Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Соңғы жыллары халықты социаллық қорғаўды күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиў бойынша системалы ислер әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, социаллық бағдарламаларды қаржыландырыў қәрежетлери ЖИӨге салыстырғанда 2 есеге артып, кем тәмийинленген напақа алыўшы шаңарақларды қамтыў 5 есеге көбейди ҳәм майыплығы болған шахслар ҳәм майыплығы болған балаларға қараў менен бәнт болғанлар ушын жаңа напақа түрлери енгизилди.

Жаңа редакцияда қабыл етилген Конституцияда мийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз кекселер, майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық жақтан мүтәж басқа категорияларының ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында болыўының белгиленгенлиги бул тараўды бирден-бир қатнас жасаў негизинде реформалаў зәрүрлигин талап етпекте.

Атап айтқанда, мәмлекеттиң майыплығы болған шахслардың жумысқа орналасыўы ҳәм тәлим алыўына жәрдемлесиўи бойынша конституциялық миннетлемелериниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажларды нәтийжели муўапықластырыў системасының енгизилиўи талап етилмекте.

Жаңа редакциядағы Конституцияда жәрияланған социаллық мәмлекет принциплерин инабатқа алған ҳалда, пуқаралардың социаллық қорғаўға байланыслы ҳуқықларын ҳәм мәплерин сөзсиз тәмийинлеў, халыққа социаллық хызметлерди көрсетиўдиң сапасын түп-тийкарынан арттырыў ҳәм бул тараўға алдынғы халықаралық стандартларга тийкарланған пүткиллей жаңа басқарыў системасын енгизиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер мәмлекет тәрепинен халықты мәнзилли қорғаўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

комплексли қатнас жасаў тийкарында профессионал социаллық қорғаў системасын енгизиў;

социаллық қорғаў системасының нәтийжелилиги ҳәм мәнзиллилигин арттырыў арқалы халықтың жәрдемге мүтәж қатламының социалласыўын тәмийинлеў;

социаллық қорғаўды мәҳәлле дәрежесине шекем шөлкемлестириў, аўыр турмыслық аўҳалға түсип қалған халыққа индивидуал қатнаста болыўға муўапық социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўди жолға қойыў;

халықтың социаллық қамсызландырыў механизмлери менен қамтып алыныўын кеңейтиў;

қәўип топарларына түсип қалған шаңарақларды анықлаў ҳәм комплексли социаллық хызметлер көрсетиў арқалы олардың аўыр социаллық аўҳалға түсип қалыўының алдын алыў;

майыплығы болған шахслардың турмыс кешириўи ушын қолайлы орталық жаратыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги (кейинги орынларда ­ Агентлик), сондай-ақ, оның Қарақалпақсан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары ҳәм район (қала)ларда «Инсан» социаллық хызметлер орайлары шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги жумысының тийкарғы бағдарлары 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен министрлик ҳәм ведомстволардың муўапықластырылатуғын ҳәм мониторинг етилетуғын жумыс бағдарлары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Төмендегилер Агентлик структурасына өткерилсин:

а) 2023-жыл 15-июньнен баслап Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасынан:

Медициналық-социаллық экспертиза инспекциясы ҳәм оның аймақлық бөлимлери;

Майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў миллий орайы ҳәм оның аймақлық орайлары;

ҳаялларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў республика орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлери;

Адам саўдасы жәбиркешлерине жәрдем бериў бойынша республика реабилитация орайы;

кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар ушын «Мүриўбет» ҳәм «Сақаўат» интернат-үйлери;

Урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын республика пансионаты;

кекселер, майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын санаторийлер;

б) 2024-жыл 1-январьдан баслап:

Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасынан балалар үйлери;

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасынан меҳрибанлық үйлери;

жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары системасынан жас өспиримлер менен ислеў секторлары ҳәм шаңарақлық балалар үйлери;

в) 2024-жыл 1-августтан баслап:

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасынан айрықша тәлим мүтәжликлери болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп-интернатлар, көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм қәнигелестирилген оқыў-тәрбия мәкемелери;

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги системасынан имканиятлары шекленген шахслар ушын қәнигелестирилген кәсип-өнер мектеплери;

г) 2025-жыл 1-январьдан баслап:

Ишки ислер министрлиги системасынан белгили бир жасаў орнына ийе болмаған шахсларды реабилитациялаў орайлары;

Экономика ҳәм қаржы министрлиги системасынан Социаллық қамсызландырыў қоры.

Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң Паралимпияшылардың мәртлик мектебин 2023-жыл 15-июньнен Агентлик струткурасына өткериў ҳәм Паралимпия спорт түрлери бойынша қәнигелерди таярлаў институтының жумысын биргеликте муўапықластырыў бойынша усынысы мақуллансын.

Усы бәнтте көрсетилген шөлкемлер ҳәм структуралық дүзилмелер әмелдеги қаржыландырыў дәреклери, штат бирликлери, ҳуқық ҳәм миннетлемелери, мүлки және басқа товар-материаллық байлықлары менен биргеликте толығы менен Агентлик структурасына өткерилетуғыны белгиленсин.

  1. Социаллық хызметлерди мәҳәлле дәрежесинде шөлкемлестириў мақсетинде 2023-жыл 1-июльден баслап Агентликтиң район (қала)лардағы «Инсан» социаллық хызметлер орайларында социаллық хызметкерлер топарлары шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер олардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

ҳәр бир хожалықтың жағдайын үйренип, шаңарақлардағы ҳақыйқый жағдайды ҳәм олардың социаллық хызметлер және жәрдемге болған талабын анықлаў;

шаңарақлардың экономикалық-социаллық жағдайы ҳәм мүтәжликлерин үйрениў нәтийжесинде олардың социаллық паспортларын қәлиплестириў;

мүтәж халық пенен, соның ишинде, кейс-менеджмент усылын қолланған ҳалда нәтийжели жумыс шөлкемлестириў, олардан социаллық хызметлер ҳәм жәрдем алыў бойынша буйыртпалар қабыл етиў, зәрүрликке қарап буйыртпаларды жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға жибериў;

аўыр жағдайға түсип қалған ҳәм аўыр жағдайға түсип қалыў қәўпи жоқары болған шаңарақларды турақлы түрде мониторинг етип барыў, олар ушын социаллық хызмет ҳәм жәрдемлерди шөлкемлестириў.

  1. Агентлик халықты социаллық қорғаў ҳәм социаллық хызметлер көрсетиў тараўындағы бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланатуғыны;

Агентлик өз жумысын басқа мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахсларынан бийғәрез түрде әмелге асыратуғыны белгиленсин.

  1. Агентлик жанында төмендегилер шөлкемлестирилсин:

Социаллық инспекция ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы басқармалары;

Социаллық қорғаў системасы хызметкерлериниң маманлығын арттырыў орайы;

Социаллық қорғаўды раўажландырыў институты;

Медициналық-социаллық экспертиза инспекциясы ҳәм оның бөлимлери негизинде Агентликтиң орайлық аппараты қурамында Майыплығы болған шахслардың функционаллығын баҳалаў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери.

  1. Өз ўазыйпаларын әмелге асырыўда Агентликке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Ўәкилликли мәмлекет уйымларға халықты социаллық қорғаў бойынша бағдарламалар талапларын орынламағанлығы ушын нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген илажларды қолланыў бойынша усыныснамалар киргизиў;

өз ўәкилликлери шеңберинде удыўма мәжбүрий болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етиў;

өз ўәкиллиги шеңберинде ҳәкимшилик жуўапкершиликти келтирип шығаратуғын жағдайлар бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққында баянламалар дүзиў;

өзине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мағлыўматлар базасынан реал ўақыт режиминде пайдаланыў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден зәрүр статистикалық, аналитикалық және басқа мағлыўматларды сораў ҳәм алыў;

социаллық қорғаўға мүтәж қатлам ўәкиллери ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине мәмлекетлик грант тийкарында жеңилликли тәризде оқыўға қабыл етиў параметрлерин белгилеў;

өз ўәкилликлери шеңберинде мәсләҳәт-кеңес уйымлары ҳәм эксперт комиссияларын шөлкемлестириў;

өзине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде арнаўлы кәсиплик билимлерди талап ететуғын мәселелерди көрип шығыў ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң қәнигелерин тартыў;

социаллық қорғаў системасын раўажландырыў бойынша халықаралық шериклер, халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер менен бирге ислесиў бойынша ҳәм басқа шәртнамаларды дүзиў.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы структурасына:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық қорғаў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси ­ Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры лаўазымы киргизилсин;

Социаллық қорғаў мәселелери бойынша сыңар кәрхана шөлкемлестирилсин.

  1. Агентлик:

а) 2023-жыл 15-июльге шекем ЮНИСЕФ экспертлерин тартқан ҳалда ҳәм олардың бағдарламаларына муўапық социаллық хызметкерлерди қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жолға қойсын.

Онда, сырт елли ҳәм жергиликли квалификациялы экспертлерди тартқан ҳалда халыққа мәҳәлле дәрежесинде профессионал социаллық хызмет көрсетиў қәнигелерин таярлаўға итибар қаратсын;

б) 2023-жыл 1-августқа шекем Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратурасында социаллық хызметкерлерди оқытыў бағдарламаларын қайта көрип шықсын;

в) 2023-жыл 15-августқа шекем халықты социаллық хызметлер ҳәм социаллық жәрдем көрсетиў бағдарламалары бойынша, соның ишинде, олардың мобиль байланыс қуралларына мағлыўмат жибериў арқалы хабардар етиў әмелиятын енгизсин;

г) 2023-жыл 1-сентябрьге шекем майыплығы болған шахслар ушын қолайлы орталықты шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизсин;

д) төмендегилерди:

2023-жыл 1-июльге шекем халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиў ўазыйпалары Агентликке өткерилиўи мүнәсибети менен басқа министрлик ҳәм уйымлар, соның ишинде, мәҳәлле дәрежесинде хызмет көрсетип атырған структуралардың тәкирарлаўшы функцияларын бийкарлаўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын;

2023-жыл 1-августқа шекем Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте халықтың социаллық машқалаларын мәҳәлле дәрежесинде шешиўге қаратылған профессионал хызмет көрсетиў системасын енгизиў бойынша илажлар бағдарламасын;

2023-жыл 1-сентябрьге шекем мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте Агентлик структурасына өткерилген социаллық мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң жумысын жетилистириў және раўажландырыў бойынша усынысларды;

2024-жыл 1-январьға шекем мийнетке жарамлы халықты социаллық қамсызландырыў механизмлери менен қамтып алыў дәрежесин арттырыўға байланыслы усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин;

е) 2024-жыл 1-январьға шекем:

мәмлекет тәрепинен кепилленген социаллық хызметлерди көрсетиў стандартларын ҳәм олардың орынланыўын мониторинг етиў критерияларын;

майыплығы болған шахсларды үйде күтиў менен бәнт болған шаңарақ ағзаларына жәрдемлесиў бойынша социаллық қорғаў механизмлерин ислеп шықсын;

ж) мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтлары менен биргеликте социаллық шериклик жойбарларының әмелге асырылыўын жолға қойсын;

з) социаллық қорғаў тараўындағы машқала ҳәм усынысларды додалаў, жаңа жойбарларды ислеп шығыў бойынша жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат кеңес шөлкемлестирсин.

  1. Агентлик Санлы технологиялар министрлиги, Әдиллик министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте 2023-жыл 1-октябрьге шекем «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасын иске түсирсин, оның зәрүр уйымлық мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары менен интеграциясын ҳәм турақлы жетилистирип барылыўын тәмийинлесин.
  2. Төмендегилер белгиленсин:

а) 2023-жыл 1-октябрьден баслап:

«Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы Агентлик қарамағына өткериледи;

халыққа көрсетилетуғын барлық түрдеги социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер, соның ишинде, кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары ушын напақа ҳәм материаллық жәрдемлер бойынша арзалар «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасы арқалы қабыл етиледи;

б) «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасын енгизиў шеңберинде:

Агентлик сораўына тийкарланып «Санлы Өзбекстан ­ 2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша муўапықластырыў комиссиясы тәрепинен министрлик ҳәм уйымлардың электрон мағлыўматлар базалары интеграциясы тәмийинленеди;

халыққа социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиў, пуқаралардан мүрәжатларды қабыл етиў, көрип шығыў ушын электрон тәризде жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға жибериў ҳәм процессти мониторинг етиў тийкарында әмелге асырылады;

усы бәнтте нәзерде тутылған электрон мәлимлеме базаларының мағлыўматлары тийкарында ҳәр бир пуқараның экономикалық-социаллық жағдайы, талаплары ҳәм бар имканиятларын көрсететуғын социаллық паспортлар енгизиледи;

2024-жыл 1-январьдан баслап «Меҳир дәптери», «Сақаўат ҳәм көмек», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери» арқалы көрсетилетуғын социаллық жәрдем ҳәм көмеклер қамтып алынады.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Социаллық қорғаў миллий агентлиги жумысын шөлкемлестириў ҳәм социаллық хызметлер ҳәм жәрдем көрсетиў системасын раўажландырыў бойынша 2023-2025-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Ҳәр ҳәптениң жума күни «Меҳир ҳәм сақаўат күни» сыпатында белгиленип, барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер мүтәж халық, майыплығы болған шахслар ҳәм жалғыз кекселердиң ҳалынан хабар алыў, оларға ғамқорлық етиў ҳәм қайырқомлық илажларын өткерсин.
  3. Агентлик жанында 2023-жыл 1-октябрьден баслап Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры шөлкемлестирилсин ҳәм қор қаржыларын жумсаў бағдарлары 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  4. Агентлик 2023-жыл 1-сентябрьге шекем Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда, Социаллық қорғаў мәмлекетлик қорының қаржыларын алыўшылар ҳәм қаржыландырыў дәреги кесиминде мағлыўматлардың қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўының ашық айдынлығын тәмийинлеў механизмин енгизиў нәзерде тутылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына 5-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                 Ш.Мирзиёев

Ташкент қаласы,

1-июнь 2023-жыл.