Cтратегик лойиҳалар электр энергияси билан барқарор таъминланади

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 26-январь күни Наўайы кән-металлургия комбинаты тәрепинен 2026-жылға шекем қурылатуғын жаңа өндирислик қуўатлықларды кепилленген электр энергиясы менен тәмийинлеў бағдарламасын әмелге асырыў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

Наўайы кән-металлургия комбинаты елимиз экономикасына  үлкен үлес қосып атырған ири кәрханалардан бири саналады. Президентимиз тәрепинен комбинаттың потенциалын буннан былай да арттырыў, кәрханаларды модернизациялаў ҳәм жаңаларын иске қосыў бойынша бир қатар илажлар белгиленген. Атап айтқанда, 2026-жылға шекем баҳасы 3 миллиард доллар болған 27 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў жумыслары баслап жиберилген.

Биз өз алдымызға үлкен шеклер қойғанбыз, деди мәмлекетимиз басшысы. Бул стратегиялық қуўатлылықлар иске түсиўи менен елимиз экономикасына ҳәр жылы бир миллиард доллардан аслам қосымша пайда келеди, адамлар жаңа жумыс орынлары менен тәмийинленеди.

Ҳақыйқатында да, бул 27 жойбарды әмелге асырыўдың нәтийжесинде Наўайы кән-металлургия комбинатының өндирислик көлеми 30 процентке артады, 30 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады.

Бундай ири кәрханаларды қурыў және олардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў ушын қосымша энергия ресурсларына зәрүрлик туўылады. Атап айтқанда, 2026-жылға барып, Наўайы кән-металлургия комбинатының электр энергиясына болған талабы 303 мегаваттқа артып, 703 мегаваттқа жетеди.

Мәжилисте комбинаттағы жаңа қуўатылықларды электр энергиясы менен тәмийинлеўге қаратылған жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар ҳәр тәреплеме додаланды.

Быйыл 9-январь күни Наўайы кән-металлургия комбинатының жаңа объектлери, соның ишинде, 2 ири гидрометаллургия заводын электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде айрықша бағдарлама қабыл етилди. Оған муўапық, баҳасы 1 миллиард 900 миллион долларлық 16 инвестициялық жойбар әмелге асырылады.

Соның ишинде, Тақыятас жыллылық электр станциясында 2019-жылы улыўма қуўатлылығы 510 мегаватт болған 2 жаңа энергоблок қурылып, жәми қуўатлылығы 1 мың 10 мегаваттқа жеткериледи. Наўайы жыллылық электр станциясында 2019-жылы ҳәм 2023-жылы қуўатлылығы 450 мегаваттан болған 2 пуў-газ қурылмасы қурылып станцияның жәми қуўатлылығы 2 мың 258 мегаваттқа жеткериледи. Буннан тысқары 10 подстанция ҳәм 1 мың километрден зыят сыртқы электр тармақлары қурылады.

Президентимиз бул жумыслардың әҳмийетин айрықша атап өтип, усы бағдардағы әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Жаңа өндирислик қуўатлықларды электр энергиясы менен тәмийинлеўге қаратылған ҳәр бир инвестициялық жойбар бойынша «жол карта»ларын ислеп шығыў, оларда жойбарлаў ҳүжжетлерин таярлаўдан баслап, объектлерди пайдаланыўға шекем болған ҳәр бир процесстиң анық мүддетлерин белгилеў зәрүрлигин атап өтти.

Энергетика тараўын 2018-2028-жылларда раўажландырыў Концепциясын ислеп шығыў, онда қайта тикленетуғын, альтернатив энергия дәреклерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратыў ўазыйпасы қойылды.

Жойбаралды ҳүжжетлерин ҳәм импорт шәртнамаларын тез ҳәм сапалы экспертизадан өткериў, процесске терең билимге ийе қәнигелерди тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Пуў-газ қурылмаларын жаратыўды видеобақлаў арқалы қадағалаў, қурылыс, электр энергиясын ислеп шығарыў, жеткерип бериў ҳәм пайдаланыў процесслериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелерине итибар қаратылды.

«Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетине қурылыс жумысларына тармақлық кәрханаларды кеңирек тартыў және жергиликли өнимлерден пайдаланыў, бул ушын системадағы жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў тапсырылды.

Бул компанияны мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, жойбарларды шет ел инвесторларының қатнасыўында қаржыландырыў ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды.

Додаланған мәселелер бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

ӨзА