Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халыққа хирургиялық жәрдем көрсетиўдиң сапасын арттырыў, аймақларда кем инвазив ҳәм жоқары технологиялы хирургиялық операцияларды кеңнен енгизиў, хирургия бағдарындағы медицина хызметкерлериниң потенциалын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, тараўда илимди раўажландырыў мақсетинде:
- Хирургия хызметин трансформациялаўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
академик В.Воҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медициналық орайы (кейинги орынларда – Хирургия орайы) – ўәлаят – район (қала)лық медицина мәкемелери арасында үзликсиз байланыслылықты тәмийинлеў;
аймақлар ҳәм район (қала) дәрежесинде кем инвазив ҳәм жоқары технологиялы хирургиялық операцияларды кеңнен енгизиў;
Хирургия орайында трансплантация әмелиятларын сырт елли қәнигелер менен биргеликте кеңнен енгизиў;
хирург, анестезиолог, реаниматолог, нефролог ҳәм басқа да қәнигелердиң потенциалын арттырыў, олардың абырайлы сырт ел медицина мәкемелеринде ҳәм орайларында маманлығын арттырыўы ҳәм стажировка өтеўин шөлкемлестириў, заманагөй симуляция орайында қәнигелер таярлаўды жолға қойыў;
хирургия бағдарында илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў, хызметкерлердиң илимий потенциалын арттырыў;
халыққа маман медициналық хызмет көрсетиў мақсетинде Хирургия орайы, оның филиаллары, район (қала)лық медицина бирлеспелери хирургия, анестезиология-реанимация бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
а) балаларда туўма жүрек кеселлигин эндоваскуляр жол менен емлеўди кеңнен енгизиў, оларды қысқа ўақыт ишинде толық саўалландырып, майыплықтан шығарыў мақсетинде:
2021-жылы жүрек кеселликлерин емлеў ушын мөлшерленген 500 медициналық буйым (окклюдер) сатып алыўға Денсаўлықты сақлаў министрлигине раўажландырыў бағдарламалары ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде министрликке 10 миллиард сум қаржы ажыратыў;
2022-жылдан баслап болса талаптан келип шығып ҳәр жылы орташа 2 500 окклюдер сатып алыў ушын Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде зәрүр қаржыларды нәзерде тутыў;
б) Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклеринен теңдей үлесте:
2021-жылы Хирургия орайының филиалларын 1-қосымшаға муўапық заманагөй әсбап-үскенелер менен үскенелеў ушын 42,5 миллиард сум қаржы ажыратыў;
2022-2023-жылларда районлараралық қоспа жарақатланыў ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайларына бириктирилмеген 26 район (қала)лық медицина бирлеспелериниң хирургия, анестезиология-реанимация бөлимлерин 2-қосымшаға муўапық заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын 71,4 миллиард сум қаратыў.
усы илажлар ушын қаржылар Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен, сондай-ақ, орынларда кем инвазив ҳәм жоқары технологиялы хирургиялық операцияларды енгизиў нәтийжесинде үнемленетуғын қаржылар ҳәм халықаралық финанс институтларының жеңиллетилген кредит ҳәм грант қаржылары есабынан ажыратылатуғыны;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң тийкарланған есап-санақларына бола район (қала)лық медицина бирлеспелери хирургия, анестезиология-реанимация бөлимлерин әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен тийисли жергиликли бюджетлерге қайтарыў шәрти менен бюджет ссудасының ажыратылатуғыны белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев):
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери менен биргеликте 2022-2023-жыллар даўамында кем инвазив ҳәм жоқары технологиялы хирургиялық операциялары көлеминиң арттырылыўын, соның ишинде, район (қала)ларда әмелге асырылатуғын операциялардың түри 60 тан 79 ға шекем, аймақларда болса 130 дан 168 ке арттырылыўын, Хирургия орайында жүрек ҳәм өкпе трансплантациясының енгизилиўин тәмийинлесин;
Хирургия орайы (С.Исмаилов), Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы (Д.Туляганов) ҳәм Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медициналық орайы (Б.Даминов) тәрепинен 2022-жылдың ақырына шекем барлық аймақларда бүйрек трансплантациясы операциясының жолға қойылыўын тәмийинлесин;
Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Қәбилетли ҳәм маман медицина мәкемелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм медициналық мәкемелерге тартыў қоры ҳәм жергиликли бюджет қаржылары есабынан Хирургия орайы ҳәм аймақлық мәмлекетлик медицина мәкемелериниң шет тиллерди жақсы билетуғын хызметкерлерин 2021-2022-жылларда хирургия тараўы ушын әҳмийетли бағдарлар бойынша абырайлы сырт ел медицина мәкемелери ҳәм орайларына маманлығын арттырыў және стажировка өтеў ушын жибериў, сондай-ақ, Хирургия орайының жумысына жетекши сырт ел қәнигелерин тартыў илажларын көрсин.
Қәбилетли ҳәм маман медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм медицина мәкемелерине тартыў бойынша жумысшы топар (Б.Мусаев) усы бәнтке муўапық маманлық арттырыў ҳәм стажировка өтеў ушын жиберилетуғын хызметкерлердиң ашық-айдын таңлаў тийкарында танлап алыныўын тәмийинлейтуғыны;
маманлық арттырыў ҳәм стажировка өтеў ушын жиберилетуғын хызметкерлерге Хирургия орайы менен дүзилетуғын шәртнаманың шәртлерине муўапық Хирургия орайы ҳәм аймақлық мәмлекетлик медицина мәкемелеринде ислеп бериў миннетлемеси жүкленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық сырт ел қәнигелерин мәмлекетлик медицина мәкемелерине тартыўда:
сырт ел қәнигелериниң мийнетине ҳақы төлеў шәртнамада келисилген шәртлерге муўапық әмелге асырылады;
олар ушын еки тәрепке авиабилетлерди сатып алыў қәрежетлери (узақ мүддетли мийнет шәртнамалары дүзилгенде бир жылда еки мәртеден артпаған ҳалда) ҳәм республика мийманханаларында жасаў қәрежетлери тийисли мәмлекетлик медицина мәкемеси тәрепинен миллий валютада төленеди;
оларды тартыў ҳәм материаллық тәмийнаты бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў дәреги болып Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Қәбилетли ҳәм маман медицина қәнигелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм медицина мәкемелерине тартыў қорының қаржылары, тийисли мәмлекетлик медицина мәкемесиниң бюджеттен тысқары қаржылары, халықаралық финанс ҳәм басқа да шөлкемлер, сырт елли ҳүкимет шөлкемлериниң грантлары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есапланады.
- Хирургия орайының инсан ағзалары ҳәм клеткаларының трансплантациясы тараўында қосымша ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
трансплантология тараўында фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди әмелге асырыў ҳәм инновациялық жойбарларды ислеп шығыў;
жоқары технологиялы трансплантация операцияларын әмелге асырыў усылларын үйрениў ҳәм енгизиў;
сырт мәмлекетлердиң усы тараўдағы илимий шөлкемлери, орайлары ҳәм экспертлери менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў ҳәм биргеликте изертлеўлерди шөлкемлестириў;
трансплантология бағдарында маман илимий кадрларды таярлаўға жәрдемлесиў.
Хирургия орайында:
базалық қаржыландырыў системасы тийкарында жумыс алып баратуғын Инсан ағзалары ҳәм клеткалары трансплантациясының илимий лабораториясы;
2021-2022-оқыў жылынан баслап Ташкент медициналық академиясының Хирургия ҳәм трансплантология кафедрасы шөлкемлестирилсин.
Хирургия орайы усы кафедрада оқытылып атырған бакалаврлар, клиникалық ординаторлар ҳәм магистрлер ушын тийкарғы клиникалық база есапланатуғыны белгиленсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Ш.Вафаев) Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Хирургия орайын модернизациялаў ушын 11 миллион АҚШ доллары муғдарында халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет қаржы шөлкемлериниң қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
- Хирургия хызметин 2021-2023-жылларда трансформациялаў бойынша илажлар бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Бағдарламада белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлесин ҳәм әмелге асырылған жумыслар ҳаққында ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери бир ҳәпте мүддетте усы қарардың талапларына муўапық Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 2022-2023-жылларда хирургиялық жәрдемди раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары ўәлаятлар Кеңеслеринде көрип шығылыўы ҳәм тастыйықланыўы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усынылыўын тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте бир ай мүддетте хирургиялық операцияның қурамалылық дәрежеси ҳәм нәтийжелилик көрсеткишлерине қарай медицина хызметкерлерине дифференциалластырылған мийнетке ҳақы төлеў системасын енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) жетекши сырт ел тәжирийбесин инабатқа алған ҳалда 2021-жыл 1-ноябрьден баслап Медицина хызметкерлериниң кәсиплик тәжирийбесин раўажландырыў орайында республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары ҳәм басқа да мәмлекетлик медицина мәкемелериниң басшыларын денсаўлықты сақлаў тараўында басқарыў (Healthcare Administration) бағдары бойынша қысқа мүддетли оқыў курсларында қайта таярлаў және маманлығын арттырыўды жолға қойсын ҳәм оларды усы курсларда оқытыў бойынша реже-графикти тастыйықласын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте 2022-2023-оқыў жылында денсаўлықты сақлаў тараўы ушын 50 менеджер қәнигелерин магистрлик бағдары (Master of Healthcare Administration) бойынша мәмлекетлик грант тийкарында Ташкент қаласындағы Халықаралық Вестминстер ҳәм басқа да жоқары билимлендириў шөлкемлеринде таярлаўға менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев, оның орынбасарлары А.Ш.Иноятов ҳәм У.Ю.Собиров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың өз ўақтында нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 4-октябрь