Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Республикамыздағы фермер хожалықларының атыз шетлериндеги жер майданларын өзлестириў, оларда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм олардың исенимли сатып алыныўын шөлкемлестириў жумысларын системаластырыў, бул системаға айрықша жуўапкер шөлкемди бириктириў сондай-ақ, атыз шети жер ийелерин қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
- Республикамыздағы фермер хожалықларының атыз шетлеринде 58,9 мың гектарға шамалас майданлар ҳәзирги күнде жер ийелери тәрепинен толық пайдаланылмай атырғаны Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен анықланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында хызметлер көрсетиў агентлигине (кейинги орынларда – Агентлик) фермер хожалықларының атыз шетлерин өзлестириў, оларда өнимлер жетистириў ҳәм жетистирилген өнимлердиң исенимли сатып алыныўын шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленсин.
- Агентликке:
атыз шетлеринде жумысларды дурыс ҳәм сапалы шөлкемлестириў, жер ийелерине егиўден баслап өнимди реализациялаўға шекемги дәўирде әмелий жәрдем бериў ушын 2023-жылы ҳәр бир районға 4 еўге шекем, жәми 672 ге шекем мәўсимлик агрономларды жумысқа қабыллаўға руқсат берилсин;
Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Овощ, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институты ҳәм Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм вино жетистириў илимий-изертлеў институты бириктирилсин.
Агентлик системасындағы штат бирликлери шеңберинде аўыл хожалығы кәрханаларының атыз шетлериндеги жер майданларында өним жетистириў системасын енгизиўге жуўапкер болған директор орынбасары штаты енгизилсин.
Мәўсимлик агрономлардың 2023-жылдағы мийнет ҳақыларын төлеўге байланыслы қәрежетлер алынған бюджет ссудасы ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге берилген кредитлер процент ставкасы арасындағы айырмашылық нәтийжесинде Агентлик еркинде қалатуғын қаржылар есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Агентликке бириктирилген илимий-изертлеў институтларына төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
фермер хожалықларының атыз шетлеринен пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша илимий тийкарларды ислеп шығыў, овощ, палыз ҳәм картошка егинлери селекциясы жетискенликлерин ҳәр бир аймақтың климат шараятларынан келип шығып қолланыў;
фермер хожалықларының атыз шетлеринде аўыл хожалығы егинлерин жетистириў, өнимин сақлаў, оларды кеселлик ҳәм зыянкеслерден қорғаўдың нәтийжели, үйлесимли инновациялық усылларды енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм ҳәр бир районда семинар ҳәм тренинглер өткерип барыў.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 5-апрельдеги «2023-жылы аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў, қайта ислеўди кеңейтиў ҳәм қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-113-санлы қарары шеңберинде Агентликтиң Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қорына 2023-жылы ажыратылыўы нәзерде тутылған 400 миллиард сум бюджет ссудасы есабынан 100 миллиард сум жыллық 10 процентлик ставкада төмендеги мақсетлер ушын жумсалатуғыны белгиленсин:
атыз шетин өзлестириў ҳәм өним жетистириў ушын зәрүр болған туқым, нәллер, минерал төгинлер, химиялық препаратлар, материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеў;
суў менен тәмийинлеў ушын насос ҳәм қубырларды орнатыўға қарыз шәртнамасы тийкарында, нақ пул түринде аўыл хожалығы кәрханалары ҳәм атыз шетиниң жер ийелерине 6 айға шекем жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке жыллық 14 процентлик ставкада қарыз ажыратыў.
Онда берилип атырған қарыз қаржылары алынып атырған дәраматтың 50 процентинен артып кетиўи мүмкин емес.
Усы қарар шеңберинде Агентлик тәрепинен талабанлардың ең жақсы усынысларын таңлаў усылы арқалы қарыз қаржылары олардың қайтарылмай қалыў қәўпин қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси берилгеннен соң ажыратылатуғыны белгиленсин.
Агентликке атыз шетлерине кредит тийкарында насос ҳәм қубырларды орнатып, суў менен тәмийинлеў илажларын көриў ушын үш тәреплеме шәртнама тийкарында кәрханаларды тартыўға руқсат берилсин.
- Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.Хаитов) кептириў цехы ҳәм суўытқышлы қоймаханларды сатып алыўға Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорының есабынан 50 миллиард сум қаржы ажыратсын.
Бул қаржылар Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен:
аўыл хожалығы кәрханаларына 36 айға шекемги жеңиллетилген дәўир менен 84 ай мүддетке жыллық 14 процентлик ставкада ажыратылсын. Онда, кредит суммасының 60 проценти бойынша гиреў тәмийнаты сыпатында орнатылатуғын кептириў цехы ҳәм суўытқышлы қоймаханалар алыныўы, 40 проценти бойынша гиреў тәмийнаты сыпатында олардың қайтарылмай қалыў қәўпин қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси алынатуғыны белгиленсин;
интакерлерге кептириў цехы ҳәм суўытқышлы қоймаханалар орнатып берилгеннен соң өним жеткерип бериўшиниң есап бетине өткерип бериў шәрти менен ажыратылсын.
- Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде аўыл хожалығы жерлери әтирапында коллектор-дренаж тармақлары болған фермер хожалықларына салмадағы суўларда 200-250 бастан үйрек бағыў ҳәм палҳәррелери уясын шөлкемлестириў ушын жыллық 14 процентлик ставкада жеңиллетилген кредитлер ажыратылсын.
- Фермер хожалықларының атыз шетинде егилетуғын егин ҳәм жетистирилетуғын аўыл хожалығы өнимлери, бағылатуғын қус ҳәм палҳәрре уялары сондай-ақ, суўытқышлы қоймахана ҳәм кептириў үскенелерин жайластырыў бойынша прогноз көрсеткишлери 1-4.13-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
- Пайдаланылмай бос турған атыз шетлери ҳәм коллектор-дренаж тармақлары әтирапларындағы аўыл хожалығы егинлериниң жер майданларында өнимлерди жетистириў ушын 5-қосымшаға муўапық тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына ўазыйпалар жүкленсин.
- Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Аўыл хожалығы министрлиги 2023-2025-жыллары Сырдәрья ўәлаятында пайдаланылмай бос турған атыз шетлери ҳәм коллектор-дренажлар әтирапларындағы 500 гектар майданда ықшам «социаллық ыссыхана»ны шөлкемлестирип, «Темир дәптер», «Жаслар дәптери», «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳәм мийнет миграциясынан қайтқан пуқараларға таяр ҳалда 2,5 сотыхтан ажыратылыўын тәмийинлесин.
Аўыл хожалығы министрлиги «социаллық ыссыхана» жойбарын әмелге асырыўды қаржыландырыў ушын халықаралық финанс институтларынан 50 миллион АҚШ доллары муғдарында жеңиллетилген кредит ресурсларын тартсын.
- Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Агентлик жылдың ақырына шекем атыз шетлеринде жумысларды шөлкемлестириўге тартылған мәўсимлик агрономлардың унамлы нәтийжесин таллаған ҳалда, бул системаны кейинги жыллары да енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына тийкарланған усыныс киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 6-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар усыныслар киргизилсин.
- Аўыл хожалығы министрлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәниси сондай-ақ, мақсет ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри А.Б.Воитов, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.А.Хаитов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланаўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 12-апрель