлаятлары ушын Бухара қаласында бирлестирилген топардың Жойбарды әмелге асырыў бойынша аймақлараралық топарларын шөлкемлестирсин;
Жойбарды әмелге асырыў дәўиринде бирлестирилген топар жумысын қаржыландырыў бойынша жыллық қәрежетлер сметасын және штатлар кестесин Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда тастыйықласын;
Жойбар бойынша әмелге асырылған жумыслар, өзлестирилген қаржылар ҳәм ерисилген нәтийжелер бойынша мағлыўматларды Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң рәсмий веб-сайтында жарытып барсын;
Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ИРБ ҳәм ОПЕКтиң социаллық ҳәм экологиялық қорғаў және көшириў сиясаты принциплерин есапқа алған ҳалда, Жойбар компонентлерин әмелге асырыў ҳәм қаржыланыдырыў кестесине және усы қарар менен тастыйықланып атырған қосымшаларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин;
б) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев), Бухара (Б.К.Зарипов), Наўайы (Қ.Б.Турсунов) ҳәм Хорезм (Ф.У.Эрманов) ўәлаятлары ҳәкимликлери Жойбарды толық әмелге асырыў ушын барлық зәрүр ҳүжжетлердиң сапалы ислеп шығылыўын ҳәм Жойбарды әмелге асырыў топарына өз ўқтында жеткерилиўин белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Р.Сариев), Бухара (Б.К.Зарипов), Наўайы (Қ.Б.Турсунов), Хорезм (Ф.У.Эрманов) ўәлаятлары ҳәкимлери:
аўылларды комплексли раўажландырыў ушын Жойбар шеңберинде қаржыландырылатуғын объектлерден тысқары әмелге асырылатуғын илажларды бас реже, аймақларды архитектура-режелестириў жағынан шөлкемлестириў жойбарлары ҳәм олардың қурамындағы толық режелестириў жойбарлары тийкарында жергиликли бюджет ҳәм нызамышылықта қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан әмелге асырсын;
өз аймақларындағы жойбарларды мүддетинде әмелге асырыў ҳәм муўапықластырыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип белгиленсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлсетриўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.Ж.Раматов ҳәм Ж.А.Қўчқоров белгиленсин.
қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағлаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 15-апрель ҳәм 2022-жыл 15-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 18-сентябрь