Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Илим ҳәм жоқары билимлендириў тараўы хызметкерлериниң социаллық қорғалыўын буннан былай да күшейтиў, олардың кәсиплик абырайын ҳәм мәртебесин арттырыў, қәнигели кадрларды илимий ҳәм педагогикалық жумысқа тартыў ушын мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеўдиң мүнәсип шараятларын жаратыў, сондай-ақ, илимпазлардың ҳәм оқытыўшылардың экономикалық ҳәм социаллық тараў тармақларында кең көлемли структуралық өзгерислерди әмелге асырыўда қатнасын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-апрельдеги «Республика жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3655-санлы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан фундаменталь, әмелий изертлеўлер илимий-техникалық бағдарламалар ҳәм инновациялық жумысларды әмелге асырыўда қатнасып атырған илимий-изертлеў мәкемелериниң басшы ҳәм илимий хызметкерлери, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери басшы хызметкерлериниң ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамының базалық лаўазым айлық мийнет ҳақыларының муғдарлары 2018-жыл 1-сентябрьден баслап дифференциялластырылған ҳалда орташа 25 процентке асырылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлигиниң, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң, Қаржы министрлигиниң ҳәм Экономика министрлигиниң:

2018-жыл  1-августдан Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы басқарыў аппараты хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдарын 2 есе арттырыў;

2018-жыл 1-сентябрьден илимий жумысты конструкторлық-технологиялық тәмийинлеў, илимий лаборатория үскенелерине хызмет көрсетиў ўазыйпалары жүкленген илимий-изертлеў мәкемелери инженер-техникалық хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақы муғдарын ийелеп турған лаўазымынан ҳәм илимий жумыс тараўынан келип шығып, 30 проценттен 100 процентке шекем дифференциялластырылған муғдарда арттырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан фундаменталь, әмелий изертлеўлер илимий-техникалық бағдарламаларын ҳәм инновациялық жумысларын әмелге асырыўда қатнасып атырған илимий-изертлеў мәкемелериниң басшы ҳәм илимий хызметкерлери, илимий жумысты конструкторлық-технологиялық тәмийинлеў, илимий лаборатория үскенелерине хызмет көрсетиў ўазыйпалары жүкленген илимий-изертлеў мәкемелериниң инженер-техник хызметкерлери, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамының мийнет ҳақы муғдары төмендеги еки басқышта арттырылсын:

2019-жыл 1-январьдан – 20 процентке;

2019-жыл 1-июльден – 25 процентке.

  1. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги 2018-жыл 25-июльге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы басқарыў аппараты хызметкерлериниң ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери инженер-техник хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдарын усы қарардың талапларын инабатқа алған ҳалда қайта көрип шықсын.
  2. Министрлер Кабинети усы қарар талапларына муўапық 2018-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан фундаменталь, әмелий изертлеўлер илимий-техникалық бағдарламаларын ҳәм инновациялық жумысларын әмелге асырыўда қатнасып атырған илимий-изертлеў мәкемелери басшы ҳәм илимий хызметкерлериниң, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамының базалық лаўазым айлық мийнет ҳақыларын тастыйықласын.
  3. Инновациялық раўажланыў министрлиги Илимлер академиясы, Қаржы министрлиги және Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры менен биргеликте еки ай мүддетте илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин коммерцияластырыў Президент қорын (кейинги орынларда – Қор) оның «Ипотека банк» АКИБда 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы есап бетлерин ашқан ҳалда шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын киргизсин.
  4. Қордың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

социаллық-экономикалық тараўды буннан былай да раўажландырыў мақсетинде илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин жедел ҳәм кеңнен енгизиў;

илимий ҳәм илимий-техникалық жумысты жоқары технологиялық исбилерменлик стартап-жойбарларын биргеликте қаржыландырыў арқалы әмелий нәтийжелерге ерисиў ушын бағдарлаў;

изертлеўлерди әмелге асырылып атырған стартап-жойбарларда шөлкемлестириўши сыпатында қатнасыў арқалы коммерцияластырыў дәрежеси жоқары болған өнимлер ҳәм технологияларды жедел ислеп шығыўға бағдарлаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Илимлер академиясы, Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине, соның ишинде, Қордың қаржылары есабынан қаржыландырыў ушын илимий ҳәм илимий-техникалық жумыс нәтийжелерин баҳалаў ҳәм таңлаўдың анық өлшемлерин нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарының жойбарын киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди өз ўақтында қаржыландырылыўын тәмийинлесин;

Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа ҳәм Бас министрдиң орынбасары – Өзбекстан Республикасының қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 20-июль

ПҚ-3876