Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин улыўмахалықлық байрамы сыпатында кеңнен белгилеў, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қаза болған ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанымыздың абырай-мәртебесин арттырыў, жасларды руўхый-әдеп икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды қәдирлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 78 жыллығы мүнәсибети менен урыс қатнасыўшыларын және майыпларды материаллық хошаметлеў мақсетинде:
- Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплардың ҳәр бирине 18 000 000 (он сегиз миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық белгиленсин.
- Усы Пәрманды орынлаўға байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардия, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Мәденият ҳәм туризм министрлиги, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы менен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына усы айқшалай сыйлықтың салтанатлы ҳәм байрам тәризинде тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Усы пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2022-жыл 2-май