Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Аймақларды жедел социаллық-экономикалық раўажландырыўды тәмийинлеў, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ҳәм инвестициялар, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында көрилип атырған илажлар бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлерге дус келип атырғанын атап өтиў керек.

Атап айтқанда, жаңадан шөлкемлестирилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары, инвестицияларды тартыў, экономиканы ҳәм исбилерменликти, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарын және туризмди раўажландырыў ушын жуўапкер болған ҳәким орынбасарлары тәрепинен исбилерменлердиң әҳмийетли машқалаларын шешиўге, аймақларда исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығыўға, сондай-ақ, қолда бар потенциалдан максимал дәрежеде пайдаланыўға көпшилик жағдайларда  бийпәрўа қатнаста болып атырғаны бақланбақта.

Республика ҳәм орынлардағы мәмлекетлик басқарыў уйымларында кеңнен тарқалған ҳәм сапластырылмай атырған исбилерменлик басламаларды ҳәм жойбарларды көрип шығыў ҳәм әмелге асырыў, зәрүр өндирислик объектлер, жер участкалары ҳәм кредит қаржыларын ажыратыў, инженерлик-коммуникация ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлерди жаратыў мәселелерин шешиўдеги өзи боларлық, бюрократизм ҳәм тосқынлықлар менен байланыслы жағдайлар исбилерменлик субъектлерин аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға жедел тартыў, жалпы аймақлық өнимниң көлемин, санаатлық өндиристи кеңейтиўди ҳәм хызметлер тараўын раўажландырыўды тәмийинлемей атыр.

Буннан тысқары, орынлардағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларының маманлығы ҳәм әмелий тәжирийбеси жеткиликли дәрежеде емеслиги, республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымлары тәрепинен олардың жумысын шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў жумысларының төменлиги қабыл етилип атырған қарарлардың нәтийжели орынланыўына ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлерине ерисиўге унамсыз тәсир етпекте.

Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў, исбилерменлик басламаларының ҳәм жойбарларының өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, бос турған объектлерден, жер участкаларынан ҳәм басқа да инфраструктуралардан нәтийжели ҳәм ақылға муўапық пайдаланыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Аймақларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў комиссиясы (кейинги орынларда – Комиссия деп жүргизиледи) 1-қосымшаға муўапық қурамда;

исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша аймақлық топарлар (кейинги орынларда – аймақлық топарлар) 2-14-қосымшаларға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

  1. Аймақлық топарлардың қурамына кирген мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң басшылары ҳәм хызметкерлери тийкарғы жумыс орны бойынша миннетлемелерди орынлаўдан азат етилетуғыны және турақлы түрде өзлерине бириктирилген аймақта болатуғыны;

Комиссия ҳәм аймақлық топарлардың жумысына Комиссия ҳәм аймақлық топарлар басшыларының қарары менен мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң басқа да ўәкиллери тартылыўы мүмкин екени;

Комиссия ҳәм аймақлық топарлардың сораўлары, көрсетпелери барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары ҳәм лаўазымлы шахслары тәрепинен сөзсиз орынланыўы мәжбүрий есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

а) Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип:

10 күнде кеминде бир мәрте орынлардағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер дәрежесинде шешилмеген машқалалы мәселелерди көрип шығыў және исбилерменликти раўажландырыўға, исбилерменлик басламаларын ҳәм жойбарларын әмелге асырыўға иркишин жасап атырған  бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў;

Исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик басламаларын ҳәм жойбарларын әмелге асырыў бойынша қабыл етилген қарарлар, соның ишинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге мәнзилли тапсырмалар нәзерде тутылған қарарлардың орынланыўы үстинен системалы қадағалаўды әмелге асырыў;

аймақлық топарлар тәрепинен терең таллаў тийкарында анықланған исбилерменликти раўажландырыў, исбилерменлик басламалар менен жойбарларды әмелге асырыўдағы бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў белгиленсин;

б) аймақлық топарлардың тийкарғы ўазыйпалары етип:

аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыў жағдайы, соның ишинде, инженерлик-коммуникация, өндирис ҳәм басқа да инфраструктураны үйрениў, сондай-ақ, оларды, соның ишинде, халықарлық финанс институтларының ҳәм сырт ел коммерциялық банклериниң қаржыларын тарқан ҳалда буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириў бойынша усыныслар киргизиў;

аймақлардың зәрүрлиги ҳәм потенциалынан (ресурс, тәбийғый ықлым, мийнет ҳәм басқалар) келип шығып, инвестиция киргизиўди талап ететуғын перспективалы жойбарларды, сондай-ақ, бос турған мәмлекетлик мүлк объектлерин ҳәм жер участкаларын үйрениў ҳәм анықлаў;

исбилерменлик суъбектлери тәрепинен қоллап-қуўатланған тийисли аймақта әмелге асырыў усыныс етилип атырған перспективалы жойбарларды жедел көрип шығыў илажларын көриў, потенциаллы инвесторлар менен сөйлесиўлер ҳәм ушырасыўлар өткериў;

исбилерменлик басламаларды ҳәм жойбарларды, соның ишинде, халықаралық финанс институтларының ҳәм сырт ел банклериниң кредит линияларының есабынан әмелге асырыўда коммерциялық банклердиң қатнасын тәмийинлеў;

бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларын аукцион саўдаларға қойыў менен байланыслы мәселелердиң жедел шешилиўин тәмийинлеў;

орынларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер дәрежесинде шешилмеген исбилерменлик жумысына байланыслы машқалалы мәселелерди, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда, перспективалы исбилерменлик басламаларын ҳәм жойбарларын әмелге асырыў бойынша усынысларды Комиссияға киргизиў;

министрликлер менен уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, еркин экономикалық зоналар дерекцияларының исбилерменлик басламаларын ҳәм жойбарларын жедел әмелге асырыў бойынша жумысын муўапықластырыў.

  1. Комиссияның жумысшы уйымының функциясы Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Исбилерменликти ҳәм инвестицияларды ҳуқықый жақтан қорғаў басқармасына;

аймақлық топарлардың жумысшы уйымының функциясы жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының инвестиция, инновация, меншиклестирилген кәрханаларға жәрдемлесиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарын раўажландырыў мәселелери бойынша секретариатларына жүкленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

аймақлық топарлардың қаржыландырыў дәреклерин (жергиликли бюджет, министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң тийисли жумыс тараўлары бойынша бюджеттен тысқары қорлары) анықлаған ҳалда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге тийисли аймақта әмелге асырыў ушын усыныс етилип атырған потенциаллы жойбарлар бойынша жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ушын шәртнама тийкарында жойбарлаў шөлкемлерин тартыў бойынша миннетлемелерди жүклеў ҳуқықына ийе;

нызам ҳүжжетлери менен белгиленген тәртипте аукцион саўдаларына қойылатуғын бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкалары исбилерменлик субъектлериниң анық инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерин белгилей отырып, саўдаға қойылады;

тийисли аймақта, соның ишинде, бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларынан пайдаланған ҳалда әмелге асырыў ушын усыныс етилип атырған потенциаллы жойбарлар Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының веб-сайтларында ҳәм интернеттеги социаллық тармақларға орналастырылады, сондай-ақ, телевидениеде жәрияланады;

исбилерменлик субъектлери тийисли аймақта әмелге асырыў ушын усыныс етилип атырған потенциаллы жойбарларды таңлаўда тийисли ҳүжжетлерди кейин ала аймақлық топарлардың жумысшы уйымына жибериў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайларына ямаса тиккелей аймақлық топардың жумысшы уйымына мүрәжат етиўи мүмкин;

аймақлық топарлар бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларының оларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша миннетлемелерди, соның ишинде инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди көрсеткен ҳалда электрон аукцион саўдаларына қойылыўын тәмийинлейди;

аймақлық топарлар, зәрүр жағдайларда, исбилерменлик басламаларын ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын потенциаллы сырт ел инвесторларын, соның ишинде, Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларының ўәкиллерин тарта отырып, сырт елге шығыў және халықаралық инвестиция форумларына ҳәм конференцияларына қатнасыў арқалы излеў ҳәм табыў бойынша жумысты әмелге асырыў ҳуқықына ийе;

усы қарардың талапларына муўапық өткерилетуғын электрон аукционды өткериўдиң улыўма мүддети, қағыйдаға бола «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасында әмелге асырылатуғын барлық тәртип-қағыйдалар менен бирге 10 күннен аспаўы керек;

бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери ямаса жер участкаларының аукцион жеңимпазына бир жылға шекемге мүддетте алдын ала резервке алыў шәртлеринде (жойбардың қурамалылығынан келип шығып, мүддетин создырыў имканияты менен) кейин ала инвестиция шәртнамасында көрсетилген шәртлер орынланғаннан соң ийелик ҳәм пайдаланыў ҳуқықын рәсмийлестирген ҳалда бериледи. Инвестор тәрепинен инвестиция шәртнамасында көрсетилген миннетлемелер орынланбаған жағдайда, резервке алыў инвестордың қәрежетлери қапланбаған ҳалда бийкар етиледи;

Комиссия ҳәр айда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында аймақлық топарлардың есапларын тыңлайды, соң Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы басшысына мәлимлеме киргизеди.

  1. Төмендегилер аймақлық топарлардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың тийкарғы критериялары етип белгиленсин:

тийисли аймақта ҳәр мың адамға ислеп шығарылған санаат өнимлери ҳәм көрсетилген хызметлер;

тийисли аймақта, әсиресе, жаслар ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары ушын жаратылған турақлы жумыс орынлары;

әмелге асырылған исбилерменлик басламалары ҳәм жойбарлары, сондай-ақ, өзлестирилген инвестициялар, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестициялары;

өндирислик жумысқа тартылған бос турған объектлер ҳәм жер участкалары;

еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары аймақларында әмелге асырылған жойбарлар.

Ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша жумыслардың нәтийжелилигине қарай:

Комиссияның қарары менен Комиссия ҳәм аймақлық топарлар ағзаларына ең кем мийнет ҳақының 30 есесине шекемги муғдарда, олардың басшыларына болса ең кем мийнет ҳақының  50 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик хошаметлеў сыйлығы төленетуғыны;

Комиссия ҳәм аймақлық топарлар ағзаларына, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына 30 проценттен 50 процентке шекемги муғдарда лаўазым айлықларынан услап қалыў ямаса ийелеп турған лаўазымынан азат етиў тәризинде жуўапкершилик шаралары қолланылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министирлиги бир ай мүддетте Мәмлекетлик хызметлер орайларында турған мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкалары тийкарында, соның ишинде, мәмлектлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде әмелге асырыў ушын келип түсип атырған исбилерменлик басламаларын ҳәм жойбарларын есапқа алыўдың оларды көрип шығыў процесин мониторинг етиўге мүмкиншилик беретуғын электрон системаны енгизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы басшысы (З.Низомиддинов) бир ҳәпте мүддетте Комиссия ҳәм аймақлық топарлардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў өлшемлерин белгилеўге айрықша итибар қарата отырып, Комиссия ҳәм аймақлық топарлардың жумыс регламентин тастыйықласын, сондай-ақ, олардың ағзалары, тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына хошаметлеў ҳәм жуўапкершилик илажлары қолланылыўын тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Министрлер Кабинети жанандағы «ӨзИнжиниринг» Республикалық жойбарлаў институтының Өзбекстан инженерлер – консультантлар ассоциациясын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын, төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

жойбарлаў, инжиниринг ҳәм консультация хызметлерин раўажландырыў;

ассоциация ағзаларын переспективалы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша жумысқа тартыў;

ассоциация ағзаларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин сәўлелендириў ҳәм қорғаў;

халықаралық финанс институтларының есабынан қаржыландырылатуғын инженерлер – консультантлар, жойбарларды әмелге асырыў топарлары хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў;

жоқары билимлендириў мәкемелери менен олардың оқыў бағдарламаларына жойбарлаў ҳәм қурылыс тараўындағы ең жаңа жетискенликлерди ҳәм инновациялық қатнасларды енгизиў бойынша бирге ислесиў;

сырт ел инженерлери ассоциациялары менен бирге ислесиў, сапалы жойбарлаў жумысларын, соның ишинде, шет елде әмелге асырыў ушын консорциумлар қәлиплестириў.

  1. Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы менен биргеликте бир ай мүддетте, соның ишинде, сырт елли шериклерди тартқан ҳалда, қәнигелестирилген инвестиция компаниясын шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизсин, онда:

инвестиция компаниясы инвесторлар, соның ишинде, сырт ел инвесторларының ресурсларын тартыў;

инвестиция компаниясы хожалық жүргизиўши субъектлердиң устав капиталында олардың нәтийжелилиги ҳәм дәраматлылығы көрсеткишлерин арттырыў ушын қатнасыўы;

инвестиция компаниясы бос турған қаржылардың республика аймақларындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын орналастырылыўы;

инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ушын жергиликли ҳәм сырт ел консультантларының тартылыўы нәзерде тутылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери аймақлық топарларға жүкленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўы, соның ишинде, олардың орналастырылыўы ҳәм ҳәрекетлениўи ушын зәрүр шараятлар жаратыўды тәмийинлесин.
  2. Усы қарарды әмелге асырыўға байланыслы илажларды, соның ишинде, транспорт қәрежетлерин, жасаў қәрежетлерин, аймақлық топарлардың сырт еллерге сапарларын шөлкемлестириў, консультантларды тартыў қәрежетлерин, сондай-ақ, бир мәртелик хошаметлеў сыйлықларын төлеўди ҳәм басқа да шөлкемлестириў илажларын қаржыландырыў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң буйыртпалары бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм ўәлаятлардың бюджетлерине ажыратылатуғын қаржылардың еасбынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
  3. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мультимедиа орайлары усы қарардың мазмун-мәниси, сондай-ақ, аймақлық топарлардың жумысы ҳәм бар жойбарлаў усыныслары кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2018-жыл 11-сентябрь.