Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды ҳәм халықты тәшўишке салып атырған әҳмийетли машқалаларды анықлаўдың пүткиллей жаңа системасының енгизилиўи қысқа ўақыт ишинде пуқаралардың мәмлекетлик институтларға исеними дәрежесиниң артыўына ҳәм мәмлекет хызметкерлери тәрепинен өзине жүкленген жумыс тараўына мүнәсибети ҳәм жуўапкершилигин түп-тийкарынан өзгертиў имканиятын берди.
Соның менен бирге, өткерилген таллаўлар министрликлер, уйымлар, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, басқа да мәмлекетлик шөлкемлерде (кейинги орынларда – мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер) ескирген бюрократиялық усылларда жумыс алып барыў, соның ишинде, ҳүжжетлер айланысына заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў дәрежесиниң төменлиги, қағазпазлық көлеминиң жоқарылығы, сондай-ақ, әмелий әҳмийетке ийе болмаған көплеген мәжилис ҳәм жыйналыслар өткериў әмелияты сақланып қалып атырғанлығын көрсетти.
Мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң сапасын буннан былай да жетилистириў, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды қысқартыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў және 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Әдиллик министрлиги, министрликлер ҳәм уйымлардың төмендеги усынысларына келисим берилсин:
а) 2020-жыл 1-январьдан баслап жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының өз алдына функциялары менен ўәкилликлерин тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымларының аймақлық бөлимлерине 1-қосымшаға муўапық өткериў;
б) 2020-жыл 1-январьдан баслап жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының төмендегилерди нәзерде тутатуғын функциялары менен ўәкилликлерин шығарып таслаў:
технологиялық, тоғай-мелиорация, агротехникалық, гидротехникалық, санитария-техникалық илажларды келисиў;
бузылыўы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик нәзерде тутылған, жәмийетлик тәртипти сақлаў мәселелери, егер олар Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси менен тәртипке салынбаған болса, сондай-ақ, тәбийғый апатшылық ҳәм эпидемиялар менен гүресиў мәселелери бойынша қарарлар қабыл етиў;
атмосфера ҳаўасын патаслаўдың турақлы дәреклери тәрепинен атмосфераға патасландырыўшы элементлерди шығарыў бойынша мәмлекетлик экологиялық экспертизасының жуўмағында нәзерде тутылған шәртлер ҳәм талаплардың бузылыўы менен байланыслы жумысын шеклеў, тоқтатып турыў ҳәм сапластырыў мәселесинде қарар қабыл етиў;
тоғайларға зыян жеткерилген жағдайларда шөлкемлердиң жумысын шеклеў, тоқтатып турыў ҳәм сапластырыў бойынша қарар қабыл етиў;
базар жумысын тоқтатып турыў бойынша қарар қабыл етиў.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер 2-қосымшада нәзерде тутылған ҳүжжетлерди пуқаралардан талап етиўине, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен олардың берилиўине жол қойылмайтуғыны;
2021-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың структуралық бөлимлери арасында ҳүжжет айланысын ҳәм есабатларды жүргизиў тек электрон көринисте қәлиплестирилетуғыны ҳәм әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-мартқа шекем тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы бойынша зәрүр есабатларды реал ўақыт режиминде дүзиў және 2021-жыл 1-январьға келип қағаз көринисиндеги бланкалар, формалар ҳәм кестелерди толтырыўдан толық ўаз кешиў имканиятын беретуғын Барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде есабат ҳәм ҳүжжет айланысын жүргизиўдиң автоматластырылған системасын енгизиў бойынша илажлар режесин Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер Барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде есабат ҳәм ҳүжжет айланысын жүргизиўдиң автоматластырылған системасын енгизиў бойынша илажлар режесинде нәзерде тутылатуғын мүддетлерде есабат жүргизиўдиң автоматластырылған системасы басқышпа-басқыш енгизилиўин ҳәм оның толық ислеўин тәмийинлесин.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына есабат ҳәм ҳүжжет айланысын жүргизиўдиң автоматластырылған системасын енгизиў ушын жеке жуўапкер болып есапланатуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-мартқа шекем мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң барлық хызметкерлерин ҳәм басшыларын белгиленген тәртипте электрон санлы қол таңбалар менен тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-августтағы «Уйымлараралық коллегиаллық уйымларды түп-тийкарынан қысқартыў ҳәм буннан былай да оптималластырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5527-санлы Пәрманына муўапық Әдиллик министрлииги тәрепинен мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте әмелдеги уйымлараралық коллегиаллық уйымлардың жумысы талланғанлығы ҳәм нәтийжелилиги баҳаланғанлығы, нәтийжесине бола оларды және де қысқартыў ҳәм оптималластырыў бойынша усыныслар ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги және мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳүжжетлери менен дүзилген 3-қосымшаға муўапық дизим бойынша өз алдына уйымлараралық коллегиаллық уйымлардың айырымларының ўәкилликлерин тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге өткерген ҳалда, 2020-жыл 1-январьдан баслап оларды сапластырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-мартқа шекем усы қарардың 3-қосымшасын әмелге асырыўға қаратылған тийисли илажлар әмелге асырылыўын тәмийинлесин ҳәм онда төмендегилер нәзерде тутылсын:
сапластырылып атырған уйымлараралық коллегиаллық уйымлардың ўазыйпалары, функциялары, ҳуқықлары менен миннетлемелери белгилеп берилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди хатлаўдан өткериў ҳәм үйрениў;
өткерилген хатлаў ҳәм үйрениў нәтийжелерине бола анықланған сапластырылып атырған уйымлараралық коллегиаллық уйымлардың әҳмийетли ўәкилликлерин тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге өткериўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыў.
- Бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысына заманагөй басқарыў тәртиплерин енгизиў бойынша «Жол картасы» 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы (кейинги орынларда – Академия) еки ай мүддетте ўақытты дурыс шөлкемлестириў ҳәм оннан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў технологиялары (time management), бюрократия, қағазпазлық ҳәм мәжилислер өткериў әмелиятын бийкарлаў бойынша оқыў бағдарламасын ислеп шығып, Академия ҳәм оның филиалларында мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм басшылары ушын курсларды келисилген мүддетлерде шөлкемлестирсин.
- Академия ҳәм оның филиалларындағы оқыў курслары төлемли тийкарда алып барылатуғыны ҳәм усы курсларда қатнасыў тастыйықланған курслар графигине киргизилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери ҳәм басшылары ушын мәжбүрий екенлиги;
Академия ҳәм оның филиалларындағы оқыў курсларында оқыў менен байланыслы қәрежетлер бюджеттен тысқары қаржылар ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар, сондай-ақ, хызметкерлери курс тыңлаўшылары есапланған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Төмендегилерге:
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларына мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен усы қарар талапларына әмел етилиўи үстинен жәмийетлик қадағалаўды алып барыў ҳәм анықланған қағыйда бузыўларды кеңнен жарытыў;
«Жәмийетлик пикир» жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў республикалық орайына мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери арасында усы қарар талапларына әмел етиў жағдайы бойынша аноним сораўлар өткериў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги және оның структуралық бөлимлери мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўында бюрократияны, қағазпазлықты және де қысқартыў бойынша анық ҳәм тийкарланған усынысларды киргизген ҳалда усы қарардың орынланыўы бойынша тәсиршең мониторинг ҳәм таллаўлар алып барсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын жарытыўға байланыслы мақалалар ҳәм телекөрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 9-декабрь