Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде футболдың ғалаба ен жайыўын және де арттырыў, перспективалы ҳәм қәбилетли футболшыларды таңлаў ҳәм профессионал дәрежеде таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў, тренер ҳәм төрешилерди халықаралық талаплар тийкарында таярлаў ҳәм шеберлигин арттырыў, футбол инфраструктурасын жақсылаў және орнатылған стандартларға сәйкеслендириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер футболды және де ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыўдың қосымша бағдарлары етип белгиленсин.

Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы (FIFA)ның халық, әсиресе, жаслар арасында футболды және ғалаба ен жайдырыўға қаратылған арнаўлы бағдарламалар тийкарында ҳәр жылы мәҳәлле жаслары арасында, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде «Ғалабалық футбол» (Grassroots) фестиваль ҳәм жарыслар, улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында «Мектеплерде футбол», жоқары билимлендириў мәкемелери студентлери арасында «Студентлер лигасы» республикалық жарысларды өткериў;

жаслардың футболға қызығыўшылығын арттырыў, бул бағдардағы үгит-нәсиятлаў жумысларын және де күшейтиў, олардың футбол менен шуғылланыўы ушын жетерли шараятларды жаратыў;

ҳаял-қызлар арасында футболды раўажландырыў, бул бағдарда узақ жылларға мөлшерленген перспективалы реже ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың футбол менен шуғылланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыў және олардың арасында турақлы жарыслар шөлкемлестириў;

сайланды командалар ҳәм профессионал футбол клублары ушын сапалы спорт резервин жаратыў, қәбилетли футболшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция)дың санластырылған системасын енгизиў;

футбол инфраструктурасын материаллық-техникалық жақтан және де жақсылаў ҳәм халықаралық талапларға сәйкеслендириў;

футбол бойынша маман тренерлер, төрешилер ҳәм қәнигелерди таярлаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў системасын және де жетилистириў, оқыў-методикалық қолланбалар ислеп шығыў;

аймақларда футбол клубларын, балалар ҳәм жас өспиримлер, ғалабалық футболды раўажландырыў мақсетинде сырт елли қәнигелерди тартыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў;

ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда футболды үгит-нәсиятлаў және бул процессте жоқары дәрежели мәлимлеме ҳәм мультимедиа өнимлеринен пайдаланыўды және де кеңейтиў.

  1. а) ҳәр жылы Өзбекстан ассоциациясы қаржылары есабынан:

март-июнь айларында мәҳәлле жаслары ҳәм қызлары арасында «Ғалабалық футбол» бағдарламасы шеңберинде футбол фестивальлары;

10-декабрь – Дүнья жүзилик футбол күни мүнәсибети менен халықтың арасында ғалабалық «флешмоб» илажлары;

сентябрь-май айларында улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Мектеплерде футбол» бағдарламасы шеңберинде футбол жарыслары, шеберлик сабақлары ҳәм фестивальлар өткерип барылатуғыны;

б) ҳәр жылы сентябрь-май айларында жоқары билимлендириў мәкемелеринде Өзбекстан студентлар спорты ассоциациясы қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын «Студентлер лигасы» бағдарламасы шеңберинде үш басқышлы республикалық футбол жарыслары өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов), Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги (Ҳ.Умарова) ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдурахмонов) менен биргеликте бир ай мүддетте:

«Ғалабалық футбол», «Мектеплерде футбол» ҳәм «Студентлер лигасы» бағдарламалары шеңберинде футбол илажларын өткериўдиң бирден-бир тәртибин тастыйықласын;

бул жарыслар ҳәм турнирлерге пуқта таярлық көриў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар режесин қабыл етсин;

бул жарыслар ҳәм турнирлерди өткериў процесиниң жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қураллары ҳәм басқа да коммуникация дәреклеринде кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.

  1. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдурахмонов) Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов) менен биргеликте еки ай мүддетте:

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде олардың материаллық-техникалық базасынан келип шығып, футбол бойынша турақлы жумыс алып баратуғын секциялардың жумысын жолға қойсын;

мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериндеги спорт имаратлары ҳәм футбол майданларының турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў илажларын көрсин;

ҳәр бир мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесиниң футбол ҳәм футзал бойынша командаларын қәлиплестирсин және олардың «Студентлер лигасы» бағдарламасы шеңберинде өткерилетуғын республикалық жарысларда толық қатнасыўын тәмийинлесин;

жоқары билимлендириў мәкемелери рейтингин анықлаўда усы бәнт  талапларының есапқа алыныўын нәзерде тутсын.

  1. Төмендегилер:

футбол бойынша аймақлық ҳәм миллий сайланды командалар ҳәм профессионал футбол клублары ушын сапалы спорт резервин жаратыў мақсетинде Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги системасындағы футбол шеберлик мектеплери әмелдеги қаржыландырыў тәртибин сақлап қалған ҳалда Өзбекстан футбол ассоциациясы қарамағына өткерилсин ҳәм олар футбол академиялары сыпатында қайта дүзилсин;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Өзбекстан футбол ассоциациясы жанындағы футбол мектеплери (кейинги орынларда – футбол мектеплери) шөлкемлестирилсин;

жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги системасындағы айырым спорт мектеплери ҳәм қәнигелестирилген спорт мектеплериниң футбол майданлары футбол мектеплериниң балансына өткерилсин;

бейимлестирилген имаратларда жайластырылған, төмен нәтийжели футбол мектеплеринде оптималластырыў есабынан олардың мүлки, спорт инвентарьлары ҳәм тренер кадрлары футбол мектеплериниң материаллық-техникалық ҳәм оқыў базасын беккемлеўге қаратылсын.

  1. футбол мектеплери спорт бағдарындағы мектептен тысқары спорт-билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны;

футбол мектеплериниң директорлары, директорлардың спорт ислери бойынша орынбасарлары, тренерлериниң мийнетине ҳақы төлеў, сондай-ақ, олардың мийнетин хошаметлеўге спорт мектеплери хызметкерлерине мийнетке ҳақы төлеў ҳәм хошаметлеўде белгиленген шараятлар енгизилетуғыны;

футбол мектеплери медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Медицина хызметкери мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 276-санлы қарарына муўапық әмелге асырылатуғыны, сондай-ақ, оларды материаллық хошаметлеўде спорт мектеплери ушын белгиленген материаллық хошаметлеў шәртлери қолланылатуғыны;

келеси жылларда футбол мектеплери профессионал футбол клубларына басқышпа-басқыш бириктирилетуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

а) футбол мектеплериниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

жоқары қәбилетке ийе болған жас футболшыларды таңлап алыў (селекция) системасын жолға қойыў, балалар ҳәм жас өспиримлерди футбол менен турақлы шуғылланыўға тартыў;

балалар ҳәм жас өспиримлер арасында олардың денсаўлығын беккемлеўге, ҳәр тәреплеме физикалық жақтан жетилисиўине ҳәм саламат турмыс тәризине умтылысын қәлиплестириўге бағдарланған спорт ҳәм тәрбия жумысларын алып барыў;

балалар ҳәм жас өспиримлерде футбол менен шуғылланыў қәбилетин ерте анықлаў және оларда футболға болған турақлы қызығыўшылығын раўажландырыў;

футбол шынығыўларын өткериў ушын маман тренерлер қурамын таңлаў, оқыў-тәрбия системасын шөлкемлестириўдиң ең жаңа усылларын қолланған ҳалда спорт резерви ҳәм жоқары шебер футболшылар таярлаў бойынша оқыў-шынығыў процесин жолға қойыў;

барлық жас категориялар бойынша футбол академиялары ҳәм клубларына шебер спортшыларды жеткерип бериў;

тәжирийбе алмасыў мақсетинде түрли футбол шөлкемлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў, футболшылардың спорт шеберлигин, сондай-ақ, тренерлер ҳәм басқа да қәнигелердиң кәсиплик маманлығын арттырыў;

б) футбол мектеплерин қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қаржылары;

жумыс қәнигелиги бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан ҳәм мектеп уставындағы ўазыйпаларға муўапық болған басқа да жумыс түрлеринен алынған дәраматлар;

тийкарғы шынығыўлар өткерилмейтуғын ўақытта бос турған мүлкти ижараға бериўден түскен дәраматлар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов):

а) үш ай мүддетте:

футбол мектеплери ҳәм футбол академияларының уставын тастыйықлаў, сондай-ақ, оларды белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў;

футбол мектеплери ҳәм футбол академияларын заманагөй педагогикалық технологияларды ийелеген маман тренерлер ҳәм педагог кадрлар менен басқышпа-басқыш толықтырыў илажларын көрсин;

б) Өзбекстан Миллий олимпия комитети менен биргеликте футбол мектеплери ҳәм футбол академияларында спортшыларды таярлаў сапасы бойынша турақлы қадағалаўды әмелге асырсын;

в) Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте футбол мектеплери ҳәм футбол академияларының басқарыў, техникалық, хызмет көрсетиў ҳәм оқыў-жәрдемши хызметкерлердиң штат кестесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

г) Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшыларын футбол мектеплери ҳәм футбол академияларында шуғылланыў ушын тартыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) менен биргеликте үш ай мүддетте Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан футбол ассоциациясы жанындағы футбол академиялары ҳәм футбол мектеплериниң басқарыў, техникалық, хызмет көрсетиўши ҳәм оқыў-жәрдемши хызметкерлерин қосымша материаллық хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы қарар жойбарын Ҳүкиметке киргизсин.
  2. Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң 2023-жыл 1-июльден баслап төмендегилерди нәзерде тутатуғын усыныслары мақуллансын:

мәмлекетлик емес футбол мектеплери ҳәм футболды раўажландырыў тараўында жумыс алып барып атырған басқа да мәмлекетлик емес шөлкемлер (мәмлекетлик емес футбол мәкемелери) ушын Өзбекстан футбол ассоциациясының ағзасы болыў талабы орнатылады;

Өзбекстан футбол ассоциациясы тәрепинен мәмлекетлик емес футбол мәкемелериниң рейтинги жүргизиледи ҳәм рейтинг нәтийжелери кең жәмийетшиликке жәрияланып барылады.

  1. Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов) төмендегилерди әмелге асырсын:

Хорватия, Япония ҳәм басқа да мәмлекетлердиң тәжирийбесин маман қәнигелерди тартқан ҳалда өзбек футболына енгизиў. Онда, Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм аймақлық балалар-жас өспиримлер футбол академияларының «техникалық директор» лаўазымына сырт мәмлекетлердиң тәжирийбесин ҳәм системасын енгизиў бойынша маман қәнигелерди тартыў;

Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы (FIFA), Азия футбол конфедерациясының талапларына муўапық футбол ушырасыўларында әдиллик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде VAR (Video Assistant Referee, видео жәрдемши төреши) системасынан пайдаланыўды және де кеңейтиў;

Өзбекстан футбол ассоциациясы жанындағы Футбол бойынша қәнигелерди таярлаў орайында футбол бойынша «футбол изертлеўшиси», «футбол селекционери» (скаут), «футбол менеджери», «футбол маркетологи», «футбол шыпакери», «футбол психологи», «спорт фармакологи», «спорт диетологи» сыяқлы қәнигелерди таярлаў системасын жолға қойсын.

  1. спорт мектеплери ҳәм қәнигелестирилген спорт мектеплериниң футбол бойынша тренерлерине басқышпа-басқыш Азия футбол конфедерациясының тренерлер билимлендириўи бойынша талаплары енгизилетуғыны;

Өзбекстан футбол ассоциациясы спорт мектеплери ҳәм қәнигелестирилген спорт мектеплериниң футбол топарларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм қәбилетли футболшыларды селекциялаў арқалы оларды кейинги басқыштағы футбол мектеплери ҳәм академияларына бағдарлап барыў бойынша турақлы мониторинг орнатсын.

  1. «Өзметкомбинат» АЖ (Р.Пирматов), «Алмалық КМК» АЖ (А.Хурсанов), «Наўайы КМК» АЖ (Қ.Санақулов) ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖ (Б.Сидиқов)лардың футболды раўажландырыўға қәўендерлик қайырқомлық жәрдемди көрсетиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов):

бир ай мүддетте футбол бойынша Өзбекстан Суперлигасы ҳәм Пролигасының профессионал футбол клубларын қәўендер шөлкемлерге бириктирсин;

Өзбекстан олимпия сайланды командасының 2024-жыл Париж қаласы (Франция) ҳәм 2028-жыл Лос-Анджелес қаласы (АҚШ)нда болып өтетуғын жазғы Олимпиада ойынларында қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Миллий олимпия комитети жанындағы «OLYMPIC Профессионал футбол клубы»н қосымша финанслық қоллап-қуўатлаў бойынша зәрүр илажларды белгилеп барсын.

Онда, Өзбекстан футбол ассоциациясы, оның аймақлық бөлимлери, Өзбекстан Профессионал футбол лигасы ҳәм профессионал футбол клубларының жумысын қаржыландырыўға юридикалық тәреплер жақтан қаратылатуғын қәўендерлик ҳәм қайырқомлық жәрдем түриндеги қаржылар суммасы пайда салығын есаплаўда салық салынатуғын пайдадан қайтарып тасланады.

  1. Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов), Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев), Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ортиқов) менен биргеликте үш ай мүддетте Өзбекстан Суперлигасы ҳәм Пролигасының профессионал футбол клубларына қәўендерлик ҳәм қайырқомлық көрсеткен, сондай-ақ, ғалабалық саўдаларға қойылған футбол клубларын сатып алған инвесторларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў және оларға қосымша жеңилликлер жаратыў бойынша усынысларды киргизсин.
  2. 2026-жыл 1-апрельге шекем Өзбекстан футбол ассоциациясы, оның аймақлық бөлимлери, Өзбекстан Профессионал футбол лигасы, Өзбекстан футбол төрешилер орайы, профессионал футбол клублары ҳәм академиялары белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге тийкарланған футбол бойынша спорт объектлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын зәрүр болған, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын спорт әсбап-үскенелери ҳәм технологиялары, инвентарьлары, трансляциялаўға байланыслы барлық әсбап-үскенелер ҳәм техникалар, фармакология өнимлери, спорт азықлық затлары, футбол (футзал) майданлары ушын жасалма шөплер, шокпад, гранулалар, арнаўлы желим ҳәм арнаўлы профессионал спорт кийимлери, арнаўлы техника ҳәм транспорт қуралларын алып киргени ушын бажыхана бажысын төлеўден азат етилсин.
  3. Устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 проценти ҳәм оннан аслам болған профессионал футбол клубларына спорт әсбап-үскенелери, инвентарьлары, фармакология өнимлери, спорт азықлық затлары, футбол (футзал) майданлары ушын жасалма шөплер, шокпад, гранулалар, арнаўлы желим, арнаўлы профессионал спорт кийимлерин, бурынғысынан басқаша тәризде, тиккелей шәртнама тийкарында сатып алыўға рухсат берилсин.
  4. Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Өзбекстан футболын қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) дүзилсин.
  5. Төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң дәреклери етип белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар;

«Өзметкомбинат» АЖ, «Алмалық КМК» АЖ, «Наўайы КМК» АЖ ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖлардың қәўендерлик қайырқомлықлары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы резиденти емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

Халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм сырт мәмлекетлердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдемлесиў қаржылары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) 2023-жылдан баслап ҳәр жылы Қорды қоллап-қуўатлаў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 25 миллиард сум қаратсын.
  2. Қор қаржылары төмендеги мақсетлерге жумсалатуғыны:

ғалабалық ҳәм профессионал футболды раўажландырыў, заманагөй әсбап-үскенелер сатып алыў;

футбол қәнигелерин алдынғы оқытыў методикалары ҳәм инновацияларға үйретиў системасын жолға қойыў қәрежетлерин қаплаў, соның ишинде, сырт елден тартылған қәнигелерди хошаметлеў;

заманагөй футбол технологияларын сатып алыў ҳәм енгизиў;

футбол бойынша жергиликли қәнигелердиң тәжирийбесин сырт мәмлекетлерде арттырыўға байланыслы қәрежетлерди қаплаў;

айрықша үлги көрсеткен сайланды командаларды материаллық хошаметлеў, қәбилетли жасларды футболға тартыў, жаңа футболшылар әўладының исенимли резервин қәлиплестириў;

Өзбекстан футболшылары, тренерлер ҳәм төрешилер қурамының профессионал шеберлигин арттырыўда сырт ел футбол клублары ҳәм федерациялары менен бирге ислесиўди раўажландырыў;

жоқары шеберликтеги футболшылар ҳәм спорт резервин таярлаўдың нәтийжели методларын ислеп шығыў бойынша илимий-методикалық изертлеўлер өткериўде жәрдемлесиў.

  1. Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов), Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев), Әдиллик министрлиги (А.Тошқулов), Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов) менен биргеликте арнаўлы жумысшы топарды дүзген ҳалда 2023-жылдың ақырына шекем алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында футболды қаржыландырыў системасын кеңейтиўде букмекерлик жумысын әмелге асырыў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) менен биргеликте 2023-жылдың ақырына шекем:

республика аймақларындағы барлық түрдеги  мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелери, клубларында футбол менен шуғылланып атырған, сондай-ақ, район (қала)лық, ўәлаятлық ҳәм республикалық спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарьлық режесине киргизилген жарысларда қатнасатуғын футболшылар ҳаққындағы бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестирсин ҳәм оның Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы (FIFA)ның FIFA-CONNECT платформасына интеграцияланыўын тәмийинлесин;

орынларда футбол менен шуғылланып атырған, сондай-ақ, жарысларда қатнасатуғын барлық футболшылар ҳаққындағы мағлыўматларды толық санластырсын ҳәм бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратсын.

Онда, бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў, иске қосыў ҳәм кейин ала техникалық қоллап-қуўатлаў Қор қаржылары есабынан әмелге асырылады.

  1. Санлы технологиялар министрлиги (Ш.Шерматов) үш ай мүддетте Өзбекстан футбол ассоциациясының мүрәжатына тийкарланып футбол бойынша Суперлига, Пролига ҳәм Өзбекстан кубоги жарысларының өткерилетуғын стадионларды Өзбекстан футбол төрешилери орайы менен байланыстыратуғын оптикалық байланыс линиялары менен тәмийинлесин.
  2. Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги (А.Икрамов) Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги (И.Абдурахмонов), Өзбекстан футбол ассоциациясы (А.Азизов), Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети менен биргеликте:

а) 2023-2024-оқыў жылына шекем халықаралық тәжирийбе тийкарында Өзбекстанда футболшыларды таярлаў моделин ислеп шықсын;

б) 2023-жылдан баслап ҳәр жылы:

футбол тараўындағы халықаралық шөлкемлердиң илимпазлары, қәнигелериниң қатнасыўында семинар-тренинглер, сондай-ақ, илимий-әмелий конференциялар өткериў илажларын көрсин;

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң футбол бағдары бойынша студентлери питкериў алды әмелиятын аймақлық футбол академиялары ҳәм профессионал футбол клубларында шөлкемлестирсин;

Миллий ҳәм сырт ел профессионал футбол клублары қәнигелерин Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң футбол бойынша сабақ-процесслерине тартсын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан футбол ассоциациясы қарамағындағы спорт-билимлендириў мәкемелери ҳәм имаратларын реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаўдың мәнзилли дизими 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан футбол ассоциациясы жанындағы футбол мектеплериниң дизими 2-қосымшаға муўапық;

Профессионал футбол клублары жанындағы жумысы оптмалластырылған футбол мектеплериниң дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Ташкент ўәлаяты, Жоқары Шыршық районында жайласқан «Дослық» стадионында Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы (FIFA) тәрепинен 2022-2023-жылларда 4 заманагөй футбол майданын қурыў ушын 4,2 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар ажыратылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги, Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм Ташкент ўәлаяты, Жоқары Шыршық районында жайласқан «Дослық» стадионы аймағында футбол бойынша барлық жас категориясындағы сайланды командалардың шуғылланыўы ушын бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Сайланды командалар орайын қурыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Онда, Сайланды командалар орайында 280 орынға ийе заманагөй мийманхана, мини-футбол ушын жабық спорт манежи, илимий-изертлеў, медицина ҳәм реабилитация орайы, жүзиў бассейни, асхана имаратларының қурылысы, сондай-ақ, бул имаратларда Республикалық балалар-жас өспиримлер футбол академиясы жайластырылыўы есапқа алынсын.

  1. Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги (Б.Закиров) усы қарар тийкарында қурылысы ҳәм оңланыўы нәзерде тутылған имаратлардың жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыўда ең оптимал архитектуралық ҳәм техникалық шешимлер қолланыўын, оларды инновациялық технологияларға тийкарланған, энергия үнемлейтуғын ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў, ықшамлық ҳәм экологиялық қәўипсизлик талапларына муўапықлық бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен турақлы мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.

усы қарар тийкарында қурылысы ҳәм оңланыўы нәзерде тутылған имаратлардың жойбарлаў ҳүжжетлери Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясы менен келисилетуғыны белгиленсин.

  1. Экономика ҳәм қаржы министрлиги (Ш.Кудбиев) 2023-2024-жылларда Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан усы қарардың 1-қосымшасы менен тастыйықланған Өзбекстан футбол ассоциациясы қарамағындағы спорт-билимлендириў мәкемелери ҳәм имаратларын реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаўдың мәнзилли дизимине муўапық қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ушын зәрүр қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
  2. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги (Б.Мусаев) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясының талапларына бола орнатылған төлемлерди өндирмеген ҳалда Өзбекстан Республикасына спорт түрлери бойынша сырт елли тренер, спортшы ҳәм басқа да қәнигелерди тартыўға рухсатнамалар, сондай-ақ, бул сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеўин әмелге асырыў ҳуқықына тастыйықлаў хаты берилиўи (созылыўы)н белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери аймақлық футбол ассоциацияларының басшылары етип белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

аймақлық футбол ассоциациялары, сондай-ақ, футбол мектеплериниң инфраструктурасы ҳәм материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў, оларды заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў илажларын көрсин;

түрли жас категориясындағы аймақлық сайланды командалардың оқыў-шынығыў орайларын Халықаралық футбол ассоциациялары федерациясы (FIFA) талапларына муўапық қурыў ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қосымша қаржылары, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин;

ҳәр бир район (қала)да кеминде биреўден ерлер, ҳаял-қызлар футболы ҳәм мини-футбол бойынша футбол командаларының дүзилиўи және олардың жарысларда турақлы қатнасыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясы менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар, брифинглер, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
  2. Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги мәпдар шөлкемлер менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.И.Икрамов ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясының директоры А.А.Азизов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи О.Қ.Абдурахмоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 7-апрель