Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған гуманистлик сиясаттың әмелий тастыйығы сыпатында «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына қатаң бел байлаған бир топар пуқараларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманына қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының  93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып ислеген жынаяты ушын жазаны орынлаў мәкемелеринде жазасын өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына қатаң бел байлаған 182 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген пуқаралардың 3 еўи тийкарғы жазадан толық азат етилди,  108 и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 8 иниң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 63 пуқараға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

Әпиў етилгенлердиң алтаўын сырт ел пуқаралары, алтаўын 60 жастан асқан пуқаралар, тоғызын ҳаял-қызлар және жигирма бесин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан пуқаралар қурайды.

Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген пуқараларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

 

ӨзА