Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстанның ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-269-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, экономикалық реформаларды әмелге асырыўға байланыслы қарарлардың орынланыўын нәтийжели әмелге асырыўда илимий қатнаслар ҳәм басқарыў кадрларын таярлаў системасын жетилистириў мақсетинде:
- Министрлер Кабинети ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы:
Прогнозластырыў ҳәм макроэкономикалық изертлеўлер институты тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институтын (кейинги орынларда – Институт);
Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебиниң тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебин (кейинги орынларда – Жоқары мектеп) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Төмендегилер:
Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты жумысының тийкарғы бағдарлары 1-қосымшаға муўапық;
Министрлер Кабинети жанындағы Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби жумысының тийкарғы бағдарлары 2-қосымшаға муўапық;
Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты сондай-ақ, Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектебииниң басшыларын тайынлаў, хызметкерлерине медициналық хызмет көрсетиў, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм үстеме белгилеў тәртиби 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Институт ҳәм Жоқары мектеп жумысының тийкарғы бағдарларының нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
Институт қурамында аймақларда жер ресурсларынан үнемли пайдаланыў ҳәм оларды оптимал бөлистириў арқалы бәнтликти тәмийинлеў, халықтың дәраматларын арттырыў бойынша машқалаларды үйрениў ҳәм әмелий усыныслар таярлаўға қаратылған юридикалық шахс болмаған «Жер реформалары орайы»;
Жоқары мектеп структурасында юридикалық шахс болмаған «Жасыл экономиканы алға қойыў ҳәм енгизиў» жойбарлаў офиси ҳәм Бизнес инкубатор ҳәм стартап жойбарлар менен ислесиў орайы шөлкемлестирилсин.
- Министрлер Кабинети (Ж.Қўчқоров):
Институт ҳәм Жоқары мектептиң басқарыў сондай-ақ, илимий педагогикалық хызметкерлерин аттестациядан өткериў ҳәм заманагөй талапларға сәйкес жоқары тәжирийбели кадрлар менен толықтырыў;
Институт ҳәм Жоқары мектептиң Қәўендерлик кеңеси арқалы олардың жумысын муўапықластырып барыў ҳәм материаллық-техникалық базасын жақсылаў илажларын көрсин.
- Аймақлар ҳәм тараўлар кесиминдеги машқалаларды орынларға шығып үйрениў, халық ҳәм исбилерменлер арасында сораўнамалар алып барыў, турақлы түрде Өзбекстан экономистлер форумын шөлкемлестириў, сырт ел экспертлерин тартыў ҳәм хызметкерлерди материаллық хошаметлеў мақсетинде Институт жанында юридикалық шахс болмаған Изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў қоры шөлкемлестирилсин ҳәм оның қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
Мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы Институттың бир жыллық мийнетке ҳақы төлеў қорының 40 проценти муғдарында ажыратылатуғын қаржылар;
нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Төмендегилер Институт ҳәм Жоқары мектеп жумысының қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
2023-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети параметлеринде Институт ҳәм Жоқары мектеп жумыс алып барыўы ушын нәзерде тутылған қаржылар, 2024-жылдан баслап белгиленген тәртипте Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғын қаржылар;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер.
- Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Институт ҳәм Жоқары мектеп жумысын нәтийжели жолға қойыў, олардың режелерин тастыйықлаў, материаллық-техникалық базасын жақсылаў ҳәм басқа да шөлкемлестириў-техникалық мәселелерди нәзерде тутыўшы қарарды қабылласын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 4-апрель