Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Сырт ел инвестицияларын кеңнен тартқан ҳалда пайдалы қазылма кәнлерин санаат усылында өзлестириў, заманагөй усыллар ҳәм технологиялар жәрдеминде геологиялық-излеў жумысларын хошаметлеў ҳәм жер астынан пайдаланыўшыларға салық салыў тәртибин буннан былай да жетилистириў мақсетинде:
- 2022-жыл 1-январьдан баслап әҳмийетли коммерциялық потенциалға ийе болған углеводлар, баҳалы, реңли, сийрек ушырасатуғын ҳәм радиоактив металлар ҳәм басқа түрдеги рудалы пайдалы қазылмалар объектлери ушын жер асты участкасынан пайдаланыў ҳуқықын таңлаў саўдаларына шығарыўдың арнаўлы тәртиби орнатылатуғыны. Онда:
сатыў суммасы жер астынан пайдаланыў ҳуқықы ушын бонус суммасы сыпатында қаралатуғыны ҳәм таңлаў саўдалары шөлкемлериниң қәрежетлерин шегирген ҳалда Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетине өткерилетуғыны;
таңлаў саўдаларының шөлкемлестириўшиси ямаса таңлаў саўдаларының қатнасыўшылары нызамшылықта белгиленген тәртипте пайдалы қазылмаларды қазып алыўда (ажыратып алыўда) айырым салық түрлери бойынша салық ставкаларын арттырылған муғдарда усыныс етиў ҳуқықына ийе екенилиги белгиленсин.
- Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң 2022-жыл 1-январьдан баслап пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳуқықы ушын өндирилетуғын коммерцияға қолайлы табылма бонусын ҳәм пайдалы қазылмаларды анықлаў ҳәм разведкалаў бойынша жумысты әмелге асырыў ҳуқықы ушын өндирилетуғын қолтаңбалы бонусты бийкарлаў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 2022-жыл 1-январьдан баслап:
а) геологиялық-излеў ҳәм (ямаса) излениў жумысларын өткериў ушын ажыратылған жер участкалары юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын салыў объекти есапланбайтуғыны;
б) ажыратылған майдан ҳәм пайдалы қазылма түрлеринен келип шығып, нызамшылық ҳүжжетлери менен белгиленген муғдарда есаплап шығылатуғын, геологиялық үйрениўлер ушын жер астынан пайдаланғаны ушын ҳәр жыллық лицензия төлеми енгизилетуғыны;
в) геологиялық үйрениўлер ушын жер астынан пайдаланғаны ушын ҳәр жыллық лицензия төлеми төмендегилерге бағдарланатуғыны белгиленсин:
70 проценти – Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетине;
15 проценти – ўәлаятлық жергиликли бюджетине;
15 проценти – район (қала)лық жергиликли бюджетине.
- Геологиялық-излеў жумысларын әмелге асыратуғын юридикалық тәреплер, сондай-ақ, олар тәрепинен тартылатуғын жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм жәрдемши бөлип алып ислеўши шөлкемлер төмендегилерден азат етилсин:
кәнлерди излеў, анықлаў ҳәм пайдаланыў дәўиринде геологиялық излеўди әмелге асырыў ушын зәрүр болған арнаўлы техникаларды ўақтынша алып кириўде дәўирлик бажыхана төлемлеринен;
кәнлерди излеў, анықлаў ҳәм пайдаланыў бойынша жумысларды орынлаў ушын зәрүр болған, белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын әсбап-үскенелер, материаллық-техникалық ресурслар ҳәм арнаўлы техникаларды импорт етиўде бажыхана бажысынан.
Өзбекстан Республикасы аймағында углеводород кәнлерин анықлаў ҳәм излеўди әмелге асыратуғын жергиликли кәрханаларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2000-жыл 28-апрельдеги «Нефть ҳәм газ кәнлерин разведка етиў ҳәм оларды қазып шығарыўға тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-2598-санлы Пәрманының 4-бәнти үшинши абзацында нәзерде тутылған жеңилликлер енгизилсин.
Геологиялық-излеў жумысларын әмелге асыратуғын юридикалық тәреплерге қосымша қун салығының суммасын қаплап бериў Өзбекстан Республикасы Салық кодексинде белгиленген тәртипте, бирақ арза берилген күннен баслап 30 күннен кешиктирместен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 2021-жыл 1-октябрьден баслап:
тәбийғый газди экспортқа реализациялаўда акциз салығының ставкасы нольлик процент муғдарында белгиленетуғыны;
юридикалық тәреплер тәбийғый газди Өзбекстан Республикасы аймағына импорт етиўде бажыхана бажысынан азат етилетуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети үш ай мүддетте таңлаў саўдаларының шөлкемлестириўшиси ямаса таңлаў саўдаларының қатнасыўшыларына айырым салық түрлери бойынша арттырылған салық ставкаларын усыныс етиў ҳуқықын берген ҳалда, таңлаў саўдаларын өткериў ҳәм таңлаў саўдаларына қойылып атырған жер асты участкасынан пайдаланыў ҳуқықының басланғыш баҳасын анықлаўды есапқа алып, жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықына рухсат бериў тәртибин усы Пәрманға муўапықластырсын.
- Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети, Геология ҳәм минерал ресурслар мәмлекетлик комитети ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-декабрьге шекем Министрлер Кабинетине 2022-жыл 1-январьдан төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын киргизсин:
жер астынан пайдаланғаны ушын салық ставкаларын нефть ҳәм тәбийғый газ бойынша 10 процентке шекем, алтын ҳәм мыс ушын 7 процентке шекем, вольфрам ушын 2,7 процентке шекем ҳәм уран ушын 8 процентке шекем азайтсын. Онда углеводородлар, баҳалы, реңли, сийрек ушырасатуғын ҳәм радиоактив металларды, сондай-ақ, өнимниң бөлистирилиўине байланыслы келисимлер (егер 2021-жыл 1-сентябрьге шекем күшке кирген келисим ҳәм шәртнамаларда басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса) шеңберинде қазып алыўды әмелге асыратуғын мәмлекетлик үлеске ийе кәрханалар ушын, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен жер астынан пайдаланғаны ушын салықтың арттырылған ставкаларының белгилениўи мүмкин;
жер астынан пайдаланыўшылардың капитал қәрежетлерин есапқа алған ҳалда жаңа кәнлерде нефть, тәбийғый газ конденсаты, баҳалы, реңли, сийрек ушырасатуғын ҳәм радиоактив металларды қазып алыў (ажыратып алыў)ды әмелге асыратуғын жер астынан пайдаланыўшылар ушын рента дәрамат салығын енгизиў;
жаңа нефть ҳәм газ қудықларын, санаат усылында пайдаланыўға тапсырылған айдан баслап, дәслепки еки жыл даўамында юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық төлеўден азат етиў, кейинги үш жылда усы салық ушын белгиленген салық ставкасының 50 процентине азайтылған ставканы қолланыў;
алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳәм экспертлерди тартқан ҳалда, жер астынан пайдаланғаны ушын салықты есаплаў тәртибин буннан былай да жетилистириў. Онда, 2021-жыл 1-январьдан 31-декабрьге шекемги болған дәўирде тәбийғый газ, нефть ҳәм айырым түрдеги басқа пайдалы қазылмаларды қазып алыўда жер астынан пайдаланғаны ушын салықты есаплаўда салық базасы оларды тасыў ҳәм қайта ислеўге байланыслы қәрежетлер суммасына азайтылатуғыны белгиленсин;
рудалық емес пайдалы қазылмалар ушын жер астынан пайдаланғаны ушын салық ставкаларын унификациялаў;
рента дәраматы салығын төлеўши сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы кәрханаларға салық есабын АҚШ долларында жүргизиў ҳуқықын бериў.
- Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети жаңа редакциядағы «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы нызам жойбарында усы Пәрманнан келип шығатуғын тәртиплерди нәзерде тутсын.
- Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 6-октябрь