Күни кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасыныӊ 1/8 финал басқышынан орын алған еки ушырасыў болып өтти.
Биринши ушырасыўда Италияныӊ «Интер» клубы Англияныӊ «Ливерпул» командасы менен өз-ара күш сынасты.
Ойынныӊ биринши бөлиминде есап ашылмады. Ал, екинши таймныӊ 75-минутына келип «Ливерпул»дыӊ бразилиялы футболшысы Роберто Фирмино мүйеш тобынан жәрийма майданына узатылған топты «Интер» дәрўазасына анық жоллап есапты ашқан болса, 83-минутта Муҳаммад Салаҳ миланлылардыӊ өз майданындағы қопал қәтеликлеринен нәтийжели пайдаланып командасыныӊ исенимли жеӊиске ерисиўине өзиниӊ үлесин қосты.
«Бавария» ҳәм «Зальцбург» арасында болып өткен екинши ушырасыўда болса, есап 1-1 нәтийже менен жуўмақланды. Онда 21-минутта Джуниор Адами «Зальцбург»ты алдыға алып шыққан болса, Кингсли Коман 90-минутта мюнхенлилерди жеӊилистен қутқарып қалды. Есап 1-1.
Бул командалардыӊ жуўап ушырасыўлары 8-март күни болып өтиўи белгиленген.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.