Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Соңғы жылларда мәмлекетимизде әййемги ҳәм бай мәдений мийрасымызды, миллий өзлигимизди, бийтәкирар қәдриятларымыз бенен дәстүрлеримизди, мәденият ҳәм көркем өнеримизди қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Халқымыздың руўхый дәрежеси ҳәм эстетикалық тәрбиясын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе болған аяқ ойын көркем өнерин ҳәр тәреплеме раўажландырыў, жас әўладты миллий ҳәм жәҳән аяқ ойын көркем өнериниң үлгилери менен кеңнен таныстырыўды заманның өзи талап етпекте.

Аяқ ойын көркем өнери тараўында «устаз-шәкирт» дәстүрлерине тийкарланған аяқ ойын мектеплерин жаратыў, халықаралық стандартларға муўапық жоқары маман қәнигелер ҳәм кадрларды таярлаў, илимий потенциалдан нәтийжели пайдаланған ҳалда илимди жедел раўажландырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң:

Ташкент мәмлекетлик миллий аяқ ойын ҳәм хореография жоқары мектеби негизинде мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси түринде Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги системасында Өзбекстан мәмлекетлик хореография академиясын (кейинги орынларда – Академия) шөлкемлестириў;

Ташкент мәмлекетлик миллий аяқ ойын ҳәм хореография жоқары мектеби системасындағы Республикалық хореографияға қәнигелестирилген мектебин Академия системасындағы юридикалық тәреп статусына ийе болған Республикалық хореографияға қәнигелестирилген мектеп-интернатқа айландырыў;

2021/2022-оқыў жылынан баслап Бухара, Қаршы, Наманган ҳәм Үргенш қалаларында Академия жанында қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Төмендегилер белгиленсин:

а) Академияның тийкарғы ўазыйпалары етип:

кадрлар таярлаў процесине тараўдың жетик ҳәм маман қәнигелерин тартыў арқалы илим ҳәм билимлендириўдиң өз-ара интеграциясын тәмийинлеў;

аяқ ойын көркем өнери бойынша жоқары маман бакалавр ҳәм магистрларды, сондай-ақ, усы тараўда изертлеўлер алып баратуғын илимий ҳәм илимий-педагог кадрларды таярлаў;

илимий изертлеўлердиң нәтийжелери бойынша руўхый-ағартыўшылық ҳәм илимий-ғалабалық әдебиятларды таярлаў ҳәм басып шығарыў;

студент-жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жергиликли ҳәм халықаралық грантлар тийкарында олардың сырт елде билим алыўын, илимий-дөретиўшилик жумыслар алып барыўын нәтийжели жолға қойыў, биргеликтеги концерт бағдарламаларын шөлкемлестириў;

кадрлардың илимий потенциалын арттырыў, илимий-дөретиўшиликти буннан былай да раўажландырыў, оның нәтийжелилигин арттырыў, талантлы студент-жасларды усы бағдарға кеңнен тартыў;

тараў қәнигелерин сырт елдиң түрлес жоқары билимлендириў мәкемелеринде қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў, сондай-ақ, стажировка өтеў системасын шөлкемлестириў;

студентлердиң илимий-изертлеў мәкемелери базаларында ҳәм сырт мәмлекетлердиң жетекши шөлкемлеринде системалы түрде қысқа ҳәм узақ мүддетли әмелиятларын шөлкемлестириў;

б) Республикалық хореографияға қәнигелестирилген мектеп-интернаты ҳәм қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатының (кейинги орынларда – мектеп-интернатлар) тийкарғы ўазыйпалар етип:

оқытыўдың заманагөй ҳәм алдынғы усылларынан кеңнен пайдаланыў, оқыўшылардың талантын ҳәр тәреплеме раўажландырыў;

аяқ ойын көркем өнерине таланты бар жасларды орынларда сайлап алыў, оларды кәсипке бағдарлаў ҳәм хореография билимлендириў тараўында избе-изликти тәмийинлеў;

билимлендириў процесине заманагөй педагогикалық ҳәм инновациялық технологияларды, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында илим бойынша ерисилген алдынғы жетискенликлерди енгизиў;

оқыўшыларды келешекте аяқ ойын бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемесинде оқыўын даўам еттириўи ямаса мийнет етиў менен шуғылланыўы ушын қәнигелик пәнлеринен тереңлестирилген ҳәм кәсипке бағдарлаған ҳалда сапалы оқытыў;

оқытыў процесине аяқ ойын көркем өнериниң жетик ҳәм маман қәнигелерин тартыў және олардың нәтийжели жумыс алып барыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў.

  1. а) Академия Ташкент мәмлекетлик миллий аяқ ойын ҳәм хореография жоқары мектебиниң ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны;

б) мектеп-интернатлар Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Ғазнашылығында жеке ғазна есап бетине, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң эмблемасы түсирилген ҳәм өз аты жазылған мөр, штамп ҳәм бланкаға ийе болатуғыны;

в) қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатларында билимлендириў 1-4-классларда, Республикалық хореографияға қәнигелескен мектеп-интернатта 1-11-классларда алып барылатуғыны;

г) оқыўға қабыллаў қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатларына 1-класстан, Республикалық хореографияға қәнигелескен мектеп-интернатқа 1 ҳәм 5-класслардан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан мәмлекетлик хореография академиясы, Республикалық хореографияға қәнигелескен мектеп-интернаты, қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын мектеп-интернатларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Төмендегилер Академия ҳәм мектеп-интернатлардың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип есаплансын:

а) Академияда:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын таңлаў нәтийжелери бойынша ажыратылатуғын грантлар;

төлемли-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс институтларының грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) мектеп-интернатларда:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсетуғын түсимлер;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық финанс институтларының грантлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Халық билилендириў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 басламасын Академия ҳәм мектеп-интернатларда әмелге асырыў тәртиби ҳәм илажлар комплексин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Студент ҳәм оқыўшылар менен турақлы түрде белсене қарым-қатнаста болыў, олардың талапларын системалы түрде үйрениў, студент-жаслардың оқыў ҳәм руўхый турмысындағы машқалалы мәселелерди сапластырыў бойынша анық илажлар көриў Академия ҳәм мектеп-интернатлардағы барлық басшылардың, профессор-оқытыўшылар қурамының тийкарғы ўазыйпасы етип белгиленсин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги менен биргеликте Академия ҳәм мектеп-интернатлардың профессор-оқытыўшылары, студентлери ҳәм оқыўшыларының дөретиўшилик белсендилигин буннан былай да арттырыў, дем алыс даўамында олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында заман талаплары тийкарында 50 орынға ийе дем алыў орнын шөлкемлестирсин ҳәм оның имаратын 2021-жыл 1-июльға шекем пайдаланыўға тапсырыў илажларын көрсин.

Дем алыў орнында әмелге асырылатуғын қурылыс-монтажлаў ҳәм үскенелеў жумыслары бойынша:

а) Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы – буйыртпашы етип белгиленсин;

б) бас жойбар ҳәм бас жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлер белгиленген тәртипте тендер (таңлаў) саўдалары нәтийжесинде анықлансын;

в) қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң қосымша дәраматлары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Бухара, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимиятлары Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда 2021-жыл 1-августқа шекем қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатларының имаратларын толық реконструкциялаў ҳәм үскенелеў илажларын көрсин.

Қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатларының имаратларын реконструкциялаў ҳәм үскенелеў жумысларының қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Бухара, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Хорезм ўәлаяты жергиликли бюджетлериниң қосымша дәраматлары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызам ҳүжжетлерин де қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги:

а) еки ай мүддете:

дүньядағы алдынғы тәжирийбени ҳәр тәреплеме үйренген ҳалда бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша оқыў процесин сапалы шөлкемлестириў;

Академияның илимий-педагог кадрлар қурамын тийкарынан мәмлекетимиздеги жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде маманлығын арттырып келген, жоқары дәрежели профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий хызметкерлер, сондай-ақ, тараўдың потенциаллы жетик қәнигелери – әмелиятшылар арасынан қәлиплестириў;

республикадағы бар балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери, қәнигелестирилген көркем өнер ҳәм мәденият мектеплери ҳәм мектеп-интернатларда аяқ ойын көркем өнерин оқытыў жумысын буннан былай да раўажландырыў;

аяқ ойын көркем өнериниң дөретиўшилик, илимий-методикалық ҳәм атқарыўшылық дәстүрлерин пуқта өзлестириў ҳәм мүнәсип даўам еттириў, онда билимлендириў мәкемелерине аяқ ойын шеберлерин бириктириў ҳәм усы тийкарда «устаз-шәкирт» мектеплерин шөлкемлестириў илажларын көрсин;

б) 2020/2021-оқыў жылынан баслап Академия ҳәм мектеп-интернатлардың басшылары ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамы жумысының нәтийжелилигин тастыйықланған мақсетли бағдарламалар бойынша рейтинг баҳалаў системасын енгизсин;

в) Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-сентябрьге шекем:

улыўма орта билимлендириўдиң мәмлекетлик билимлендириў стандартлары шеңберинде қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатлар ушын мөлшерленген оқыў режелерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатларының нәтийжели жумыс алып барыўын, олардың ҳәр тәреплеме толық ислеўин ҳәм маман педагог-кадрлар менен тәмийинлесин;

қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын көркем өнери мектеп-интернатларын сабақлықлар, оқыў-методикалық қолланбалар ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлери тийкарында 2021-жыл ҳәм кейинги жылларға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламада Республикалық хореографияға қәнигелестирилген мектеп-интернат имаратын реконструкциялаў жумыслары ушын зәрүр капитал қойылма қаржыларын нәзерде тутсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

Академияға 50 орынлық автобус сатып алыў ушын Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен қаржы ажыратылыўын;

Академия ҳәм мектеп-интернатларды ағымдағы сақлаў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын зәрүр қаржыларды 2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң Мәденият министрлигине бөлистирилетуғын қаржылар шеңберинде ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Республикалық хореографияға қәнигелестирилген мектеп-интернат Ташкент қаласы, Яккасарай районы, Юсуф Хас Ҳажиб көшеси, 31-үй мәнзилиндеги имаратқа бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:

Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Арипов – усы қарардың орынланыўын өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлесин, белгиленген илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин ҳәм муўапықластырсын, ҳәр шеректе олардың басшыларының орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көрсин;

Өзбекстан Республикасы мәденият министри О.А.Назарбеков – усы қарар ҳәм илажлар бағдарламасын орынлаў бойынша барлық зәрүр илажлардың көрилиўин тәмийинлесин, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин және оның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;

Бухара, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Хорезм ўәлаятларының ҳәкимлери (Ў.И.Барноев, З.Т.Мирзаев, Х.Х.Бозаров, Ф.У.Эрманов) – шөлкемлестирилип атырған қәнигелестирилген баслаўыш аяқ ойын мектеп-интернатларында әмелге асырылатуғын оңлаў жумысларын өз ўақтында ҳәм сапалы алып барылыўын, имарат-объектлерди белгиленген мүддетлерде пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлесин;

жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары – усы қарар ҳәм илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, толық және сапалы орынланыўы бойынша барлық илажларды әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры А.К.Кўчимов,  Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы ў.а. А.Д.Хаджаев – усы қарардың мәнис-мазмунын ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендирсин ҳәм аяқ ойын көркем өнериниң халық арасында ғалаба ен жайыўын нәзерде тутатуғын арнаўлы илимий-ғалабалық ҳәм қысқа метражлы көрсетиўлерди көрсетсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 4-февраль