Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
2018-жылы аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар ҳәм қалаларда көп квартиралы турақ жайлар қурыў бағдарламаларын нәтийжели әмелге асырыў, халықтың қолайлы турақ жайға болған талабын қанаатландырыў, сондай-ақ, пуқаралардың абаданлық дәрежесин буннан былай да арттырыў ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, «Қишлоқ қурилиш банк» АКБ, Сыртқы экономикалық жумыс Миллий банки, «Ипотека банк» АКИБ, Халық банки АКБ, «Асака» АКБ ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк» АКБларының (кейинги орынларда қатнасыўшы коммерциялық банклер деп аталады) 2018-жыл 1-июльден 2020-жыл 1-январьға шекемги дәўирде 20 жыл мүддетке, 3 жыллық жеңиллетилген дәўир менен биринши 5 жыл даўамында жыллық 7 процент ствавкасы менен ҳәм кейинги дәўирде Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында ипотека кредитлерин:
а) аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыў ушын үй қуратуғынларға дәслепки төлем:
0,02 га өлшемли жер участкаларында жайластырылатуғын еки, үш, төрт, бес кабатлы көп квартиралы (2 ҳәм 3 бөлмели) ҳәм 2,3 бөлмели бир қабатлы арзан турақ жайлар ушын – 10 процент муғдарында;
0,04 га өлшемли жер участкаларында жайластырылатуғын еки қабатлы 4 бөлмели бирлестирилген арзан турақ жайлар ҳәм 0,06 га өлшемли жер участкаларында жайластырылатуғын 3,4 ҳәм 5 бөлмели арзан турақ жайлар ушын – 25 процент муғдарында болатуғынын нәзерде тутқан ҳалда;
б) қалаларда жас шаңарақларға, ески үйлерде жасайтуғынларға ҳәм турақ жай шараятларын жақсылаўға мүтәж болған пуқаралардың басқа да категорияларына дәслепки төлемниң дифференциялластырылған муғдарын әмелиятқа енгизген ҳалда, арзан көп квартиралы турақ жайларды 15 процент муғдарындағы дәслепки төлем менен сатып алыў ушын бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:
қатнасыўшы коммерциялық банклердиң буйыртпалары бойынша турақ жайлардың шараятларын жақсылаўға мүтәж болған шаңарақлар ушын арзан турақ жайлар қурыў ушын 20 жыл мүддетке, соның ишинде, дәслепки 5 жыл даўамында жыллық 3 процент ставкалы 5 жыллық жеңиллетилген дәўирди өз ишине алған ҳалда ҳәм кейинги дәўирде қатнасыўшы коммерциялық банклердиң жыллық 4 процент муғдарындағы маржасы шегирип тасланған ҳалда Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасы муғдарында, кредит линиясы қаржыларын Аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасы шеңберинде турақ жайлар қурыўға мақсетли бағдарлаған ҳалда миллий валютада кредит линияларын ашсын;
усы қарардан келип шығатуғын өзгерислерди есапқа ала отырып, аўыллық жерлерде турақ жайлар қурыўды қаржыландырыў ушын 2018-жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қосымша қаржылар қаратылсын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Қаржы министрлиги:
қалаларда арзан көп квартиралы турақ жайлар қурыў шеңберинде «Өзбекстанның ипотека базарын кеңейтиў» жойбарын әмелге асырыў бойынша Азия раўажланыў банки менен бир ай мүдетте сөйлесиўлер алып барсын;
Экономика министрлиги менен биргеликте халық пенен пикирлесиў нәтийжелерине бола анықланған қосымша турақ жайлар көлемлерин қәлиплестириў жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине аўыллық жерлерде жаңаланған үлгидеги жойбарлар тийкарында қосымша арзан турақ жайлар ҳәм қалаларда көп квартиралы турақ жайлар қурыўды қаржыландырыўға байланыслы усыныслар киргизсин;
2018-жылдың ақырына шекем усы қарар талапларынан келип шыға оьырып, аўыллық жерлерде турақ жайлар қурылысын қаржыландырыў тараўында халықаралық қаржы институтлары (Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Саудия раўажланыў қоры) менен дүзилген қарыз келисимлерине өзгерислер киргизиў илажларын көрсин.
- Кейин ала «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК ЖШЖ жыллық 5 проценттен жоқары болмаған ставкасы бойынша кредит линиясы ашылған ҳалда, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорының «Қишлоқ қурилиш банк» АКБ дипозитине жыллық 3 процент ставка бойынша усы жылдың 1-ноябрине шекем жайластырылатуғын 210 миллиард сум муғдарындағы ўақтында бос қаржылары импорт ағаш-тахта материалларын ҳәм жайдың төбесин бастырыў ушын темир листлерди сатып алыў дәреги етип белгиленсин.
- «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК ЖШЖ қатнасыўшы банклер менен биргеликте:
Ислам раўажланыў банкиниң кредит линиялары бойынша «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК ЖШЖ есап бетлеринде жыйналған, 2015-2017-жыллары қәлиплестирилген турақ жай қурыўшылардың дәслепки төлемлерин еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине бағдарласын;
ҳәр ярым жылдың жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигине дәслеп халыққа ажыратылған кредитлер мүддетинен бурын қапланғаны ҳаққында мәлимлеме киргизсин ҳәм министрлик пенен келискен ҳалда усы қаржыларды турақ жайлар қурыўға бағдарласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң қосымшаға муўапық айырым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары – «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы А.Ж.Раматовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2018-жыл 18-июль