Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Исбилерменлик субъектлери жумысының жедел раўажланыўын тәмийинлеў, мәмлекетлик қадағалаўды жетилистириў ҳәм «Салықшы-жәрдемши» системасы арқалы оларға ҳәкимшилик ҳәм салық жүгин азайтыў, сондай-ақ, исбилерменлердиң машқалалары менен усынысларын тиккелей үйрениў, исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- а) Төмендегилер 2021-жыл 1-октябрьден баслап бийкар етиледи:
қатаң белгиленген муғдардағы физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы төлеўшиси болған жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен салық уйымларына салық есабатын тапсырыў миннетлемеси;
Айрықша таяр импорт тутыныў товарларының бажыхана декларациясы рәсмийлестирилген сәнеден кейин 12 ай өткеннен соң сатыўға қойылатуғыны ҳәм усақлап сатыў да реализацияланыўына қойылған тыйым салыў;
б) 2022-жыл 1-январьдан 2023-жыл 1-январьға шекем республика районларында (Ташкент қаласы буған кирмейди) жумыс ислеўши жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлерине белгиленген социаллық салық ставкасы еки есеге азайтылған ҳалда базалық есаплаў муғдарының 50 проценти муғдарында белгиленеди.
Қаржы министрлиги 2021-жыл 1-декабрьге шекем усы бәнеттен келип шығып, «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Саўда-санаат палатасына жергиликли шәртнамалар шеңберинде жүзеге келетуғын жеңип болмайтуғын күшлердиң (форс-мажор) жағдайларын тастыйықлаў ўәкиллиги берилсин.
- Әдиллик министрлиги, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил және Саўда-санаат палатасының 2021-жыл 1-октябрьден мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қадағалаў функцияларын 1-қосымшаға муўапық бийкарлаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Исбилерменлик субъектлери жумысының нызамшылық талапларына (кейинги орынларда – мәжбүрий талаплар) муўапық екенлигин тексериў бойынша мәмлекетлик қадағалаў функциялараның дизими нызам менен тастыйықланатуғыны, онда тийсли нызам қабыл етилгеннен соң дизимге киргизилмеген мәмлекетлик қадағалаў функцияларын әмелге асырыўға жол қойылмайтуғынлығы;
ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде өткерилетуғын тексериўлер дизимине пуқаралардың турмысы ҳәм денсаўлығына, жәмәәт қәўипсизлигине, қоршаған орталыққа зыян жеткериў қәўпиниң алдын алыў ушын кешиктирип болмайтуғын қадағалаў илажларын өткериўге байланыслы тексериўлер, сондай-ақ, көшпели салық тексериўлери киргизилетуғыны;
2022-жыл 1-апрельден басқышпа-басқыш мәжбүрий талаплардың электрон реестри енгизилетуғыны. Онда усы реестр мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер өз ўәкилликлери шеңбериндеги тараўлар бойынша белгиленген тәртипте усынған мәжбүрий талаплардың дизими тийкарында Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил тәрепинен қәлиплестирилетуғыны ҳәм жүргизилетуғыны белгиленсин.
- 2022-жыл 1-январьдан сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
қадағалаўшы уйымлар исбилерменлик субъектлериниң жумысын белгиленген тәртипте тастыйықланған сораўнама бойынша тексереди;
Саўда-санаат палатасының ағзасы болған исбилерменлик субъектиниң жумысын тексериўде усы исбилерменлик субъектиниң келисими менен Саўда-санаат палатасының хызметкерлери қатнасады;
Тексериўлерди дизимге алыў китабының есабы электрон тәризде Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил тәрепинен жүргизиледи;
исбилерменлик субъектлери жумысында тексериўлерди өткериўге нызам бузылыўларға жол қойылыўының алдын алыў бойынша профилактика илажлары белгиленген тәртипте өткерилгенен соң жол қойылады, буған салық тексериўлери, жынаят ислери ҳәм жедел-излеў жумысы шеңберинде, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери бузылыўы ҳаққындағы мүрәжатлар ҳәм мағлыўматлар тийкарында өткерилетуғын тексериўлер кирмейди.
- Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2022-жыл 1-апрельге шекем исбилерменлик тараўында мәмлекетлик қадағалаўға байланыслы үлкен көлемдеги мағлыўматларды жыйнаў, таллаў ҳәм қайта ислеў имканиятын бериўши, сондай-ақ, төмендеги имканиятларға ийе «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасы ислеп шығылыўын ҳәм иске қосылыўын тәмийинлесин:
мәмлекетлик қадағалаў функциялары, мәжбүрий талаплар, исбилерменлик субъектлериниң жумысын тексериў ҳуқықына ийе мәпдар шахслардың электрон реестрлерин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў;
тексериўлерди электрон дизимге алыў ҳәм Тексериўлерди дизимге алыў китабының есабын жүргизиў;
исбилерменлик субъектлерин тийисли мәжбүрий талаплар бойынша онлайн оқытыў ҳәм жумысы мәжбүрий талапларға сәйкес екенлиги бойынша өзин-өзи тексериў механизмлерин енгизиў;
қадағалаўшы уйымлар тәрепинен әмелге асырылатуғын тексериўлердиң белгиленген тәртипте өткерилиўин баҳалаў.
- 2022-жылдан баслап исбилерменлик субъектлерине ҳәкимшилик басым дәрежесин анықлаў ҳәм жеңиллетиў, сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған Исбилерменлик жумысы еркинлиги индекси (кейинги орынларда – Индекс) енгизилсин.
а) Индекс Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил тәрепинен «Биден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасы арқалы тексериў нәтийжелери тийкарлы және нызамлы екенлиги, профилактикалық илажлар ҳәм тексериўлер, исбилерменлердиң тексериў нәтийжелеринен қанаатланыў дәрежеси сыяқлы көрсеткишлер тийкарында дүзилетуғыны;
б) қадағалаўшы уйымлар ҳәр ярым жылдың жуўмақлары бойынша 1-августқа шекем, жылдың жуўмағы бойынша 1-февральға шекем, әмелге асырылған қадағалаў илажларын таллаўды Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилге киргизетуғыны;
в) Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳәр ярым жылдың жуўмақлары бойынша 1-сентябрьге шекем, жыл жуўмақлары бойынша 1-мартқа шекем Индекс нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемени ҳәм исбилерменлик субъектлери жумысында көп қайталаныўшы ҳуқықбузарлықлар және олардың жүз бериўиниң алдын алыў бойынша илажлар ҳаққында мағлыўматты «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасына жайластыратуғыны ҳәм жәмийетшиликке жәриялайтуғыны белгиленсин.
- Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (Д.Қосимов) ҳәм қадағалаўшы уйымлардың басшыларына «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасына мағлыўматларды толық ҳәм өз ўақтында киргизиў және олардың ҳақыйқыйлығы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Қаржы министрлиги Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилдиң тийкарланған есап-санақлары бойынша 2021-жыл 1-ноябрьге шекем Министрлер Кабинетиниң резерв қоры қаржылары есабынан «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасын ислеп шығыў ушын 1 миллиард сумға шекемги муғдарда қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Исбилерменликти жүргизиўди жеңиллетиў ҳәм бизнестиң нызамлы мәплерин қорғаў системасын жетилистириў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Әдиллик министрлиги Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
Исбилерменлик кодекси жойбарында мәмлекетлик қадағалаў функциялары усы кодекс пенен тастыйықланыўын нәзерде тутсын;
еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплери қорғаў бойынша ўәкил Д.С.Қосимов ҳәм қадағалаўшы уйымлардың басшылары белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-апрельге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 15-сентябрь