Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Кейинги жылларда шекленген суў резервлеринен нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы жерлери биофондын тиклеў, шорланған ҳәм эрозияға ушыраған майданларды қайта пайдаланыўға киргизиў, экосистемалардың биологиялық көптүрлилигин сақлап қалыў, «жасыл энергетика» ҳәм агротехнологиялар сыяқлы әҳмийетли бағдарларда билимлендириў, илимий изертлеў ҳәм қолланбалар трансферин нәтийжели жолға қойыў талап етилмекте.
Бундай әҳмийетли глобаллық машқалаларды шешиў ушын инвестициялар ҳәм илимий изертлеўлерди кеңейтиў, санлы технологияларды кеңнен енгизиў арқалы илимий потенциалды жаңа басқышқа көтериў ҳәм қолланбаларды әмелиятта қолланыўға уқыплы болған инженерлерди таярлаў мәселелери тийкарғы әҳмийет ийелейди.
Республикада инновациялық билимлендириў ҳәм технологиялар трансферин қоллап-қуўатлаў системасын жаратыў, билимлендириў ҳәм өндиристи тығыз байланыстырыў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумыс бағдарларын түп-тийкарынан жетилистириў, олардың халықаралық абырайын арттырыў, нәтийжели басқарыў системасын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-октябрьдеги ПП-5847-санлы пәрманы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын избе-из тәмийинлеў мақсетинде:
- Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты «Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» миллий изертлеў университети (кейинги орынларда – Университет) деп қайта аталсын.
- Төмендегилер Университеттиң тийкарғы жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
гидроэнергетика, ирригация системаларын басқарыў, суў хожалығы объектлериниң қурылысы, кадастр ҳәм геоинформатика, «жасыл экономика», «жасыл энергетика», экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, аўыл хожалығы машина қурылысы, санлы технологиялар тармақлары ушын жоқары мағлыўматлы инженер кадрларды таярлаў;
суўғарыў системаларының нәтийжелилигин арттырыў, үнемлеўши суўғарыў технологияларын жаратыў, «санлы аўыл хожалығы» ҳәм геомәлимлеме системалары тийкарында жерлердиң мелиоративлик жағдайын баҳалаўды жолға қойыў ҳәм топырақ өнимдарлығын арттырыўдың жетилискен усылларын ислеп шығыў;
заманагөй оқыў ҳәм илимий-лаборатория базасын қәлиплестириў, оны алдынғы технологиялық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм тараўды раўажландырыўға қаратылған илимий-инновациялық изертлеўлерди кеңейтиў ҳәм олардың трансфери бойынша нәтийжели системаны қәлиплестириў;
экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы илимий изертлеўлердиң нәтийжелилигин арттырыў, суў ресурсларын есапқа алыў ҳәм басқарыў системасын жетилистириў, гидротехника имаратларын жойбарлаў, қурыў ҳәм пайдаланыўды санластырыў бағдарында илимий шешимлерди ислеп шығыў;
илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша тығыз билимлендириў системасын жаратыў;
жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен қоспа билимлендириў бағдарламалары ҳәм илимий жойбарларды енгизиў, Университет профессор-оқытыўшыларының маманлығын арттырыў, питкериўшилердиң республикалық ҳәм сырт елдеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде (илимий орайларда) магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша билим алыўын шөлкемлестириў;
оқыў процесин студентлерде бийғәрез билим алыў, системалы таллаў, креатив пикирлеў ҳәм әмелий, соның ишинде, исбилерменлик көнликпелерди қәлиплестириўге бағдарлаў;
оқыў процесине халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиў, билимлендириў ҳәм изертлеўди үйлестириў арқалы экономика тармақлары ушын ең алдынғы инновациялық технологияларды ислеп шығыў;
қарамағындағы қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелериниң жумысын муўапықластырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў.
Университет гидроэнергетика, ирригация, мелиорация, аўыл хожалығында инновациялық техника ҳәм технологиялар, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологиялары, қайта тиклениўши энергия дәреклери, геодезия ҳәм геоинформатика, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бағдарларында кадрларды таярлайтуғын таяныш жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны белгиленсин.
- Университет жумысын муўапықластырыў бойынша басқарыў кеңеси (кейинги орынларда – Басқарыў кеңеси) шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Басқарыў кеңесине (С.У.Умурзаков):
а) төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
Университеттиң финанс жылы ушын мөлшерленген бизнес-режесин, узақ ҳәм орта мүддеттли стратегиялық раўажландырыў бағдарламасын, дәрамат ҳәм қәрежетлер параметрлерин тастыйықлаў ҳәм олардың орынланыўын додалаў;
Илимлер академиясының илимий мәкемелер ҳәм тармақ илимий-изертлеў институтлары менен биргеликте илимий мектеплерин раўажландырыў;
аўыл ҳәм суў хожалығы технологиялары бағдарында билимлендириў, илимий изертлеў ҳәм қолланбалар трансфери процесслерин раўажландырыў ҳәм илимий изертлеў ҳәм инновациялық қолланбалар бойынша буйыртпашылар менен пайдалы бирге ислесиўди орнатыў;
илимий өнимлерди коммерцияластырыў, стартап ҳәм акселератор жумысларын жолға қойыў;
билимлендириў ҳәм изертлеў процесслерине инвестицияларды тартыў, жетекши сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери менен нәтийжели байланысларды орнатыў;
б) төмендеги ўәкилликлер берилсин:
экономика тармақларының талапларын есапқа алған ҳалда жаңа бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлерин ашыў, сондай-ақ, төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлерин белгилеў;
окыў-илимий процесслерге тартылған сырт ел қәнигелериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарларын базар конъюнктурасынан келип шығып белгилеў;
Университет ҳәм оның қурамындағы билимлендириў шөлкемлери структураларын тастыйықлаў;
Университеттиң шөлкемлестириў структурасына бюджеттен тысқары қаржылар есабынан қаржыландырылатуғын жаңа лаўазым ҳәм структуралық бөлимлер ҳәм қосымша штат бирликлерин енгизиў.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң Университетте Трансформация офисин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Трансформация офиси төмендегилер ушын жуўапкер етип белгиленсин:
Университетти трансформациялаў ҳам комплексли раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў ҳәм 2025-жылға шекем халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары билимлендириў мәкемелериниң рейтингинде биринши 1000 лық дизимге киргизиў;
Университетти танытыў бойынша миллий ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары, Интернет тармағы ҳәм басқа да қураллар арқалы үгит-нәсиятлаў илажларын өткериў ҳәм реклама етиў;
Университеттеги түрли есабат ҳәм мағлыўматлар санын кескин азайтыў, оларды таярлаўда қағаз түринен ўаз кешиў, басқарыў системасы ҳәм оқыў процесслери, китапхана ҳәм ҳүжжетлер айланысын санластырыўшы «Санлы Университет» платформасына толық өтиўин тәмийинлеў.
Трансформация офисиниң басшысы лаўазымы, мийнетке ҳақы төлеў шәртлери ҳәм муғдарлары бойынша Университеттиң проректорына теңлестирилетуғыны белгиленсин.
- Университетке 2022-2023-оқыў жылынан баслап төмендеги ўәкилликлер берилсин:
а) академик еркинлик тараўында:
оқыў режелери, оқыў бағдарламалары, маманлық талапларын кәсиплик стандартлар тийкарында тастыйықлаў, билимлендириў тилин ҳәм тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлериниң өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда билим алыўдың түрин белгилеў;
илимий дәрежелер бериўши илимий кеңеслер дүзиў ҳәм олардың қурамын тастыйықлаў;
тийисли қәнигеликлерде илимий атақ ҳәм илимий дәрежелерди бериў ҳәм республикадағы басқа да жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен берилген илимий атақ ҳәм илимий дәрежелерди тән алыў, сондай-ақ, докторант ҳәм бийғәрез излениўшилерге илимий басшылық етиў тәртибин тастыйықлаў;
тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер ушын билимлендириў даўамлылығы мүддетлерин белгилеў;
докторантурада төлемли-контракт тийкарында оқыў баҳасын белгилеў, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан грант ажыратыў арқалы докторантураға таңлаў тийкарында квотаға қосымша тәризде талапкерликти қабыллаў;
магистратура басқышында билимлендириўдиң сыртқы, аралықтан ҳәм кешки түрлерин енгизиў, сондай-ақ, тәлим бағдарлары ҳәм қәнигеликлер бойынша қос маманлықлар ҳәм кәсиплик маманлықлар бериў системасын енгизиў;
өз-ара келисимлер тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелери менен ишки академиялық мобильликти әмелге асырыў;
Университет ҳәм оның қарамағындағы билимлендириў мәкемелери ушын өзиниң грифи тийкарында сабақлықлар ҳәм басқа да оқыў ҳәм илимий әдебиятларды жаратыў ҳәм басып шығарыў;
билимлендириўдиң сапасын ишки қадағалаў механизмлерин белгилеў ҳәм енгизиў;
б) шөлкемлестириўшилик-басқарыўындағы еркинлик тараўында:
жумыстың тийкарғы бағдары билимлендириў, илим, оның нәтийжелерин енгизиў ҳәм коммерцияластырыўға байланыслы болған структуралық структуралар, коммерциялық ҳәм коммерциялық емес шөлкемлерди шөлкемлестириў;
педагог ҳәм басқа да хызметкерлерди жумысқа қабыллаў, жумыстан босатыў ҳәм ишки ротациясына байланыслы тәртипти белгилеў;
сырт мәмлекеттиң пуқараларын төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў ҳәм аралықтан билим алыў тәризинде оқытыўды шөлкемлестириў.
Усы бәнтте нәзерде тутылған ўәкилликлер Университет тәрепинен еркин түрде нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларына муўапық әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң Университетти 2022-жыл 1-январьдан баслап өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Онда, Университетке өзин-өзи қаржыландырыў системасына өткерилген жоқары билимлендириў мәкемелери ушын берилген барлық ўәкилликлер ҳәм ҳуқықлар енгизиледи.
- Төмендегилер:
2025-жылға шекем «Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» миллий изертлеў университетин трансформациялаў ҳәм комплексли раўажландырыў бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық;
«Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» миллий изертлеў университетиниң халықаралық абырайын арттырыў бойынша мақсетли көрсеткишлер 3-қосымшаға муўапық;
«Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» миллий изертлеў университети инженерлик кафедраларын илимий-изертлеў мәкемелери, тармақ кәрханалары, шөлкемлери ҳәм мәкемелерине бириктириў кестеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Инновациялық раўажланыў министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:
Университет жанында юридикалық тәреп статусына ийе Фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлер институтын шөлкемлестириў;
Университеттиң Бухара филиалы негизинде Бухара тәбийғый ресурсларды басқарыў институтын шөлкемлестириў;
Университеттиң Қаршы филиалы негизинде Қаршы ирригация ҳәм агротехнологиялар институтын шөлкемлестириў.
- Фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер институтының ағымдағы жумысы, имаратлардан пайдаланыў, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў (илимий хызметкерлерден тысқары) бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
Бухара тәбийғый ресурсларды басқарыў институты ҳәм Қаршы ирригация ҳәм агротехнологиялар институты Университет жанында жумыс алып баратуғыны;
Университеттиң Бухара ҳәм Қаршы филиалларының студентлери билим алып атырған бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша оқыўды сәйкес түрде Бухара тәбийғый ресурсларды басқарыў институты ҳәм Қаршы ирригация ҳәм агротехнологиялар институтында даўам еттиретуғыны;
Бухара тәбийғый ресурларды басқарыў институты ҳәм Қаршы ирригация ҳәм агротехнологиялар институтының тийислилиги бойынша Университеттиң Бухара ҳәм Қаршы филлиалларының барлық ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны ҳәм филиаллардың мүлки ҳәм басқа да тийкарғы қураллары тийисли тәризде жаңадан шөлкемлестирилип атырған институтларға өткерилетуғыны белгиленсин.
- Фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер институтының структурасы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
регионда суў ресурсларын есапқа алған ҳалда аймақлар кесиминде суўдан пайдаланыў бойынша орта ҳәм узақ мүддетке мөлшерленген изертлеўлер өткериў;
геомәлимлеме технологиялары тийкарында жерлердиң мелиоративлик жағдайын баҳалаў системасын жолға қойыў, топырақ өнимдарлығын арттырыўдың жаңа усылларын жаратыў;
жасалма интеллект ҳәм «ақыллы технологиялар» бойынша илимий-изертлеўлер алып барыў, жергиликли топырақ, егислик ҳәм аўыл хожалығы өнимлери түрлерине бейимлестирилген агротехнологиялар жаратыў;
өсимликлер ҳәм олардың жасаў орталығын, өсимликлер қурамындағы азықлық элементлериниң оптимал дәрежесин, топырақтың макро ҳәм микро элементлерин физикалық-химиялық анализлеў усыллары тийкарында изертлеў;
«жасыл экономика», қайта тиклениўши энергия дәреклери ҳәм ресурсты үнемлейтуғын технологиялар бойынша изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм қолланбаларды жаратыў;
электроника, мехатроника ҳәм робототехника бағдарындағы әмелий изертлеўлерди раўажландырыў, космослық аппаратлар мағлыўматларын қайта ислеў ҳәм таллаў;
физика бағдарлары бойынша фундаментал машқалаларды үйрениў, экспериментал мағлыўматларды қайта ислеўдиң жаңа модельлери ҳәм усылларын ислеп шығыў.
- Фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер институты Ташкент қаласы Мырза Улығбек районы, Қори Ниёзий көшеси, 39-үй, «А» имаратқа жайластырылсын.
Фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер институты имаратын ағымдағы оңлаў, оған тутас аймақты абаданластырыў, хызмет ханаларын мебель, компьютер, шөлкемлестириўшилик техника ҳәм инвентарь менен үскенелеў Министрлер Кабинетиниң резерв қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Суў хожалығы министрлигин ҳәкимшилик имарат пенен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Университеттиң жумысын раўажландырыў қоры шөлкемлестирилсин ҳәм оның финанслық дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жойбарларын дүзилетуғын шәртнамалар тийкарында илимий-техникалық тәмийинлеў ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардың 5 процентке шекемги болған бөлеги;
экономика тармақларында халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимети қаржы шөлкемлериниң қатнасыўында әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша өз-ара келисим тийкарында билимлендириў, кадрлар таярлаў, изертлеў ҳәм технологиялар трансферин раўажландырыў компонентлериниң қаржылары;
сырт ел инвесторлары менен инвестициялық келисимлерде нәзерде тутылған илимий изертлеўлер, кадрлар таярлаў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын ажыратылатуғын қаржылар;
кадрларды таярлаў ҳәм қайта таярлаў, аўыл, суў хожалығы ҳәм басқа да бағдарларда тартылатуғын донор шөлкемлердиң грант қаржылары;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Басқарыў кеңесине Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм пайдаланыў тәртибин белгилеў ўәкиллиги берилсин.
- Басқарыў кеңеси (С.У.Умурзаков):
а) еки ай мүддетте:
Басқарма кеңесиниң жумысы ҳаққындағы режени тастыйықласын;
Трансформация офисиниң баслығы лаўазымына жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелеринде басшылық ҳәм жумыс тәжирийбесине ийе болған қәнигени тартсын;
Университет кафедраларының илимий жумысын тараў ҳәм тармақлар машқалаларының шешимине бағдарлаў мақсетинде заманагөй тәлим бағдарларын есапқа алған ҳалда, оларды қайтадан шөлкемлестирсин;
Университеттиң қәнигелескен факультет ҳәм кафедраларының сәйкес бағдарлары бойынша ири хожалық жүргизиўши субъектлер менен бирге ислесиўин жолға қойсын;
Университет басшысы, кафедрлар ҳәм структуралық бөлимлердиң жумыс нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлерин ҳәм жоқары нәтийжелиликке ерискенлерди хошаметлеп барыў системасын енгизсин;
б) Университетти халықаралық тән алынған шөлкемлердиң жоқары билимлендириў мәкемелериниң рейтингинде биринши 1000 лық дизимине киргизиў бойынша мақсетли параметрлерге ерисилиўи үстинен турақлы қадағалаў орнатсын;
в) оқыў процесине сырт ел профессор-оқытыўшыларын таңлаў тийкарында тартыў ҳәм Университет профессор-оқытыўшыларының маманлығын сырт елдеги билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде арттырыў илажларын көрсин;
г) 2022-2023-оқыў жылынан баслап суў хожалығы объектлериниң қурылысы, гидроэнергетика, «ақыллы» аўыл хожалығы технологиялары ҳәм геоинформатика сыяқлы бағдарлар бойынша сырт мәмлекетлердиң абырайлы жоқары оқыў орынлары менен биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламаларын ҳәм кең көлемли фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди шөлкемлестириў илажын көрсин;
д) 2023-2024-оқыў жылына шекем Университет жанында жаңа сынаў лабораториясы ҳәм аўыл ҳәм суў хожалығы технопаркин шөлкемлестирсин ҳәм олардың нәтийжели жумыс алып барыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилер:
2022-2023-жылларда Фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлер институты илимий лабораторияларының материаллық-техникалық базасын жаратыў бағдарламасы 6-қосымшаға муўапық;
2022-2024-жылларда «Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» миллий изертлеў университетинде әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм оқыў-лабораторияларының материаллық-техникалық базасын модернизациялаў бағдарламасы 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаков белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 10-декабрь