15-февраль күни футбол бойынша Европа чемпионлар лигасыныӊ 1/8 финал ойынларынан орын алған еки ушырасыў болып өтти.

Париж қаласында болып өткен «ПСЖ» ҳәм «Реал» командалары арасындағы ушырасыўдыӊ 62-минутында парижлилер алдынға шығып алыўы мүмкин еди. Бирақ, аргентиналы Лионел Месси тәрепинен тебилген пенальтиди «Реал» дәрўазаманы Тибо Куртуа қайтарып қалыўға миясар болды.

Ойын төрешиси тәрепинен қосып берилген ўақытта франциялы футбол жулдызы Килиан Мбаппе майдан ийелерине жеӊис алып келген голды урып, клуб ықласбентлерин шексиз қуўанышқа бөледи.

Ал, екинши ушырасыўда болса, «Манчестер Сити» Португалияныӊ «Спортинг» клубыныӊ мийманы болды. Ойынныӊ 7-минутында Риад Махрез манчестерлилерди есапта алдынға алып шыққан болса, 17-минутта Бернарду Силва, 32-минутта Фил Фолден арадағы есапты 3-0 ге жеткерди. Биринши бөлимниӊ соӊғы минутларында Бернарду Силва өзиниӊ ушырасыўдағы екинши голын урған болса, 58-минутта Рахим Стерлинг манчестерлилердиӊ бесинши голына авторлық етип, командасыныӊ ири есаптағы жеӊисин тәмийинледи.

Бул командалар арасындағы жуўап ушырасыўлары 9-март күни болып өтиўи белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги