Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин, шын жетимлерди, аўыр кеселликке шатылған ҳәм майыплығы болған балаларды емлеў, олардың билим алыўын, турақ жай менен тәмийинлениўин және кәсип ийелеўин қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
- Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетиниң Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондын (кейинги орынларда –Балалар жәмийетлик фонды) шөлкемлестириў ҳәм оған шөлкемлестириўши болыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер Балалар жәмийетлик фондының ең әҳмийетли ўазыйпалары етип белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
аўыр жағдайға түскен, социаллық қорғаўға мүтәж балаларды анықлаў ҳәм оларға мәнзилли социаллық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў илажларын шөлкемлсетириў ҳәм қаржыландырыў;
балалардың өмири ушын қәўип салыўшы аўыр, созылмалы және аз ушырасатуғын (орфан) кеселликлерге өз ўақтында диагноз қойыў ҳәм оларды республикамызда ямаса зәрүр жағдайларда сырт еллерде емлеў ушын медициналық, социаллық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиўдиң қосымша механизмлерин енгизиў;
жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлери және имканияты шекленген балаларды бийпул дәри қураллары, медициналық ҳәм протез-ортопедиялық буйымлар менен тәмийинлеў;
физикалық ямаса психикалық раўажланыўында нуқсаны болған балалардың билим алыўында жәрдемлесиў, соның ишинде, арнаўлы оқыў әдебиятлары ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў;
майыплығы болған балаларды социаллық бейимлестириў, оларға қызығыўшылықларынан келип шығып кәсип-өнер үйретиў ҳәм оларды үй шараятында өзин-өзи бәнт етиў ушын әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў;
аўыр диагнозлы кеселликлери болған балаларды тәрбиялап атырған кем тәмийинленген шаңарақларды қәўендерликке алыў;
майыплығы болған балаларды социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы, соның ишинде, оларға жоқары технологиялық қәнигелескен реабилитациялық илажларды шөлкемлестириў ҳәм қаржыландырыў.
- Төмендегилер:
Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 1-қосымшаға муўапық;
Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды Қәўендерлик кеңесиниң жәрдемши уйымы сыпатында Экспертлер топарының қурамы 2-қосымшаға муўапық;
Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды атқарыў дирекциясының басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 10 адам болған структурасы 3-қосымшаға муўапық;
Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды атқарыў дирекциясы тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық жәрдемлерин алыў бойынша мүрәжатларды қабыл етиў ҳәм көрип шығыў схемасы 4-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- Балалар жәмийетлик фонды басқарыўының жоқары уйымы оның шөлкемлестириўшилери улыўма мәжилиси болып есапланып, бул мәжилис ҳәр жылы кеминде бир мәрте өткерилетуғыны;
Балалар жәмийетлик фондының Қәўендерлик кеңеси Балалар жәмийетлик фонды басқарыўының улыўма мәжилислери аралығындағы басшысы уйымы болып есапланатуғыны;
Балалар жәмийетлик фонды атқарыўшы директоры лаўазымына Балалар жәмийетлик фондының Қәўендерлик кеңеси тәрепинен шөлкемлестириўшилердиң улыўма мәжилисиниң усынысына муўапық тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан босатылатуғыны;
Балалар жәмийетлик фонды атқарыў дирекциясының штат бирликлерин сақлаўға байланыслы қәрежетлер оның қәлиплестирилген қаржылары есабынан қаплап барылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Балалар жәмийетлик фондының тийкарғы пул қаржылары төмендегилер есабынан қәлиплестириледи:
Мәмлекетлик бюджет есабынан 2021-2022-жыллары қаржыларды әмелде өзлестирилиўине қарай 100 миллиард сум муғдарындағы бийғәрез қаржылай жәрдем;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ықтыярлы қайырқомлықлары;
мәмлекет, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлер, сырт мәмлекетлер ажырататуғын грантлар;
краудфандинг механизмлери арқалы келип түскен қаржылар;
ўақтынша бос турған қаржыларды коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынған дәраматлар;
нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Балалар жәмийетлик фонды Қәўендерлик кеңесиниң (Б.Мусаев) тийкарланған есап-санақларына муўапық Балалар жәмийетлик фондының тийкарғы ўазыйпаларын әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылардың Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- Балалар жәмийетлик фондына қәўендерлик етилген қаржылар салық базасын анықлаўда шегирип тасланатуғын қәрежетлер қатарына киргизилетуғыны;
Балалар жәмийетлик фонды салықлардың барлық түрлеринен азат етилетуғыны (социаллық салық буған кирмейди) белгилеп қойылсын.
- 2024-жыл 1-январьға шекем емлениўге мүтәж болған балалар ушын белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер бойынша Балалар жәмийетлик фонды тәрепинен алып келинетуғын дәри қураллары, медицина үскенелери ҳәм протезлеў қураллары бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестирилиўи жыйымларынан тысқары) азат етилетуғыны белгиленген.
- Балалар жәмийетлик фондына:
өзиниң қаржыларын алыўшылар кесиминде, соның ишинде, олардың шахсын жәрияламаған ҳалда жасы, жынысы, социаллық жағдайы және қаржыландырыў дәреги кесиминде, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар ҳәм олардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматларды есабат айының жуўмағы менен кейинги айдың 25-сәнесине шекем рәсмий веб-сайтына жайластырып барыў;
өз қәрежетлериниң мәселелерин додалаўға жәмийетшиликти тартыў;
жумысының аудиторлық тексериўи нәтийжелериниң есабатын кең жәмийетшиликке, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтлары, халықаралық ҳәм басқа да шөлкемлерге берип барыў усыныс етилсин.
- Балалар жәмийетлик фонды Қәўендерлик кеңеси (Б.Мусаев):
а) 2021-жыл 20-октябрьге шекем Балалар жәмийетлик фонды атқарыў дирекциясын жоқары мағлыўматлы кадрлар менен толықтырыў ҳәм Балалар жәмийетлик фондының уставын тастыйықлаў илажларын көрсин;
б) 2021-жыл 15-ноябрьге шекем мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте кең жәмийетшиликтиң пикирин ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Балаларды қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды ҳаққында»ғы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Олий Мажлис Нызамшылық палатасына киргизилиўин тәмийинлесин:
Балалар жәмийетлик фондының статусы жумыс кепилликлери, ҳуқық ҳәм миннетлемелери;
Балалар жәмийетлик фондының мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиўи;
Балалар жәмийетлик фондының жумысын қаржылай тәмийинлеў ҳәм қаржыларын пайдаланыў тәртибин;
Балалар жәмийетлик фондына қәўендерлик еткен пуқараларға жеңилликлер ҳәм преференциялар бериў және оның жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў тәртиби;
в) 2021-жыл 1-декабрьге шекем Балалар жәмийетлик фондының есабынан оның платформасы ҳәм бирден-бир электрон базасының жумысын жолға қойсын және Балалар жәмийетлик фондының жумысы ҳаққындағы толық мағлыўматлардың платформада жайластырып барылыўын ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы кеңнен үгит-нәсиятланыўын тәмийинлесин.
- Ташкент қалалық ҳәкимлиги (Ж.Артиқходжаев) Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ортиқов) менен биргеликте бир ай мүдетте Балалар жәмийетлик фондын бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында оның жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын зәрүр шараятларға ийе болған қолайлы имаратқа жайластырсын.
- Жаслар ислери агентлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев, халық билимлендириў министри Ш.Х.Шерматов, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Хусанов және қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2022-жыл 1-мартқа шекем мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 4-октябрь