Европа Чемпионлар Лигасыныӊ финалы Санкт-Петербургтан Париж қаласына көширилди. Бул ҳаққында УЕФА рәсмий түрде жәриялады.

Көпшиликке мәлим болғанындай, Чемпионлар Лигасыныӊ финал ойыны 28-май күни «Газпром Арена»да болып өтиўи режелестирилген еди. Бирақ, Россия ҳәм Украина арасындағы урыс себепли финал ойыны Париждеги «Stad de Frans” стадионына өзгертилди.

УЕФА атқарыў комитети Европадағы қәўипсизлик пенен байланыслы жағдай кескинлескени себепли гезектен тыс жыйналыс өткерди. Мәжилисте бул абырайлы жарыстыӊ финалын Санкт-Петербургтан Парижге көшириў бойынша қарар қабыл етилген. Сондай-ақ, Россия ҳәм Украина клубларына мәлим мүддет өз ойынларын нейтрал стадионларда өткериўи белгиленген.

Еслетип өтемиз, 24-февраль күни Путин Донбасста «арнаўлы әскерий операция» басланғанын жәрияланған еди. Ҳәзирги ўақытта Украинаныӊ қатар аймақларында әскерий ҳәрекетлер даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы