Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Елимиз экономикасының тармақларын реформалаў шеңберинде экономикалық ҳәм финанс статистика мағлыўматларынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм бюджет процесиниң ашық-айдынлығын арттырыўдың жаңа механизмлерин енгизиў бойынша избе-из жумыслар алып барылып атырғанын атап өтиў зәрүр.
Соның менен бирге, бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығы ҳәм сапасы, оларды сырт ел инвесторларына ҳәм басқа да мәпдар субъектлерге жеткериў, сондай-ақ, парламент ўәкиллериниң және пуқаралық жәмийетиниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетин (кейинги орынларда Мәмлекетлик бюджет деп аталады) қәлиплестириў ҳәм орынлаў процесиндеги қатнасы дәрежеси жетерли емес.
Бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын буннан былай да арттырыў, бюджет қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм сарыпланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:
- Мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириўдиң ҳәм орынлаўдың сондай тәртиби орнатылсын, оған муўапық:
2019-жылдан баслап бюджет қаржыларын бөлистириўде пуқаралар қатнасыўының район (қала)лар бюджетлери қосымша дәреклериниң кеминде 10 процентин жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларға бағдарлаўды нәзерде тутатуғын механизми енгизиледи;
2020-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлери мәлимлемелери толық билдирилген, алдынғы халықаралық стандартларға муўапық таярланған нызам менен тастыйықланады.
Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлери, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларының жойбарлары, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң орынланыўы ҳаққындағы есабатлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизилиўден алдын мәжбүрий жәмийетшилик додалаўына қойылыўы шәрт;
Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң жойбарлары және олардың орынланыўы ҳаққындағы есабатлары менен бирге Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен ислеп шығылатуғын «Пуқаралар ушын бюджет» мәлимлеме баспасы жәмийетшилик додалаўы ушын жәрияланады;
Өзбекстан Республикасы Есап палатасының Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлери, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларының жойбарлары, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабат бойынша сыртқы аудит ҳәм баҳалаў нәтийжелери бағдарындағы жуўмақлары мәжбүрий жәрияланады.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Ашық бюджет» мәлимлеме порталының (кейинги орынларда Портал) иске түсирилиўин ҳәм жумыс жүргизиўин тәмийинлесин:
Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларының жойбарлары, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң орынланыўы ҳаққындағы есабатлар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Есап палатасының жуўмақларын жайластырыў арқалы бюджет қаржыларының мәнзиллилиги үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў;
жәмийетшиликтиң пикирин қәлиплестириў ушын район (қала)лар бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан қаржыландырыў усыныс етилип атырған илажлар ҳаққындағы мәлимлемени жайластырыў;
бюджет нызамшылығын бузыў жағдайлары ҳаққында хабардар етиў ҳәм бюджет процесин жетилистириў бойынша усыныслар киргизиў имканиятын өз ишине алған пуқаралар менен қайта байланысты шөлкемлестириў.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлардың бюджетлери, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларының жойбарлары, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң орынланыўы ҳаққындағы есабатларды көрип шығыўда пуқаралардың Портал арқалы келип түскен пикир-усынысларын таллаў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-июльға шекемги мүддетте Халықаралық валюта қорының 2014-жылғы мәмлекетлик қаржы статистикасы бойынша қолланбасына муўапық ислеп шығылған жаңаланған бюджет сыпатламасын тастыйықласын;
бир ай мүддетте бюджет есабының тәртибин Мәмлекетлик секторда халықаралық финанслық есап стандартларына (IPSAS) үйлестириў бойынша 2019-2020-жылларға мөлшерленген илажлардың режесин тастыйықласын;
бюджеттиң ашық-айдынлығы бойынша халықаралық рейтингте жетекши орынларды ийелеп турған алдынғы сырт еллердиң тәжирийбеси тийкарында Порталды турақлы қоллап-қуўатлаўды тәмийинлесин;
Өзбекстан Республикасы Есап палатасы менен биргеликте еки ай мүддетте Жәҳән банки тәрепинен Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик қаржыны басқарыў нәтийжелилигин Жәҳән банкиниң мәмлекет қәрежетлери ҳәм финанслық есапсанақлық өлшемлери бойынша баҳалаўдан өткериў илажларын көрсин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Өзбекстан Республикасының Бюджеттиң ашық-айдынлығы индекси бойынша рейтингке ерисиўи, соның ишинде, Порталдың жаратылыўы бойынша зәрүр илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, бюджеттиң ашық-айдынлығын баҳалаў ушын халықаралық қаржы институтларының экспертлери ҳәм техникалық жәрдеминиң тартылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
еки ҳәпте мүддетте баҳалаўды өткериў мүддетин белгилеген ҳалда мәмлекетлик қәрежетлер ҳәм финанслық есап-санақлықты Жәҳән банки өлшемлери тийкарында баҳалаўды тәмийинлеў бойынша жумысшы топардың қурамын тастыйықласын;
2018-жыл 1-октябрьге шекем Порталға жайластырылатуғын мағлыўматлар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының раўажланыў мәмлекетлик бағдарламаларына киргизилген жойбарлар ҳаққындағы мағлыўматлардың дизимин ҳәм оларды жайластырыў мүддетлерин тастыйықласын;
2019-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына ҳәм Сенатына усы қарардың талапларына муўапық нызам менен тастыйықланатуғын 2020-жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлери жойбарларының түрлерин келисиў ушын киргизсин;
2019-жыл 1-майға шекем Өзбекстан Республикасының 2020-жылдан баслап Халықаралық бюджет жәмийетшилигиниң Бюджеттиң ашық-айдынлығы индексинде қатнасыўын тәмийинлеў ушын «жол қартасы»н тастыйықласын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
район (қала)лық халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен жергиликли бюджетлер параметрлери ҳәм орынланыўы ҳаққындағы есабатлары көрип шығылыўы ҳәм тастыйықланыўы процесиниң ғалаба хабар қуралларында ҳәр тәреплеме жарытылыўын;
район (қала)лық жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклеринен кеминде 10 процентиниң Портал арқалы жәмийетшиликтиң пикири тийкарында белгиленген илажларды қаржыландырыўға бағдарланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги структурасында 5 штат бирлигинен ибарат Мәмлекетлик қаржы статистикасын жүргизиў ҳәм бюджеттиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў бөлими шөлкемлестирилсин ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
мәмлекетлик қаржы статистикасын жетилистириў ҳәм бюджеттиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўында реформаларды әмелге асырыў;
бюджет процеси ҳәм бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын, сырт ел инвесторлары ҳәм басқа да мәпдар субъектлердиң олардан пайдаланыў имканиятларын, бюджет процесине пуқаралардың тартылыўын, сондай-ақ, «Пуқаралар ушын бюджет» мәлимлеме баспасының жәрияланыўын тәмийинлеў;
Порталды мәлимлеме, методикалық, техникалық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм басқарыў.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
үш ай мүддетте Қаржы министрлиги жанындағы Бюджет-салық изертлеўлери институты тәрепинен халық арасында оның бюджет саўатлылығы ҳәм бюджеттиң ашық-айдынлығы дәрежесин үйрениўге қаратылған тийисли сораўлар өткерилиўин тәмийинлесин;
сораўлардың нәтийжелерине бола, Жәҳән банкиниң усылына муўапық халықтың бюджет саўатлылығын арттырыў жумысларын әмелге асырыў ушын техникалық жәрдем тартылыўын, сондай-ақ, жойбар шеңберинде улыўма билимлендириў мектеплери ушын шаңарақ бюджети ҳәм мәмлекет бюджети бойынша оқыў қолланбалар жаратылыўын тәмийенлесин;
басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 22-август